Бул илаж Өзбекстанның энергетика тараўындағы ғәрезсизлигин беккемлеў ҳәм энергетика системасын диверсификациялаў жолындағы стратегиялық әҳмийетке ийе салмақлы қәдем болып есапланады. Бул экономикамыздың турақлы раўажланыўы, санаат, аўыл хожалығы ҳәм социаллық инфраструктуралар ушын энергия тәмийнаты үзликсизлигин тәмийинлеў менен бирге, инвестициялық тартымлылықты арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда оғада әҳмийетли. Яғный, бул жойбарлар турмыслық зәрүрликтиң әмелий нәтийжеси болды.

Зәрүрлик неде?

Қайта тиклениўши энергия дәреклерине зәрүрликтиң бир неше әҳмийетли себеплери бар. Бәринен бурын, олар тутыныўшыларды турақлы ҳәм үзликсиз энергия менен тәмийинлеў менен бирге тәмийнатты турақластырыў, баҳаны төменлетиў ҳәм экономикалық нәтийжелиликти арттырыўға жәрдем береди. Көмир, нефть ҳәм тәбийий газге байланыслылық көплеген мәмлекетлер ушын энергия қәўипсизлиги машқаласына айланып бармақта. Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў болса энергия ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм импортқа талапты азайтыўға жәрдем береди. Соның менен бирге, атмосфераға зыянлы газлер шығыўын қысқартыўы менен де әҳмийетли.

Таллаўларға қарағанда, дүнья экономикасының турақлы раўажланыўы нәтийжесинде 2030-жылға келип электр энергиясына талап әсир басындағыға салыстырғанда 50 процентке артады. Бул, өз гезегинде, глобал энергия тутыныў көлемин 23,27 миллиард тонна шәртли жанылғыға жеткереди. Қәнигелер бул мәселениң шешими сыпатында қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыў ҳәм экологиялық таза ҳәм жоқары нәтийжелиликке ийе жаңа технологияларды енгизиў процесин жеделлестириўди усыныс етеди. Бул қатнас тек ғана энергия ресурсларына болған талапты қанаатландырыў емес, ал климаттың өзгериўине қарсы гүресиўде де үлкен әҳмийетке ийе. Қайта тиклениўши энергия дәреклериниң кеңнен қолланылыўы глобал көлемде энергияның турақлы ҳәм экологиялық қәўипсиз тәмийнатын тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында қаралмақта. Соның ишинде, Өзбекстан Париж келисими шеңберинде 2030-жылға шекем зыянлы газлер эмиссиясын 35 процентке азайтыўды мақсет еткен болып, электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў усы мақсетке қаратылған.

Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў потенциалы оғада үлкен ҳәм энергетика тараўын модернизациялаў ушын әҳмийетли имканиятлар жаратпақта. Географиялық жайласыў ҳәм тәбийий ресурслар қайта тиклениўши энергия дәреклери, әсиресе, қуяш ҳәм самал энергиясынан пайдаланыў ушын жүдә қолайлы. Өзбекстанда жылдың 300 күнинен асламы қуяшлы екени оның энергиясынан нәтийжели пайдаланыў ушын жүдә жақсы шараят жаратады.

Самал энергиясынан пайдаланыў ушын да үлкен имканиятлар бар. Бухара, Наўайы ҳәм Қарақалпақстанда самал энергиясын ислеп шығарыў ушын жүдә қолайлы аймақлар бар.

Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги күнде Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң жыллық потенциалы сезилерли дәрежеде жоқары. Соның ишинде, қуяш энергиясының улыўма қуўатлылығы жылына 525 ден 760 миллиард киловатт саатқа шекем баҳаланбақта. Самал энергиясының қуўатлылығы болса 1 триллион киловатт-саатқа шекем жетиўи мүмкин. Бул көрсеткишлер самал энергиясын мәмлекеттеги ең ири қайта тиклениўши энергия дәреги сыпатында ажыратып көрсетеди ҳәм энергетика потенциалын буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин билдиреди.

2025-жылға шекем Өзбекстанда улыўма қуўатлылығы 1,7 гигаватт болған самал электр станцияларын қурыў режелестирилген болып, бул мәмлекеттиң энергия тәмийнатын турақластырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады. Сондай-ақ, 2023-жылы мәмлекетте қуяш энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығы 2,7 гигаватты қураған болса, 2030-жылға барып 10 гигаваттқа жеткериў мақсет етилген. Буннан тысқары, 2025-жылға шекем 3,4 мың мегаватт қуўатлылыққа ийе 18 қуяш электр станциясының иске қосылыўы режелестирилмекте. Бул жойбарлар қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыў арқалы энергетикалық ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Талап барған сайын артып бармақта

Энергия ресурсларына талап халық санының артыўы ҳәм экономика тармақларының раўажланыўы менен тиккелей байланыслы процесс болып есапланады. Өзбекстанда халықтың саны 37,5 миллионға жеткени ҳәм экономикадағы жедел өсиў энергия тутыныўының барлық тараўларда, соның ишинде, санаат, транспорт, турақ жай коммунал хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында сезилерли дәрежеде көбейиўине алып келмекте.

Соның менен бирге, жаңа өндирис қуўатлықларының шөлкемлестирилиўи ҳәм жоқары технологиялардың енгизилиўи де энергияға болған талапты және де арттырмақта. Бул жағдай қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша нәтийжели илажларды көриўди талап етеди.

Ҳәзирги күнде ислеп шығарылып атырған электр энергиясының тутыныўында санааттың үлеси 40 процентке жеткен болып, бул көрсеткиш жылдан-жылға артып бармақта. Бул болса санаат тармақларында қайта тиклениўши энергия дәреклери тийкарындағы электр тәмийнаты системаларын жаратыў менен бирге, технологиялық процесслерде энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мәселесин әҳмийетли етип қоймақта.

Қәнигелер тәрепинен 2030-жылға барып мәмлекетимиздиң электр энергиясына талап 120 миллиард киловатт-саатқа жететуғыны прогноз етилген. Соның менен бирге, өткен жылы елимиздиң жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард долларлық тарийхый шекти қолға киргизген болса, 2030-жылға барып, бул көрсеткишти 200 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген. Оған ерисиў ушын энергия тәмийнатының турақлылығы, энергия дәреклериниң диверсификациясы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша стратегиялық илажларды әмелге асырыў оғада әҳмийетли.

Кейинги жыллары бул бағдарда бир қатар әмелий жумыслар исленди. Соның ишинде, "жасыл" энергетика тараўында 3,5 мың мегаваттлы ямаса 10 миллиард киловатт-саатқа тең 16 ири қуяш ҳәм самал электр станциясы иске қосылды. Соның нәтийжесинде усы жылы тармақта "жасыл" энергия үлеси 16 проценттен артты.

Бул бағдардағы жумыслардың избе-излигин тәмийинлеў, сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде мәресимде улыўма баҳасы 7 миллиард доллардан аслам 24 жойбарды иске қосыў ҳәм қурылыс жумысларын баслаўға старт берилди. Соның ишинде, Бухара, Наўайы, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында дерлик 2,3 мың мегаватт қуўатлылыққа ийе 5 қуяш ҳәм самал электр станциясы және 5 жоқары күшлениўли подстанция қурып питкерилген. Өзбекстанда биринши мәрте Әндижан ҳәм Ферғанада 300 мегаваттлы энергия сақлаў системасы қурылған. Қашқадәрьяда 400 мегаваттлы электр станциясы, Ташкент қаласында заманагөй когенерация қурылмасы, Әндижан, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 4 киши ГЭС таяр жағдайға келтирилген. Сондай-ақ, Ферғана, Самарқанд, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында 2,5 мың мегаваттлы 6 электр қурылмасы қурылады. Жаңа жойбарлар арқалы келеси жылларда қосымша 9,5 миллиард киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылыўы, 2,5 миллиард куб метр тәбийий газ үнемлениўи ҳәм 4,6 миллион тонна зыянлы газдиң үнемлениўи күтилмекте.

Хош, бул жойбарлар Өзбекстанға не береди?

Бириншиден, жаңа жойбарлар энергия тәмийнаты ғәрезсизлигин тәмийинлеўде қолайлы болады. Электр энергиясын ислеп шығарыў турақлылығын тәмийинлеў ҳәм энергия дәреклерин нәтийжели басқарыў имканиятын жаратады. Бул Өзбекстанның сыртқы энергия дәреклерине байланыслылығын азайтыўға, ишки дәреклерден пайдаланыўды арттырыўға жәрдем береди. Әмелдеги энергетика инфраструктурасына жаңа қуўатлықларды қосыў арқалы мәмлекеттиң энергия тәмийнатын турақлыластырыў ҳәм үзликсизлигин тәмийинлейди.

Екиншиден, жаңа жойбарлар электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм сақлаў процесслерин және де нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын жаратады. Бул, әсиресе, санаат ҳәм халықтың талапларын қанаатландырыў ушын әҳмийетли. Қуяш, самал ҳәм гидроэлектр станцияларынан пайдаланыў арқалы тәмийнат турақласып, өндирис процесиниң нәтийжелилиги артады. Заманагөй когенерация қурылмалары, өз гезегинде, энергиядан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеп, экономикалық раўажланыўға унамлы тәсир көрсетеди.

Үшиншиден, қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм заманагөй технологияларды иске қосыў қоршаған орталыққа тәсирди азайтыўға жәрдем береди. Бул, әсиресе, углерод шығындыларын азайтыў ҳәм климаттың өзгериўине қарсы гүресиўде үлкен әҳмийетке ийе. 2,5 миллиард куб метр тәбийий газдиң үнемлениўи ҳәм 4,6 миллион тонна зыянлы газлер шығыўының алды алыныўы Өзбекстанның экологиялық мақсетлерине ерисиўде әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул мәмлекетимиздиң "жасыл" экономикаға өтиў жолындағы ҳәрекетлерин сәўлелендирип, глобал климат өзгерислерине қарсы гүресиўде өз үлесин қосады.

Төртиншиден, қуяш ҳәм самал станциялары, киши гидроэлектр станциялары ҳәм энергия сақлаў системалары жумыс орынларын көбейтиўге жәрдем береди. Сондай-ақ, жергиликли өндиристи қоллап-қуўатлаў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм инвестициялар киргизиўге жол ашады. Улыўма экономикалық өсиўди тәмийинлеп, энергетика тараўындағы қәнигелер ҳәм инженерлер ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Бесиншиден, энергия тәмийнатының үзликсизлигин тәмийинлеў имканияты артып, талап артыўы менен байланыслы машқалалардың шешимине жәрдем береди.

Алтыншыдан, энергия дәреклерин диверсификациялаў ҳәм ишки ресурслардан нәтийжели пайдаланыў арқалы мәмлекетимиздиң энергетика потенциалы артады. Бул, өз гезегинде, миллий экономиканың турақлы раўажланыўын тәмийинлейди.

Мәресимде атап өтилгениндей, 2025-жылға шекем 3,4 мың мегаватт қуўатлылыққа ийе 18 қуяш ҳәм самал станциясын, сондай-ақ, 1,8 мың мегаваттлы энергия сақлаў системаларын иске қосыў режелестирилген. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде "жасыл" энергия ислеп шығарыў көлеми 12 миллиард киловатт-саатқа жетиўи күтилмекте.

2030-жылға шекем Өзбекстанда 19 мың мегаватт қуўатлылықтағы қайта тиклениўши энергия дәреклерин қурыў ҳәм олардың үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген. Бундай инновациялық жойбарлар Өзбекстанның "жасыл" экономикаға өтиўин тезлестиреди.

Қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў энергия ресурсларына байланыслылықты азайтыў, тәбийий газ ҳәм басқа да дәстүрий жанылғылардың тутыныўын, сондай-ақ, зыянлы газлер эмиссиясын сезилерли дәрежеде қысқартады. Өзбекстанның дүнья энергетика базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырады, турақлы раўажланыў жолындағы тийкарғы стратегиялық мақсетлеримизге ерисиў ушын беккем тийкар жаратады. Мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын және де беккемлейди.

Икромжон РАҲМОНОВ,

техника илимлериниң докторы, профессор.