"Өзбекнефтгаз" акционерлик жәмийетиниң баслығы усы жылы орынланған жумыслар ҳәм 2025-жылғы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, тараўда сырт ел компаниялары менен биргеликте жумыс алып барылмақта. Олардың қатнасыўында келеси жылы газ қазып шығарыў көлемин турақластырыў жойбарлары қәлиплестирилди. Атап айтқанда, заманагөй технологиялар жәрдеминде жаңа эксплуатация қудықлары бураўланады ҳәм ескилери оңланады.
Тармақтағы тийкарғы машқала геологиялық-излеў жумысларына узақ жыллар жетерли дәрежеде итибар қаратылмағанында. Ақыбетинде айырым кәнлер пайдаланыў мүддетин дерлик өтип кеткен, және айырымларының нәтийжелилиги төмен. Соның ушын заманагөй технология алып келинип, 15 жаңа перспективалы майданда геология-излеў жумыслары басланады. Сейсмикалық излеў аймағы 6,5 мың квадрат километрге кеңейтиледи.
Жуўапкерлерге ири сырт ел компаниялары ҳәм экспертлерди тартқан ҳалда, геологияны раўажландырыў ҳәм жаңа кәнлерди өзлестириў бойынша 2025-жыл ушын бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
"Өзбекнефтгаз"да трансформацияны даўам еттирип, өзине түсер баҳаны азайтыў, халықаралық кредит рейтингин жақсылаў ўазыйпа етип алынған. Соның ишинде, келеси жылы өндирислик ҳәм геология-излеў жойбарларын қаржыландырыў ушын халықаралық дәреклерден қаржы тартылыўы мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы тараўда инвестициялар, жаңа технологиялар менен бирге кадрлар мәселеси әҳмийетли екенин атап өтти. Оқытыўдың сапасын арттырып, заманагөй қәнигелер таярлаў, сырт елде ислеп атырған маман ўатанласларымызды мирәт етиў бойынша көрсетпелер берилди.