Бүгин турмысымызға терең кирип баратырған "ақыллы" технологияларға усындай сыпатлама берилмекте. Бирақ бир нәрсе анық, олар барлық тараўда, атап айтқанда, билимлендириўде системалы өзгерислерди баслап бермекте. Мәселен, оқытыў процесиниң индивидуалластырылыўы, оқыў нәтийжелерин жедел таллаў имканиятының кеңейиўи, оқыўшының билим ҳәм көнликпелерин автоматикалық баҳалаў механизмлериниң жаратылыўы әйне жасалма интеллект пенен байланыслы. Бул болса дәстүрий "ғалабалық оқытыў" моделинен шахсқа бағдарланған, бейимлесиўшең ҳәм нәтийжеге қаратылған билимлендириў системасына өтиў ушын беккем тийкар жаратпақта.

Бүгин дүнья көлеминде бақланып атырған глобал тенденциялар билимлендириў мәкемелеринде санлы трансформация процеси жедел өтип атырғанын көрсетпекте. Бирақ ҳәзирги дәўир тек ғана жаңа технологияларды енгизиў менен шекленип қалмайды. Педагоглардың алдына кәсибин беккемлеп барыў, ертеңги билимлендириў жолында көнликпелерди қәлиплестириў сыяқлы ўазыйпаларды қоймақта. Себеби технология өз-өзинен билимлендириўдиң сапасын кепиллемейди. Оның нәтийжеси, бәринен бурын, педагогтың билим дәрежеси, таярлығы ҳәм саналы қолланыў мәдениятына байланыслы. Әлбетте, бунда педагогтың жасалма интеллект саўатлылығы үлкен әҳмийетке ийе. Жасалма интеллект саўатлылығы болса педагогтың бундай технологияларды тек ғана техникалық жақтан билиўине емес, ал оларды түсиниў, қолланыў, таллаў ҳәм билимлендириў процесине интеграциялай алыў сыяқлы қәбилетине таянады.

Атап өткенимиздей, ҳәзир жасалма интеллект билимлендириў процесиниң дерлик барлық буўынына кирип барды. Баҳалаў системалары жетилистирилмекте. Студентлердиң оқыў искерлиги реал ўақыт режиминде талланып, индивидуал билимлендириў жоллары қәлиплеспекте. Санлы оқыў контентин жаратыў процеси тезлеспекте. Бул процесте ең әҳмийетли өзгерис технологияларда емес, ал педагогтың өзинде көзге тасланбақта. Енди оқытыўшы тек билим бериўши емес, ал аналитик, санлы билимлендириў процесслерин басқарыўшы, жасалма интеллект қуралларынан нәтийжели пайдалана алатуғын методист ҳәм студенттиң технологиялардан дурыс, саналы ҳәм жуўапкершиликли пайдаланыўын тәмийинлейтуғын ментор сыпатында майданға шықпақта. Усы мәнисте, жасалма интеллект педагог ушын қәўип емес, ал оның кәсиплик имканиятларын кеңейтетуғын күшли қурал болып есапланады.

Жасалма интеллект саўатлылығы педагогтың профессионал нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырады. Сабақ режелерин ислеп шығыў, оқыў материалларын таярлаў, тест ҳәм қадағалаў жумысларын таллаў, билимлендириў нәтийжелерин мониторинг етиў сыяқлы ҳәкимшилик-методикалық процесслердиң санластырылыўы профессор-оқытыўшылардың ўақтын үнемлейди. Нәтийжеде педагог илимий-изертлеў жумысларына, инновациялық педагогикалық қатнасларды енгизиўге ҳәм де студентлер менен мазмунлы қарым-қатнас орнатыўға көбирек итибар қаратады.

Соның менен бирге, жасалма интеллект саўатлылығы студентлер менен өз-ара байланысты сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады. ЖИ тийкарындағы таллаў қураллары арқалы студентлердиң қыйыншылықлары ҳәм мүтәжликлери өз ўақтында анықланып, оларға индивидуал педагогикалық жәрдем көрсетиў имканияты пайда болады. Бул болса студентлердиң оқыў мотивациясын арттырыў, өз бетинше билим алыўға қызығыўшылығын күшейтиў ҳәм билимлендириў процесинде белсене қатнасыўын тәмийинлейди.

Халықаралық изертлеўлер педагоглардың жасалма интеллектти билиўи билимлендириўде инновацияларды қабыл етиў процесин жеделлестириўи, оқытыў сапасын арттырыўы ҳәм билимлендириў нәтийжелерин жақсылаўға унамлы тәсир көрсетиўин тастыйықламақта. Сонлықтан, енди оған жоқары билимлендириў системасы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында қаралмақта.

Халықаралық тәжирийбеден нелерди үйрениўимиз мүмкин?

Жасалма интеллектти билимлендириўге системалы ҳәм стратегиялық тийкарда енгизген мәмлекетлер аз емес. Мысал ушын, АҚШ, Қубла Корея, Сингапур, Уллы Британия ҳәм Қытай билимлендириў сиясатында жасалма интеллект тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп алынған. Бул мәмлекетлердиң тәжирийбеси ЖИ технологиялары билимлендириўдиң сапасын арттырыўы, педагогикалық мийнеттиң нәтийжелилигин тәмийинлеўи ҳәм инсан капиталын раўажландырыўы мүмкин екенлигин әмелде дәлиллемекте. Әсиресе, жетекши университетлер мысалында жасалма интеллект билимлендириўин шөлкемлестириўдиң ҳәр қыйлы, бирақ өз-ара толықтыратуғын моделлери қәлиплескенин көриў мүмкин. Мәселен, АҚШтың Калифорния университетинде жасалма интеллект бағдарламалары информатика менен шекленип қалмайды. Медицина, биоинженерлик, экономика ҳәм социаллық пәнлер менен терең интеграцияланған ҳалда әмелге асырылады. Бул қатнас жасалма интеллектти өз алдына пән сыпатында емес, ал ҳәр қыйлы тараўларда қолланылатуғын универсал инструмент сыпатында өзлестириў имканиятын береди. Студентлерде әмелий ҳәм тараўлық компетенцияларды қәлиплестиреди.

Уллы Британияның Кембридж университети тәжирийбесинде болса ЖИ фундаменталь таярлық ҳәм илимий изертлеўге бағдарланғаны менен ажыралып турады. Бул жерде терең теориялық билимлер, алгоритмлик пикирлеў ҳәм еркин илимий излениў көнликпелерин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылады. Нәтийжеде питкериўшилер бар технологиялардан үнемли пайдаланыў менен бирге жаңа илимий идеялар ҳәм инновациялық шешимлер жарата алатуғын қәнигелер сыпатында таярланады.

Қытайдың Фудан университетинде жасалма интеллект билимлендириўи мәмлекетлик сиясат, миллий санлы трансформация стратегиясы ҳәм санаат талаплары менен тығыз байланысқан ҳалда шөлкемлестирилген. Бул модель билимлендириў, илим ҳәм өндирис арасындағы бирге ислесиўди беккемлеп, мийнет базарының талапларына сәйкес, әмелий көнликпелерге ийе кадрлар таярлаўға хызмет етпекте.

Халықаралық таллаў нәтийжелерине бола, жасалма интеллекттен пайдаланыў муғаллимлердиң ҳәкимшилик ҳәм тәкирарланыўшы жумысларға жумсайтуғын ўақтын орташа 40 процентке шекем қысқартпақта. Соның менен бирге, ЖИ тийкарында қәлиплестирилген адаптив оқыў усыллары студентлердиң өзлестириў нәтийжелилигин 3 есеге шекем арттырмақта. Айырым алдынғы университетлерде жасалма интеллект тек ғана жәрдемши қурал емес, ал билимлендириўди басқарыўдың әҳмиетли елементи сыпатында да қолланылмақта. Атап айтқанда, АИ системалары сабақ кестелерин оптимал тәризде дүзиў, студентлердиң қурамалы темаларды өзлестириў дәрежесин, оқыў процесинде жүзеге келип атырған машқалаларды алдыннан таллаў ҳәм ҳәр бир студентке индивидуал усыныслар бериў ўазыйпаларын орынламақта. Бул болса билимлендириўди басқарыўда инсан факторы менен байланыслы қәтелерди азайтыў ҳәм қарар қабыл етиў сапасын арттырыўға хызмет етеди.

Халықаралық тәжирийбе және бир әҳмийетли жуўмақты алға қояды: жасалма интеллектке тийкарланған билимлендириў санлы көнликпелерди раўажландырыў арқалы миллий экономикаға да тиккелей унамлы тәсир көрсетеди. Билимлендириў системасында ЖИ дан нәтийжели пайдаланған мәмлекетлерде инновациялық пикирлей алатуғын, санлы компетенцияларға ийе ҳәм мийнет базары талапларына сәйкес келетуғын кадрлар таярлаў пәти сезилерли дәрежеде артқан.

Өзбекстан ушын да бул тәжирийбелерди механикалық тәризде көшириў емес, ал миллий шараят, демографиялық имканиятлар ҳәм билимлендириў реформаларының тийкарғы бағдарларынан келип шыққан ҳалда өз моделин жаратыў мақсетке муўапық. Жаслар санының көплиги, олардың санлы технологияларға қызығыўшылығының жоқарылығы ҳәм мәмлекет тәрепинен билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар оған беккем тийкар жаратады. Усы көзқарастан қарағанда, халықаралық тәжирийбени терең үйрениў, оны миллий билимлендириў сиясаты менен үйлестириў ҳәм педагоглар ушын ЖИ саўатлылығын избе-из раўажландырыўға Өзбекстан жоқары билимлендириў системасының стратегиялық ўазыйпаларынан бири сыпатында қараў керек.

Усыныс етилип атырған қатнас

Жоқары билимлендириў системасында жасалма интеллект технологияларын басқышпа-басқыш ҳәм мақсетли енгизиў процеси, бәринен бурын, педагоглардың бул тараўдағы таярлығы, әмелий имканиятларына байланыслы. Сонлықтан, Жоқары билимлендириўди раўажландырыў изертлеўлери орайы тәрепинен санлы трансформация процесслерин есапқа алған ҳалда қәлиплестирилген "Педагоглар ушын ЖИ саўатлылығы модели" методикалық қатнас сыпатында усыныс етилмекте. Бул модель санлы трансформация шараятында педагоглардың жасалма интеллектке байланыслы билим ҳәм көнликпелерин избе-из байытыў, соның менен бирге, олардың кәсиплик жумысын жеңиллестириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Модель Өзбекстан билимлендириў системасының реал имканиятлары, бар инфраструктура ҳәм кадрлар потенциалын есапқа алған ҳалда ислеп шығылған болып, оның енгизилиўи басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Тийкарғы итибар жасалма интеллектти билимлендириўдиң сапасын арттырыў, профессор-оқытыўшылардың жумысын оптималластырыў ҳәм студентлер ушын бейимлестирилген билимлендириў орталығын қәлиплестириўге хызмет ететуғын педагогикалық қурал сыпатында қолланыўға қаратылған. Соның менен бирге, модель бундай технологиялардан жуўапкершиликли, қәўипсиз ҳәм этикалық пайдаланыў принциплерине сүйенеди.

Модель өз-ара байланыслы төрт басқыштан ибарат. Биринши басқышта педагоглар жасалма интеллекттиң мәниси менен таныстырылса, екинши басқыш сабақ процесинде оннан пайдаланыўға бағдарланған. Үшинши басқыш болса жасалма интеллектти педагогикалық процесске терең енгизиўди нәзерде тутса, төртинши басқыш академиялық ҳадаллықты тәмийинлеў, жеке мағлыўматлардың сырлылығын сақлаў, педагогикалық жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм жасалма интеллект пенен байланыслы итималлы қәўип-қәтерлерди басқарыў мәселелерин қамтып алады. Әсиресе, студентлер ЖИдан нызамсыз ямаса мақсетсиз пайдаланыў жағдайларының алдын алыўда педагогтың ролин анық белгилеп береди.

Бул моделдиң тийкарғы абзаллығы сонда, ол заманагөй педагогикалық жумысты қоллап-қуўатлайды. Яғный модель жасалма интеллектти оқытыўшының орнын басыўшы қурал сыпатында емес, ал оның кәсиплик потенциалын күшейтетуғын, аналитикалық ҳәм методикалық имканиятларын кеңейтетуғын ресурс сыпатында қараўға тийкарланады.

Өзбекстан шараятында бул моделди енгизиў жоқары оқыў орынларында жасалма интеллект саўатлылығын системалы түрде қәлиплестириў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм санлы жәмийет талапларына сәйкес педагоглар әўладын таярлаўда әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин.

Итибар қаратыў зәрүр болған тәреплери

Бүгинги күнде жоқары билимлендириўде санлы трансформация, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий потенциалды раўажландырыў ҳәм халықаралық стандартларға бейимлесиў процеси жеделлик пенен өтпекте. Бундай шараятта жасалма интеллекттен нәтийжели ҳәм жуўапкершиликли пайдаланыў оқыў орынларының бәсекиге шыдамлылығы ҳәм турақлы раўажланыўына хызмет етеди. Соның ушын, бәринен бурын, профессор-оқытыўшылар ушын жасалма интеллект бойынша мәжбүрий ҳәм басқышпа-басқыш маманлық арттырыў бағдарламаларын енгизиў зәрүр. Ҳәр бир педагог жыл даўамында кеминде 24 саатлық ЖИ модулинен өтиўи, бул процессте тек теориялық билимлер емес, ал әмелий кейслер, пәнге сәйкес қолланыў мысаллары ҳәм этикалық нормалар менен танысыўы зәрүр. Бул оқытыўшыларда ЖИ дан пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде жасалма интеллект лабораториялары ҳәм инновациялық майданларды шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Бундай лабораториялар студентлер, магистрантлар ҳәм жас изертлеўшилер ушын әмелий тәжирийбе өткериў, илимий-әмелий жойбарларды ислеп шығыў ҳәм стартап басламаларын қоллап-қуўатлаў имканиятын жаратады. Әсиресе, аймақлық жоқары оқыў орынларында бундай орайларды басқышпа-басқыш шөлкемлестириў кадрлар потенциалын аймақлар кесиминде раўажландырыўға жәрдем береди.

Билимлендириў процесинде академиялық ҳадаллықты тәмийинлеў ушын ЖИ тийкарында мониторинг системаларын енгизиў үлкен әҳмийетке ийе. Плагиат, жасалма интеллект арқалы еркин жумыс ҳәм қадағалаў тапсырмаларын нызамсыз орынлаў сыяқлы жағдайларды анықлаў ҳәм алдын алыў бойынша анық механизмлер ислеп шығылыўы зәрүр. Бул, бир тәрептен, билимлендириўдиң сапасын қорғаса, екинши тәрептен, студентлерде ҳадаллық ҳәм жуўапкершилик сезимин қәлиплестиреди.

Жасалма интеллект жәрдеминде билимлендириўдиң сапасын мониторинг етиў системасын енгизиў зәрүр. Онда оқыў процеси, студентлердиң белсендилиги, өзлестириў дәрежеси ҳәм билимлендириў нәтийжелери реал ўақыт режиминде талланып, басшылық ҳәм педагоглар ушын тийкарланған қарарлар қабыл етиў имканияты жаратылады.

Миллий билимлендириў орталығын есапқа алған ҳалда өзбек тилинде жасалма интеллектке байланыслы оқыў-методикалық қолланбаларды ислеп шығыў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа болып табылады. Ҳәр бир пән ҳәм бағдар бойынша ЖИдан пайдаланыў имканиятларын түсиндирип беретуғын, әмелий мысаллар менен байытылған методикалық қолланбалар педагоглар ҳәм студентлер ушын қолайлы ресурсқа айланыўы керек. Бул процессте миллий қәдириятлар, тил ҳәм мәдениятты сақлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылыўы шәрт.

Келешек педагогикасы бүгиннен басланады. Жасалма интеллект болса билимлендириўдиң орнын басатуғын технология емес, ал педагогтың кәсиплик потенциалын күшейтетуғын, оның имканиятын кеңейтетуғын нәтийжели қурал болып есапланады. Заманагөй билимлилик белгиси, бәсекиге шыдамлылық өлшеми ҳәм мәмлекеттиң интеллектуаллық раўажланыўын белгилеп бериўши әҳмийетли фактор болып табылады. Солай екен, бул бойынша қанша көп билсек, сонша пайдалы. Жасалма интеллект муғаллимди ҳәкимшилик жүктен азат етеди. Оқыўшы-талабаны пикирлеўге шақырып, жеке раўажланыўы жолында ислеўге бағдарлайды. Нәтийжеде билимлендириў процесинде инсан факторы, руўхый тәрбия ҳәм интеллектуал раўажланыў сәйкеслеседи. Демек, жасалма интеллектти аңлаған, оннан нәтийжели пайдалана алатуғын ҳәм оны билимлендириў мәплери жолында дурыс басқара алатуғын педагогларды таярлаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли талабы болып есапланады.

Абдували ХОЛИҚОВ,

Жоқары билимлендириўди раўажландырыў изертлеўлери

орайы директоры