Миллет мәпи ушын гүресиўшилер

Ғәрезсизлик, еркинлик, тынышлық, миллий өзлигин аңлаў, өз ана тилинде сөйлеў, билим алыў, пикирин ҳеш кимнен қорықпай ашық айтыў... Енди булар биз ушын әпиўайы жағдай, күнделикли турмыс тәризимизге айланды. Бирақ ҳәмме ўақытта бундай болмаған, ерк деген даўыслар буўылған, гөззал Түркстанның гүллери солдырылған, гүлзарлар жоқ етилген, миллеттиң ең зыялы, жетекши қатламы - жадидлер атып тасланды. Бул умытылмас тарийх.

Бүгин тарийхымыздың ең қыйын, сынақлы дәўири, жадидлердиң бийбаҳа мийрасын үйрениў, жаслар арасында үгит-нәсиятлаўға үлкен итибар қаратылмақта. Президентимиздиң Түркстан жадидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы, белгили жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, баспа ҳәм педагог Маҳмудхожа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы қарары усы бағдардағы үлкен ўақыя болды.

Маҳмудхожа Беҳбудийдиң өмири ҳәм жумысы өз дәўириниң жәмийетлик-сиясий шараятлары менен тығыз байланыслы. XX әсир басы Өзбекстан тарийхының оғада қурамалы ҳәм сынақлы дәўири. Усы дәўирде жүзеге келген Түркстан жадидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы Маҳмудхожа Беҳбудий патша ҳүкимети ҳәм жергиликли қарсы күшлердиң мисли көрилмеген қарсылығына қарамастан, биринши болып "ҳәр бир мәмлекет халқының раўажланыўы ҳәм төменлеўи, өмири ҳәм өлими мектеп мәселесине байланыслы екенлигин" түсинип аңлаған ҳалда 1903-жылы Самарқанд жанындағы Ҳалвойи ҳәм Ражабамин аўылларында жаңа мектеплер шөлкемлестиргени мақтаўға ылайық. Соның менен бирге, мектеплер ушын зәрүр сабақлықлар жаратты, китапхана, баспа ҳәм театрлардың жумысын жолға қойды. Шебер публицист сыпатында өз дәўириниң әҳмийетли мәселелерине бағышланған бир қатар салмақлы шығармалар ҳәм еки жүзден аслам мақалалар жазған. Бул миллий журналистика тарийхын үйрениў, сол дәўир нәпесин сезиўде теңсиз дәрек болып табылады. Сондай-ақ, "Самарқанд" газетасы ҳәм "Ойина" журналын шөлкемлестирди. 1914-жили "Турон" театрында сахналастырылган "Падаркуш" пьесасы менен мәмлекетимизде театр көркем өнерине тийкар салды.

Маҳмудхожа Беҳбудий өз өмири даўамында миллет мәплери ушын гүрести. Оның мийрасы Өзбекстан тарийхында айрықша орын ийелейди ҳәм идеялары заманагөй билимлендириў системасында да өз көринисин таппақта. Ағартыўшы тек ғана журналистика ямаса әдебият емес, ал жәмийетлик-сиясий турмыста да из қалдырған уллы шахс болып табылады. Усы муқаддес топырақ азатлығына бағышлаған, бүгинги ғәрезсиз, еркин, абадан күнлеримиз әрман болған жадид бабаларымыз өмирин, жаслық ғайратын, барлығын ана Ўатан ушын пидә еткен. Өмирдиң мәнисин байлық, даңқ-мәртебеде емес, ал халыққа сүйениш, халыққа жәрдем бериўдей уллы бир бахытта деп билди.

Жаңа реформалар ушын гүресте миллет зиялыларын бир мақсетке бағдарлай алған уллы ағартыўшы, жадидшилик ҳәрекети жетекшиси Маҳмудхожа Беҳбудийдиң төмендеги сөзлерине бир қулақ түрейик: "... дүньяда турыў ушын дүньялық илим ҳәм билим зәрүр. Заманагөй илим ҳәм билимнен жырақ миллет басқа миллетлерге бағынышлы болады".

Сөзсиз, жадидлердиң ағартыўшылық мийрасы миллет ушын миллий өзликтиң дереги болып есапланады.

Бүгин жадид бабаларымыз әрманлаған күнлерге жеттик. Президентимиздиң басламасы менен жаңа Өзбекстанның заманагөй демократиялық көриниси, мәмлекетти экономикалық, сиясий жақтан раўажландырыў басқышлары белгилеп берилди, Үшинши Ренессанс - Ояныў дәўири тийкарын қурмақтамыз. Жадид бабаларымыз руўхы алдында қарызымызды кешип, мәмлекетимиз басшысының идеяларына ийин тутайық, Махмудхожа Беҳбудий әрман еткениндей, ҳәммемиз аўызбиршиликли болып, тилде, пикирде, жумыста да бир болайық!

Шерзодхон ҚУДРАТХОЖА,

Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба хабар қураллары

коммуникациялар университети ректоры,

сиясий илимлер докторы, профессор


Бири миллеттиң көзин ашты, екиншиси айнаны услады

Уллы ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлоний "Самарқанд" - "халық көзин ашыўға себеп болды", деген пикирин алым Маҳмудхожа Беҳбудий шөлкемлестирген басылымның өз дәўириндеги әҳмийети ҳаққында айтқан еди.

1906-жылдан 1907-жылға шекем Ташкентте басып шығарылған "Тараққий", "Хуршид", "Шуҳрат" сыяқлы жадид газеталары қадаған етилип, қысқа ўақыт ишинде жабылып кетеди. Азатлық жолында пикир тарқататуғын баспа зәрүрлигин сезген Беҳбудий 1908-жылдан баслап газета ашыў ҳәрекетин баслайды. Колонизаторлар жол қоймайды, бирақ тырысқақлық пенен жол излеўди даўам етеди ҳәм, соңында, бес жыллық қағазпазлық ҳәм сергизданлық нәтийжесинде нийетине ериседи. Беҳбудийдиң заманласы Садриддин Айнийден цитата: "1908-жылдан баслап өз мәкемесинде қандайда бир газета шығарыў идеясына түсип, 1913-жыл апрель айында бул мақсетке ерисип "Самарқанд" газетасының бирнеше санын шығарыўға ерискен".

Абдулла Авлонийдиң пикирине келсек, ҳақыйқатында да, "Самарқанд" өзинен алдын шыққан басылымлардан парық қылады. Бунда Беҳбудийдиң баспасөз тараўында топлаған тәжирийбелери жәрдем берген. Газетаның өзине тән екенлигине биринши дәлил сонда, өзине шекем ҳеш бир басылым үш тилде шыққан жоқ. Баспа ҳәм редактор өз мақаласында неге газетаны үш тилде басып шығарып атырғанын төмендегише түсиндирген: "Самарқанд" жаршысы өзбек, парсы ҳәм рус тиллеринде ҳәм Түркстанның орта диалектинде шөлкемлестирилип турған еди. Буннан мақсет соннан ибарат еди, Баҳри Ҳазардан баслап қубладағы Аўганстан фасылы, Әмиў наҳры арасындағы васы арасына тыныш түрк ҳәм тәжик досларымызға бираз сабыр-тақат пенен хызмет етиў ҳәм олардың ҳалына ҳәм әжапатына тәсир, ҳәзирги заманда ҳәм де Россия мәденияты, илими, өнери ҳәм санаатына ашылыўларына күшсиз үгит-нәсиятлаўдан ибарат еди. Мектеп болсын, медресе болсын, реформа ҳәм раўажланыўына жәрдем бериў ушын халықты шақырыў еди. Фосид үрп-әдетлер ҳәм бойтүри сүўретлерди, жаман әдетлерди шәрият реформаларына қосыў еди".

Қалаберсе, өз дәўириниң раўажланыўшысы ҳәм данышпаны болған Беҳбудий өзине шекем жабылған басылымлар тәжирийбесинен жуўмақ шығарып, газетадағы сиясат па, экономика ма ямаса халықаралық турмыс темасы ма, олардың ҳәммесин ағартыўшылық аңғарына бурды. Газетада колониялық қыйыншылықта турып та, миллет балаларын оқытып, өзин таныстырып, ағартыўшылық жәрдеминде азатлыққа ерисиў идеясы үгит-нәсиятланды. Бул жолда редакция жәмәәти барлық түрдеги мәлимлеме, таллаў, көркем, критикалық материаллары менен усы мәсләҳәтке беккем турды. Басылым мине усы тәреплери менен ел-халықтың көзин ашты!

Беҳбудий Түркстан миллий баспасөзи тарийхында журналистикаға тийкар салған баспа ҳәм редактор. "Ойина" журналын ашыў ушын газетаға руқсат алыў сыяқлы бес жыл жуўырып-жортып, қағазпазлық ислемеген болса да, белгили бир тосқынлықларға дус келди. Атап айтқанда, журнал баспа кәрханасына тапсырылыўынан еки күн алдын басып шығарыўға таярланған материалларды әскерий цензураға алып келип оқытып, руқсат алыў редакторға жүкленгенлиги архив ҳүжжетлеринде сақланбақта.

Усы дәрежеде қәўипсизлик илажлары көрилген болса да, "Түркстан ўәлаятының газети" ("ТВГ") журналда басып шығарылған пикирлерге "әййемги"лер сыпатында тарийхта қалған жәмлеспелер жәрдеминде қарсы шығыўларды көбейтеди. “Ойина”да болса оларға турақлы мүнәсибет берилип барылады. Мәселен, "ТВГ"де колонизаторлар тәрепинен жергиликли халықтың "сартлар" деп аталыўы ҳәм миссионер Н.Остроумов тийкарларына наразылық билдирилген "Сарт сөзи мажҳулдур" ("Ойина" журналы, 1914-жыл 22, 23, 24, 26-санлар) мақаласы пикиримизди дәлиллейди.

“Ойина” шынында да өз атына мүнәсип иследи. Тарийхта болып өткен ҳәм ҳәзирги ўақытта жүз берип атырған, сондай-ақ, күтилип атырған ўақыя-ҳәдийселерге өз мүнәсибетин турақлы билдирген. Бир сөз бенен айтқанда, миллетке айна тутты.

"Ойина" журналының миллет раўажланыўына қосқан үлесин, бул бағдардағы бар машқалаларды көрсете алған редактордың шеберлигин азатлық ҳәрекети көзқарасынан талласақ, өзине тән өзгешеликлерге ийе екенлиги көринип турады. Журналдың биринши санынан басланған Түркстан тарийхына, ата-бабалар қалдырған мийрасқа итибар, уллы мәмлекеттиң қулаў себеплери ҳәм оны қайта тиклеў әрманы басылымның соңғы бетлерине шекем сезилип турады.

Журналдың абырайы жети ықлымға жетпеген болса да, оны Россия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлери мусылманлары оқығанлығы ҳаққындағы мағлыўмат бизге шекем жетип келген. Ҳажы Муин: “Ойина” Түркстаннан басқа Татарстан, Кавказ, Аўғанстан, Иран, Туркия ҳәм Мысырға шекем тарқалып, ҳәмме жерде сүйип оқылып кететуғын еди", дейди. Абдулла Авлоний болса "бул журнал “Ойина” шығарылғанша шекем шыққан журналлардың ең бириншиси ҳәм ең жақсысы еди", деп баҳалаған.

Еки басылымның бийтәкирар редакторы миллет зыялыларынан мақала жазыўларын турақлы түрде сорап турды. Газета ҳәм журнал топламларын көзден өткерер екенбиз, онда белгили авторлардың қатнасқанына гүўа боламыз. Атап айтқанда, "Самарқанд" газетасында Мунавварқори Абдурашидханов, Абдурауф Фитрат, Ҳажи Муин өз дөретиўшиликлери менен қатнасқан болса, "Ойина"да олардың қатары Саидризо Ализода, Сиддиқий, Акобир Шомансур, Муҳаммед Саид, Саидаҳмад Васлий, Тавалло, Садриддин Айний, Ҳаким Бухарий, Ниёзий Ражабзода ҳәм басқа зиялылар есабынан кеңейген.

Сондай-ақ, бул еки басылым публицист Беҳбудийдиң ең сайланды мақалалары басып шығарылғаны менен де әҳмийетли. “Таҳсил ойи”, “Миллатлар қандай тараққий этарлар?”, “Эҳтиёжи миллат”, “Икки эмас, тўрт тил лозим”, “Миллатни ким ислоҳ этар?”, “Фавқулодда такфир”, “Бизни ҳоллар ва ишлар”, “Ёшларға мурожаат”, “Тиётр надур?”, “Танқид сараламоқдур”, “Туркистон тарихи керак”, “Ватанпарварлик керак”, “Исмоилбек ҳазратлари”, “Шердор мадрасаси”, “Улуғбек расадхонаси”, “Саёҳат хотиралари” сыяқлы публицистикалық шығармалары усылар қатарына киреди.

Журнал журналистикасы менен газета журналистикасы арасында белгили айырмашылықлар бар. Беҳбудийдиң редакторлығында басып шығарылған "Самарқанд" газетасы ҳәм "Ойина" журналын салыстырғанда бул өзине тәнликлер сақланып қалғанын, яғный еки басылым да өз жуўапкершилигин орынлағанын түсинемиз. "Ойина"да берилген мақалалардың көлеми кеңирек, терең таллаўлы ҳәм, әлбетте, хабарлар "Самарқанд" газетасындағыға қарағанда аз.

Усы жылы Президент қарарына бола Маҳмудхожа Беҳбудий туўылғанының 150 жыллығы кеңнен белгиленбекте. Миллет азатлығы жолында гейде муғаллим, гейде жазыўшы, драматург, публицист, аўдармашы, муфтий, экономист, сиясатшы, баспа ҳәм редакторлық жумысларын да жоқары дәрежеде, шын кеўилден ислеген Беҳбудий ҳәм оның избасарлары мәңги ҳүрметке ылайық.

Ҳалим САИДОВ,

ӨзЖҒКУ профессоры,

филология илимлериниң докторы