Бирақ, инсаният елеге шекем дәстүрий энергия дәреклери - нефть, газ сыяқлылардан пайдаланыўды даўам еттирмекте. Деген менен, бул дәреклердиң шекленгени, қайта тикленбеўи ҳәм қоршаған орталыққа келтирип атырған унамсыз тәсири жаңа, альтернатив жолларды излеўге ийтермелемекте.
Бундай шараятта қуяш, самал ҳәм басқа да қайта тиклениўши дәреклерге тийкарланған "жасыл" энергия тек ғана экологиялық таза емес, ал экономикалық ҳәм социаллық жақтан да әҳмийетли болып атыр. Бул түрдеги энергия дәреклери арқалы мәмлекетлер тек ғана энергия ғәрезсизлигине ерисип қоймастан, ал жаңа технологиялар, инновациялық шешимлер ҳәм жумыс орынларын жаратыў арқалы экономикалық өсиўди тәмийинлемекте.
"Жасыл" энергиядан пайдаланыў энергия тәмийнатында үзликсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлейди. Бул болса, өз гезегинде, жәмийеттиң турақлы раўажланыўы, тәбиятты қорғаў ҳәм келешек әўладларға таза турмыс орталығын қалдырыўға хызмет етеди. Соның ушын да "жасыл" энергия - тек ғана технология емес, ал инсанияттың тәбиятқа, жерге ҳәм келешекке жуўапкершиликли қатнасы да болып есапланады.
Өзбекстанда "жасыл" энергетика тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Бул бағдар тек ғана перспективалы емес, ал "Өзбекстан - 2030" стратегиясының тийкарғы әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгиленген. Ҳәзирги ўақытта дүньяның раўажланған мәмлекетлери де мәмлекетимиздиң бул бағдардағы жетискенликлерин тән алмақта, Өзбекстан болса "жасыл" энергияны экспорт етиў дәрежесине шекем жетип келмекте.
Әлбетте, бул әпиўайы даўлар емес, әмелий нәтийжелер менен тастыйықланған жетискенликлер болып есапланады. "Қуры қасық аўыз жыртады" дегениндей, буны санлар мысалында айқын көриў мүмкин. Кейинги сегиз жылда экономиканың өсиўи ҳәм халықтың көбейиўи себепли энергияға болған талап та жедел артып бармақта. Атап айтқанда, тутыныўшылардың саны 25 процент, яғный 1 миллион 600 мың адамға көбейген болса, улыўма энергия тутыныўы 54 процентке артып, 25 миллиард киловатт-саатқа жетти.
Бундай шараятта қайта тиклениўши дәреклерди кеңнен енгизиў стратегиялық зәрүрликке айланды. Усы мақсетте "жасыл" энергияны ислеп шығарыў бойынша тарийхый әҳмийетке ийе жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәселен, 2016-жылы 59 миллиард киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылған болса, бул көрсеткиш 2024-жылы 85 миллиардқа жетти. Келеси жылы болса 97 миллиард киловатт-саатқа шекем өсиўи күтилмекте. Усы жылдың өзинде 6,5 миллиард киловатт-саат "жасыл" энергия ислеп шығарылды ҳәм улыўма энергия генерациясында оның үлеси 30 процентти қурады. 2030-жылға келип болса 35 миллиард доллар тиккелей инвестиция тартылып, "жасыл" энергияның улыўма үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
Бул нәтийжелер тек ғана халықаралық емес, ал миллий экономикамыз ҳәм жәмийетимиздиң талапларына жуўап беретуғын анық стратегиялық қатнастың нәтийжеси болып есапланады.
"Жасыл" энергияның ең перспективалы бағдарларынан бири қуяш энергиясы болып есапланады. Бул энергия түри арқалы тек ғана тәбиятты сақлаў емес, ал экономикалық турақлылық ҳәм энергия тәмийнатында еркинликке ерисиў мүмкин. Қуяш энергиясын әмелиятқа енгизиў арқалы биз келешек әўладлар ушын саламат, таза ҳәм қәўипсиз орталықты сақлап қалыў имканиятына ийе боламыз.
Мәмлекетимиз бул бағдарда избе-из ҳәрекетлерди даўам еттирмекте. Қуяш энергетикасын раўажландырыў, "жасыл экономика"ны қәлиплестириў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў бағдарындағы илажлар жақын келешекте миллий экономиканың жаңа драйверине айланатуғыны сөзсиз.
Қуяш нурын ақылға уғрас ҳәм нәтийжели түрде энергияға айландырыў тек ғана тәбиятты қорғаў емес, ал миллий экономикамызды диверсификациялаў, экологиялық турақлылыққа ерисиў ҳәм перспективалы раўажланыўды тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады. Усы жағынан, жаңа Өзбекстанда қуяш энергиясына энергетика ғәрезсизлиги ҳәм халықтың абаданлығына алып барыўшы тийкарғы дәрек сыпатында қаралмақта.
Қабыл етилген әҳмийетли бағдарлама ҳәм ҳүжжетлер мине усы тараўдағы реформалардың беккем тийкары болып хызмет етпекте. Атап айтқанда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын қуяш панеллери және киши қуўатлылықтағы самал турбиналарын кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылған.
Бул стратегия әмелде өз нәтийжесин бермекте. Бухара, Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында ири қуяш электр станцияларының қурылысы жедел пәтлерде даўам етпекте. Жойбарлар әмелге асырылғаннан соң елимизде электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта тиклениўши дәреклердиң үлеси сезилерли дәрежеде артады.
Халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, әсиресе, аўыллық жерлерде қуяш батареялары ҳәм самал турбиналарынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул тек ғана арзан ҳәм экологиялық таза энергия дереги емес, ал жаңа жумыс орынларын жаратыў, аўыл инфраструктурасын жақсылаўға да үлкен үлес қосады.
Альтернатив энергиядан нәтийжели пайдаланыў Өзбекстанның энергетика тараўындағы ғәрезсизлигин тәмийинлеў, тәбийғый газ ҳәм нефть сыяқлы дәстүрий дәреклерге байланыслылықты азайтыў, сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм дүнья жүзилик экологиялық машқалаларды шешиўде мәмлекетимиздиң белсене қатнасыўын күшейтиўге хызмет етпекте.
Өзбекстанда жылына 300 күннен аслам қуяшлы күн бар болып, қуяш энергиясынан нәтийжели пайдаланыў ушын шексиз имканият жаратады. Егер бул имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланылса, электр тәмийнаты үзликсиз болады, жанылғыға байланыслылық азаяды, қоршаған орталық таза сақланады ҳәм шетки аўылларда да энергия тәмийнаты машқалалары шешимин табады.
Әсиресе, аўыллық аймақлар ҳәм фермер хожалықлары ушын қуяш энергиясынан пайдаланыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Усы мақсетте қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиўге қаратылған мәмлекетлик бағдарламалар әмелиятқа енгизилмекте. Бул бағдарламалар аўыл халқы ҳәм фермерлердиң жумысында энергия тәмийнатын турақластырыўға қаратылған.
Қуяш энергиясы киши қуўатлылықтағы фотоэлектр станциялары арқалы узақ аўыллық аймақларды электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди. Буннан тысқары, фермер хожалықлары ушын суў насослары, ыссыханалар ҳәм аўыл хожалығы техникасы ушын қуяш панеллерин орнатыў қәрежетлерди қысқартыў, нәтийжелиликти арттырыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде қолайлы болады.
Қуяш энергетикасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекет тәрепинен салық жеңилликлери, жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидиялар берилмекте. Бул болса аўыл халқы ҳәм исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта.
Бүгинги күнде халық арасында қуяш энергиясынан пайдаланыў, әсиресе, фотоэлектр станцияларын орнатыў бойынша ҳәр қыйлы сораўлар ҳәм екилениўлер бар. Бул болса қуяш панеллеринен пайдаланыўдың ҳәр қыйлы усыллары ҳәм ҳәр бириниң абзаллық және кемшилик тәреплерин жақсы түсиниў зәрүрлигин көрсетеди. Қәнигелердиң атап өтиўинше, қуяш энергиясынан нәтийжели пайдаланыўдың тийкарынан үш тийкарғы системасы бар: тармаққа жалғанған (on-grid), тармақтан ғәрезсиз (off-grid) ҳәм аралас (hybrid).
Тармаққа жалғанған системада күндиз қуяш панеллери арқалы ислеп шығарылған энергия, бәринен бурын, шаңарақтың талабын қанаатландырып, артықша бөлеги мәмлекетлик электр тармағына узатылады. Түнги ўақытта болса үй электр тәмийнатын мәмлекет тармағынан алады. Бул система қала ҳәм тармаққа жақын аўыллар ушын қолайлы.
Тармақтан ғәрезсиз системада болса шаңарақ мәмлекетлик тармақтан толық үзилген ҳалда тек ғана қуяш панеллери ҳәм аккумуляторлар арқалы энергия менен тәмийинленеди. Күндиз ислеп шығарылған энергиядан үйде пайдаланылады ҳәм артықша бөлеги аккумуляторларда топланады. Түнги ўақытта болса энергия әне усы топланған резервтен алынады. Бул усыл шетки ҳәм электр тармағына жалғанбаған аймақларда жүдә нәтийжели.
Аралас, яғный hybrid системада болса шаңарақ ҳәм мәмлекетлик тармаққа, ҳәм аккумуляторға жалғанған болады. Күндиз қуяш панеллери үй мүтәжлигин қаплайды ҳәм артықша энергия тармаққа узатылады. Электр үзилислери болған жағдайда болса система автомат түрде аккумулятор резервине өтеди ҳәм үй үзликсиз тәмийнатқа ийе болады. Бул усыл электр үзилислери тез-тез ушырасатуғын аймақлар ушын оптимал шешим.
Қуяш энергиясының тиришиликтеги нәтийжеси ҳәр қыйлы мысалларда айқын көзге тасланады. Мәселен, Ташкент ўәлаятындағы фермерлерден бири қуяш панеллери жәрдеминде суў насосын ислетип, өз жерлерин арзан ҳәм нәтийжели суўғарыў имканиятына ийе болмақта. Наўайы ўәлаятындағы бир үй хожалығы болса off-grid системасын орнатып, электр тәмийнатында мәмлекет тармағынан толық ғәрезсиз болған. Самарқандтағы ислеп шығарыўшы hybrid системадан пайдаланып, жумыс процесин электр үзилислерсиз даўам еттирмекте.
Жуўмақлап айтқанда, қуяш энергиясы аўыл халқы ҳәм фермерлер ушын исенимли, үнемли ҳәм экологиялық таза дәрек болып, келешекте тек ғана экономикалық пайда емес, ал турақлы жасаў орталығын тәмийинлеўде де әҳмийетли орын ийелейди. Қалаларда ҳәм электр тармағына жақын аймақларда тармаққа жалғанған, шетки аймақларда еркин система, үзликсиз тәмийнат талап етилетуғын орынларда болса hybrid усылдан пайдаланыў ең мақул шешим есапланады.
Оралбой ХОЛЫҚНАЗАРОВ,
Ташкент мәмлекетлик аграр университети доценти,
техника илимлери бойынша философия докторы







