Жақында "Тәғдирлер"диң гезектеги сериясы тойлар, той мәресимлери, қәрежетлер, тойдан кейин жүзеге келип атырған жәнжеллер, той ошағының шоғы өшпей турып ортаға түсип атырған суўықлық сыяқлы машқалаларға бағышланды. Бүгинги нервты бузатуғын сериаллар еске түсти. Тойда қыз тәрепке жиберген затлардан кеўли толмаған ҳүрметли қәйин ене бир күнлик келинине: "Артыңа бир тебемен, анаңның үйине барып түсесең", деп атыр.
Ойланып қаламан. Той өзи не? Байлығын көз-көз етиў, қызын бермегенлерди тәўбеге таяндырыў, буның ушын барын шашыў, жоғын қарызға алыў, қуда тәрептен көбирек нәрсе өндириў ме? Жоқ, сирә ондай емес. Тойдан мақсет - ел алдына шүкиршилик дастурханын жайыў, елден пәтия алыў. Солай екен, тойхана, кийимлер, тағыншақлар, қәйин енесиниң келин қолына тағып қойған алтын жүзиги, күйеўдиң жылтыраған машинасы... еки-үш күнге сонша нәрсени ижараға алынғанын қалай түсиниў мүмкин? Тойдың ертеңине-ақ күйеў баланың министрликте ислеўи де пүткиллей өтирик екени билинип қалса не? Биреў тосаттан ысқырса қулап кететуғын көбик фундамент үстине қурылған бундай шаңарақлар "тамыр жайып, пәлек жаяды" деп ойлайсыз ба? Ҳасла. Шаңарақ сыпатында узаққа бармайды, егер жасап қалса да өтирик кейинги әўладларға өтеди. "Күш пенен салынған имарат ақыры ўайран болады", деген гәп бар. Өтирик араласқан ҳәмме нәрсе сынады, төгиледи. Соған қарамастан, өтирикшилик иллет көпшиликтиң әдеттеги турмыс тәризине айланып бармақта. Өтирик айырымлар ушын мол дәрамат дереги болып қалды. Жақында оқыдым - жасалма роботлар ҳәзирдиң өзинде-ақ өтирик сөйлеўди, ҳийлекерликти үйренип алыпты. "Ҳаў, жалғыз сен қалыпсаң алдамайтуғын, бул не?" десеңиз, молла робот былш етпестен: "Алдын өзине қара, соң дабыл қақ", десе, қысынасыз.
Не ушын бул аянышлы жағдайлар турмыста бар ма, мәҳәлле, ел-журттың көз алдында жүз берип атыр ма, деп жағаңды услағың келеди. Оғада аўыр, машақатлы сынақлардан өткен ар-намыслы, мақтанышлы халықпыз, "Ҳәй, мәҳәлле еситпесин, гәп көшеге шықпасын", деп даўысымызды пәсейтемиз, анаў-мынаў кемшилигимизди жәрияламаймыз, үйге қонақ келсе, урысып жүрген ерли-зайыплы өз-өзинен жарасып кетеди. Бүгин бизге не болды өзи?
Усы қатарларды қағазға түсирип атырғанымда өткен әсирдиң елиўинши жыллары, аязлы қыс көз алдыма келди. Қәҳәтшиликке жақын жағдай. Көпшиликтиң қазаны қайнамай қойған, балажан шаңарақларға қыйын, әкелер илажсыз. Бирақ налымайды. Балалары қоңсылардың үйине шығып, қатарлары менен ойнамақши болса, ата-аналар оларға: "Аўқат жейсең бе, деп сораса, яқ, қарным тоқ", деп айтың, деп қатты тапсырады. Не ушын, бүгинги тыныш, молшылық заманда усындай масқара көз бояўшылық турмысымызға кирип атырған, тамыр жайып атырған, жәмийетшилик болса оған итибар бермей атыр?!
Исениў қыйын. Надурыс жуўмақ шығармаў, орынсыз ҳаўлықпа көтермеў ушын кәсиплеслеримниң пикирин билиўге қызықсындым, дөретиўшилик сапарларымда сәўбетлеслеримнен сорадым. Редакцияға келген мәҳәлле ақсақалы менен усы темада узақ сәўбетлестик. Сахнада емес, "келин сәлем" мәресимин өткериўде айрықша жоқары нәтийжелерге ерисип атырған айырым көркем өнер шеберлерин де сораўға алдым. Таң қаларлық нәрсе, тап бурыннан келисип алғандай, ҳәммесиниң жуўабы бирдей болды: "Аўа, сондай өтириклер де бар, абырай алыў керек ғой". Кейин ҳәммеси бир-еки мысалдан келтирди. Күйеў баланың қаланың шетиндеги саўлатлы жайы өзиники емес, ижара үй екени мәлим болғаннан соң, қудағайлар төбелесиўге шекем барған. Басқа бир жағдайда келинниң әкеси қызына күйеў тәрептиң ўәкили болып келген, мақтаўды әбден айтқан "келиншек"тиң мойнына той қәрежетин илдирипти. Себеби, күйеў бала нәшебентликке берилгенлерден екен. Бир ижарашы үш күнлик ижара пулын төлемеген қарыйдарды қудалардың алдында сөгеди. Және де тәсиршең - "келин сәлем" ўақтында ижараға алынған жүзиклердиң бири жоғалып кетипти. Изленбеген жер қалмапты, кимлердендур гүманланыпты, жәнжел шығып, бет ашар "артист"тиң шырмаўығы жарылыпты...
Булардан да аянышлы мысаллар еситтим. Көплеген жерлерде неке тойлары, қуда шақырыў, күйеў баланы шақырыў сыяқлы ким озды мәресимлери өткерилетуғын арнаўлы ижара ҳәўлилер, коттеждлер пайда болыпты. Мол дәрамат. Қудаларды дәрўаза алдында күтип алатуғын ҳәмелдар "туўысқанлар", айбатынан дәў үркетуғын машиналар - булар да ижара.
Бүгинги келин-күйеўлер кешеги келин-күйеўлер емес. Өзгерис үлкен. Кайсы тәрепке дейсиз бе? Шаңарақ мектебиниң еле биринши класында сабақ алмаған қызлар тойдан кейин өз алдына жасай ма ямаса қайын ата-ене хызметинде бола ма - соған қызығады. Күйеўлер болса, той күни қәйин атасы қандай машина саўға ететуғыны ҳаққында ойлайды. Шайханада керилип отырыўы керек ғой.
Мысал келтириўди усы жерде тоқтатаман. Себеби ҳәр қандай мысал үгит-нәсиятлаўға айланыўы мүмкин. Балаға: "Мынаў нәрселер саған, мынаўына тийме, жаман нәрсе", десеңиз, бала да, сол "жаман" нәрсениң не екенин билиўге қызығады, билмегенше қоймайды. Көп жыллар алдын телевидениеде "Қырық табақтың қырық дабылы" деген сериал көрсетилип, онда қуданың үйине жиберилетуғын табақлар қатаң сынға алынған еди. Көпшилик оны дурыс қабыл етти. Бирақ районларымыздан биринде жасайтуғын дөретиўши достымыз редакцияға мынадай астарлы хат жазғанын еслеймен: "Телевизорда не бәле баслады, бизде ҳеш ким қудадан келетуғын табаққа итибар бермейтуғын еди. Мине енди: "Ҳее, қалада қырыққа шекем табақ жибериледи екен, не, бизлер олардан кембиз бе?" деп табақ санаўға өтти ...".
Өзлеримизге келейик. Дүнья цивилизациясына үлес қосқан халықпыз. Усындай аянышлы жағдайға түсип атырғанымызды сезбей турмыз ба? Бир бели беккем, бул дүньяда жасаўдың мақсети не екенин аңламаған бай баслайды, екиншиси даўам етеди, үшиншиси ҳәўес етеди, төртиншиси булардан қалман ба, деп, қарыз алады. Жәмийетшилик тым-тырыс. Гейде-гейде жоқарыдан бир белги болса, "Ҳаў, сәл пәсейтиңлер", десе, пәсейтемиз. Бирақ арадан көп ўақыт өтпей, және баяғы ҳалға қайтамыз, оннан асырып та жиберемиз. Мен емес, басқалар пәсейтсин, деймиз. Тойымыз мәҳәлледе дуў-дуў гәп болыўын, ҳәммениң аўзы ашылып қалыўын қәлеймиз. Аўыр пандемия күнлеринде өткен ықшам тойлар ҳәр тәреплеме үлгили болды. Соған көнлиге баслағанбыз. Тилекке қарсы, ески "кеселлигимиз" қозғалды, бес жүз адамлық бәзимлер бүгин әпиўайы ўақыя, отыз адамлық тойлар болса күлкиге қалып, Аваз Ахунның репертуарынан орын алды.
Той - тоқшылық, абаданшылық белгиси. Той-тамашаға қарап, ол ямаса бул мәмлекетте елдиң турмысы, сатып алыў қүдирети қандай екенин көз алдымызға келтириў мүмкин. Адамлар шаңарақ қурып жасаўға үйренгеннен бери тойлар жетилисип келеди. Мәмлекет раўажланған сайын инсанның экономикалық мүтәжлиги менен бирге руўхый арзыў-нийетлери де артып барады. Бир дәўирдиң тойы басқа дәўирдиң тойына усамайды. Өткен әсирдиң елиўинши жылларында аўылымызда жасаған Айман кемпирдиң баласы, колхоз өгизлерин бағатуғын Бузрукхожа үйленгенде мәҳәлле бул жарлы шаңараққа жәрдем берип, кишкене ғана дастурхан жайған, еки адамлық күйеў нөкерди сыр, түршик, кишмиш, ғоза менен сыйлаған екен. Жоралары Бузрукхожаны шымылдыққа киргизип, үйли-үйине тарқасып атырғанда күтилмеген ўақыя жүз берипти: күйеу бала гүрилдеген даўыс пенен шымылдықтың ишинен турып, анасын шақыра баслапты. Айман кемпир қоңсы-қобалары менен сөйлесип отыр екен, қатты қорқып, шымылдықтың алдына келсе, Бузрукхожа: "Апа, өгизлерге гүнжара берип қойың, өлип-нетип қалмасын және..." депти. Қыс қәҳәрли келип, от-жем жетиспей атырған бир ўақытта өгизбағардың қыялы шымылдық ишиндеги келинде емес, жәмәәттиң аштан сулайып қалған өгизлеринде болған екен. Бул ўақыяны бүгин кимге айтасыз?
Тойдың қалай өтиўи, қәрежет қанша болатуғынын тапсырма менен шеклеп болмайды. Ҳәр бир тойхананың есиги алдына биреўден бақлаўшы қойыўдың имканияты жоқ. Буннан он жыллар алдын Мәденият министрлиги ҳәм бир неше мәдений-ағартыўшылық шөлкемлердиң басламасы менен тойларда қандай қосықлар айтылыўы, бәзим қалай басланып, қалай жуўмақланыўы, кимлер қутлықлаў сөзин айтыўы ҳаққында арнаўлы реже ислеп шығылғаны ядымызда. Ҳеш нәрсе өзгерген жоқ. Бундай көрсетпени ҳеш ким қабыл етпеди, етпейди де. Бизиң пикиримизше, тойдың дәрежеси той беретуғын ағамыздың имканияты, мәҳәлледе қәлиплескен әдеп-икрамлылық нормаларынан келип шығып белгилениўи мақсетке муўапық. Ар-намыслы, зыялы, мәдениятлы шаңарақлардың перзентлериниң тойына арсыз, ярым жалаңаш көше "ойыншыларын" шақырмайды. Мәс жигитлер (базы бир шоқлығы қалмаған ғаррылар да) бәзимде оларды жаслар, балалардың көзинше қушақлап көтермейди. Дүнья дүнья болғалы берли ҳеш жерде бундай масқарашылық болмаған. Өзин ҳүрмет ететуғын адамлар қолы узынлығын көрсетип, логикасыз дәстүрлерди ойлап таппайды. Той алдынан үйди, ҳәўлини бир қатара тазалап шығады. Себеби мийманлар тек дастурханға қарамайды. Буннан көп жыл бурын сырт елден келген еки кәсиплесимизге шерик болып, Хорезм тәрепке барған едим. Мийманлар тарийхый орынларды көрди, көзине исенбей тамашалады. Кейин оларды бир достымыздың үйинде өткерилип атырған тойға мирәт еттик. Ҳәммеси орнында. Ҳүрмет-иззет, саўға-сәлем, аўқаттың изинен және аўқат. Қосық ҳәўижге минген, аяқ ойынлар әжайып. Тамашаның изи үзилмейди. Қәнекей, бизде де адамлар бир-бирине усындай меҳрибан болса екен деп ҳәўес етти. Кейин... бир "деталь" бул ҳәўеслердиң ҳәммесин жоққа шығарды. Қалай айтсам екен: бәзимниң соңында қонақлардың биреўи... ҳәмме жаяў баратуғын жерди сорап қалды. Апарып көрсетти. Қонақ пахта теретуғын гезлемеден исленген фартукти, яғный қолдан исленген пердени көтерип, ишке қәдем таслады да, тап уўлы жыланның қуйрығын басып алғандай секирип, изге қайтты. Ўақытты өткермей, мийманханаға үлгерип келдик. Тилекке қарсы, ол жерде де "пияда баратуғын жер" жағдайы бурынғыдан жақсы емес...
Миллий дәстүр, халық дөретиўшилиги, деген сөзлер бар. Халық бир жерге жыйналып, "Қәне, бирадарлар, жаңа бир дәстүр ойлап табайық, тойларда атқарылатуғын нама-қосық жаратайық", демейди. Миллий үрп-әдетлер жыллар, әсирлер даўамында қәлиплеседи, қаншадан-қанша сынақлар елегинен өтеди. Солай екен, миллий үрп-әдетти жаратыўшы халықтың бир ўәкили сыпатында ҳәр биримиз мойнымыздағы бул уллы ўәкилликке айрықша жуўапкершилик пенен қатнас жасаўымыз керек. Солай етпесек, тойларымыз барған сайын қәлбекилесип бара береди. Өмиримиздиң үлкен бөлеги той машқаласы менен өтеди. Бир бай бала ойлап тапқан кеўил ашар ертең "миллий дәстүр"ге айланады, тамыр урады. "Ошақ көмди", "Гелле салды", "Сүлги жуўды," "Күйеў асы", қыз узатылған болса, "Ата жубатты" деген мәресимлер пайда болады. Ферғана тәрепте усындай дәстүрлердиң бирине мени мирәт етти. Тилекке қарсы, "Ата жубатты" мәресими "Ата қулатты"ға айланып кетти...
Тойлардағы артықмаш дәстүрлер ҳаққында қай жерде гәп басланса да, көпшилик: "Таўып турғанлар асырып жиберип атыр, ысырапгершиликти тоқтатайық, биреўде бар, биреўде жоқ - ықшамластырмаса болмайды", дейди. Ҳәмме аяқты көрпеге, мәҳәллеге, ел-журтқа қарап созыў тәрепдары. Бирақ әмелий жумысқа келсек, пүткиллей басқаша көринис. "Қәне, бул исти кимнен баслаймыз?" десе болды, көпшилик өзин шетке алады.
Тойларға атақлы көркем өнер шеберлерин мирәт етиў бели беккемлер ушын әпиўайы ис болып қалды. Ел хызметинде болыў айып емес. Таланты бар, атқарыў шеберлиги жоқары, музыкалық талғамы жоқары адамлар ғана көркем өнер ғайраткери деген даңқлы атқа, ықласбентлер ҳүрметине ериседи. Оның ушын неше он жыллап излениў, устазлардан сабақ алыў, бираз қәрежетти мойнына алыўға туўра келеди. Бир сюжетли клиптиң қәрежети бүгин пәлен пул. Солай екен, ҳақыйқый артистке ҳеш ким тойға барма деп айтпайды, барғанлары бурынғы жыллардағыдай қара дизимге түспейди. Бирақ бул "тиришилик"те де бәсеки күшейип бармақта: той таласыў, қосық таласыў басланды. Азғана уятлы болсаңыз, саптан шығып қаласыз. Той кешелеринде гөззал қосықлар атқарылса, көркем өнер шеберлери бир-бирин ҳүрмет етсе, шәкиртлер устазларға жол берсе, буған не жетсин?! Гезек таласып, ел-журт алдында абырайын төксе, буннан жаманы жоқ. Камолиддин Раҳимов, Отажон Худойшукуров, Ортиқ Отажонов, Нуриддин Ҳамроқулов, Улмас Сайиджонов сыяқлы көркем өнер шеберлери де тойларда хызмет еткен, бирақ усы ўақытқа шекем олардың ҳеш биреўи ҳаққында жаман гәп еситпедим.
Той ҳаққында жүдә көп жазылады, мен де әдеўир қағаз қаралағанман. Мақалаларымнан бирин дәслеп "ЗАГС баслығы ЗАГСтан өткен бе?" деп атадым. Көплеген тойларда келин-күйеўдиң некеси бахыт тойы кешесинде дизимге алынады. Өз ўақтында бул жаңа әдетти қоллап-қуўатлағанбыз. Бирақ... бир тойда Әдиллик министрлиги атынан некени рәсмий рәсмийлестирген, оларға шаңарақ ҳәм неке мәселелеринде зәрүр мәсләҳәтлер берген жас директордың сөзлерин тыңлап, кеўлимде "Бул нәзик нәл қарындасымыз турмыс қурған ба өзи?" деген гүман пайда болды. Жайдары, улыўма, ядлап алынған, тойларда бирдей тәкирарланатуғын сезимсиз, қуры гәплер. Некени дизимге алыў мәресимин мәҳәллелеримизде жасап атырған, шаңарақ қурғанына елиў, алпыс жыл болған, балалы-зайыбы бар, перзентлери тәрбиялы, ийман-исенимли ата-аналардың қатнасыўында өткериў, олардың опадарлығын, турмыс сынақларына шыдамлылығын жасларға өрнек етип көрсетиў керек емес пе?!
Бүгин мәмлекетимиз үлкен тойханаға уқсайды. Жаңадан-жаңа заманагөй имаратлар, көркем өнер, мәденият ҳәм спорт сарайлары, жоқары оқыў орынларының саўлатлы имаратлары менен бирге... салтанатлы, бири-бирине уқсамайтуғын тойханалар да жеделлик пенен қурылмақта. Той таярлығын көрип атырған, тойхана қурып атырған халыққа дүнья ҳәўес етеди. Әсиресе, бүгин. Мен болса және нийет етемен: сақаўатлы исбилерменлеримиз тойханалар менен бирге мәҳәллелерде, массивлерде китапхана, оқыўханалар да қурса, оларды әдебий-көркем, руўхый-әдеп-икрамлылық әдебиятлар, күнделикли басылымлар менен толықтырса, үлкен жумыс болар еди-дә. Депутатларымыз бундай сақаўатлы ислерди қоллап-қуўатлайтуғыны анық. Себеби ағартыўшылық имаратларынан таралатуғын нур халқымыздың уллы келешекке қарай жолын және де жарқын етеди.
Аҳмаджон МЕЛИБОЕВ,
журналист