Малайзия тәрепине "Өзбекстан - 2030" стратегиясының мақсетлери, республикада мәмлекетлик хызмет түриниң трансформациясы, кадрлар сиясатын жетилистириў, коррупцияға қарсы гүресиў мәдениятын қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Сөйлесиў даўамында мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўын реформалаў ҳәм раўажландырыў бағдарында еки мәмлекет ўәкилликли уйымлары арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў, табыслы тәжирийбелерди үйрениў, өз-ара сапарлар ҳәм биргеликтеги илимий-әмелий илажлар шөлкемлестириў мәселелеринде бирге ислесиў режелери додаланды.
Ушырасыў нәтийжесинде республика ўәкиллери ушын мәмлекетлик хызметти жетилистириў ҳәм инсан ресурсларын басқарыў темаларында Куала-Лумпурда қысқа мүддетли маманлық арттырыў бағдарламаларын шөлкемлестириў ҳәм Өзбекстан Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен Малайзия Мәмлекетлик хызмети департаменти арасында тийисли сөйлесиўлер өткериў бойынша келисимлерге ерисилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.