2024-жыл Қарақалпақстан ушын өзине тән тарийхый жыллардан бири болып қалмақта, десек, қәте болмайды. Атап айтқанда, халқымыздың көп жыллық арзыўларының бири орынланды. Қарақалпақстанды Хорезм менен байланыстыратуғын 423 метрлик жаңа автомобиль ҳәм темир жол көпири ашылып, ол арқалы жүк ҳәм жолаўшы тасыў аралығы 180 километрге қысқарды. Жаңа санаат кәрханалары, туристлик орынлар, энергетика қуўатлықлары, IТ парк иске түсирилди.
Жылдың ең әҳмийетли ўақыяларынан бири - 323 миллион АҚШ доллары баҳасында жаңадан қурылған "Қоңырат-Бейнеў" автомобиль жолының 240 километр бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Бул транзит ҳәм басқа да хызметлер көрсетиў арқалы алынатуғын дәраматтың жылына 200 миллион долларға артыўына хызмет етеди. Жақында 196 километрлик "Мискин - Нөкис" темир жолын электрлестириў жумыслары да басланады.
Республика аймағында санаат, исбилерменлик ҳәм инфраструктура тараўлары ушын 50 ден аслам жеңилликлер берилген. Атап айтқанда, инвестициялық жойбарлар ушын тиккелей жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда бар.
Күни кеше мәмлекетимиз басшысының қатнасында өткерилген мәжилисте Қарақалпақстанның экономикалық потенциалы комплексли талланып, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызметлер тараўында 2,5 миллиард долларлық имканият анықланғаны атап өтилди. Атап айтқанда, аўыл хожалығы тараўындағы жумыслар талланып, алдында турған бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Республикада ҳәзирги ўақытта 87 мың гектар жерден орташа 28 центнер пахта зүрәәти алынып атырғаны, 10 районда рентабеллик төмен екени, бундай аз зүрәәтли пахта майданларын қысқартып, орнына шарўашылық от-жем ҳәм гүнжи егиўди жолға қойыў есабынан 6,5 триллион сумлық гөш ҳәм сүт жетистириў, гүнжин экспортын 500 миллион долларға көбейтиў мүмкин екенлиги ҳаққында сөз етилди.
Соның менен бирге, аймақта аўыл хожалығы тараўындағы нәтийжелиликти арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилип, суўғарылатуғын жерде жәми 3 мың гектарда санаатласқан бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылыўы, 31 мың гектарда гүнжи, 22 мың гектарда мәш егилип, экспортқа бағдарланыўы, 30 мың гектарда боян тамыр жетистириў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығарылыўы белгилеп қойылды.
Президентимиз Қарақалпақстанда 3 тийкарғы бағдар - аўыл хожалығы, санаат ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша жойбар офиси шөлкемлестирилетуғынын атап өтти. Бул структура ҳәр бир районның өсиў ноқатларын таллап, қандай егинлерди жетистириў, жерден дәраматты көбейтиўге жәрдем бериў, шийки зат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарлар таярлап, ҳәкимлерге жеткериўи, жаңа туризм бағдарларын ашыў ҳәм оларға инфраструктура алып барыў бойынша усыныслар ислеп шығыўы ҳаққында сөз етти.
Аўыл хожалығы тараўында көп жыллардан берли жумыс ислеп киятырған қәниге сыпатында Қарақалпақстан шараятында қандай егин егилсе, мол зүрәәт алыў мүмкинлигин жақсы билемиз. Ықлым шараятымызға сәйкес келетуғын өнимлерди жетистириў арқалы халықтың дастурханын толтырыўымыз мүмкин. Имканият дәрежесинде суўды үнемлейтуғын егинлер егиў, шарўашылық ушын от-жем таярлаўда илимий жантасыўлар нәтийже беретуғынына исенемиз. Президентимиз айтқан тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўда жеке жуўапкершилигимизди және де арттырып, бар күш-ғайратымды жумсаўға таярман.
Сабир ХОЖАМЕТОВ,
Әмиўдәрья районы ҳәкими