Быйылғы жылы баҳалаўда өткен жылға салыстырғанда "жасыл" категорияда баҳаланған мәмлекетлик уйымлардың көлеми 21 процентке көбейип, "қызыл" категориядағылар 15 процентке азайған (оң өсиў көрсеткишлери бойынша).
2025-жыл 1-июльге шекем “E-anticor.uz” да ишки қадағалаў бөлимлери басшылары ҳәм хызметкерлериниң электрон реестрин жүргизиў, есабатты электрон усыныў, аноним сораўлар өткерип жәриялаў имканиятын беретуғын электрон модул иске қосылады.
Президентимиз быйыл 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде коррупцияға қарсы гүресиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша әҳмийетли басламаны алға қойды. Бул басламаға бола, буннан былай министрлер ҳәм ҳәкимлер лаўазымға тайынланыўдан алдын коррупцияның алдын алыў бойынша анық режелерин парламент ҳәм жергиликли кеңеслер алдында қорғайды.
Президент коррупцияның алдын алыў бағдарында исленген жумысларға айырым мысалларды келтирди.