Туризм жәҳән экономикасының әҳмийетли тармақларынан бирине айланып бармақта. Себеби, бул тараў халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Ол арқалы табылған дәраматтың 30 проценти адамларға мийнет ҳақы сыпатында бериледи. Ал санаат ҳәм басқа тармақларда бул көрсеткиш 10 проценттен аспайды. Демек, туризмди раўажландырыў экономикалық турақлылық ҳәм абаданлыққа хызмет етеди.
Өзбекстан бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасы, миймандос халқы ҳәм гөззал тәбияты менен туризм тараўында үлкен имканиятқа ийе. Мәмлекетимизде 8000 нан аслам мәдений мийрас объекти бар. Олардың бир бөлеги ЮНЕСКОның Улыўма жәҳән мәдений мийрасы дизимине киргизилген. Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Шаҳрисабз ҳәм Термиз қалалары дүньяға белгили қалалар.
Кейинги жыллары елимизде бул бағдардағы имканияттан үнемли пайдаланыўға итибар күшейди. Атап айтқанда, Өзбекстанда туризм санааты ҳәм хызметлер көрсетиў тараўын раўажландырыўға мәмлекет тәрепинен үлкен итибар қаратылмақта. Соның ишинде, тараўдың нормативлик-ҳуқықый тийкарлары жетилистирилди. Исбилерменлерге салық жеңилликлери ҳәм преференциялар берилди. Миллий туризм потенциалын ишки ҳәм сыртқы базарларда нәтийжели үгит-нәсиятлаў ушын шараят жаратылды, виза режими либералластырылды, қолайлы туристлик орталық қәлиплестирилди. Бул ҳүжжетлер арқалы елимиздиң ҳәр бир аймағының туристлик имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары көрилмекте.
Өткен жылы 20-декабрьде Президентимиздиң басшылығында исбилерменлик тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша жыл жуўмақлары ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелерди додалаў бойынша өткен видеоселектор түриндеги сөйлесиўде туризм бағдарында исленген жумыслар ҳаққында да сөз болды. Атап өтилгениндей, өткен жылы исбилерменлердиң 6,5 триллион сум инвестициясы менен 24 мың орынлық мийманханалар иске қосылды. Усы жылы бул жумыслар және де кеңейип, мийман орынлары және 30 мыңға артыўы, исбилерменлер буған 10 триллион сум инвестиция киргизиўге таяр екени, өткен жылы иске қосылған 17 ири саўда ҳәм туристлик орынларға және 25 усындай комплекс қосылатуғыны атап өтилди.
Бостанлықта 10 миллиард долларлық “Sea Breeze” атамасындағы ири орай қурылысын баслаўға келисилгени, сондай-ақ, елимизге дүньяның абырайлы Swissôtel, Sheraton, Ritz-Carlton, Novotel, Pullman, Marriott, ibis, Mercure сыяқлы 23 мийманхана бренди кирип киятырғаны атап өтилди.
Туризм хызметлериниң экспорты 3 миллиард долларға жетти
Мәмлекетимиздеги мине усындай кең көлемли илажлар нәтийжесинде түрли мәмлекетлер менен өз-ара байланыслардың және де раўажланыўы менен бирге, туризм тармағында да өсиўге ерисилмекте. Атап айтқанда, 2024-жылдың 11 айы даўамында елимизге 9,4 миллионнан аслам турист келген. 2016-жылы бул сан 1,3 миллион, 2022-жылы болса 5,2 миллионды қураған.
Туристлерге көрсетилген туризм хызметлериниң экспорты болса 3 миллиард долларды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,5 есеге өсти. Европа, узақ ҳәм қоңсылас мәмлекетлерден келетуғын туристлердиң орташа қәрежети 2022-жылға салыстырғанда 1,5 есеге артты.
Мәмлекетимиз басшысының тараўды раўажландырыўға байланыслы тапсырмаларының өз ўақтында орынланыўы бағдарындағы жумыслар нәтийжесинде сырт мәмлекетлерден туристлер ағымын сезилерли дәрежеде арттырыўға ерисилди. Соның ишинде, Европа ҳәм узақ мәмлекетлерден келиўшилер 5,3 проценттен 9 процентке артты.
Қоңсы мәмлекетлер ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринен туристлердиң саны 2022-жылға салыстырғанда 1,3 есеге, узақ сырт елден келиўшилер 2,5 есеге артты. Қытайдан 13, Италиядан 4,3, Ҳиндстаннан 3,8, Германиядан 2,1, Түркиядан 1,4 ҳәм Қубла Кореядан 2 есе көп турист келди. Индонезиядан зыярат туризми мақсетинде келген туристлердиң саны 14,6 ҳәм Малайзиядан келиўшилердиң саны 6,1 есеге көбейди.
Туристлерге хызмет көрсетиўши 762 жаңа туристлик шөлкем ҳәм турагент жумысының жолға қойылыўы нәтийжесинде олардың саны 3581 ге жетти. Мәмлекет бойлап 3200 гид-экскурсавод жумыс алып бармақта. Өткен жылдың өзинде 700 гид-экскурсовод таярланды.
Туроператорларды экспорт алдынан қоллап-қуўатлаў мақсетинде айланыс қаржы ушын жәми 50 миллион долларлық кредит 10 жыл мүддетке, 2 жыл жеңиллетилген дәўир менен ажыратыў жолға қойылды.
Нәтийжели үгит-нәсият тараўды раўажландырыўдың әҳмийетли факторы
Өзбекстан туристлик брендин халықаралық көлемде жедел үгит-нәсиятлап келмекте. 2024-жылы жетекши 16 мәмлекетте болып өткен 18 халықаралық ярмаркада миллий туризм стенди менен қатнастық. 12 мәмлекетте (Қытай, Иран, Тәжикстан, Уллы Британия, Малайзия, Сингапур, Индонезия, Кувейт, Беларус, Венгрия, Қубла Корея, Россия) “Road show”, мәдений ҳәм презентация илажлары өткерилди. Япония, Германия, Қытай ҳәм АҚШта Өзбекстанның туризм бренди елшиси ҳәм ўәкиллери тайынланды.
Өткен жылы 25-26-апрель күнлери "Шаҳрисабз - Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң туризм пайтахты" халықаралық форумы ҳәм "Хийўа - 2024-жылы ислам дүньясының туризм пайтахты" сүрени астында 31-май - 2-июнь күнлери Хийўа қаласында Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер туризм министрлериниң ХII мәжилиси жоқары дәрежеде өткерилди.
Елимизде биринши мәрте барлық аймақларда ишки туризм ярмаркалары шөлкемлестирилди. Бул ярмаркаларға ишки туризм бағдарындағы 1700 ге шамалас исбилерменлик субъекти, 18 мыңнан аслам қатнасыўшы келди. Ярмарка шеңберинде ишки саяхатларды шөлкемлестириўге байланыслы баҳасы 20 миллиард сумға шамалас 1300 ден аслам шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылды.
Өзбекстанның туристлик брендин үгит-нәсиятлаў туризмди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли факторы. Бул бағдардағы нәтийжели үгит-нәсиятлаў халықаралық ҳәм жергиликли туристлерди және де көбирек тартыў, дыққатқа ылайық орынлар ҳәм Өзбекстанның мәдений мийрасының ҳәр қыйлылығы ҳаққында хабардарлықты арттырыўға жәрдем береди. Усы мақсетте елимиздиң туристлик потенциалын Европа, Арқа Америка, Азия-Тыныш океаны, Жақын Шығыс, Қытай ҳәм Орайлық Азия регионында кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылды.
Бул бағдарда “World Media Group” ҳәм “Blue Sky”, “Sky one”, “Wanderlust”, “Euronews”, “BBC”, “National Geographic”, “CNN” “Travel Tomorrow”, “Warner Bros. Discovery”, “Saga travel Group” халықаралық медиа корпорациялары, сондай-ақ, “Ctrip.com”, “Holiday factory”, “Voyage Prive” онлайн саяхат платформасы сыяқлы бир қатар сырт ел шөлкемлери ҳәм телебағдарламалар менен шәртнама тийкарында халықаралық көлемде мәмлекетимиздиң имиджи кеңнен үгит-нәсиятланды. 20 дан аслам мәмлекеттен 100 ден аслам сырт ел ҒХҚ ўәкили, блогер ҳәм инфлюенсерлер ушын Өзбекстан бойлап 24 инфо ҳәм пресс-тур шөлкемлестирилди.
"Өзбекстан" бренди - дүнья нәзеринде
Дүнья жүзилик туризм шөлкеминиң мағлыўматларына бола Өзбекстан туристлик хызметлеринен түскен түсим (экспорт) бойынша дүнья бойлап "екинши ең жақсы бағдар" сыпатында көрсетилди. Түсимлер 2019-жылға салыстырғанда еки еседен көбирек (133 процент) артқан. Өзбекстан туристлик экспортының өсиўи бойынша Европа дестинациялары арасында ең жақсы көрсеткишке еристи.
Жәҳән экономикалық форумы жәриялаған "Саяхат ҳәм туризмди раўажландырыў индекси" изертлеўине бола, Өзбекстан 2024-жылы "Туризмди раўажландырыў бойынша дүньяның ең белсенди мәмлекети" деп табылды. Бул тән алыў мәмлекетимизге халықаралық туристлерди тартыў ҳәм турақлы туризмди раўажландырыўға итибардың күшейип баратырғанын билдиреди.
Октябрьде Лондонда болып өткен мәресимде Өзбекстан абырайлы “Wanderlust Reader Travel Awards 2024” сыйлығының "Ең жақсы раўажланып атырған бағдар" номинациясында жеңимпаз болды. Россияның “Russian traveler” журналы өткерген миллий туризм сыйлығы таңлаўының нәтийжесине бола, 2024-жылы "Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери арасында ең жақсы саяхат жөнелиси" деп табылды.
Излениў, имканият ҳәм нәтийже
Әлбетте, қысқа мүддетте туризм бағдарында бундай салмақлы нәтийжеге өз-өзинен ерисилмей атыр. Президентимиздиң басламасы менен тараўдағы жумыслар заман талабынан келип шығып турақлы жетилистирип барылып атырғаны бул процесстеги жетискенликлердиң әҳмийетли факторы болмақта. Бул ийгиликли жумысларды избе-из даўам еттириў турақлы итибарда.
Усы мақсетте өткен жылы комитетимиз тәрепинен ислеп шығылған 18 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары белгиленген тәртипте тастыйықланды. Нәтийжеде туристлер ушын жаратылған бир қатар тийкарғы имканиятлар ҳәм қолайлықлар көлеми кеңейди.
Виза. Өзбекстанда туристлер ушын визасыз режим енгизилген. 90 нан аслам мәмлекет пуқаралары ушын 30 күнге шекем визасыз кириў имканияты бар. Сондай-ақ, электрон виза системасы енгизилген, бул болса туристлердиң виза алыўын әпиўайыластырды.
Транспорт. Мәмлекетимизде ишки транспорт инфраструктурасы да жедел раўажланбақта. Туристлер ушын авиарейслер, темир жол ҳәм автобус хызмети жақсыланды. Буннан тысқары, такси ҳәм каршеринг хызметлери де бар. Бул болса туристлер ушын ҳәрекетлениўди әдеўир аңсат ҳәм қолайластырады.
Инфраструктура. Елимизде туризмди раўажландырыў ушын көплеген заманагөй мийманханалар, курортлар ҳәм туристлик орайлар ашылды. Мийманханалар заманагөй хызметлер, спорт заллары, ресторанлар ҳәм суў бассейнлери менен тәмийинленген. Буннан тысқары, халқымыздың миймандослығы да туристлердиң қызығыўшылығын ҳәм умтылыўын арттыратуғын әҳмийетли өлшемлерден бирине айланбақта.
Жөнелислер. Өзбекстан тарийхый ҳәм мәдений бағдарларға бай. Соның менен бирге, тәбият көринислери ҳәм өзине тән археологиялық естеликлерге ийе. Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы тарийхый қалалардағы естеликлер, мәдений илажлар туристлер ушын тартымлы тийкарғы бағдарлар болып есапланады.
Өндирис ҳәм саўда. Туристлер ушын сувенир ҳәм жергиликли өнимлерди сатып алыў имканияты да кең. Аймақларда ҳәр қыйлы марка ҳәм сувенир дүканлары ашылған, сондай-ақ, жергиликли қәлиплер ҳәм дәстүрий өнерментшилик өнимлери кең тарқалған.
Билимлендириў ҳәм экскурсия хызметлери. Елимизде экскурсия хызмети жақсы жолға қойылған. Саяхатшыларға профессионал гидлер хызмет көрсетпекте, экскурсия ҳәм турлар шөлкемлестирмекте. Олар тарийхый естеликлер, мәдений илажлар ҳәм тәбиятты изертлеўде жәрдем береди.
Санлы хизметлер. Туризмди раўажландырыў ушын санлы хызметлер енгизилген. Мәселен, мобиль қосымшалар ҳәм туризмге байланыслы онлайн платформалар арқалы туристлер өз сапары ҳаққында мағлыўмат алыў, тур ҳәм хызметлерди резервлеў имканиятына ийе.
Усы тәризде туристлерге қолайлық ҳәм имканият жаратыўға үлкен итибар қаратылмақта. Бул болса мәмлекетимиздиң туризм секторына унамлы тәсир көрсетпекте.
Туризм инфраструктурасы кеңеймекте
Туризм бағдарында 2024-жылы әмелге асырылған жаңа жойбарларға айрықша тоқтап өтиў мақсетке муўапық. Атап айтқанда, Ташкент қаласында Германияның “Hyper Partners GmbH” компаниясының “Tashkent City Mall” бренди менен бизнес орайы, заманагөй мийманхана ҳәм турақ жай және саўда орайы қурылды. 60 орынлық “Azhalil stroy” заманагөй мийманханасы және Түркияның “Calik Energy” компаниясының 267 орынлық “Intercontinental” бренди менен 5 жулдызлы заманагөй мийманхана ҳәм бизнес орайы комплекси, 24 орынлық “Stay INN” мийманханасы пайдаланыўға тапсырылды.
Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында 220 орынлық “Besh-yog‘och” заманагөй мийманхана комплекси, "Өзбекгидроэнерго" АЖ тәрепинен 50 модуллик капсула және 8 турақ жай комплекси ҳәм 128 орынлық 16 шале қурылды. Жиззақ районында 250 орынлық “Zomin Suffa Resort” мийманханасы, Хийўа қаласында 534 орынлық “Arda Khiva” мийманханасы ҳәм туристлик комплекси және Хийўа районында 80 орынлық “ProAgro” экотуризм ҳәм глемпинг хызмети жолға қойылды. Наўайы қаласында 100 орынлық “Zarafshon grand hotel” мийманхана комплекси, Сурхандәрья ўәлаяты Термиз қаласында 74 орынлық “Termiz plaza” мийманханасы иске қосылды.
Буннан тысқары, аймақларда туризм аўыллары шөлкемлестирилди. Быйыл болса алты туризм аўылы ҳәм туризм мәҳәллелерин шөлкемлестириў бойынша әмелий илажлар даўам еттирилмекте. Потенциалға ийе аўылларға "туризм аўылы", "туризм мәҳәллеси" статусы бериледи.
Пайтахтымыздың Мирабад районы Тарас Шевченко ҳәм Янгихаёт районы Меҳригиё көшелеринде "Гастрономиялық ҳәм туризм көшелери" шөлкемлестирилип, пайдаланыўға тапсырылды. Қалған районларда да бул бағдардағы жумыслар жедел даўам етпекте. Бундай көшелердиң ашылыўы нәтийжесинде 605 хызмет көрсетиў объектиниң 211 и 24/7 режиминде ислейди. 153 жаңа хызмет көрсетиў объекти шөлкемлестириледи, 1378 жаңа жумыс орны ашылады.
Ҳәзир "Гастрономиялық ҳәм туризм көшелери" жойбары унамлы нәтийже берип, жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм туризм секторының раўажланыўын жеделлестириўге үлкен үлес қоспақта. Бул түрдеги көшелер тек гастрономия ҳәм туризмди хошаметлеў менен бирге, әтирапындағы инфраструктураны да жетилистиреди, исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратылады. Ҳәр бир көше өзине тән миллий ҳәм халықаралық тағамлар, дәстүрий мийманхана хызметлери, мәдений ҳәм дем алыў орынлары менен тәмийинленип, туристлер ушын тартымлы болады.
Сондай-ақ, жаңа жумыс орынлары ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң шөлкемлестирилиўи экономиканы диверсификациялаў ҳәм жергиликли бизнести қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Жаңа имканиятлар жаратыў, сондай-ақ, жумыссызлықты азайтыўға тийкар жаратпақта.
"Медициналық хызметлер миймандослығы" бағдарламасының нәтийжеси
Өткен жылы елимизде "Медициналық хызметлер миймандослығы" бағдарламасы шеңберинде нәтийжели жумыслар орынланды. Соның ишинде, Түркия, Қубла Корея, Ҳиндстан, Германия, Израилдың сырт ел пуқараларына медициналық хызмет көрсетиў, усы бағдардағы басқарыў системасы тәжирийбесин әмелиятқа енгизиў бойынша мәмлекетимизде медициналық туризм бағдарында муўапықластырыўшы арнаўлы уйым шөлкемлестириў және халықаралық аккредитация ҳәм сапа стандартларын енгизиўди хошаметлеў бойынша усыныслар ислеп шығылып, тийисли структураларға усынылды.
Ҳәзирги күнлерде бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип, Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Министрлер Кабинетиниң "Медициналық шөлкемлердиң медициналық туризм менен байланыслы қәрежетлерин қаплап бериўди белгилеўши режелерди тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары жойбары ислеп шығылмақта. Бул ҳүжжет пенен медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң халықаралық туризм ярмаркалары ҳәм көргизбелерде өз хызметлери ҳәм өнимлери менен қатнасыў қәрежетлери және усы түрдеги мәкемелердиң шыпакерлери тәрепинен сырт еллерде бийпул медициналық диагностика хызметлерин шөлкемлестириў менен байланыслы транспорт ҳәм жасаў қәрежетлерин қаплап бериў тәртиби нәзерде тутылмақта.
Жуўмақлап айтқанда, елимизде туризм индустриясы ҳәм хызметлер көрсетиў тараўын раўажландырыўға мәмлекет тәрепинен үлкен итибар қаратылып атыр. Қолайлы туристлик орталықтың қәлиплестирилгени саяхат етиўди қәлеген ўатанласларымыз бенен бирге ана ўатанымыздың әжайып тартымлылығына қумар болып елимизге келип атырған сырт еллилерге кең имканиятлар есигин ашпақта. Бул болса туризмди избе-из раўажландырыўдың әҳмийетли факторы болмақта. Тараўдың раўажланыўы болса, бәринен бурын, экономикалық раўажланыўға, қалаберсе, дүньяға тынышлық ҳәм дослықты кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.
Умид ШОДИЕВ,
Туризм комитети баслығы