Жазыўшы Назар Эшонқулдың ойынша "Мен барман" дегенди аңлатады. Мениң пикирим - мениң көринисим, мениң өзим. Ол басқалардан пүткиллей өзгеше болыўы, биреўге унамаўы, ашыўына тийиўи мүмкин, бирақ ол мениң көринисим. Пикир бармақ излеримиз сыяқлы жүдә жеке болады. Бирақ, гәп бул ҳаққында емес. Гәп мине усы жеке пикирди, идеяны, көз-қарасларды жаңалап, өзгерис ҳәм өсиўге жол ашатуғын улыўма идеяға айландырыўда. Биз пикирди өз орталығымызға бейимлестирип билдиремиз, усы орталықты пикиримиз бенен тазалаўды, өзгертиўди, ғалаба ен жайдырыўды қәлеймиз.
Президентимиздиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде алға қойған әҳмийетли пикирлер, усыныс-режелер, басламалар турмыс тәризимизге сәйкес түрде билдирилгени, жәмийеттеги ҳәр бир қатламның машқаласы, қәўипи, тәшўиши ҳәм үмити бирдей сезилгеннен соң дүзилген шын жүректен гөзленген мақсетлер сол себепли тез ен жайды ҳәм жәмийетимиздиң итибарына еристи. Көрип турғаныңыздай, пикир - раўажланыў өлшеми. Биз пикирлеў арқалы бүгинги раўажланыўға еристик. Көп ойласақ, ертең тезирек гезектеги басқышқа көтерилемиз.
Елимиздиң тәғдирине бийпәрўа болмасақ, ҳақыйқатты аңлаўшы белсенди инсанлар қәлиплесип, олардың қатары кеңейиў де даўам етеди. Олар ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери - банкир, муғаллим, аўдармашы, шаштәрез болыўы мүмкин, бирақ оларды қәлбинде миллет қайғысы бар екенлиги, машқалалар көлемин сезиў, сезиў ҳәм ҳақыйқатлықты жақсы түсиниў қәбилети бирлестирип турады. Әйне олар перспективалы реформаларды аяғын аспанға көтерип жибериўге ҳәрекет етип атырған топарларға қарсы турады. Соның ушын усындай миллет пидайысы болыўға ҳәрекет етип атырған белсенди жаслардың пикир-усыныслары менен қызықтық. Ҳәзирги ўақытта процесслерди қалай баҳалап атырғанын билиўли қәледик.
Шаҳобиддин ЛУҚМОН, “Ёшлар овози” газетасы хабаршысы, жәмийетлик белсенди:
- Отта аўқат писириўди үйренген тас әсири адамы сол дәўир пикиринде ҳақыйқый революция ислеген, өзиниң әтирапындағылардан басқаша пикирлегенлиги ушын, шақмақ тасынан от шығарыўды аңлағаны ҳәм бул оттың өзинде гөш писириўге урынғанының өзи мисли көрилмеген уллы ўақыя, өзине тән мәденият еди. Ол ең дәслепки пикирлердиң дәслепки дарғаларынан еди.
Егер ол ҳәммеге уқсас пикирлегенинде, бәлким, бүгинги раўажланыў бираз кеш жетип келген болар еди. Пикирдиң қүдирети сондай - жоқары пикирлеў жыйындысы уллы реформаларды жаратады. Реформалар болса системалылықты тәмийинлейди, система менен ҳәрекет еткен мәмлекет өз жолын белгилеп алады ҳәм оған қатаң әмел етиў арқалы жоқарғы шеклерге ериседи. Көрип турсыз ба, ҳәммеси бир-бирине байланыслы. Мәжилисте айтылып атырған сөзлер, тап усы избе-излик үзилмейтуғыны ҳаққында еди.
Президентимиздиң баянатларындағы пикирлерин қоллап-қуўатлайман ҳәм келеси режелердиң әмелге асатуғынына исенемен. Ол не ушын бизиң еки оқ тамырымыз мәнаўият ҳәм экономика екенин, олардың бири раўажланса, екиншиси де, әлбетте, раўажланатуғынын атап өтти, себеби мәнаўият, бәринен бурын, мәдениятымыз, қәдириятларымыздан келип шығып қәлиплеседи.
Мәдениятта болса дана (даңқлы) бабаларымыздың жасырын күши, дөретиўшилик потенциалы жәмленген. Егер биз оннан дурыс пайдалана алсақ, оны бүгинги дәўир руўхына сәйкеслестире алсақ, биз субмәденият ҳәм сырттан кирип келген басқа манипулятив торларга илинип қалмаймыз, илинип қалыўға ҳәм дыққат қаратыўға ўақтымыз болмайды, себеби, өзимизди турақлы реформалаўдай үлкен процесс ишинде мийнет етип атырған боламыз.
Жеңимизди түрип бир жақсы иске кирискеннен кейин ямаса усы процесс ишинде руўхыйлыққа байланыслы пикирлер, мәдениятымыздың көркем өнери, философиясы раўажланды, тиккелей ол жәмийетлик пикирге түртки берди, қәдириятларымыз арқалы ҳәр қыйлы идеяларға жол ашылды. Президентимиз мине усы пикирлерге ҳәм идеяларға жол қоймақшы, бул идеялардың ишинде, әлбетте, экономикалық, технологиялық, илимий идеялар бар екенине исенбекте, оны әмелге асырыўға имканият жаратыўды әлле қашан баслаған, биз де баслағанбыз. Ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў, суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, "қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет" принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў "Өзбекстан - 2030" стратегиясының тийкарғы идеяларынан екенин билген ҳәр бир саламат пикирлеўши өзбек пуқарасы қайсы жол менен болса да елге пайдасы тийиўин көбирек қайғырып, жуўапкершиликти тереңирек сезе баслайды. Себеби, бул жумыслардың негизиндеги жақсы ҳәм қалыс нийет ҳүжданлы адамға, жақсы мәнисте, ҳеш қашан тынышлық бермейди.
Аҳрор АБДУМАННОН, Asaxiy Books баспасы редакторы:
- "Гүбелек эффекти" атамасы ҳаққында көпшилик билсе керек. Әпиўайы етип айтқанда, киши, бизлер майда-шүйде деп есаплайтуғын ҳәрекетлер, қарарлар ўақыт өтип үлкен ақыбетлер, нәтийжелерге алып келиўши процесске айтылады. Мысалы, мынандай гәп бар: шеге түўесилди, нәтийжеде аттың тағасы қағылмады, таға қағылмағаны ушын атынан айырылды, атлы атсыз урысқа кире алмады, аты жоқлығы ушын саўашта жеңилди, пүткил салтанат пытыраңқыға түсти.
Ҳақыйқатында да, ҳәмме ис, ҳәмме ўақыя Алладан. Дүнья сондай қурамалы тәртипте ҳәрекетленеди, ҳәр бири бир-бирине нәзик, көринбес жиплер менен байланысқан. Барлық сиз қатаң қәлеген нәрсеге ерисиўге жәрдемлеседи. Жеке өзим не өзгерте алыўым мүмкин, деп үмитсизлик етиў жақында болып өткен мәжилистеги тийкарғы идеяларға қол силтеп қойыўдай ақмақлық ҳәм жаман ис. Өз-ара дөгереклерде бәри бир ҳеш нәрсе өзгермейди, деп ойлаў қорқақлықтан, жүрексизликтен басқа ҳеш нәрсе емес.
Экономика, сиясат, билимлендириў ҳаққында толық түсиникке ийе болмаған айырым "блогерлер"диң усы жағдайға келип қалдық деген тийкарсыз қорқыныш тарқатып, өзин барлық пәнлердиң философы сыпатында көрсетиўге урынып атырған ҳәрекетлерин еки адым узақта турған ойыншығын алыўға еринип, жылап атырған қайсар баланың ҳәрекетине усатаман. Оларға қарап қәлеген реформалар, бәринен бурын, сизиң ҳәрекетиңизде сәўлеленеди, дегим келеди. Сиз наразылық ете берсеңиз, ҳеш ким келип сизиң орныңызға ойлап, орныңызға ислеп, орныңызға пул таўып бермейди. Улыўма, адам өмирге тек кеўил көтериў ушын келмеген. Ҳәр қандай саламат пикирлейтуғын инсан турмыс тәризин қолайластырыў тийкарында келешек әўлад ушын мәдений, экономикалық, руўхый мийрас қалдырыў, бийкарға жасап өткеним жоқ екен, деген пикирди тән алыў ушын жасайды. Президентимиз усы идея, усы мақсет жолында бирлесиўге шақырмақта, жуўапкершилик ҳәм пидайылықты талап етпекте, буның неси жаман? Ақыры, сол жумысыңыздың нәтийжеси, биринши гезекте, өзиңизде сезиледи ғой?!
"Гүбелек эффекти"ниң күши де сонда. Сиз кишигирим, бирақ сапалы жумыслар менен жыллар даўамында шешилмей қалып қойған машқалаларға шек қойыўыңыз ямаса келеси ойлап табыўлар, басламаларға себеп болыўыңыз мүмкин. Ҳәммеси әйне ҳәзирги ҳәрекетиңизге, қарарларыңызға байланыслы.
Заманласларымыз бенен болған сәўбетлердиң жуўмағында әжайып бир сөз есиме түсти. Вагонлары адамлар менен лыққа толы поезд негизинде бузылған, бир жерде турған болады. Бирақ, сырттағылар поезд вагонын қыймылдатып турғанына, ишиндегилер алға қарап баратырмыз деп ойлайды. Пикир де сондай. Ол тоқтаған жерде раўажланыў да тоқтайды, тек ғана "раўажланып атырмыз" деген алдамшы көз-қарас болады.
Адам өзин аңлаў менен бирге халықтың тәшўишин өзиникинен жоқары қойса, ойлаў пикири өседи. Буның ушын ағартыўшылық керек. Пикирди ағартыўшылық оятады, өсиреди, жаңалайды. Тек ғана ағартыўшылық, билим ғана бизди қояндай бастырып киятырған, санамызды, талғамымызды төменлетип атырған, көркем өнер, әдеп-икрамлылық, ойлаў дәрежемиз ҳаққындағы түсиниклеримизди, усы ўақытқа шекем ата-бабаларымыз қәлиплестирип берген ҳәм өзимиз қәлиплестирген көз-қарасларымызды жоқ етиўге кирискен аламан мәденияты ҳәм де парықсызлығынан, басқаша етип айтқанда, пикирсизликтен сақлай алады.
Президентимиздиң баянатындағы пикирлердиң раўажланыў ушын тийкар екенлигин аз ғана китап оқыған, қәлеген аймақта турып реформаларды бақлап атырған адам биледи, түсинеди. Улыўма адамзатқа тийисли бул пикирлер жәмийетте бир ўақыттың өзинде ҳәм руўхый, ҳәм ағартыўшылық, ҳәм мәдений дөретиўшилик пайда болып, раўажланыўында таяныш ўазыйпасын атқаратуғынына мен исенемен.
Азизбек ЮСУПОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы