баннер
25 Mar 2025
00:21

    Жайҳун бойларында өмир қайнайды

    Усы ўазыйпаны мойнына алыпты, бир қыйлы жағдай тәкирарланады: сапардан қайтып киятырғанда, самолёт ямаса поездда Нөкиске жақын қалғанда, жүрек соғыўы тезлескендей болады. Бир неше саат алдын телефон арқалы байланысып, қәнигеси Бахтигүлден:

    - Апа, аманлық, аман-есен жетип келиң, - деген гәпти еситкен болса да, және таныс атты таўып, телефон түймесин басады.

    - Гүласал менен байланыстыңыз-ғо, ертең азанда жолға шығатуғынын биледи-ғо, бул ретки семинарымыз елимиздиң ең шетки аймақларының биринде өтеди...

    - Қәўетерленбең, исбилерменимиз оғада жуўапкершиликли, өз ўақтында жетип келеди...

    Бираз тынышланғандай болды да, аздан кейин, нәўбет күтип турған тағы бир жумыс есине түсти. Бәрқулла, қай жерде болмасын, жумысын ойлайтуғын бул қаҳарманымыз Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Марьям Аҳмедова болып табылады. Исбилерменлиги, жуўапкершилиги менен исенимге ерискен күш-ғайратлы ҳаял болса берунийли қус бағыўшы Гуласал Аллабергенова.

    Гуласал дәслеп үй шараятында шөже көбейтиўдиң тәжирийбесин тапты. Биреўдиң баласы тез үлкейеди, деген гәп бийкарға айтылмаған. Гуласалдың жумысын да сырттан бақласаңыз, аңсат көринеди. Бирақ бул жаныўар кишкентай болғаны менен күтә нәзик минезли. Суўы, дәни, ҳаўасы - ҳәммеси нызам-қағыйдасына муўапық болыўы керек. Күтимде азғана итибарсызлық болса, "тап" етип таслап жибереди. Әне, онда барлық мийнет суўға ағады. Бирақ Гуласал қәтелеспеди. Жумысқа итибар менен бирге бар муҳаббатын да жумсағаны усындай нәтийже берди. Халық арасында "Жас исбилермен инкубаторда шөже көбейтиўди баслапты. Қәтелеспейди екен", деген жақсы гәп тарқалды. Бул жақсы хабар истиң көзин билетуғын ҳаял-қызларды излеп жүретуғын ҳаял-қызлар жетекшиси Марьям Аҳмедоваға да жетип келди. Оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири "Ҳаял-қызлар дәптери"ндеги пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў болғаны ушын Гуласалды районларға алып жүре баслады. Аймақларда жумысқа мүтәжлиги бар ҳаял-қызлар менен өткерилетуғын мәжилислер, семинарларда Гуласал қус бағыў бойынша сабақ береди. Ол жыйналғанларға өзиниң исин сабағынан ийнесине шекем әпиўайы, исенимли тилде түсиндирип береди, өмиринде инкубаторды көрмеген қыз-келиншеклер тап ертең мәйек алып, жумыс басласа, арғы күни шөжелер қатарласып шығатуғындай ғайрат пенен тарқасатуғын еди.

    Қарақалпақстанда ҳаял-қызлар арасында кең тарқалған исбилерменликтиң және бир түри замаррық пенен байланыслы. Кейинги жылларда халықтың жан басына туўра келетуғын дәраматының артқаны, турмыс дәрежесиниң жақсыланып атырғаны адамлардың аўқатланыў мәдениятында да сәўлеленеди, әлбетте. Дастурханымызға Европа тағамлары кирип келиўи менен замаррыққа талап артты. Тақыятаслы Сайёра Аллаярова социаллық тармақлардан оқып, үйренип, үй шараятында замаррық жетистириўди жолға қойды.

    "…Социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз 32 мың 820 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди", деп ири әнжуманларда айтылған қуўанышлы хабарлар, салмақлы санларда кишкене денеси менен қумырысқадай мийнет етип атырған Сайёра сыяқлы ҳаял-қызлардың мүнәсип үлеси бар.

    Сөз Қарақалпақстан ҳаял-қызлары арасында исбилерменлик орталығын жаратыў, оларды ийек артыўшылық кейпиятынан қутқарыў, өз имканиятларына исеним оятыў ҳаққында барар екен, Беруний районындағы Бостан мәҳәллесинде гүл нәли жетистириў бағдарындағы жумысларға да тоқтап өтиў орынлы. Бул мәҳәллеге "Меҳнат шуҳрати" ордениниң ийеси Розибийка Айтбоева басшылық етеди. Ҳүкимет дәрежесиндеги пәрман ҳәм қарарларымызда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды дәрамат келтиретуғын ҳадал кәсип-өнерлерге үйретиў сыяқлы пикирлер сәўлелене баслағаннан соң, баслық мәҳәлле белсендилерин қасына алып, аймақты аралап шықты. Саўда менен шуғылланатуғын бир-еки шаңарақтан тысқары тек ғана үш үйде ыссыхана бар екен. "Кем тәмийинленген шаңарақ 150 болса... Ҳәммесинде аз ба, көп пе, қыйтақ жер бар. Көпшилиги мал ушын от егип қойыпты, болғаны. Усы жерлерден пайдалансақ болмас па екен...". Мәҳәлле жетекшисиниң бул пикири жолдасларына мақул түсти. Көп пенен кеңесип, бир шешимге келди: ыссыхана қурады ҳәм нәлшилик пенен шуғылланады. Жолларды, көшелерди, машиналарды, қаржы болса, олардың барлығын аңсат өзгертиў мүмкин. Бирақ инсан руўхыйлығын өзгертиў қыйын мәселе. Әсиресе, мийнетке үйретиў ушын оғада үлкен сабыр-тақат керек. Розибийке апа гүл ҳәм помидор, қыяр сыяқлы овош өнимлериниң нәлин көбейтиў бойынша бир қанша тәжирийбеге ийе абысынлар Гулжамол Асқарова ҳәм Айсара Халлиеваға жүзленип, нйиетин айтты. Мийнетке үйренген адамлар машақаттан қашпайды.

    - Жәрдемге мүтәжлерге саўап деп бир кесе ас пенен еки ыссы нан бергеннен гөре, бир нәл жетистириўди үйретиўдиң саўабы үлкен болады. Үйренемен дегенлер болса, үйреткенимиз болсын, - дести қоллары топырақ услап қабарған абысынлар. Бостанда жумыс қызып кетти. Көптин қолында берекет болады. Демниң арасында бир жүз елиў шаңарақта ыссыхана қурылды. Кимдур туқым сеўип, басқа биреў қәлемше шаншып, нәл көбейтиўге киристи. Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Сайёра Қозиева бул жаңа жумыс адамлардың өзиники болып, қоллары пул көргенге шекем Розибийка Айтбоева менен Бостанда болды. Бүгин берунийлилерден тысқары қоңсы еликқалалылар, ҳәттеки дәрья арқалы хорезмлилер де келип, Бостан ыссыханаларынан түрли гүллердиң нәлин алып кетпекте.

    - Кийими пүтин, қарны тоқ адам үйин, ҳәўлисин, көшесин сулыў етиў ҳаққында ойлайды. Халқымызда ландшафт дизайнына қызығыўшылық күшейип баратырғаны да турмысымыз абаданлыққа қарай баратырғанынан дәрек береди, - дейди Розибийка Айтбоева. - Гүллеримиз балалар бақшасы, мектеплер, асханалар ҳәм офислерди безеп тур.

    Жумыс – қәдир-қымбат. Жумыс - дәрамат, жумыс - арзыў-нийетлердиң ояныўы ҳәм орынланыўы.

    Бул ҳақыйқат нөкисли кондитер, “Cafe Bumer” кәрханасының басшысы Моҳира Мамутова ямаса Нөкис жанында экоаўыл шөлкемлестирип, мәўсимде мыңлаған туристти күтип алып атырған исбилермен Амина Бегжанова хызметинде де бирдей көринеди. Моҳира мазалы затлар писириўди өз үйинде әпиўайы пеште баслаған еди. Өнимлери ел аўзына жағып, өтимли болғаннан соң, әсте-ақырын жумысын кеңейтти. Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жеңилликлерден соң қушағын және де кеңирек жайды. Келин болып түскен жери Хожелиде ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген кәрхана қурды. Избе-из кредитлер алды. Ҳәзирги ўақытта “Cafe Bumer” де тек ғана тәбийий өнимлерден қырқтан аслам түрдеги мазалы затлар таярланбақта. Олар тек ғана республикамыз емес, ал қоңсы мәмлекетлерге де жеткерип бериледи. Сол арқалы сексенге шамалас жергиликли халық жумыслы болған.

    - Бир неше ресторан-аўқатланыў орынларын да аштық. Шаңарағын бағыў ушын сырт елге жумыс излеп кеткен аспазларды қайтардық. Мақсетимиз жергиликли халықты, әсиресе, ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў, - дейди Моҳира Мамутова.

    Ашшыкөл бойларында экоаўыл қурған Әмийна апаның жумысы буннан да қызық. Өмиринде отаў не екенин билмеген апаға тасланды жерде отаўлар қурып, туризмди жолға қойыў усыныс етилгенде дәслеп тартынды.

    - Сиз жумысты баслай бериң, қасыңызда биз турмыз...

    Мәрьям Ахмедованың бул хошаметинен соң Әмийна апа исти Шымбайға барып отаў сатып алыўдан баслады. Туристлерге отаўдың не қызығы бар? Әлбетте, бир үйдиң ишинде пүткил бир қәдириятлардың жәмленгени! Отаўдың есигинен баслап ҳәр сызығы қарақалпақтың шаңарақ сүйгишлигин, балажанлығын "мине мен" деп көрсетип турыўы қызық. Көз алдыңызға келтириң, отаўдың есиги билқастан төмен болсын: қонақ үй ийесине ҳүрмет ушын есиктен туўры емес, ал ийилип кириўи керек. Отаўдың төбесиндеги еки айлана шеңбер шаңарақ символы, олардың сызықларында кесилген, заянланған жери болмаўы керек, бул шаңараққа қоса қартайыў тилеги, қызыл пөпеклер – қызлар, көк пөпеклер – шаңарақтағы ул балалар санын билдиреди. Отаўдың оң тәрепи еркеклерге, шеп тәрепи ҳаялларға тийисли. Ер тәрептеги қамшы тик турса, шаңарақ басшысы тири, қамшының сабы бүгилсе, ол қайтыс болған... Саяхатшылар бул белгилер арқалы пүткил бир халықты, оның данышпанлығын көз алдына келтиреди.

    Бирақ қарақалпақ ҳаял-қызларының өмири тек ғана исбилерменлик, тек ғана пул табыў жолында өтип атыр, десек ҳақыйқатлықтан бираз шегинген боламыз. Устаз шайырымыз Зульфияханым айтқандай, өмир жалпы тойда өтпейди. Ҳәр бир адам - бир әлем. Бул әлемниң тәшўишлери де бар. Бирақ адам өз тәшўишлери менен жалғыз қалдырылмаса, оған тилеклеслик, аўызбиршилик болса, ҳәр қандай аўырлықта жеңиллик болады.

    Кейинги жылларда әйне халықтың машқаласын мәҳәллениң өзинде шешиўге айрықша итибар қаратылмақта. Жоқарыда айтқанларымыз қарақалпақстанлы ҳаял-қызлар мысалында орынланған жумыслардың тек ғана бир бөлеги. Усы реформалар себепли шаңарағы, турмысына нур қайтқан апа-қарындасларымыз дизимге алынса, көплеген атлар қатарласады.

    Әлбетте, бир мақалаға пүткил республика ҳаялларының барлық қырын сыйдырыў қыйын, бул нәрсе талап та етилмейди. Бирақ, тамшыда қуяш сәўлеленгени сыяқлы, бул жазыўларда да тәшўиш ҳәм қуўанышлары менен жасап атырған, әрманларынан исенимлери, үмитлери көп Жайҳун бойы ҳаял-қызларының тынымсыз дәрья киби толқынлы турмысын көз алдына келтириўге болады ҳәм бул көз-қараслардан кеўилли болыў мүмкин.


    Қутлибека РАХИМБАЕВА,

    Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери

    Телеграм каналымыз
    Text to speech