Өзбекстанның Франкфурт-Майн қаласындағы Бас консуллығының жәрдеминде (SBH) ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги арасында ерисилген келисимлерге бола, бағдарлама қатнасыўшылары ГФРдың транспорт тараўында - Германияның түрли федерал жерлеринде аўыр жүк машиналары ҳәм қатнаў автобусларының айдаўшылары сыпатында жумыс пенен тәмийинленеди, деп жазбақта "Дунё" МА.
Германияға кетиўден алдын бағдарлама қатнасыўшылары немис тилин үйрениў бойынша таярлық курсларынан өтти, мийнет нызамшылығы, жол ҳәрекети қағыйдалары ҳәм қәўипсизлик нормалары менен танысты, сондай-ақ, немис жумыс бериўшилериниң талапларына жуўап беретуғын кәсиплик лицензияларды тастыйықлады.
Топардың келиўи Дюссельдорф халықаралық аэропортында болып өтти, ол жерде мийнет мигрантларын өзбекстанлы дипломатлар, сондай-ақ, «SBH» ўәкиллери жыллы күтип алды.
Ушырасыў даўамында дипломатлар жерлеслеримизге жумысқа орналасыў ҳәм жасаў мәселелери бойынша түсиниклер берип, жерлеслеримизге Германияда кәсиплик жумысын табыслы баслаўын тиледи.
Бундай илажлар турақлы түрде өткерилип, ГФРға жумыс ислеў ушын келип атырған Өзбекстан пуқараларын ҳуқықый ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
«SBH» жойбары Өзбекстан ҳәм Германияның шөлкемлескен мийнет миграциясы тараўындағы әмелий бирге ислесиўиниң табыслы үлгилеринен бири болып есапланады.
Ол тәжирийбе алмасыў, өзбекстанлы қәнигелердиң маманлығын арттырыў, еки мәмлекет кәрханалары арасындағы исбилерменлик байланысларын беккемлеўге хызмет етеди.
Жақын келешекте Германияда талап жоқары болған басқа да бағдарлар, соның ишинде, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жумыс орынларын көбейтиў режелестирилген.
Кейинги жылларда Германия Өзбекстан пуқаралары ушын мийнет миграциясының жетекши бағдарларынан бирине айланбақта. Германия қалаларында өзбек жумысшылары санының өсиўи ГФР экономикасының бир қатар тармақларында кадрлар жетиспеўшилиги ҳәм мийнет бирге ислесиўи ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимлердиң жедел раўажланыўы менен байланыслы.
Германия жумыс пенен тәмийинлеў федерал агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда, мәмлекет ҳәр жылы жүз мыңлаған сырт елли қәнигелер ҳәм жумысшыларға мүтәж. Биринши гезекте - логистика, кекселерге ғамхорлық етиў, қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында.
Жаслары шет елде турақлы ҳәм нызамлы жумыс излеп атырған Өзбекстан бул тараўда Германияның жаңа шериклеринен бирине айланды.
Өзбекстан ушын Германия менен мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў - бул тек ғана пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў имканияты емес, ал кадрлардың маманлығын арттырыў, кәсипке таярлаў ҳәм мийнет қәўипсизлиги бойынша Европа стандартларына өткериў жолы болып есапланады.