Шөлде бой тиклеген қала
Бирлескен Араб Әмирликлери шаҳзадасы, Дубай әмири Ҳамдан ибн Муҳаммад ибн Рашид Ал Мактумның еске түсириўлерин оқыған едим: "2000-жыллардың басларында Англияда оқыўымды тамамлап, БАӘге қайтып келдим. Әкемниң қәлеўи менен мен ҳүкимет мәжилислеринде қатнасыўға мәжбүр едим. Бир мәжилисте бир министрдиң қурғақ статистикалардан ибарат зеригерли баянатын саатлап тыңладым. Баянатта мәмлекет экономикасын көтериў ҳаққында сөз болды. Туўрысы, бундай жыйналысларда зеригип кеттим. Сонда министрдиң сөзин бөлип, Дубайды дүньяның ең раўажланған туристлик орайларынан бирине айландырыў зәрүрлигин айттым. Тосаттан айтылған бул пикириме көпшилик министрлер ҳайран қалды. Жыл - он еки ай ыссы ҳәм қумлы қалаға туристлер келеди ме екен, деген исенимсизлик сөзлер айтылды. Сонда мен исеним менен "аўа, келеди!" деп жуўап қайтардым.
Себеби, бираз алдын теңиз жағасында айланып жүргенимде саяхатқа шыққан германиялы шаңарақты көрдим. Олардан не ушын сапар етиў ушын әйне Дубайға келгенин сорадым. Олар қуяш, теңиз ҳәм қумлықты көриў ушын келгенин айтты. Бул сырт елли шаңарақ пенен болған қысқа сәўбеттен соң менде бул идеяны әмелге асырыўға күшли қызығыўшылық пайда болды". Шаҳзаданың еске түсириўлериниң қысқаша мазмуны усындай еди.
Ҳақыйқатында да, бир неше он жыллар бурын Дубай шөл үстинде бой тиклеген төмен ҳәм тәртипсиз имаратлардан ибарат қала еди. Мәмлекеттиң сол ўақыттағы тийкарғы дәраматы нефть екен. Бүгинги заманагөй Дубайдың қурылысында шахзаданың орны ҳәм жетекшилик қәбилети әҳмийетли орын ийелейди. Буны пүткил дүнья тән алады.
Нефть кәнлерине бай аймақ сол ўақытлары халықтың абадан жасаўы ушын бирден-бир дәрек есапланғанын атап өтиў керек. Дурыс, "қара алтын" қалада турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли рол ойнады. Ҳәзирги ўақытқа келип болса нефть сатыўдан келетуғын дәрамат Әмирлик көретуғын пайданың тек ғана 6 процентин қурайды.
Бүгин пүткил дүнья жүзи инвестиция ҳәм туристлик орайларынан бирине айланған БАӘ пайтахтына "келешеги қаласы" деп тәрийип береди. Себеби, ақылға ылайық дәрежедеги архитектуралық шешимлер тийкарында қурылған имаратларға дүньяның көпшилик мәмлекетлериниң халқы да ҳайран ҳәм ҳәўес пенен қарап атыр.
Ақылға уғрас басқарыў сиясаты, инвесторлардың емин-еркин жумыс алып барыўына кепиллик, еркин экономикалық зоналардың шөлкемлестирилиўи пүткил дүнья инвесторларын бул жерге тартып алды. Нәтийжеде Дубай дүнья туристлериниң ең тартымлы мәнзиллеринен бирине айланды.
Самарқандқа 2 миллион турист келди
Мақаламыздың басын Дубайдан баслағанымыз бийкарға емес. Туризм ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық-мәдений әҳмийетке ийе кең көлемли тараў. Бул тараў дәраматлылығы бойынша дүньяда үшинши орында турады. Және бир әҳмийетли тәрепи, аз қәрежет пенен көп жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.
Мәмлекетимизде бул тараў избе-из раўажланбақта. Соның ишинде, 2022-жылы елимизге келген сырт елли туристлердиң саны 2021-жылға салыстырғанда 3 есеге артқан. Тараў экспорты 1 миллиард 600 миллион долларды қураған. Ишки туризм бағдарламалары шеңберинде 11 миллионнан аслам халық саяхат еткен. Самарқандта жаңа туризм орайының қурылғаны нәтийжесинде ол жерге қосымша 2 миллион турист келген.
Өткен жылы жазда шаңарағым менен Самарқандқа айланыўға бардым. Жаңаланыўлар ҳәм дөретиўшиликлер уллы өтмишимизден дәрек берип турған бул тарийхый қалаға да өзиниң унамлы тәсирин өткерди. Көшелер, қыябанлар жылдың төрт мәўсиминде де жасыллыққа бүркенген. Жаңа, заманагөй мийманханалар бой тиклеген. Әсиресе, бәҳәр ҳәм гүзги айларда қала көшелери дүньяның түрли мүйешлеринен келген туристлер менен толып кетеди. Және бир әҳмийетли өзгерис, туристлерге хызмет көрсетиў мәденияты жоқарылады. Инфраструктура қәлиплескен.
Азанда Регистан майданында сейил етип жүрген бир қара реңли саяхатшыны тоқтатып, сәўбетке шақырдым.
- Тийкарынан Суданлыман. БАӘде шаңарағым бенен жасайман. Стоматологпан. Елиңиз ҳаққында, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы тарийхый қалаларыңыз ҳаққында көп еситкенмен. Мәмлекетиңиздеги тынышлық-татыўлықты көрип, гәптиң расын айтқанда, ҳәўес еттим. Дүньяның басқа мәмлекетлерине қарағанда сизлерде әдеўир арзан екен. Адамларыңыздың жүзлеринде бахыт ҳәм қуўанышты көрдим, - дейди мийман.
Тынышлық-татыўлық ҳүким сүрген елде раўажланыў болады. Бундай мәнзилге болса абаданлық ҳәм берекет жаўады. Бундай журтты көриўге әрманлы мийманлар көбейеди.
Тарийхқа байланыслы келешек
2005-жылы хызмет сапары менен Польшаға кәсиплеслеримиз бенен барған едик. Виза алыўда усы мәмлекеттиң Ташкенттеги елшиханасына бардық. Елшихана имаратының кириў бөлегинен ишки бөлмелерге шекем Польшаның тарийхый имаратлары сәўлеленген фотосүўретлер илдирилген. Еле бармай турып Польша тарийхый қала екен де, өзимниң умтылғаным ҳақыйқат. Себеби, жас болғаным ушын, Батыстың ең раўажланған ҳәм заманагөй қалаларын көриўди ҳәўес етер едим.
Барғанымызда Варшава жүдә заманагөй ҳәм бийик имаратлар бой тиклеген мәнзил екенине гүўа болдым. Сапарымыз даўамында аўдармашыға елшиханадағы дәслепки тәсиримди айтып бергенимде күлип, мени Варшаваның ески қала бөлимине алып баратуғынын айтты.
Аўдармашының айтыўынша, Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде Варшава қаласы жер менен тегислеп тасланған екен. Урыстан кейин мәмлекет пайтахты тарийхын тиклеў мақсетинде сол жойбарлар тийкарында ески турақ жайлар қайтадан қурылды. Бүгин де Варшаваның әйне ески қалалық бөлимине жылына миллионлаған адамлар келеди. Мийманханалар, асханалар, ҳәр қыйлы хызмет көрсетиў шақапшалары жылдың төрт мәўсиминде де ашық ҳәм сырт елли мийманларды күтип турады. Бир неше он мыңлаған поляклар бул жерде исбилерменлик пенен шуғылланады.
Жуўмақлап айтқанда, миллеттиң уллылығы ҳәм келешеги әййемги өтмиши менен тығыз байланыслы.
Қызықлы журт
Жақында жеке машинамда қоңсы мәмлекетке саяхатқа шықтым. Тийкарынан таўлардан ибарат бул мәмлекетте жоллар тегис екенлиги итибарымды тартты. Аваз Охунның айтқанындай, өткелден өтиўде адам қорқынышқа түсиўи мүмкин. Буны бизлерге жол көрсетиўшилер де тез-тез тәкирарлады.
Итибарымды тартқан және бир тәрепи, жол бойында кафе ҳәм ресторанлардың жүдә аз екенлиги болды. Мәмлекеттиң ең шетки аймағынан пайтахтына шекем бармақ пенен санап табылған асханаларды көз алдымызға келтирдик. Барларында да хызмет кеўилдегидей емес.
Бизде болса жылдың төрт мәўсиминде де үлкен жоллар бойында кафе ҳәм ресторанлар күни-түни жумыс алып бармақта. Ҳәр бир аймақтың өзиниң мазалы, яғный өзине тән "билим қағазы"на айланған тағамлары бар. Мәселен, Жиззақ сомсасы, Ташкент нарыны, Қашқадәрьяның писирилген гөши, Сурхандәрья тандыры, Хорезм балығы, Соқақ кабабы… Бул дизимди узақ даўам еттириўге болады. Әйне гастрономиялық саяхат та елимизге келип атырған туристлерде үлкен қызығыўшылық оятатуғыны да сөзсиз.
Ямаса және бир мысал. Қоңсы мәмлекетлердеги зыярат орынларына барған адам болса, хызмет көрсетиў инфраструктурасының жоқ екенлигин дәрриў сезеди. Әпиўайы суў табыў ушын да көп мийнет еткенлердиң гәплерин еситкенмен.
Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен туризмди раўажландырыў ҳәм мәмлекетке келип атырған туристлердиң ағымын арттырыў жолында системалы өзгерислер алып барылып атырғанын атап өтиў керек.
Соның ишинде, тек ғана кейинги жылларда туристлерге виза бериў системасы кескин либералластырылды. Аэропортларда нәўбет ҳәм тексериўлерге шек қойылып, жасыл жоллар шөлкемлестирилди, вокзалларда да қолайлы шараятлар жаратылды. Мийманлар электрон дизимнен өткерилетуғын болды, олардың еркин ҳәрекетлениўи ушын барлық шараятлар жаратылды. Валюта алмастырыўға шеклеўлер бийкар етилди. Мийман орынларының саны 3 есеге көбейип, 125 мыңға жетти (2017-жылы 37 мың еди). Туристлик кәрханалар ушын социаллық салық ҳәм айланыс салығы ставкалары 1 процент етип белгиленди, жер салығы ҳәм мүлк салығы ставкалары 90 процентке азайтылды.
Мақалаымыздың соңында айтпақшы болғанымыз жаңа Өзбекстанда кейинги бес-алты жылда тек ғана туризм бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылды. Әҳмийетли реформалар тәрепке қәдем тасланды. Басланған ийгиликли мақсетлер жолында көзге тасланып атырған жойбарлар мәмлекетимизди қысқа мүддетлерде дүньяның ең раўажланған туристлик орайларының бирине айландырмақта. Буның дәлилин жоқарыдағы статистикалық мағлыўматлар да тастыйықлап турыпты.
Юнус БЎРОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы