Хабарыңыз бар, бул Нызамда қайта көрип шығылыўы лазым болған айырым мәселелер бар екенлиги ҳәм Нызамның айырым нормаларын жетилистириўди талап еткенлиги себепли, Нызам Олий Мажлис Сенатының 2025-жыл 25-январьдағы СҚ-62-В-санлы Қарары менен бийкар етилген еди.

Бул нызам Олий Мажлис палаталары дүзген питим комиссиясы тәрепинен жетилистирилип, Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа қайта киргизилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде климат өзгериўиниң алдын алыў, оның унамсыз тәсирлерин азайтыў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирақ бүгинги күнде ыссыхана газлериниң шығарылыўын тәртипке салыўшы нызам ҳәм нормативлик базаның жаратылмағанлығы республикада ыссыхана газлериниң шығарылыўын азайтыўда экономикалық, технологиялық ҳәм экологиялық бағдарлар бойынша халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятларын шеклемекте.

Бул болса, өз гезегинде, тараўды халықаралық ҳүжжетлер талаплары дәрежесине жеткериў, оның шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириўди талап етпекте.

Нызамда ыссыхана газлери шығарылыўын азайтыў нәтийжесинде пайда болатуғын углерод бирликлери айланысын әмелге асырыў тәртибин белгилеў ҳәм ыссыхана газлери шығарылыўын системалы қадағалаўды тәмийинлеўге итибар қаратылған.

Нызамда ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеўдиң тийкарғы принциплери, оны мониторинг етиў, есабат бериў ҳәм верификация системасының тийкарлары, тәртиби, қысқартылған ыссыхана газлерине ийелик етиў ҳуқықлары белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен Нызамның қабыл етилиўи Париж питимине тийкарланып ыссыхана газлери шығарылыўын қысқартыў бойынша алынған миннетлемелер Өзбекстан тәрепинен орынланыўын тәмийинлеўге, мәмлекетимизде климат өзгериўи бойынша алып барылып атырған реформаларды жеделлестириўге, қоршаған орталық ҳәм экологияны жақсылаў және мәмлекетимиз экономикасын турақлы раўажландырыў ушын зәрүр шараят жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстанның сырт мәмлекетлер менен климат өзгериўи ҳәм ыссыхана газлерин қысқартыў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиў жойбарларын нәтийжели әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратады.

Додалаў жуўмағында бул Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.