Даўысын көтерип сөйлемесе де, сөзи шаңарақта шешиўши еди. Дүнья ҳаққындағы дәслепки түсиникти аталарымыз қәлиплестирген болса әжеп емес. Себеби, олар айтып берген турмыслық гүрриңлер, санамызға сиңдирген үрп-әдетлер тийкарында өзине тән ҳикмет ҳәм жақсылыққа шақырыўшы ибрат көп еди. Айтып берген ертеклери әдеп-икрамлылықты, гүрриңлери өмир ҳақыйқатлығын, гөззал сәўбетлери болса өмирге муҳаббатты үйретер еди.
Бүгин дәўир өзгергендей. Дурыс, үлкенлерге ҳүрмет, кишилерге иззет ҳәр биримиздиң қәлбимизде ҳақыйқый түринде турады. Бирақ телефон, интернет ҳәм глобал мәденият турмысымызға жедел кирип келгени, нәтийжеде турмыс тәризимиз, көзқарасларымыз өзгергени де әйне ҳақыйқат.
Негедур ҳәзирги жаслардың көпшилиги билимди ҳәр қыйлы платформалардан, турмыс ҳәм әдепти социаллық тармақлардан үйренип атырғандай болып көринеди. Бирақ билгенлери арасында аталар үйрететуғын қарым-қатнас мәденияты, әдеп ҳәм әдеп-икрамлылық жоқ.
Телефон пайда етип атырған аралық
Жақында өзим гүўа болған бир ўақыяны айтып берейин. Жаз мәўсиминиң ыссы күнлеринде көшеге шықтым. Орынлықта отырып, нәзерим қарама-қарсы үйде жасайтуғын нураний қоңсым ҳәм 12 жаслар әтирапындағы ақлығына түсти. Ата-шаўлық үйимиздиң қасындағы дүканға қарай киятыр еди. Оларды бақлап отырып дәслеп әўладлар арасындағы уллы байланысты сезгендеймен. Бирақ баланың қолындағы телефонға көзим түскеннен соң, кеўлим қапа болды. Ақлық экраннан көз айырмай киятыр еди.
Усы ўақытта ғарры қыял менен бе, бирден селк ете қалды ҳәм қолындағы ҳасасы жерге түсти. Ол бойын тиклеп, әтирапқа бир нәзер таслады. Соң бираз еңкейип, таяқты жерден алмақшы болды, бирақ бели аўырды ма, мойны ийилмеди ме, әйтеўир таяғын ала алмады.
- Балам, - деди пәс даўыс пенен.
Ақлық атасының даўысын еситпеди. Ғарры бул сапары қаттырақ шақырды.
- Ҳасамды алып бер, балам!
Сонда ғана сәл алдында жүрип киятырған бала телефаннан көзин алып, атасына қарады. Бир аўыз сөз айтпастан жүрип келди ҳәм бийпарық түрде жердеги ҳасаны алып атасына усынды. Не сорады не ҳайран болды.
Ҳасасын жерден ала алмай еңкейген ғаррының аўҳалы туўралы әдеўир ўақыт ойлап жүрдим. Ата ҳәм ақлық арасындағы бундай аралық кеўлимди аўыртты, қоңсымның кеўлиндеги ҳазарын сезгендей болдым. Бундай әпиўайы жағдайға айланып үлгерген ўақыяда, мүмкин, бала айыплы емес шығар. Оған берилип атырған тәрбия, шаңарағының "заманагөй ғамхорлығы" себепли бул жағдай жүзеге келген болса керек.
Мәмлекетимиз басшысы бир мәжилисте бүгин балаларымызды мектеп, ата-ана ямаса институт емес, көпшилик жағдайда қолындағы телефон тәрбиялап атырғаны, мобил телефон енди әпиўайы байланыс қуралы емес, көбинесе жат идеяны тарқататуғын қуралға айланып атырғаны, булардың барлығы биз ушын сергеклик қоңыраўы болып еситилиўи зәрүрлигин атап өткен еди.
Сөзлеринде өмир, көзқарасларында үгит-нәсият бар еди
- Балалығымда азанғы аўқатта да, кешки аўқат ўақтында да атам биринши болып аўқатқа қол созғанша күтип туратуғын едик. Бул биз ушын шаңарақтағы тәртип емес, ал ҳүрмет белгиси еди, - дейди пайтахтымыздағы "Катта Қорасув" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, "Меҳнат шуҳрати" ордениниң ийеси Наима Жабборова. - Аўқат жеў тек ғана қарын тойдырыў емес, ал әдеп-икрамлылық айнасы еди. Атам гәп басласа, ҳәммемиз үнсиз тыңлайтуғын едик. Оның сөзлеринде өмир, нәзеринде үгит бар еди. Әйне усы дастурхан әтирапында үлкенлерди ҳүрмет етиў, кишиге меҳир менен қараў, аўқаттан алдын ҳәм кейин дуўа қылыў, шүкиршилик айтыў сыяқлы тәреплер санамызға қуйылған.
Тири сабақлықлар
Аталар үгит-нәсияты менен өскен ақлықлар ана тилине, мәдениятына ҳәм халқының үрп-әдетлерине ҳүрмет пенен қарайды. Ата ҳәм ақлық арасындағы байланыслар тек жеке ҳәм шаңарақлық байланыслардан ибарат емес, ал пүткил жәмийеттиң руўхый келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Өмир жолымда марҳум атамның үгитлери көп пайда берген. Оның менен еткен сәўбетлеримиз турмыс сабақларына толы болатуғын еди. Ҳәўлимиздеги қандай да бир терек ҳаққында сорасам, ол теректиң жасы, ким еккени, мийўеси қандай дәртке шыпа екени ҳәм ҳәттеки оның саясында кимлер дем алғаны ҳаққында да айтып беретуғын еди. Атам тек нени билиў кереклигин емес, ал не ушын билиў кереклигин де үйрететуғын еди.
Бүгинги көпшилик балалар болса бул не, ол ким деген сораўларды атасынан ямаса ата-анасынан сорап отырмайды. Нени билмекши болса, смартфонына мүрәжат етеди. Бирақ интернет берип атырған жуўапларда турмыслық тәжирийбе ҳәм нәзик пикирлеў сәўлеленеме, деген сораў қыйнайды.
- Биз перзентлеримизге балалығынан-ақ китап оқыўды үйрететуғын едик. Ҳәр бир бетти бирге оқып, сораў-жуўап етер едик. Ҳәр қандай жемис тәрбия менен, жуўапкершилик пенен тең салмақлылық тапса ғана нәтийжели болады. Бизиң ўазыйпамыз жасларды билимли етиў, олар менен турақлы пикирлесиўде болып, жеке өрнек көрсетиў, - дейди Өзбекстанда хызмет көрсеткен жаслар устазы, филология илимлериниң докторы, профессор Муслиҳиддин Муҳиддинов. - Жасы үлкенлер тәрбияны бала қәлбине бирден емес, даналық пенен әсте-ақырын тамшылап сиңдирип барыў кереклигин айтады. Тилекке қарсы, бүгин аталардың тәрбиядағы қатнасы азайып, орнын алгоритмлер ийелеп атырғандай. Жас әўладқа социаллық тармақлар арқалы мағлыўмат алыў еркинлигин ҳәм ағымын берип қойдық, бирақ қадағалаўды услаўда немқурайдылық етип атырмыз.
Ҳәзирги балалар, "көп оқы, көп тыңла" деген турмыслық қағыйданы "көп көр", деп түсине баслаған. Интернеттеги видеолар, ҳәр қыйлы трендлер, тез хабарлар ҳәм ойынлар оларды өз қармағына илдирип бармақта. Тилекке қарсы, булар жасларды тәрбиялаўдың орнына ўақтын урлайды, күшин кетиреди, өзин ҳәм ишки көзқарасларын итибарсыз етип қояды. Аталар айтқан "ойланып сөйле, сабырлы бол" сыяқлы турмыслық ҳикметлерди олардың санасынан жулып таслайды.
Соның ушын, бәринен бурын, шаңарақта аталар сәўбетине көбирек орын бериў керек. Кешки аўқаттан соң дем алыс ўақтында аталарды сөйлестириў, ибратлы ўақыялар ҳаққында сөйлесиўди шаңарақлық дәстүрге айландырыў керек. Бунда, әсиресе, ата-ананың орны шексиз.
Гуличеҳра ДУРДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы