Жаңа Өзбекстандағы түпкиликли реформалар "Инсан қәдири ушын" деген принципке қаратылғаны менен әҳмийетли. Әйне усы тәрепи халқымыздың қәлбинде ертеңги күнге исенимди беккемледи. Ашығын айтқанда, XXI әсир адамын исендириў аңсат емес. Себеби глобал дүньяда, демократиялық жәмийетлерде барлық ўақыя алақанда турғандай анық көринеди. Демек, басланған реформалар турмыслық ҳақыйқат екенлиги себепли халқымыздың исеними артып бармақта.

Әлбетте, бундай кең көлемли өзгерислердиң негизинде мәмлекетимиздиң әдил сиясаты жатыр. Турмыслық бақлаўларым тийкарында соны айта аламан: үш дәўир, яғный бурынғы советлер дүзими, ғәрезсизликтиң дәслепки жыллары ҳәм жаңа Өзбекстанда басланған өзгерислердиң гүўасы болдым. Бул үш дәўирдеги шараятларды, имканиятларды көрген-кеширгенлерим тийкарында салыстырып, таллаў имканиятым бар. Әлбетте, ғәрезсизликке ерискеннен кейин өтиў дәўириниң машақатлы жылларын басымыздан өткердик. Белгили нәтийжелерге де еристик. Бирақ, ашық айта аламан: жаңа Өзбекстанда инсан қәдирине итибар даңқлы тарийхымыздағы ең жарқын бетлердиң бирине айланбақта.

Жаңа Өзбекстанды қурыў, сол арқалы Үшинши Ренессанстың тийкарын қойыўдай тарийхый күнлерди басымыздан өткермектемиз. Бундай үлкен мақсетке ерисиў ушын мәмлекеттиң раўажланыўын экономикалық, финанслық, социаллық ҳәм әлбетте, руўхый раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәтте мәмлекетимиз басшысы экономика ҳәм мәнаўият мәмлекеттиң еки тиреги екенин атап өтти.

Президентимиз Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң 2023-жыл 22-декабрьдеги кеңейтилген мәжилисинде "Руўхыйлық басқа тараўлардан алдында жүриўи, жаңа күшке, жаңа ҳәрекетке айланыўы керек," деген еди.

Әтирапымызда жүзеге келген қәўипли жағдай, келиспеўшиликлер, әдепсизлик, зорлықлар ойланып жуўмақ шығарыўға шақырады. Бул бағдарда көп жыллық тәжирийбеме сүйенген ҳалда соны айтаман, мәнаўиятты раўажландырыўда миллий музыка көркем өнеринен еле де кеңирек пайдаланыў керек.

Жаңа Өзбекстанның руўхый раўажланыўын тәмийинлеўде миллий музыка көркем өнеринен пайдаланыў социаллық зәрүрлик болып, бунда көркем өнер ғайраткерлери-педагоглардың ийнинде үлкен жуўапкершилик бар.

Өзбек халқы жоқары мәнаўиятқа, мәдениятқа ийе. Онда халқымыздың өтмиши, ҳәзирги күни сәўлеленген. Пүткил дүнья жүзлик ойлап табыўлар ислеген жүзлеген алымларды жетистириўге хызмет еткен. Өз орнында ата-бабаларымыз улыўмаинсаныйлық әҳмийетке ийе ағартыўшылықтың қәлиплесиўине мүнәсип үлес қосқан. Соның ушын өзбек миллий-руўхый мийрасы жәҳән мәдениятының ажыралмас бөлеги, үзликсиз бөлеги болып есапланады.

Шығыс ойшыллары ҳәм ағартыўшыларының шығармаларында билдирилген руўхый-әдеп-икрамлылық көзқараслар инсанлар руўхы ҳәм мәнаўиятында, жаслар қәлбинде жақсылық ҳәм мақтаныш сезимин қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда музыка көркем өнериниң орны үлкен. Әсиресе, эстетикалық әҳмийети айрықша. Ол тыңлаўшының музыкалық қәбилетин, ойлаўын, талғамын ҳәм ең әҳмийетлиси, дүньяқарасын өсиреди. Усы тийкарда жасларда ўатанды сүйиў ҳәм қәдирлеў сезими раўажланады.

Бул бағдарда Абу Насыр Фарабийдиң "Музыка ҳаққында үлкен китап" ҳәм басқа да шығармалары, Абу Али ибн Синоның "Китап ан-ножат," "Китоб ан-нажот," "Донишнома" сыяқлы шығармаларының музыка ҳаққындағы бөлимлери, Абдураҳман Жәмийдиң "Рисолаи музыка" китабы, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың музыка ҳаққындағы көзқараслары әҳмийетли дерек есапланады.

Абу Насыр Фарабийдиң тәрийиплеўинше, "дөретиўшилик билиў процесинде сондай уллы пазыйлет, инсан оны ийелеў ушын басқа барлық пазыйлетлерин иске қосыўы керек." Ҳақыйқатында да, дөретиўшилик процесинде инсан изленеди, бақлайды, изертлеўлер алып барады, нәтийжелерди таллап, логикалық жуўмақлар шығарады. Жуўмақтың дурыс ямаса надурыс екенлиги тәжирийбеде сынап көриледи.

2018-жылдан берли мәмлекетимизде Халықаралық мақом көркем өнери әнжуманы өткерилип келинбекте. Бул елимизде музыканың эстетикалық тәсири ҳәм шахс тәрбиясындағы мәнаўий әҳмийетин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Сондай-ақ, миллий өзлигимизди аңлаў, мәдениятымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыз, бәринен бурын, жас әўладымызды жоқары инсаныйлық сезимлер руўхында тәрбиялаўға хызмет етпекте. Халықлар арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын беккемлеў, дөретиўшилик бирге ислесиў, мәдений-руўхый қатнасықлар шеңберин халықаралық көлемде кеңейтиўде шексиз орын ийелемекте.

Бул әнжуман усы жылы Замин қаласында өткерилди. Онда Президентимиз қатнасып, былай деген еди: "Бизиң әййемги тарийхымыз, бай мәдениятымыз, әзелий қәдириятларымыздың нышаны болған мақам көркем өнери терең философиялық тамырлары, бийтәкирар көркем усылы ҳәм бай дөретиўшилик дәстүрлери менен руўхый турмысымызда әҳмийетли орын ийелейди. Мақом - улыўмаинсаныйлық сезимлерди ҳәўиж алған перделерде жырлайтуғын сийрек ушырасатуғын көркем өнер түри сыпатында да биз ушын оғада қәдирли".

Мақом көркем өнери Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде жедел раўажланып, жоқары шекке көтерилген. Әбиў Насыр Фарабий "Үлкен музыка китабы"нда намалардың теориялық ҳәм әмелий өлшемлерин уд сазы арқалы толық тәртипке келтирген болса, Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сина, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур сыяқлы уллы ойшылларымыз сийрек ушырасатуғын музыкалық шығармалар жаратып, мақомның раўажланыўына шексиз үлес қосқан. XX әсирде бул дәстүрлерди Абдурауф Фитрат, Юнус Ражабий сыяқлы көркем өнертаныўшы илимпазлар, Ҳожихон Болтаев, Комилжон Отаниёзов, Турғун Алиматов, Фаттоҳхон Мамадалийев ҳәм басқа да ҳәфизлер мүнәсип даўам еттирген.

Мәмлекетимиз басшысы мақам көркем өнерин қәстерлеп сақлаўда белгили мәмлекетлик ғайраткер Шараф Рашидовтың үлкен үлеси бар екенин атап өтти. Сол аўыр дәўирлерде Ташкент мәмлекетлик консерваториясында мақом көркем өнерин илимий үйрениў ҳәм халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаўға тийкар салынған. Мақом ансамбли шөлкемлестирилген. "Шашмақом" дүрданалары нотаға алынып, 6 томнан ибарат толық китап басып шығарылды.

Классикалық музыка көркем өнериниң гүлтажы болған бийтәкирар мақомларымыз ЮНЕСКОның Инсаният материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилген. Енди дүнья көркем өнер ықласбентлери тәрепинен де атқарылмақта. Бул жағдай инсанға мақтаныш сезимин пайда етеди.

Миллий музыка көркем өнеримизди қәстерлеп сақлаў, үгит-нәсиятлаў, ғалаба ен жайдырыў бойынша барлық шараят жаратылмақта. Ҳәтте бундай ўазыйпалар мәмлекетлик бағдарламада әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгилеп қойылған. Енди бул ўазыйпаларды әмелге асырыў, миллий музыкамызды жаслар санасына сиңдириў биз - көркем өнер ғайраткерлериниң миннетти болып есапланады.

Әлбетте, бул бағдарда устаз-шәкирт дәстүрлери биринши орында турады. Устазлардан мийрас болып киятырған миллий музыкамызды негизиндеги сыяқлы ҳәм толық жеткериў, оның негизги мәнисин дурыс талқылаўымыз зәрүр.

Хайрулла ЛУТФУЛЛАЕВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

институты профессоры,

Өзбекстан халық артисти