Глобалласып баратырған дүньяда мәмлекетлер арасында экономикалық, сиясий ҳәм социаллық байланыслар беккемленип, мәмлекетлер арасындағы интеграция процеси жедел раўажланбақта. Ҳәр қыйлы дәрежедеги ушырасыўлар, халықаралық форумлар, әнжуманлар өткерилмекте. Мине усындай ўақытта халықаралық әнжуман қатнасыўшылары арасындағы қарым-қатнасты тәмийинлеў ушын синхрон аўдармашыларға талап кескин артып бармақта.
Аўдармашы ҳәр еки тилди пуқта жақсы билиўи, еки мәмлекеттиң узақ ҳәм жақын тарийхы, үрп-әдетлери, мәденияты, адамлардың турмыс тәризи ҳәм басқа да тәреплерин тараў қәнигеси дәрежесинде өзлестириўи керек.
Синхрон аўдарма процесинде аўдармашының сөйлеўшиниң пикирин өз ўақтында ылғай алмай ҳәм толық баян ете алмайтуғыны сөйлеўши ҳәм аудитория арасындағы жедел қарым-қатнастың төменлеўине, ҳәттеки түсинбеўшиликлер, ҳәр қыйлы көринистеги қолайсыз жағдайлардың жүзеге келиўине себеп болады.
Бул бөлме институт илажларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм нәтийжели қарым-қатнасты тәмийинлеў ушын идеал шешим болып табылады. Бул жойбар себепли мийнет базарында синхрон аўдармашыларға болған талапты қанаатландырыў, жетик қәнигелер таярлаў мүмкин, делинеди Исҳоқхон Ибрат атындағы Наманган мәмлекетлик шет тиллери институтының мәлимлеме хызмети хабарында.