Ыссы тек ғана қолайсызлық туўдырып қоймастан, ал инсан саламатлығы ушын айрықша қәўип туўдыратуғын фактор болып есапланады. Бундай ҳаўа-райы шараятында организмниң терморегуляция системасына үлкен жүк түседи, бул болса бар болған созылмалы кеселликлердиң күшейиўине ямаса ыссылық пенен байланыслы кеселликлер, соның ишинде, ыссыдан организмниң улыўма ҳәлсиреўи ҳәм өмир ушын қәўипли болған қуяш урыўы сыяқлы жағдайлар келип шығыўы мүмкин.
Жоқары температура, әсиресе, жүрек-қан тамыр системасына унамсыз тәсир көрсетеди, жүрек урыўын тезлестиреди ҳәм қан басымын арттырыўы мүмкин. Организмниң дене температурасын нормада сақлаўға урыныўы күшли терлеўге алып келеди, бул болса суўсызланыў қәўпин арттырады.
Хош, қалай сақланыў шараларын көриў керек?
Бул сораўға Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Экологиялық дипломатия бөлиминиң баслығы Абдуқаюм Тўхтақулов толық жуўап берди.
- Ыссы күнлерде күн даўамында ең ыссы ўақты - саат 12:00 ден 16:00 ге шекем илажы болғанынша жабық имаратларда ямаса салқын жерлерде болыў усыныс етиледи, - дейди қәниге. - Бул ўақытта қуяш нурлары ең күшли болып, денениң қызып кетиўи ҳәм қуяш урыў қәўпи жоқары болады. Егер көшеге шығыў зәрүрлиги туўылса, сая жерлерде жүриў, зонтиктен пайдаланыў ҳәм ҳәрекетлениўди күнниң салқынлаў ўақытлары - азанда ямаса кеште режелестириў мақсетке муўапық.
Сондай-ақ, үй шараятында салқынлықты тәмийинлеў де әҳмийетли. Мәселен, күндиз қуяш түсетуғын тәрептеги терезелерди жабық ҳалда сақлаў, түнде ҳаўа салқынлағанда терезелерди ашып, ханаларды самаллатыў, күнниң ең ыссы ўақытларында печь, кир жуўыў машинасы, кептиргиш сыяқлы өзинен-өзи ыссылық шығаратуғын турмыслық техникалардан пайдаланыўды шеклеў керек.
Ыссыда дурыс кийим таңлаў да әҳмийетли. Жеңил, кең пишимли, ҳаўаны жақсы өткизетуғын тәбийий гезлемелерден (пахта, жипек) тигилген кийимлерди кийиў усыныс етиледи. Синтетикалық гезлемелерден тигилген кийимлерден сақланыў керек. Имканияты болғанша ашық реңли липасларды таңлаў мақсетке муўапық, себеби олар қуяш нурын жақсырақ қайтарады.
Көшеге шыққанда кең саяманлы бас кийим кийиў ҳәм қуяштан қорғаўшы көз әйнек тағыў шәрт. Басын қуяш нурынан сақлаў жүдә әҳмийетли, себеби бас мийдиң қызып кетиўи тез ыссылық урыўына алып келиўи мүмкин.
Күн даўамында тез-тез салқын душ ямаса ваннаға түсиў дене температурасын төменлетиўге жәрдем береди. Турақлы жуўыныў териниң нәтийжели дем алыўын тәмийинлейди. Бирақ жүдә суўық суўдан пайдаланбаў керек, себеби температураның кескин өзгериўи организм ушын стресс болыўы ҳәм ҳәттеки пневмонияға алып келиўи мүмкин. Бөлме температурасындағы ямаса бираз салқын суўдан пайдаланған мақул болып есапланады.
Териге, әсиресе, бас ҳәм мойын аймақларына ығал сүлги ямаса шүберек қойыў да организмди нәтийжели ыссылықтан сақлаў усылы болып есапланады.
Сондай-ақ, ыссыда аўыр физикалық мийнет ямаса спорт пенен шуғылланыў суўсызланыў, күшсизлениў ҳәм қуяш урыў қәўипин сезилерли дәрежеде арттырады. Бундай шараятта жүрек-қан тамыр системасына түсетуғын жүк артады, бул болса таярлығы болмаған адамларда жүрек соғыўы ямаса инсульт қәўпин пайда етеди.
Имканият болса, спорт пенен кондиционерли жабық имаратларда шуғылланған мақсетке муўапық. Шынығыў ўақтында организмди тыңлаў, тез-тез дем алыў, жетерли муғдарда суйықлық ишиў зәрүр. Бас айланыўы, кеўил айныўы ямаса күшли ҳәлсизлик сыяқлы белгилер пайда болса, шынығыўды дәрҳал тоқтатыў керек.
Созылмалы кеселликлери (гипертония, жүрек кеселликлери, семизлик) бар адамлар ыссыда физикалық белсендилик пенен шуғылланыўдан алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиўи керек.