Қатар сыртқы ислер министриниң арнаўлы ўәкили Файсал Абдуллоҳ Ал-Хензаб, Қатар Бас министриниң кеңесгөйи, Халықаралық сиясатты изертлеў орайының директоры Мажид Ал-Ансорий, Стратегиялық изертлеўлер глобаллық институтының президенти Муҳаммад Али Чихи, Саудия Арабстанының Буғаз мәмлекетлерин изертлеў орайының президенти Абдулазиз Сагер, "Жусур" мийнет базары компаниясының атқарыўшы директоры Абдулҳодий Бахит Баркан ҳәм Қатар раўажланыў қорының ағзалары менен сөйлесиўлер өткерилди.
Ушырасыўларда еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе кең көлемли мәселелер додаланды. Тәреплер кейинги жылларда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң унамлы пәтин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Араб мәмлекетлери Өзбекстан экономикасының түрли тармақларына жедел инвестиция киргизип, энергетика, инфраструктура, аўыл хожалығы ҳәм жоқары технологияларға айрықша итибар қаратпақта.
Сөйлесиўшилер жақын жылларда өсиў ноқатлары болыўы мүмкин болған перспективалы бағдарларды көрсетип өтти. Бул көп тәреплеме механизмлер арқалы саўда байланысларын кеңейтиў, транспорт басламаларын (соның ишинде, Трансаўған коридорын) әмелге асырыў, инфраструктура ҳәм жоқары технологиялық жойбарларға инвестициялар тартыў, агросанаат комплексин раўажландырыў, сондай-ақ, санлы трансформация болып есапланады.
Сөйлесиў қатнасыўшылары еки тәреплеме бирге ислесиўден тысқары, аймақлараралық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын атап өтти. 2023-жыл июль айында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңесиниң биринши саммити буннан дәрек береди. Оның жуўмағында жетекшилер системалы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў ушын тийкар жаратқан 2027-жылға шекем биргеликтеги ҳәрекетлер режесин мақуллады.
Тәреплер Орайлық Азия ҳәм Персия қолтығы мәмлекетлериниң үлкен экономикалық потенциалға ийе екенин тән алды. Бул сиясий сөйлесиўдиң беккемлениўи ҳәм қолайлы геостратегиялық жайласыў менен биргеликте регионлараралық байланысларды кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар жаратады. Соңғы он жылда араб мәмлекетлериниң регионға инвестицияларының көлеми дерлик үштен бир бөлегине, експорт болса 30 проценттен асламға өсти.
Өз-ара сөйлесиўлердиң айрықша темасы СРИИ ҳәм Қатардың аналитикалық ҳәм илимий-изертлеў структуралары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм тереңлестириў мәселелери болды. Өзбекстан-Қатар стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў бойынша биргеликтеги идеялар ҳәм әмелий усынысларды ислеп шығыўға қаратылған экспертлик сөйлесиўди жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Еслетип өтемиз, Доха форумы 2002-жылдан берли Қатар ҳүкиметиниң жәрдеминде өткерилип келинбекте ҳәм глобал машқалаларды додалаў ушын абырайлы майдан есапланады. 2025-жылы форум "Әдиллик әмелде: раўажланыўға берилген ўәделерден" темасында өткерилди.
Онда 150 ге шамалас мәмлекеттен 8 мыңға шамалас адам, соның ишинде, АҚШ, Уллы Британия, Россия, ЕА мәмлекетлери, Жақын Шығыс, Ҳиндстан, Пакистан, Қытай, Япония ҳәм Кореяның жетекши аналитикалық орайларының басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.
Жоқары мәртебели мийманлар Қатар әмири Тамим ибн Ҳамад Ол Соний, "Майкрософт" компаниясының тийкарын салыўшысы Билл Гейтс, ҳәзирги Америка президентиниң үлкен улы киши Дональд Трамп, АҚШтың бурынғы мәмлекетлик хаткери Хиллари Клинтон ҳәм басқалар болды.








