2025-жыл апрельде бир қатар қәнигелер улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери арасында өткерген аноним сораўнама нәтийжесине бола, оқыўшылардың 30-35 проценти төмен өзлестириўши екени белгили болды. Изертлеўдиң мақсети математикалық пикирлеўди раўажландырыўда алдыңғы сырт ел тәжирийбесин, атап айтқанда, Финляндия билимлендириў системасы мысалында таллаў ҳәм Өзбекстан шараятына бейимлестириў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыў еди.
Бул мысалдан оқыўшыларда математикалық пикирлеў қәлиплеспегенлиги көринип тур. Ҳақыйқатында да, математика барлық пәнлердиң тийкары. Математика бойынша оқыўшылардың бул көрсеткиши кейин ала үлкен машқалаларға себеп болыў итималы жоқары. Демек, мәселеге және де айрықша итибар қаратыў талап етиледи.
Президентимиздиң 2020-жыл 6-ноябрьдеги "Билимлендириў-тәрбия системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында Финляндия билимлендириў тәжирийбесин үйрениў белгилеп берилгени бул мәселе мәмлекетлик сиясат дәрежесинде екенин аңлатады.
Финляндия билимлендириў системасы PISA (Халықаралық оқыўшыларды баҳалаў бағдарламасы) тестлери сыяқлы халықаралық баҳалаўларда турақлы жоқары нәтийже көрсетип келмекте. Бул система дүнья көлеминде жоқары сапалы билимлендириў, ҳәмме ушын тең имканият, оқытыўшылардың абырайы ҳәм басымсыз оқыў орталығы менен айрықша ажыралып турады. Онда бүгин көплеген мәмлекетлердеги қатаң мектеп тексериўлери, мәжбүрий оқыў бағдарламалары, оқыўшылар ямаса мектеплер арасындағы бәсеки, стандартластырылған тестлер сыяқлы классикалық әмелият улыўма жоқ. Система оқытыўшылар, администрация ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының автономиясына, оқытыўшылардың маманлығына тийкарланады.
“Еdunation” сайтында берилген мағлыўматларға бола, Финляндия билимлендириўиниң тийкарғы мақсети ҳәр бир баланың потенциалын толық жүзеге шығарыў ҳәм сапалы билимлендириўге универсал дәрежеде кириўди тәмийинлеў болып есапланады. Бул мектеплер арасындағы айырмашылықты сезилерли дәрежеде азайтады. Финляндияда билимлендириўдиң барлық басқышы - мектепке шекемги билимлендириўден жоқары билимлендириўге шекем бийпул.
Финляндияда математика тәлиминиң тийкарғы философиясы билимди әпиўайы ядлаўдан гөре, терең түсиниўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Миллий оқыў бағдарламасы оқыўшыларда логикалық, анық ҳәм дөретиўшилик математикалық пикирлеўди раўажландырыўды мақсет еткен. Концептуал түсиниклерди беккемлеў тийкарғы тийкарғы бағдар болып табылады. Бул оқыўшылар формулаларды тек ғана ядлап алыўдың орнына олардың мәнисин, не ушын қолланылыўын ҳәм қалай қәлиплескенин түсинип алыўы әҳмийетли, дегени.
Бул мәмлекет билимлендириўинде машқалалы ҳәм жойбарға тийкарланған оқытыў усылларынан кең пайдаланылады. Бул қатнаслар оқыўшыларға математикалық билимлерди реал турмыслық жағдайдағы машқалаларды шешиў арқалы әмелиятта қолланыў имканиятын береди. Финляндия мектеплеринде 7 жасқа шекем математика рәсмий оқытылмайды, көбирек жойбар тийкарындағы жумыслар арқалы тийкарғы түсиниклер ийеленеди. Бул "орынлап үйрениў" принципине тийкарланып, оқыўшыларда сын көзқарастан пикирлеў, биргеликте ислеў ҳәм машқаланы шешиў көнликпелерин раўажландырады.
Буннан тысқары, интеграцияласқан билимлендириў көзқарасының кеңнен қолланылыўы ҳаққында VDU ҳәм HЕLDA (Univеrsity of Hеlsinki) тәрепинен басып шығарылған жумысларда мағлыўмат берилген. Бунда математика басқа пәнлер, мәселен, физика, көркем өнер яки музыка менен байланыслы ҳалда үйрениледи. Мәселен, математикаға тийисли термин ямаса түсиниклерди басқа улыўма билим бериў пәнлеринде де ушыратыў мүмкин. Бул болса оқыўшыларға билимлердиң өз ара байланыслылығын тереңирек түсиниў ҳәм математиканы және де кеңирек көз алдына келтириў ҳәм үйрениў имканиятын береди.
“TеchClass” сайтында келтирилиўинше, Финляндия билимлендириўинде үй тапсырмалары минимал дәрежеде берилиўи ҳәм еркин пикирлеўге көбирек итибар қаратылыўы - тийкарғы принцип. Үй тапсырмалары қысқа ҳәм мазмунлы болып, оқыўшыларға сабақтан тысқары ўақтын еркин излениў ямаса дөретиўшилик жумысқа бағышлаў имканиятын береди. Бул, өз гезегинде, оқыўшының дөретиўшилигин ҳәм өз бетинше билим алыў көнликпелерин беккемлейди. Соның менен бирге нервлениў (стресс) дәрежесин кемейттиреди.
Мектеплерде билимлендириў ҳәм технология толық интеграцияланады. Жаслар изертлеў ушын планшетлерден, жазыў ушын ноутбуклардан ҳәм биргеликтеги жумыслар ушын қосымшалардан пайдаланады. Бирақ бул тек ғана экранға қарап отырыў дегени емес.
Оқытыўшылар ҳәр бир оқыўшыға индивидуал қатнаста болады. Ойын түриндеги шынығыўлар ҳәм интерактив қураллардан пайдаланыў математиканың және де қызықлы ҳәм түсиникли болыўын тәмийинлейди.
Буннан тысқары, Финляндияда инклюзив билимлендириўге де оғада үлкен итибар қаратылған. Оқытыўшылардың кәсиплик таярлығы ҳәм маманлығы жоқары дәрежеде. Барлық оқытыўшы магистр дәрежесине ийе болыўы шәрт. Олардың таярлығы әмелиятқа бағдарланған болып, теория ҳәм әмелият арасындағы интеграцияны беккемлейди.
"Математикалық ойын" мәдениятын қәлиплестириў
Финляндия мектеплеринде оқыўшылардың ойын арқалы билим алыўына үлкен итибар бериледи. Бизде болса математика көбинесе қурғақ пән сыпатында қабыл етиледи. Өзбекстан мектеплеринде, әсиресе, баслаўыш ҳәм орта классларда математикалық ойынлар, логикалық басқатырмалар ҳәм жарысларды сабақ процесине турақлы киргизиў керек. Бул ойын тек сабақтан тысқары шынығыў болмай, ал сабақтың ажыралмас бөлеги болыўы керек. Бул арқалы балаларда математикаға қызығыўшылық оятады. Олар өзлери аңламастан математикалық пикирлеўди раўажландырып алады.
Жоқарыда оқыўшыларға көбирек еркинлик бериў ҳәм үй тапсырмасын азайтыў ҳаққында пикир жүргиздик. Бос ўақытты ҳәм сабақтағы еркинликти математикалық ойын арқалы мазмунлы толтырыў мақсетке муўапық. Бул метод тек ғана стрессти кемейтпейди, ал билимди беккемлейди, логикалық пикирлеўди раўажландырады.
Гүрриң дүзиў
Финляндияда пәнлераралық интеграция әҳмийетли. Математиканы тек санлар ҳәм формулалар системасы сыпатында үйретиў орнына оның тарийхый раўажланыўы, реал турмыста қолланылыўы ҳәм алымлардың гүрриңлерин сабақларға киргизиў керек. Ҳәр бир математикалық түсиник ямаса қағыйда артында қандай да бир гүрриң бар екенлигин көрсетиў, мәселен, Фибоначчи избе-излигиниң тәбиятта қандай ушырасыўы, Пифагор теоремасы қалай пайда болғаны, сондай-ақ, математиканы көркем өнер, музыка ямаса архитектура менен байланыстырыў арқалы оқыўшының қызығыўшылығын арттырыў мүмкин.
"Қәте жибериў - жаңалықты үйрениў имканияты" принципи
Өзбекстан билимлендириў системасында қәте ислеў көбинесе унамсыз баҳаланады. Математика сабақларында оқыўшылардың қәтелесиўден қорықпаўы ушын шараят жаратыў керек. Қәтелерди талқылаў, олардан сабақ алыў ҳәм үйрениў процесиниң бир бөлеги сыпатында қабыл етиў керек. Оқытыўшы оқыўшының қәтесин тиккелей дүзетиў орнына қәтениң қай жерде екенлигин табыўға ийтермелеўи, яғный индуктивлик қатнасты қолланыўы керек.
"Математикалық лаборатория" түсиниги
Финляндия билимлендириўинде әмелиятқа үлкен итибар бериледи. Математика сабақларын теориялық жақтан үйретиўден тысқары, мектеплерде "математика лабораториялары" ямаса "әмелий математика ханалары"н шөлкемлестириў керек. Бул жерде оқыўшылар ҳәр қыйлы математикалық моделлер, геометриялық фигуралар, өлшеў әсбаплары ҳәм басқа әмелий қураллар жәрдеминде математикалық түсиниклерди тәжирийбеге киргизиўи мүмкин. Әпиўайы гербиштен имарат қурыў арқалы геометриялық есаплаўды үйрениў, үлкен ыдысты суў менен толтырып, көлемин өлшеп көриў, жуўырыў ямаса велосипед айдаў нәтийжесинде тезликтиң өзгериўи, аралықты табыў, саўда жумысларын орынлап, пайданы процентлерде есаплаў, программаластырыў арқалы математикалық функцияларды визуалластырыў сыяқлы жумыслар усылар қатарына киреди.
Финляндия мектеплеринде оқыў жүклемеси басқышпа-басқыш арттырып барылады. Баслаўыш классларда (1-2-класс) ҳәптелик сабақ саатлары салыстырмалы аз - кеминде 19 саат. Бул болса балалардың ойын ҳәм дөретиўшилик раўажланыўына көбирек ўақыт ажыратыў имканиятын береди. Бирақ жоқары классларға (9-класс) өткенде бул көрсеткиш 30 саатқа шекем жетеди. Улыўма есапта тоғыз жыллық мектеп даўамында ҳәптелик жүклеме 222 саат болады. Салыстырсақ, Өзбекстанда бул көрсеткиш бираз жоқары - 254 саат. Бул жүдә қызықлы ҳәм терең таллаўды талап ететуғын мағлыўмат. Яғный Финляндияның аз сабақ саатлары менен жоқары нәтийжеге ерисиўи, оқыў жүклемеси муғдарынан гөре, сапа ҳәм нәтийжелиликке итибар қаратыў әҳмийетли екенин көрсетеди.
Сабақ саатының көплиги гейде оқыўшылардың оқыўдан зеригиўине алып келеди. Математикалық пикирлеўди раўажландырыў, мәселен, формулаларды ядлатыўдан гөре, әмелий мәселелер шешиў, логикалық ойынлар ҳәм жойбарлаў жумысларына көбирек ўақыт ажыратыў нәтийжели болыўы мүмкин. Оқыўшыға еркин пикирлеў, дөретиўшилик қатнас ҳәм билимлерди әмелде қолланыўға жетерли ўақыт берилиўи керек.
Өзбекстан билимлендириў системасы Финляндия тәжирийбесин үйрениў бағдарында үлкен имканиятқа ийе. Бирақ бул процесс тек ғана нусқа көшириў емес, ал терең таллаў, бейимлесиўшеңлик ҳәм миллий өзине тәнликти есапқа алыўды талап етеди.
Негизинде Финляндия билимлендириў системасының жетискенликлери ҳәм оқытыў усыллары Өзбекстанда әлле қашаннан берли бар. Тек олар көбинесе оқыў орайлары, жеке меншик мектеплер, репетиторлық курсларда қолланылмақта. Буны орайларда билим алғанлардың көпшилиги, яғный 90 проценттен асламының биринши урыныўдан-ақ жоқары билимлендириўге қабыл етилиўинен де көриў мүмкин. Бул болса "Неге 11 жыл мектепте оқыған оқыўшы жоқары билимлендириўге кире алмайды, еки жыл репетиторға барғанлар киреди?" деген сораўға жуўап болады. Репетиторлықтағы нәтийжелилик Финляндияда қолланылатуғын оқытыў усылларына уқсаслығында.
Репетиторға барған оқыўшылардың билим дәрежеси салыстырмалы сапалы болыўына жетерли себеплер бар. Соның ишинде, репетитор теманы қашан ҳәм қалай оқытыўды биледи. Себеби ол сабақ ҳәм оқыў бағдарламасын өз қәлеўине қарап режелестиреди. Оқыўшыға индивидуал қатнаста болады. Балалар билимине қарап топарларга бөлинеди. Оқыўшылар сабақта салыстырмалы еркин отырады. Сабақ ойын формасында өтиледи. Мультимедиа қуралларынан үнемли пайдаланылады. Ата-аналар менен жақсы бирге ислесиў орнатылады.
Егер ең жақсы репетиторлар мектеплерге тартылса, класслардағы оқыўшылар саны азайтылса, сондай-ақ, мектеп муғаллимлерине сәл болса да, еркинлик берилсе, артықша ҳүжжетпазлықлар бийкар етилсе ҳәм муғаллимлер финанслық қоллап-қуўатланса, үлкен нәтийжелерге ерисиў мүмкин. Репетиторлар оқыў орайларында алған айлығын мектепте де алса, қанаатланыўшылық пенен сабақ бериўге таяр.
Дурыс, ҳәзир мектеп муғаллимлери әдеўир руўхый ҳәм материаллық қоллап-қуўатланбақта. Мәселен, миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе болыў, тил билиў, пән олимпиадаларында оқыўшысы жеңимпаз болса, хошаметлеў сыяқлылар бар. Бирақ ҳәмме оқытыўшы да бундай имканиятқа ийе емес. Пәнлерден жақсы билим ҳәм күшли оқытыў методикасы бар оқытыўшылар көп. Бундай муғаллимлердиң белгили бир бөлеги жеке меншик мектеп ҳәм оқыў орайларында жумыс алып барады. Ол мәкемелерде болса оқыўшылар саны аз. Демек, билимлендириўди раўажландырыў да соған жараса болады.
Шавкат ШАРИПОВ,
педагогика илимлериниң докторы, профессор