БМШ мағлыўматларына қарағанда, дүнья көлеминде 815 миллион адам аш қалмақта. 2050-жылға барып бул көрсеткиш 2 миллиард адамға жетиўи прогноз етилмекте. Бул санның 12,9 проценти раўажланып атырған мәмлекетлердиң үлесине туўра келиўи мүмкин.
Бүгин елимизде шарўашылық тармақларын раўажландырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени халықтың сапалы азық-аўқат, соның ишинде, гөш ҳәм гөш өнимлерине талабын тәмийинлеў ҳәм турақлылықты арттырыўға хызмет етпекте.
Глобал климат өзгериўи шараятында шарўа малын азықландырыў ҳәм бас санын көбейтиў жумыслары бир қанша машақатлы болыўына қарамастан, қоңсы мәмлекетлерге салыстырғанда Өзбекстанда гөш ҳәм гөш өнимлерин жетистириў көрсеткиши турақлы өспекте. Соның ишинде, 2024-жылдың ақырында барлық категориядағы хожалықларда бағылып атырған қарамаллар 14,4 миллион, қой ҳәм ешкилер 24,6 миллион, қуслар 106,6 миллион басқа жеткерилген. Нәтийжеде 2,9 миллион тонна тири салмақтағы гөш, 12,4 миллион тонна сүт ҳәм 8,8 миллиард дана мәйек алынған.
Бул көрсеткиш 2020-жылдағы санлар менен салыстырғанда гөш жетистириў көлеми 120 процент, ири қарамал 113 процент, майда қарамал 112 процентке көбейгенин көриў мүмкин.
Буннан тысқары, соңғы бес жылда сырт елден 733 мың бас қарамал ҳәм 792 мың бас қой-ешки алып келинди. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң басламасы менен Монголиядан мәмлекетимизде бурын болмаған баят нәсилли қой алып келинип, жергиликли нәсиллер менен шағылыстырыў арқалы жаңа нәсил селекциясы жумыслары алып барылмақта.
Шарўашылық тармақларының раўажланыўы от-жем базасы менен де байланыслы. Бул бағдарда елимизде үлкен реформалар әмелге асырылды. Соның ишинде, Президентимиздиң усы жыл 30-январьдағы "Жайлаўларды қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына тийкарланып мәмлекеттеги 16 миллион гектар жайлаўды басқарыў ўәкиллиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетине өткерилди.
Гөштиң баҳасының артыўы соңғы айларда тез-тез додалаў орайында болып тур. Бирақ буның себеплери менен қызығыўшылық екинши дәрежели мәселе болып қалмақта. Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў ҳәм өзине түсер баҳасын арзанлатыў жолын табыў керек. Мәселен, 2024-жыл октябрьдеги баҳа менен салыстырғанда, бүгин шрот баҳасы 3000 сумнан 7000 сумға, шелуха 2800 сумнан 4000 сумға, аралас жем 2900 сумнан 3700 сумға, бийдай 2200 сумнан 3500 сумға, мәкке силосы 500 сумнан 900-1000 сумға, сабан 15 мың сумнан 25 мың сумға, жоңышқа болса 25 мың сумнан 45 мың сумға көтерилген. Бул болса, өз-өзинен, гөштиң өзине түсер баҳасының артыўына алып келетуғын тийкарғы себеплер болып есапланады.
Бизде гөштиң тийкарғы бөлеги халықтың үйлеринде жетистириледи. Яғный үлкен фермер ҳәм исбилерменлер емес, әпиўайы адамлар үйинде 1-2 мал бағып, Өзбекстанның тийкарғы гөш талабын қанаатландырады. Бул болса, бириншиден, халықтың бәнтлигин тәмийинлесе, екиншиден, усы арқалы дәрамат таўып, шаңарағын тербетиўине хызмет етпекте. Ҳәзирги ўақытта аўыл халқы арасында өткерилген сораўнамаларға бола оларды базардағы гөштиң баҳасы қанаатландырады.
Мәселеге реал көз бенен қарасақ, ҳақыйқатында да аўыл хожалығында бағылып атырған бир бас қарамалдың от-жемин есаплап атырмыз. Шаңарақ ийесиниң шарўа күтими ушын хызметин болса баҳаламаймыз. Ал ол бир бас қарамалды жақсы, яғный қымбатырақ баҳаға сатыў ушын күни-түни бәнт болады. Егер бағып атырған қарамалын жоқары баҳаға сатса, бул арқалы шаңарағының кемис-қутығын толықтырады.
Социаллық тармақларда Өзбекстанда қоңсы мәмлекетлерге салыстырғанда гөштиң баҳасы көтерилгени, атап айтқанда, Қазақстанда мәмлекетимиздегиге қарағанда гөштиң баҳасы салыстырмалы арзан екени айтылмақта. Буның өзине тән себеплери бар. Усы орында төмендеги дәлиллерге итибар қаратсак. Бәринен бурын, Қазақстанда жайлаўлар 184,4 миллион гектардан асламды ямаса барлық аўыл хожалығы жерлериниң 84,1 процентин қурайды. Сондай-ақ, жайлаўлардың өнимдарлығы биздегиден 5-8 центнерге жоқары.
Буннан тысқары, қоңсы мәмлекетте шарўашылық ушын азықлық егинлер жетистириўге ажыратылған жәми суўғарылатуғын жер майданы 3,3 миллион гектарға тең ямаса бир шәртли бас қарамал санына орташа 0,59 гектардан туўра келеди. Халықтың жан басы болса Өзбекстанның жан басына салыстырғанда 46,4 процентке аз, яғный 20 миллион 200 мың адам. Бул көрсеткиштен келип шығып, жағдайды шарўа малларын азықландырыў қәрежетиниң азайыўы ҳәм жетистирилген өнимниң халық арасында бөлистирилиўи менен түсиндириў мүмкин.
Өзбекстанда 16 миллион гектар жайлаў болып, дерлик 35-40 проценти деградацияға ушыраған. Өнимдарлығы болса 1-2 центнерди қурайды. Жайлаў өнимдарлығы тиккелей климат пенен байланыслы. Жаўын-шашын көп болған жыллары жоқары, жаўын-шашын аз болған мәўсимде болса аз өним алынады. Әлбетте, жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў халқымыздың азық-аўқатқа талабын тәмийинлеўде әҳмийетли. Жайлаўларда тийкарынан шарўа бағылады. Сол себепли жайлаўлар деградациясының алдын алыў, ҳәр қыйлы өсимликлер менен байытыў, өсимликлер ҳәр түрлилигин сақлап қалыў шарўашылық өнимлерин жетистириўдиң тийкарғы факторларынан.
Өзбекстанда шарўашылық ушын азықлық егинлер жетистириўге ажыратылған жәми суўғарылатуғын жер майданы 430,1 мың гектар ямаса бир шәртли бас қарамал санына орташа 0,19 гектардан туўра келеди. Басқаша айтқанда, белгиленген нормаға салыстырғанда ҳәр бир шәртли мал бас санына 0,11 гектар ямаса 36,7 процент аз.
Шарўа малларының бас саны болса қоңсы мәмлекеттегиге салыстырғанда 117 процент көп. Қазақстанда ири қарамаллар саны 6,6 миллион, майда қарамаллар болса 18,6 миллион бас.
Мәмлекетимиздеги қала ҳәм аўыллардағы базарлар, ири саўда комплекслериниң текшеси гөш ҳәм гөш өнимлерине толы. Баҳалар да қоңсы мәмлекетлердегиден сезилерли дәрежеде парық қылмайды. Ең әҳмийетлиси, базарларымызда өним жетерли.
Және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратыў лазым: халқымыз гөш дегенде бурыннан тек ғана мал ҳәм қой гөшин түсинеди. Қус гөшине болса ол дәрежеде итибар бермейди. ҒХҚда гөштиң баҳасына байланыслы мақалалар талланғанда Өзбекстанда қус гөши тек ғана Орайлық Азия емес, ал ҒМДА бойынша да ең төмен баҳа екени атап өтилмекте. Соның ишинде, февральда қус гөшиниң орташа 1 килограмы Қырғызстанда 4,2 доллар, Қазақстанда 3 доллар, Өзбекстанда болса 2,4 долларға баҳаланған.
Қус гөшиниң баҳасы бойынша жәрияланған материалларға бола, 2025-жыл февраль айында баҳалар өзгериўиниң ең жоқары айлық динамикасы Россияда бақланған - 7,4 процент. Қазақстанда бул көрсеткиш 4,4 процентти, Өзбекстанда болса 0,3 процентти қураған. Демек, елимизде қус гөшиниң баҳасы дерлик көтерилмеген.
Баҳалардың артыўы ҳаққында сөз болғанда, Өзбекстандағы жағдай турақлы екенин атап өтиў керек. БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) мағлыўматына бола, Орайлық Азия мәмлекетлеринде баҳа динамикасының артыўы тек ғана февральда бақланған. Соның ишинде, Қазақстанда 4,2 процент, Қырғызстанда 3,5 процент, Өзбекстанда 3,1 процент көтерилген. Бул көрсеткишлер де елимизде баҳаның өсиў динамикасы турақлы екенинен дәрек береди.
Халықаралық изертлеўшилердиң пикиринше, глобал климат өзгериўи инфляцияны тезлестирмекте. Азық-аўқат, товарлар ҳәм хызметлердиң баҳасы келеси жылларда және де өсиўи мүмкин екенлиги прогноз етилмекте.
Потсдам климат тәсирин үйрениў институты ҳәм Германиядағы Европа Орайлық банки изертлеўшилери температураның көтерилиўи 2035-жылға шекем инфляцияны ҳәр жылы орташа 1,2 процентке арттырыўы мүмкин екенлигин атап өтпекте.
Соған қарамастан, мәмлекетимиздеги ақылға уғрас сиясат ҳәм шарўашылық тармақларының мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы себепли гөш ҳәм гөш өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм халықтың дастурханына жеткерип бериўде турақлы ҳәм беккем система жаратылған. Мәмлекетимиз шарўаларының мәртлиги ҳәм жигерлилиги менен глобал климат өзгериўи шараятында да шарўа малларын бағып, халқымыз дастурханына мол гөш ҳәм гөш өнимлерин инам етип келмекте.
Мәмлекетимиздиң ветеринария ҳәм шарўашылық тараўларындағы реформалар халықаралық шөлкемлер тәрепинен де тән алынбақта. Соның ишинде, ветеринария билимлендириўин раўажландырыў, оны бир ўақыттың өзинде әмелиятқа интеграциялаў, халықаралық стандартларды миллий системаға енгизиў, әсиресе, халықаралық финанс институтларының жеңиллетилген қаржылары ҳәм перспективалы грант жойбарларын тартыўдағы тәжирийбелерди халықаралық экспертлер жоқары баҳаламақта.
Усы жылдың май айында Парижде болып өткен Жәҳән ҳайўанлар денсаўлықты сақлаў шөлкеми ассамблеясының 92-сессиясында халықаралық шөлкем басшысы Эммануэль Субейран ханым тәрепинен Өзбекстанның ветеринария тараўындағы системасы ҳәм тәжирийбеси дүнья мәмлекетлерине перспективалы бағдар, деп усыныс етилгенлиги бәршемизди қуўандырады.
Қудайназар ЮНУСОВ,
биология илимлериниң докторы, профессор,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен шарўа