Әсиресе, соңғы бес-алты жылдың ишинде елимизде жүз берген жаңалықлар, ең баслысы, көп миллетли халқымызды бүгинги күнинен разы болып жасаўы ушын жаратылып атырған шараятлардан халқымыздың кеўиллери тоқ. Ертеңги күнге болған исеними бәлент. Әлбетте, бул ийгиликли басламалардың басында ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң турғанлыгын халқымыз жүрек төринен сезинеди ҳәм қоллап-қуўатлаўшы болғанынан өзлерин бахтияр сезинеди.
Ҳәммениң хабары бар, быйылғы Парламент, ўәлаят ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар демократиялық принциплерге толық жуўап берген ҳалда, ҳуқықый нормаларға тийкар, ашықлық, әшкаралық жағдайында, биринши мәрте аралас сайлаў системасында өтти. Бул пикиримизди сайлаў процесслерин бақлап барған халықаралық экспертлердиң билдирген пикирлери айқын тастыйықлайды.
Усы жыл 18-19-20-ноябрь күнлери Олий Мажлис Нызамшылық палатасының, Олий Мажлис Сенатының ҳәм Парламентиниң Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кандидатурасын көрип шығыўға бағышланған үш мәжилисте де Ҳүрметли Президентимиз қатнасып, шығып сөйледи. Мәмлекетимиз басшысы бәринен бурын, өткен бес жылдағы қабыл етилген бағдарламалардың әмелде орынланыўына айрықша тоқтап өтти ҳәм келеси бес жылда елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарындағы перспективаларды белгилеп берди. Бир таңқаларлық нәрсе, Президентимиз раўажланыў бағдарындағы пикирлерин бир, еки, үшиншиден… деп мәселени анық ҳәм айқын қояды ҳәм шешимин де әпиўайы түсиндирип береди. Ҳәр биримизди жаңаша ислеўге руўхландыратуғыны менен әҳмийетли.
Әсиресе, мәмлекетимиз басшысының усы жыл 20-ноябрь күни болып өткен Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына талабанды көрип шығыў ҳәм Министрлер Кабинетиниң жақын ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасын додалаўға бағышланған мәжилисинде келеси 2025-жылды «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп атаўды усыныс етти. Бул усынысты тек залдағылар емес, гүллән халқымызға мақул келди ҳәм қоллап-қуўатлайды деп ойлайман. Өйткени, сол күни үйге мийманға келип, телевизорда Президентимиздиң сөйлеген сөзин көрип ҳәм тыңлап отырған үлкен ағам: «Яша, мәмлекет басшымыз және бир оғада әҳмийетли басламаға тийкар жаратты!» деп салды.
Әзелден тәбиятқа меҳир берген, оның қәдирине жетиўге умтылған халықпыз. Сонлықтан, тәбият сөзиниң алдына бәрқулла «ана» сөзин қосып қолланамыз. Халқымыз әтирапта, әлемде бар болған ңәрселерди асырап-абайлаўға умтылады. Жылға бундай атама берилиўи мине усындай қәдириятларымызға сай болды. Мәмлекетимиз бул ушырасыўдағы шығып сөйлеўиндеги алға сүрген пикирлери ана-Ўатанға шексиз муҳаббатты сезиниў, бар имканиятлардың қәдирине жетиў, оны келешек әўладларға жеткериўде пидайы болыўға шақырады. Демек, ана-тәбиятымызды асырап-абайлаўға, қорғаўға қаратылған жумыслар, «жасыл» экономикаға өтиў бағдарындағы ҳәрекетлеримиз жаңа басқышқа көтериледи. Усы жерде әпиўайы халыққа түсиникли болыўы ушын: «Жасыл» экономика дегенимиз не? деген саўал менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, «Менеджмент ҳәм экономика тийкарлары» кафедрасының экономика илимлери бойынша философия докторы (PnD) Бийбисара Ережеповаға жүзлендик.
– «Жасыл» экономика системасының тийкарғы мақсети – планетамыздың экологиясы ҳәм оны сақлап қалыў менен бирге экономиканың барлық тараўларын раўажландырыўға қаратылған. «Жасыл» экономика дегенде, инсаният ушын керекли болған ресурсларды, қоршаған орталық ҳәм экологияны пүтин ҳалда сақлап қалып ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары менен байланыслы экономиканы еле де раўажландырыўды әмелге асырыўға тийкарланған экономикалық хызметтиң өз алдына бағдары түсиниледи. Мәселен, самал, қуяш фотоэлектр станцияларын кең енгизиў. Әпиўайы мысал, усы жыл октябрь айының биринши он күнлигинде Тақыятас ыссылық электр станциясында 180 кВт қуўатлылыққә ийе гезектеги қуяш фотоэлектр станциясы иске түсирилип, нәтийжеде 420 мың кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылатуғын болды. Соның нәтийжесинде жылына 45 мың кубметр тәбийғый газдың үнемлениўине ерисилди. Әне, кишкене ғана «жасыл» экономика, - деп түсиндиреди қәниге.
Мине, Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары, аталарша ғамқорлығы арқасында 2030-жылға шекем үлкемизде 11 млрд. доллар тиккелей инновация есабынан, жәми 10,3 мегаватт қуўатлылыққа ийе 10 ири самал электростанциясының қурылысы режелестирилген. Бул жойбарлар толық иске түсирилиўи есабынан жылына 35 миллиард киловатт саат «жасыл» энергия алынады.
Қуўатлылық жеткерип бериўде турақлылықты тәмийинлеў ушын Қоңырат, Беруний ҳәм Қараөзек районларында жәми 400 мегаваттлы 3 электр станциясын сақлаў системасы қурылады. Усы жыл 19-август күни Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында бул жойбарлардың бир нешесине қурылыс жумысларын баслаў бойынша «старт» берилди.
Ҳәммениң хабары бар, Президентимиз Арал бойы регионындағы апатшылықты сапластырыў, машқалалрды шешиў ушын БМШ минбериндеги ҳәр бир шығып сөйлеўинде дүнья жәмийетшилигиниң дықкат-итибарын қаратып атыр. Мәмлекет шеңберинде қолдан келетуғын ийгиликли басламаға бас болып, Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл тоғайзарлықларды жаратыў жумысларына тийкар салды. Бул қайырлы ҳәм саўап иске тек қаракалпакстанлылар емес, пүткил мәмлекетимиз бойлап барлық ўәлаятлардан техника ҳәм қол күши қатнастырылып, шөлге ҳәм қумлы дузға шыдамлы өсимликлерди нәлден ҳәм туқымнан егип атыр. Бүгинги күнге 2 миллион гектардан аслам теңиз ултанына егилген өсимликлердиң дәслепки егилгенлери көгис дөнип, теңиз ултанын жасыл қапламаға айландырмақта. Бул ийгиликли ис ҳәр жылы даўам еттирилмекте.
Сондай-ақ, ҳәр жылы «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде республикамыз аймағында мийўе ҳәм декоратив ағаш нәллерин егиў жумыслары аўызбиршиликли түрде алып барылмақта. Бул қайырлы ҳәм саўап иске ҳәммениң белсене қатнасып атырғаны қуўандырады. Бүгинги күнги Нөкис-Тахтакөпир трассасының еки бойында алып барылған абаданлдастырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери көрген көзди қуўандырып, кеўлиңди көтереди.
Өткен ҳәптеде дөретиўшилик жәмәәтимиздиң бир топары Тахтакөпир районындағы газета оқыўшыларымыз бенен ушырасыў өткериў ушын жолға шыққанымызда жолдас болған нураный ағамыз жол бойларында ислеп атырған аламанның ибратлы жумысларынан кеўли толып:
– Бәрекелла, аўызбиршилигиңизге көз тиймесин, мийнетиңиздиң нәтийжесин, жемисин көрин! Бәҳәрде еккен нәллери тутып, өсип-раўажланыў фазасына кирипти. Несип етсе, бул аймақларға Сибирь тоғайлары «көшип» келеди. Мени айтты дерсең, - дейди гүздиң қысымына бола жапырақларын төгип атырған нәллерге сүйсине қарап.
Бундай ҳәм саўаплы, ҳәм қайырлы исти республикамыздың тек арқа зонасында емес, түслик, батыс аймақларында, ҳәр бир мәҳәлле, көше, ҳәттеки шаңарақларда гүзетиўимиз мүмкин.
Дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарына рәсмий старт берилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаевтың басшылыгында Нөкис қаласы әтирапында терек нәллерин отырғызыў жумыслары баслап жиберилди. Атап өтиў орынлы, быйылғы жыл гүз мәўсиминде «Жасыл мәкан» жойбарцы шеңберинде республика бойынша жәми 5 млн. 600 мың түп декоратив ҳәм мийўе нәллериниң егилиўи нәзерде тутылып, режени артығы менен орынлаў белгиленген. Бүгинги күнге республикамыздың қала ҳәм районларында 3 мыңға шамалас терек нәллери егилип, бул жумысларды узағы менен 10 күн ишинде жуўмақлаў бойынша жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Сондай-ақ, нәллердиң тутып кетиўи, өсип-раўажланыўы бойынша да тийисли шөлкемлерге, қәнигелерге айрықша жуўапкершилик жүклетилген.
Атап өткенимиздей, Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпакстанға өзгеше итибары, айрықша ғамқорлығы нәтийжесинде ең алыс аўыл-аймақлардың да инфраструктурасы жақсыланып, халықтың социаллық турмыс дәрежеси артпақта. Сөзимизди мысаллар менен айқынластырар болсақ, елимиздиң арқа дәрўазасы есапланған Тахтакөпир елаты, Бөршитаў етеги, Қаратерең көли жағасынан Арал бойы аймағында инфраструктура жағдайын және де жақсылаў, туризм потенциалын арттырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жойбар баҳасы 30 млрд. сумнан зыят экотуризм комплекси пайдаланыўға тапсырылды. Усы комплекстиң ашылыў мәресиминде бир атаханның «Жаңа Өзбекстанда жаңаланып атырған Қарақалпақстан» деп толқынланып айтқан гәпи Хеш ядымнан көтерилмейди.
Қарақалпақстанда туризм раўажланбақта. Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен халықаралық «Нөкис – Алма ата», «Нөкмс – Стамбул», ишки «Нөкис – Мойнақ» авиарейслери, «Нөкис – Манғыстаў» темир жол рейси ашылып, жолаўшылар бул рейслердиң хызметлеринен пайдаланбақта.
Президентимиз басламасы менен Қарақалпақстанның арқа районларына ўәлаятлар бириктирилиўи нәтийжесинде аймақлар инфраструктурасы жақсыланып, халықтың турмыс пәраўанлығы және де артты. Мәселен, Хорезм ўәлаяты Шоманай районында жайласқан 250 үй-жайдың төбесин шиферлап берди. Нөкис районына бириктирилген Самарқанд ўәлаяты болса районда жаңа базар комплекси, мешит, китапхана ҳәм де пуқаралар жыйынының ҳәкимшилик бинасын қурып берди. Нәтийжеде бул аймақларда социаллық объектлер көбейип, халыққа қолайлылық жаратылды.
Әмиўдәрья үстинде жаңа темир-бетон конструкциялы заманагөй автомобиль ҳәм де темир жол көпири, сондай-ақ, «Шовот» бәндиргисинен «Қараөзек» бәндиргисине шекем болған 85 километр узынлықтағы темир жол линиясының қурып питкерилиўи Қарақалпақстанда транспорт инфраструктурасын жақсылаўда жүдә әҳмийетли қәдем болды. Узынлығы 423 метр, бийиклиги 11,5 метр, ени 8 метр болған бул көпирдиң қурылыўы Россия ҳәм Қазақстаннан жүклерди тасыў қашықлығын 240 километрге, ўақтын болса 6 саатқа қысқартады.
Сондай-ақ, «Қоңырат – Бейнеў» автомобиль жолының жаңадан қурылған 240 километрлик бөлими пайдаланыўға тапсырылды. Есап-китапларға көре, жаңа жол әтирапында 200 ден аслам саўда-сервис объектлери ҳәм де санаат кәрханалары қурылады. Соның есабынан келешекте 5 мыңға жақын жумыс орны жаратылады. Нәтийжеде Қарақалпақстанда транзит ҳәм басқа хызметлер көлеми жылына 200 миллион долларға, мәмлекетимиздиң экспорт көрсеткиши болса 300 миллион долларға артыўы ушын беккем негиз жаратылады.
Қытай компанияси тәрепинен Қоңырат районында баҳасы 200 митллион долларлық 1 гигаватт қуўатлы самал электростанциясы, Беруний ҳәм Қараөзек районларында Саудия Арабстаны компаниясы менен биргеликте қурылатуғын қуны 250 миллион долларлық 200 мегаватт қуўатлы самал электростанциясы қурылысы режелестирилмекте. Келешекте оларда жылына 4 миллиард 200 миллион киловатт/саат яки 1 миллион 750 мың шаңарақтың 1 жыллық тутыныўына тең «жасыл» энергия ислеп шығарылады. Нәтийжеде 1,3 миллард метр куб тәбийғый газ тежеледи ҳәм атмосфера зыянланыўы 2 миллион тоннаға қысқарады.
Президентимиздиң 2021-жылы Қарақалпақстанға сапары пайытында IT-парк қурыў бойынша берген тапсырмасына муўапық, 17 қабатлы жаңа бина қурып питкерилди. Нокис қаласында республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының жаңа бинасы пайдаланыўға тапсырылды.
Президентимиздиң қарақалпақстанлы жаслардың жоқары билим алыўы ушын быйылғы жылы да қосымша 10 мың квота ажыратыўы нәтийжесинде қызы Бухара медицина институтына оқыўға кирген қоңсымыз Бийбиназ ҳәр күни Журтбасшымыздан миннетдар, айтар рахмети шексиз. Бундай миннетдаршылық сезимлерди ҳәр бир қарақалпақстанлыдан еситиўимизге болады. Өйткени, Президентимиздиң Қарақалпақстанды социал-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, разылығына ерисиў бағдарында он бестен аслам Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Нәтийжеде қаншадан-қанша социаллық объектлер қурылды ҳәм қайта оңланды. Ишимлик суў, электр энергиясы, тәбийғый газ жеткерилип, көшелерге избе-из асфальт төселмекте. Автомобиль, суў жоллары қайта оңланбақта.
Қулласы, соңғы жети жылда мәмлекетимиз басшысының тиккелей қоллап-қуўатлаўында Қарақалпақстан Республикасында 17 триллион 800 миллиард сумлық 6 мың 784 жойбар әмелге асырылды. Усының нәтийжесинде 56 мың жаңа жумыс орны жаратылған. Усы дәўирде 2 миллиард 815 миллион долларлық өним экспорт етилди. Быйыл республикада улыўма баҳасы 874 миллион долларлық 470 жойбар әмелге асырылмақта.
Және бир қарақалпақ халқының кеўиллеринен қуўанышлы жай алған ўақыя – Президентимиздиң басламасы менен Әжинияз шайыр Қосыбай улының 200 жыллығы ЮНЕСКО ш еңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилиўи, юбилейди өткериў бойынша арнаўлы қарардың қабыл етилиўи болды. Қарар негизинде шайырдың қәбири әтирапы абаданластырылды, китаплары әзербайжан, түрк тиллерине аўдарма исленди. Гиннестиң рекордлар китабына кирген Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексиндеги Қара үйде халықаралық конференция жоқары дәрежеде өткерилип, бир қатар түрк тиллес мәмлекетлерден илимпаз ҳәм жазыўшы-шайырлар қатнасты. Бул илаждың даўамы усы жыл 19-ноябрь күни Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық Үлкен театрында умытылмас дәрежеде өтти. Бул өзбек ҳәм қарақалпақ халқының тамыры бир, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, әдебияты, мәденияты, көркем өнерине ажыратып баҳа бериў мүмкин емеслигин дәлиллейди.
Бүгинги күни мәмлекетимизде баспасөз ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде FХҚ хызметкерлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға тийкарғы ўазыйпа сыпатында қаралмақта. Соңғы жыллары тараўдағы алып барылып атырған турақлы реформалар ашықлық сиясаты FХҚ ўәкиллерин жаңаша жумыс алып барыўға руўхландырмақта. Усындай жаратылып берилген ашықлық ҳәм сөз еркинлигинен нәтийжели пайдаланып атырған дөретиўшилик жәмәәтимиз Ҳүрметли Президентимиздиң алып барып атырған мәмлекетлик сиясатының мазмун-әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериўдей ўазыйпаларды инабат пенен атқармақта.
Тек ғана газетаның дөретиўшилик жәмәәти емес, гүллән республикамыз және бир тарийхый сәнениң қарсаңында тур. Қарақалпақ миллий баспасөзиниң тийкарын салыўшы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўиндеги «Еркин Қарақалпақстан» газетасы усы жыл 28-ноябрь күни жарыққа шыға баслағанына 100 жыл толады.
Ҳүрметли Президентимиз ҳәрдайым Қарақалпақстанға сапары даўамында мына гәпти тәкирарлайды. Усы жыл август айында келген сапарында да: «Алдын да айтқанымдай, өзбек ҳәм қарақалпақтың тарийхы да, тәғдири де бир. Мен исенемен, бизиң жарқын, бахытлы келешегимиз де, әлбетте, бир болады» деген пикирди ядқа салды.
Әлбетте, мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға өзгеше итибары, ғамқорлығы, қоллап-қуўатлаўы айтқан пикирин толық тастыйықлап атыр.
Қурбанбай БАЙНИЯЗОВ,
«Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана»
газеталары бас редакторы ў.а.