Фармацевтика кластеринде басқарыў, илим, билимлендириў ҳәм өндирис өз ишине алынған

    Ҳүкимет 18 желтоқсан 2024 429

    Президент Шавкат Мирзиёев 18-декабрь күни “Tashkent Pharma Park” инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин барып көрди.

    Бул комплекс мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 28-январьдағы қарарына муўапық шөлкемлестирилген, сол жылы 17-апрельде оның қурылысына тырнақ тасы қойылған еди.

    Биринши басқышта дерлик 20 гектар майданда технопарк қурылмақта. Ол ҳәкимшилик орай, изертлеў ҳәм раўажландырыў орайы (R&D), фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги лабораториясы, клиникалық изертлеўлер орайы, Фармацевтика техникалық университети ҳәм виварийды өз ишине алады.

    Бүгинги күнде ҳәкимшилик орай қурып питкерилген. 11 қабатлы бул имаратта Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, конференция залы, коворкинг орайы, бизнес инкубатор, китапхана, тараў тарийхы музейи жайласқан.

    Мәмлекетимиз басшысы усы орайды ҳәм гезектеги имаратлардың қурылысын көзден өткерди.

    Кластердиң тийкарғы мақсети жоқары технологияларды енгизиў арқалы мәмлекетимиздиң фармацевтика тармағын раўажландырыў, халықаралық инновациялық системаға интеграцияласыў, жоқары сапалы дәри препаратлары, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техниканы ислеп шығарыў, маман қәнигелер таярлаў болып табылады. Усы кең көлемли мақсетлерден келип шығып, Ташкент ўәлаяты Зангиата районынан 190 гектар жер майданы ажыратылған.

    Ҳәзирги күнде бул жердеги санаат зонасында улыўма баҳасы 818 миллион долларлық 21 жойбар жайластырылған. Олардың бириншиси - “Grand Pharm Logistics Hub” тәрепинен 40 миллион долларлық дистрибюторлық орайы иске қосылды ҳәм 300 жумыс орны жаратылды. Кәрханалар Түркия, Ҳиндстан, Қытай, Малайзия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия менен биргеликте шөлкемлестириледи.

    Президентимиз бул жойбарларды алып барыўшылар менен сәўбетлести. Инвестицияларды тартыў ҳәм қоллап-қуўатлаў избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтти.

    Келешекте санаат зонасында және 620 миллион долларлық 20 жойбар әмелге асырылыўы мөлшерленген.

    Улыўма, кластерде жоқары сапалы дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар ислеп шығарылады, импорт болып атырған өнимлер локализацияланады, 8 мың жумыс орны жаратылады. Зәрүр әмелиятлар орайы (GxP) товарлардың таярланыўынан тутыныўшыға жетип барыўына шекемги барлық басқышларда халықаралық стандартларға муўапықлығы ҳәм сапасын тәмийинлеўге жәрдемлеседи.

    Мәмлекетимиз басшысына бул жерде қурылатуғын Фармацевтика техникалық университети ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Онда фармакопея орайы, китапхана, спорт комплекси, оқытыўшылар ҳәм сырт елли хызметкерлер ушын турақ жай болады. Санаат фармациясы, биохимия ҳәм биомедицина, биотехнология, биофармацевтика, биоинформатика сыяқлы бағдарларда жоқары маманлықтағы қәнигелер таярланады. Буның ушын билимлендириў халықаралық бағдарламалар тийкарында жолға қойылады, микробиология, биотехнология, клетка биологиясы, фармакология, аналитикалық химия сыяқлы лабораториялар шөлкемлестириледи.

    Университетке усы оқыў жылында дәслепки студентлер қабыл етилди. Президент олар менен сөйлести.

    - Биз раўажланған мәмлекетлерден инвесторлар алып келмектемиз. Олар Өзбекстанға қандай баҳа береди? Сизлер менен байланысып. Мәмлекетимиздиң байлығы - жаслар! Фармацевтика бойынша да ең жақсы бағдарламаларды қолланып, келешек ушын қәнигелер таярламасақ, басқаларға пул төлеймиз, соларға жалынышлы болып қаламыз. Соның ушын заманагөй университет шөлкемлестирип, дуал билимлендириўди жолға қойып атырмыз. Бул жерде ҳәм билим аласыз, ҳәм оқығанларыңызды әмелде қолланыў имканиятына ийе боласыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

    Бул оқыў орны питкериўшилерине Корея Республикасының Ёнсе, Уллы Британияның Сандерленд ҳәм Де Монтфорт университетлериниң халықаралық көлемде тән алынатуғын дипломлары бериледи. Сондай-ақ, Данди, Пусан ҳәм Пурдю университетлери менен илимий бирге ислесиў жолға қойылған.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates