Өткен әсир басларында жадид ойшылларын ең көп тәшўишке салған, тынышсызландырған ҳәм ойландырған мәселе де мине усы еди - келешек әўладлардың тәлим-тәрбиясы!

Машқаланың шын мәнисинде өмир-өлим мәселеси екенин терең сезетуғын халқымыз усы себепли де өзиниң бас нызамы - Конституцияның айрықша бөлимин шаңарақ, балалар ҳәм жаслардың тәғдирине байланыслы нормаларға бағышлаған. Бул Өзбекстан Республикасы Конституциясының жаңа редакциясындағы ХIV бабы болып табылады.

Атап айтқанда, Тийкарғы нызамның 77-статьясы биринши абзацын оқыймыз:

"Ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өз перзентлерин ер жеткенше бағыўы, олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламат, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўи ҳаққында ғамхорлық етиўи шәрт..."

Бир ғана гәпте жәмленген ўазыйпалар, миннетлемелер көлеми, салмағы, жуўапкершилигине итибар қаратамыз. Олардың бир-бирине қаншелли өз ара байланыслылығына, избе-излигине, үзликсизлигине итибар қаратамыз.

Атап айтқанда, данышпан халық "бос қап тик турмайды," дейди. Демек, баланың тәлим-тәрбияны толық өзлестириўи, саламат ер жетип, ҳәр тәреплеме камалға келиўи оның ҳәр күни не жеп, не ишиўине, денеси менен жаны азықланып атырған аўқатлардың дәрманларға, мий ҳәм денени нәтийжели азықландырыўшы пайдалы элементлерге қаншелли бай екенлигине ҳәр тәреплеме байланыслы.

Дүнья базары сыяқлы бизиң базарларымызды да мың бир ҳәр қыйлы, көби ҳәр қыйлы химиялық ҳәм биологиялық қосымшалар, ген инженериясының "алдынғы жетискенликлери" менен "байытылған" өнимлер толтырылған шараятта перзентлеримизди исенимли азық-аўқат пенен өсириў айтыўға ғана аңсат.

Демек, конституциялық миннетлеме текстинде перзентлердиң "ҳәр тәреплеме камалға келиўи" ҳаққында сөз бармақта. Солай екен, келиң, өзимизге усындай сораў берип көрейик: бүгин ата-анаман деп айтқан ҳәммемиз бирдей миннетлемени орынлаўға таяр, уқыплы деп айта аламыз ба?

Айырымлардың оғада қысқа – узақты көре алмай ойламай ислеген ҳәрекетлери себепли жаслардың ер жетпестен турмысқа шығыўы қандай ақыбетлерди келтирип шығарып атырғанын көрип-билип жүрмиз ғой! Аз ғана шамаллаған перзентине биринши медициналық жәрдем көрсете алмайтуғын, наўқас перзентинен бурын өзи жылай баслайтуғын 17-18 жасар келин - он жыллардан кейин емес (онда әлле қашан ўақыт өткен болады!), ал ертеңнен баслап усы баланы ҳәр тәреплеме камалға келтире алыўдың ебин таба ала ма?

Бул сораўға унамлы жуўап беретуғын адам арамызда табылмаса керек.

Солай екен, бир статьяның бир ғана абзацына жайласқан бул миннетлеме, аңлаған инсанлар ушын, бир неше қосымша миннетлемелерди де келтирип шығаратуғыны, олар болса қабыл етип атырған ҳәр бир қарарымыз, кеўлимизге келетуғын қәлеў ҳәм тилеклеримизди жақсылап ойлаўымызды, олардың ақыбетлерин алдыннан көре билиўимизди де талап етеди.

Не демекшимиз?

Айтайын дегенимиз, мәмлекет Конституциясы тек ғана көз азабаға, атына қабыл етилген ҳүжжет емес, ал ҳәр бир статьясы турақлы түрде ислеўи, орынланыўы керек болған ҳуқық, миннет, мәжбүриятлар белгиленген, барлық пуқаралар бирдей әмел етиўи, егер әмел етпесе, ким болыўына қарамастан, жуўапкершиликке алыныўы шәрт болған әмелий қағыйдалар жыйындысы екенин умытпаўымыз керек.

Статьяның екинши абзацында болса, мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң бул бағдардағы әҳмийетли миннетлемелери мөрленген:

"Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм де ата-анасының қәўендерлигинен айырылған балаларды бағыўын, тәрбияланыўын, олардың билим алыўын, саламат, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўин тәмийинлейди, сол мақсетте қайырқомлық жумысын хошаметлейди".

Елимизде бул бағдарда басқа да көплеген мәмлекетлерге ибрат болатуғын жумыслар системалы жолға қойылған. Экономикалық жақтан бир қанша күшли, жалпы ишки өними көлеми бойынша дүнья дизимлеринде жүдә жоқары орынларда көрсетилетуғын бирнеше үлкен мәмлекетлерде де елеге шекем шешим табылмағанлығы себепли жүз мыңлаған қараўсыз балалар көшеде қалған бир ўақытта балажанлы Өзбекстанда бирде-бир гөдек көшеге таслап қойылғанын ҳеш ким көрмеген.

Тәғдирдиң сынағына бола ата-анасынан айырылған ҳәр қандай балаға, миллети, дини, келип шығыўына қарамастан, итибар қолын созыўшы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер баланың толық, саламат ержетип, тәлим-тәрбия алыўы, келеси тәғдирин еркин басқарыўы ушын керек болса барлығын ислеў ушын күни-түни ҳәрекет етпекте. Бул бағдарда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына жәрдемлесиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириўди раўажландырыў мәселелери бойынша көплеген қайырқомлық жойбарларын әмелге асырып атырған "Замин" халықаралық жәмийетлик фонды, Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы), барлық аймақларда жумыс алып барып атырған "Меҳрибанлық" үйлериниң саўаплы ҳәрекетлери ибратқа ылайық.

Буларға қосымша түрде Өзбекстан Республикасының бул бағдардағы конституциялық нормаларды турмысқа толық енгизиўге бағдарланған "Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында"ғы және жақында қабыл етилген "Балаларды зорлық етиўдиң барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамлары өсип киятырған перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме ҳәўеске ылайық инсан болып қәлиплесиўинде беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Раҳман ҚОШҚАРОВ,

Ташкент мәмлекетлик юридика университети

доценти ўазыйпасын атқарыўшы,

филология илимлериниң кандидаты