Бажыхана комитети физикалық шахслар тәрепинен товарларды бажысыз алып кириў тәртибиндеги өзгерислер бойынша түсиник берди.

Қарар қабыл етилиўиниң зәрүрлиги.

Хабарыңыз бар, дүньяда жүз берип атырған экономикалық өзгерислердиң тараў ҳәм тармақларға айрықша тәсири сезилмекте.

Халықаралық сиясат ҳәм экономикадағы өзгериўшең қатнасықлар, ҳәр қыйлы тариф ҳәм шеклеўлер барлық мәмлекетлер қатарында бизге де шынжырлы тәсир көрсетип, жәҳән экономикасының төменлеўине ҳәм халықаралық саўданың азайыўына алып келмекте.

Халықаралық саўда көлеми 3,5 триллион долларға қысқарып, дүньядағы инфляция дәрежеси 7,5-8 процентке көтерилиўи прогноз етилип атырған бир ўақытта өз күшимиз ҳәм ишки имканиятларымызға сүйенип, исенимли қәдем тасламақтамыз.

Сонлықтан, жәҳән экономикасындағы кескин өзгерислер, сыртқы қәўип-қәтерлер ҳәм глобал бәсеки шараятында миллий ислеп шығарыўшылар ҳәм экспорт етиўшилерди нәтийжели қоллап-қуўатлаў, ишки базарда әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў және исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 19-апрельде "Айырым түрдеги товарларды бажыхана шегарасы арқалы алып өтиў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы 244-санлы қарары қабыл етилди.

1. Физикалық шахслар тәрепинен товарларды бажысыз алып кириў тәртибиндеги жаңа өзгерислер.

Қарар менен 2025-жыл 1-майдан баслап физикалық тәреплер тәрепинен жеке мүтәжлиги ушын коммерциялық емес мақсетлерде республикаға алып кирилетуғын товарлардың бажысыз алып кириў нормалары төмендеги муғдарларда белгиленди:

ҳаўа транспортында - 1000 АҚШ доллары (амалда 2000 АҚШ доллары);

темир жол ҳәм дәря транспортында - 500 АҚШ доллары (әмелде 1000 АҚШ доллары).

автомобиль (пияда) өткериў пунктлери арқалы болса әмелдеги 300 АҚШ доллары муғдарындағы норма өзгериссиз қалды.

Халықаралық әмелият пенен салыстырыў.

Дүнья әмелияты менен салыстырылғанда, товарларды бажысыз алып кириў нормалары Өзбекстанда жоқары белгиленгени көринеди.

Итибар бериң, Европа Аўқамы мәмлекетлеринде физикалық тәреплер ҳаўа транспортында кирип келгенде 480 АҚШ доллары, авто, пияда ямаса темир жолда кирип келгенде 330 АҚШ доллары баҳасындағы товарларды ғана бажысыз алып кириўи мүмкин.

Түркияда да мәмлекетке қайсы транспорт түринде кирип келиўине қарамастан тек ғана 480 АҚШ доллары баҳасындағы товарларды бажысыз алып кириўге рухсат бериледи. Бул норма Қытайда 722 АҚШ долларын қурайды.

Таллаўларға бола, физикалық тәреплер тәрепинен жеке мүтәжликлери ушын товарларды бажысыз алып кириў нормаларынан коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў көлеми сезилерли дәрежеде артқан.

Сол себепли енди темир жол ҳәм дәрья транспортында және автомобиль өткериў пунктлери арқалы коммерциялық емес мақсетлерде товарларды алып кирип атырған шахс сырт елде еки календарь күннен, ҳаўа транспортында үш календарь күннен аз мүддет болған жағдайда, бажысыз алып кириў нормалары қолланылмайды!

Бундай әмелият Сингапур, АҚШ, Туркия, Бразилия, Аргентина сыяқлы мәмлекетлерде бар. Онда, бул товарларға бажысыз алып кириў нормасынан артық деп қаралады ҳәм товардың толық баҳасынан бирден-бир бажыхана төлеми өндириледи.

Әмелдеги тәртиптиң пайдаланып атырған жағдайлары.

Таллаўларға бола, шегара бажыхана постлары арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар тәрепинен өзине тийисли болмаған товарларды белгили бир ҳақы есесине алып өтип берип, "тасыўшылық" жумысы менен шуғылланбақта.

Олардың айырымлары бир айда 100 мәртеге шекем шегараны кесип өтип атырғанын есапқа алсақ, өз мүтәжлиги ушын деген нықап астында тийкарынан коммерциялық мақсетлердеги товарларды тасып атырғаны белгили болады.

Нәтийжеде, тасыўшылардың жәрдеминде ири партиядағы товарлар майда партияларда ҳеш қандай бажыхана төлемлерисиз Өзбекстан ишки базарына кирип келмекте.

Бундай жағдайлар халықаралық аэропортларда да айқын көзге тасланбақта.

Сырт мәмлекетлерге коммерциялық мақсетлерде баратуғын жолаўшылар ҳәм олар тәрепинен исленген ҳуқықбузарлықлар саны соңғы жылларда есесине артып бармақта.

Айырым жолаўшылар бир жыл даўамында орташа 100-150 ге шекем пәрўазларды әмелге асырғанынан көринип турғанындай, олар ҳаўа жоллары арқалы коммерциялық товарларды жеке мүтәжликлери ушын нықап астында алып кирип атырғаны белгили болады. Олардың улыўма саны тек ғана пайтахт аеропортында 500 ден артады. Бул жолаўшылардың ҳәр бири жылына орташа 2-3 тоннаға шекемги аўырлықтағы товарларды алып келмекте. "Бул товарлар жеке мүтәжлик ушын ба?" - деген сораў туўылады.

Әмелдеги нызамшылықта шегара бажыхана постлары арқалы товарларды коммерциялық емес товар нықабы астында нызамсыз алып өтиў ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылған.

Тек ғана 2024-жылы шегара бажыхана постлары арқалы ҳәрекетленген 600 ге шамалас шахслар әне усындай ҳуқықбузарлық жағдайларын қайта-қайта ислеп келмекте. Нәтийжеде, айырым пуқаралар бир жылда орташа 10-20 мәрте усындай түрдеги ҳуқықбузарлықларды ислеп жуўапкершиликке тартылған.

Нызамшылығымызға бола, физикалық тәреплердиң "жасыл" коридор арқалы ҳәрекетлениўи онда бажысыз алып кириў нормасынан артықша, коммерциялық мақсетлерде алып өтилип атырған, қадаған етилген ямаса шекленген қандай да бир түрдеги декларацияланыўы керек болған товарлар жоқ екенлиги ҳаққында бажыхана уйымына декларация усынғанлығын аңлатса да, өткен 2024-жыл даўамында шегара бажыхана постларымызда "жасыл" коридор арқалы ҳәрекетленген 1 190 физикалық тәреплер тәрепинен 21 млрд. сумға шамалас товарларды нызамсыз алып өтиўге болған урыныўлары анықланған.

2. Курьерлик хызмети арқалы жеткерип бериў тәртибиндеги жаңа өзгерислер.

Жаңа тәртипке бола, физикалық тәреплерге курьерлик жөнелтпелери арқалы бир айда - 200 АҚШ доллары баҳасындағы товарларды бажысыз алып кириў мүмкин болды. Алдын бул норма бир шеректе 1000 АҚШ долларын қурайтуғын еди.

Таллаўларға бола, бүгинги күнде республикамызға кирип келип атырған курьерлик жөнелтпелериниң орташа баҳасы 200 АҚШ долларын қурайды. Жоқарыдағы норманы белгилеўде усыған тийкарланды.

Халықаралық әмелият пенен салыстырыў.

Және сырт ел тәжирийбесине жүземиз - товарларды курьерлик жөнелтпелери арқалы бажысыз алып кириў нормальары Қытайда 288 АҚШ доллары, Қубла Кореяда 150 АҚШ доллары, Грузияда 125 АҚШ доллары, Украинада 100 евро, Уллы Британияда 188 АҚШ доллары, Европа Аўқамы мәмлекетлеринде 41-175 АҚШ доллары ҳәм Түркияда 79 АҚШ долларын қурайды.

Мағлыўмат ушын: бул нормальар тек ғана бажыхана бажысы ушын әмел етип, товарларды алып кириўде ҚҚС толық көлемде өндириледи. Өзбекстанда болса ҚҚС өндирилмейди.

Әмелдеги тәртиптиң пайдаланып атырған жағдайлары.

Таллаўларға бола, курьерлик жөнелтпелери арқалы товарларды бажысыз алып кириў нормасын пайдаланған ҳалда коммерциялық мақсет ушын мөлшерленген товарларды "коммерциялық емес" нықабы астында алып кириўге урыныўлар артқан.

Атап айтқанда, 2023-2024-жыллар даўамында 1,1 мың жағдайда 8,3 миллиард сумлық бажыхана қағыйдалары бузылыўы анықланған.

Мәселен, пуқара К.А атына бир жылда 408, және бир пуқара атына болса бир жылда 381 партияда жөнелтпелер жиберилгенинен көринип турғанындай, бул жөнелтпелердеги товарлар жеке мүтәжлик ушын емес, керисинше коммерциялық мақсетлерде жиберилген.

2024-жыл даўамында Өзбекстанда 687 мыңнан аслам пуқаралардың атына сырт елден орташа 8 ден жөнелтпе келген. Жәми келген жөнелтпелер саны 2023-жылға салыстырғанда дерлик 3 есеге артып, 5 миллион 735 мыңды қураған.

Бул жүклемелерде 167 миллион АҚШ доллары баҳасындағы дерлик 22,3 мың тонна товарлар кирип келген. Бул 2023-жылға салыстырғанда баҳасы жағынан 1,4 есеге, муғдары жағынан 1,3 есеге көбейгенин аңлатады.

Атына жөнелтпелер жиберилген пуқаралардың шахсы үйренилгенде олардың арасында қайтыс болған шахслар да анықланған, көпшилик жағдайларда болса пуқаралардың атына сырт елден жөнелтпе келгенлиги ҳаққындағы хабарлары да жоқ болып шықты.

Онда, товарларды майда партияларға бөлип пуқаралардың шахсқа байланыслы (паспорт) мағлыўматларынан нызамсыз пайдаланып жалған жүк-гүзетиў ҳүжжетлери менен мәмлекетимизге алып кириў схемасы қолланылмақта.

Бул тәртип-қағыйдалардың барлығы бажысыз алып кириў нормаларын жәҳән стандартларына муўапықластырыў менен бир қатарда ишки базарда саламат бәсеки орталығын тәмийинлеў ҳәм жасырын экономикаға шек қойыўда шешиўши әҳмиетке ийе.

Ҳәр бир мәмлекет бүгинги дүньядағы түпкиликли экономикалық өзгерислер дәўиринде, глобал санкциялар шараятында өзиниң экономикалық сиясатын миллий мәплери ҳәм өз халқының абаданлығы көзқарасынан шөлкемлестирип атырғанын атап өтиў керек.

Соның менен бирге, қарар менен киргизилип атырған өзгерислер халықаралық стандартлар ҳәм раўажланған сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесине толық сәйкес келеди.

Ең әҳмийетлиси, бул өзгерислер тәртипли исбилерменликти жолға қойыў арқалы түсимлерди арттырыў есабынан тек ғана жәмийетимиздиң мәпине, экономикамыздың турақлы өсиўине, исбилерменлеримиздиң емин-еркин ислеўине, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, жаңадан-жаңа бақшалар, мектеплер, медицина мәкемелериниң қурылысына ҳәм инфраструктураны күшейтиўге, нәтийжеде адамларымыздың турмыс абаданлығын жақсылаўға хызмет етеди.