Пәрманға бола, 2026-жылдан төмендегилерди нәзерде тутатуғын Туризмди раўажландырыў бағдарламасы енгизиледи, соның ишинде:
2026-2028-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен барлық категориядағы исбилерменлерге мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке шекем төмендеги муғдарларда кредитлер ажыратылады:
ўәлаят орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, туризмге қәнигелескен район (қала) ларда қурылып атырған мийманханалар ушын - 30 млрд сумға шекем;
басқа аймақларда - 10 млрд сумға шекем;
ҳәр жылы туристлердиң ең көп итибарына ийе болған ҳәм абырайлы халықаралық платформаларда унамлы тән алынған жайластырыў қуралларын анықлаў ҳәм сыйлықлаў бойынша сыйлық қоры 1 миллион АҚШ долларына тең таңлаў өткериў.
2026-жылдан баслап мәмлекетлик көшпес мүлкти ижараға бериў мүддети 3 жылдан 5 жылға шекем арттырылады.