Мәмлекетшилигимизде өз орнына ийе болған Елбилге қатын, Айбаршын, Тумарис сыяқлылар буған айқын мысал болады. Олардан соң Сараймулк ханым, Гаўҳаршадбегим, Мулкат ағабегим, Қутлы Нигарханым, Гүлбаданбегим, Нуржаҳанбегим, Мумтазмаҳалбегим, Жәҳәноробегим, Зебуннисабегим, Меҳир султанханым, Айпошша биби, Бийби патша биби, Надира Даўран, Увайсий (Жәҳән отин), Дилшад отин (Барно), Муаззамхан Мирсаид қызы, Самар Бану, Анбар отин, Нозимаханым, Манзурабану... және берман келе берсек, Зульфияханым, Суйимаханым, Халимаханым, Айдынханым, және қаншадан-қанша шайыр бегимлер, сөз султанлары, гөззаллық ашықлары көп. Шынтлап санайман десеңиз, әййемги тарийхымыздың көркем жетилисиўинде белсенди ҳаяллар қатарын айтып таўысып болмайды. Бундай уллы салтанат қайсы халықта бар.
Бийбиханымды еслең. Даңқлы Амир Темур бир саўашта жалланба әскерлерге беретуғын пулы қалмағанынан кейин, Бибиханымға исенимли адамларын жиберип, қаржы жибериўди тапсырады. Бийбиханым шын мәнисиндеги данышпан ҳаял емес пе! "Ақшаңыз таўсылса, сиясатыңыз да таўсылды ма, әмирим!" деп хат жазады. Ақыллылықты қараң! Бул тек ғана хабар ямаса хат емес, үлкен қосық, үлкен шығарма да. Себеби, усы еки енли хат қүдиретли саҳыпқыранға күш-қуўат береди, илҳам салады. Солай етип Әмир Темур сүйеклерге мөр басып, ўақтынша пулды айланысқа киргизип, жалланба әскерлерди сақлап қалған екен.
Садықлық патшасы Зульфияханымның өмири де ибрат мектеби болып есапланады.
Миллет аналарының даңқлы тымсалы есапланған шайыр әдебият майданына кирип келиўин меҳрибан анасының ҳикметлери менен байланыстырады. "Анамның қаншадан-қанша қосық ҳәм әпсаналарды, дәстанларды ҳәм ертеклерди билетуғынына ақылым жетпеди. Бул сыйқырлы әпсаналар ҳәм дәстанлар бизге шексиз рәҳәт бағышлайтуғын, өзине тартатуғын, ҳәр сапары жаңа сәўлеленетуғын еди. Соның ушын да әжайып нәрселерди жаратыўға уқыплы, дүньяны кеңнен ашып беретуғын, инсанды гөззаллыққа жетеклейтуғын сөзге қызығыўшылық сезимин мениң қәлбимде босағадан атлап көшеге шықпаған әпиўайы ҳаял - анам оятқанына исенемен", деп тәрийиплейди Зульфия апа.
Ҳамид Олимжан менен Зульфияханымның неке тойы өткеннен кейин, шайырдың анасы Комила апа төрт перзентин алып өз журты - Жиззаққа қайтыўға таярлық көреди. "Анажан, биз бенен бирге қаласыз, кетпейсиз, ҳәммемиз бирге жасаймыз", деп Зулфияханым қәйин енеси ҳәм шайырдың үкелерин Ташкентте алып қалады. Комила апа Зульфияханымға шайыр қайтыс болғаннан кейин өмириниң ақырына шекем - азаплы, ҳижран күнлеринде аналық меҳри менен таўдай қалқан болады. Зульфияханымның анасы берген тәрбия, билим ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлери шайырдың өмирине шамшырақ болып, өмир жолын жақтыртып барады.
Жазыўшылар аўқамының тапсырмасына бола, Жиззақта ашылған Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия атындағы дөретиўшилик мектебинде шайыр туўылғанының 110 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген илажда қатнастық. Мектептиң 14 оқыўшысы дөретиўшилигинен сайлап алынған қосық топламларындағы қатарлар көзимизге қуўаныш бағышлады. Сондай-ақ, 20 оқыўшының халықаралық, 50 оқыўшының республикалық басылымларда жәрияланған дөретиўшилик жумысларын оқып, Зульфия дөретиўшилигине үлкен қызығыўшылықты көрип, әдебияттың, сөздиң балалар талқылаўындағы тартымлылығына ҳәўес еттик.
11-класс оқыўшысы Моҳира Диникулованың "Жүрекке хат" атлы қосық китабы әдебиятқа қызығыўшы қыздың кеўил билдириўлери сыпатында қосық ықласбентлерине таныстырды. 165 оқыўшының бир қатар халықаралық сертификатларды қолға киргизгени, шет тиллерине қызығыўшылығы нәтийжесинде бир қатар кишигирим аўдармаларды оқып ҳәўеслендик.
Өзбектиң Муножаты
Көркем өнер - кеўилдиң бийбаҳа мүлки, инсан өмириниң зийнети. Тек ғана көркем өнер ҳәм спорт ҳәр бир мәмлекетти жәҳән сахнасында тез ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлай алады. Себеби бул еки бағдар аўдарма талап етпейди.
Жаңа Өзбекстанның көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы үлкен реформалары өзликти, миллийликти аңлаўдың өлшеми есапланған статусты келеси әўладқа зыянсыз жеткериўге хызмет етпекте. Өзбекстанның көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы үлкен реформалары өзбек мақам көркем өнериниң даңқын дүньяға жаймақта. Шашмақомды Европа мәмлекетлериндеги музыка қәнигелери, ықласбентлери де түрли концерт ҳәм фестивалларда тыңлап, баҳа берип киятырғаны қуўанышлы. Сонда бир ўақыттың өзинде өзбек миллий көркем өнеринде өзине тән мақам мектебин жаратқан Өзбекстан Қаҳарманы, халық артисти, сенатор Муножат Йўлчиеваның Франция, Уллы Британия, АҚШ, Япония, Бельгия, Германия сыяқлы онлаған мәмлекетте дәстүрий классикалық қосықлардан ибарат концерт бағдарламаларын усынып атырғаны қуўанышлы. Себеби, бүгин өзбек ҳаялы, көркем өнер ғайраткери тымсалында дүнья халқы халқымыздың әжайып көркем өнерин тән алмақта!
Өзбек материаллық емес мәдениятының бир қатар элементлери - Шашмақам, Байсын районының мәдений мәканы, үлкен қосық, аския, Наўрыз, миллий миниатюра көркем өнери, Марғиланның атлас ҳәм адрас ислеп шығарыў технологиясы, өзбек палаў мәденияты ҳәм дәстүрлери, Хорезм ләзгиси, Өзбекстанның пиллешилик ҳәм жипек ислеп шығарыў дәстүрлери, Насриддин әпннди ҳаққындағы анекдотлар - жәми 11 элемент ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының репрезентатив дизиминен орын алғаны ҳақыйқат.
Муножатхан апа оғада кишипейил ҳәм ҳақ кеўил инсан, миллий қосықшылық көркем өнеримизге қосқан үлкен үлесин, әлбетте, анасы Муборак апа Йўлчиеваның үлкен пидайылығы себепли деп биледи. "Әндижанның Булақбасы районындағы 21-мектепти питкергенмен, - дейди Муножат апа. - Еле оқыўшы дәўиримде-ақ көркем өнерге болған үлкен қызығыўшылығымды биринши болып анам қоллап-қуўатлады. Мархум анамның оғада сыйқырлы, мақпалдай даўысы бар еди. Кишкентайымда мени де атызға - шөп ораққа алып шығатуғын еди. Анамның теңлеслери: "Мубарекхан, сиз орақ ормаң, қосық айтып турсаңыз болды. Биз жумысты өзимиз ислей беремиз", дейтуғын еди ҳәзиллесип. Анамның сыңғырлаған даўысы менен атыз бойлап "Танаўар", "Сүмбиле", "Яр-яр" сыяқлы бир қатар халық қосықларын айтқанында, исенесиз бе, қыялымда пүткил тәбият тыңлап турғандай сезилетуғын еди. Көркем өнерге ықласым сол ўақытларда көз жарған болса керек. Ата-анам 6 қыз, 2 улды камалға келтирди. Әкем оғада көркем өнерди сүйетуғын, ашық кеўил, қатаң инсан еди. Оның маған күш-ғайраты өткен. Анам кеңпейил, оғада шебер ҳаял еди. Анамнан көркем өнерди сүйиўшилик өткен болса керек. Мектепти питкерип, ҳүжжетлеримди жоқары оқыў орнына таярлап жүргенимде ата-анам, ағаларым көркем өнер жоқары оқыў орнына кириўиме қарсылық көрсетти. Сонда Әндижан қаласынан дайым Абдуллажан Мавлонов келип, ата-анамды, ағаларымды көндирген. Талантты қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенин сонда билгенмен. Ақырында Ташкент мәмлекетлик консерваториясының Шығыс музыкасы кафедрасы дәстүрий қосықшылық бөлимине оқыўға қабылландым. Студент болғанымда ҳәммеден көбирек анам қуўанды. Себеби артист болыў әрманым орынланды, орныма сен қосықшы боласаң, ең сайланды қосықларды айтасаң, Муножат қызым, деп алғыслады. Ата-анамның пәтиясын алып, Ташкентке жол алдым.
Соннан бери қанша жыл өтти. Ананың пәтиясы, ҳикметлери перзент ушын алтыннан қымбат екенин бүгин еле де терең аңлап атырман".
Сәўбетлесимниң кеўил сезимлерин тыңлап, 80 жастағы кемпир апамның "Муножатханды дүньяға келтирип, тәрбиялаған ананың да әрманы бар ма екен?!" деген гәпи ядыма түседи.
Муножат Йўлчиева бир қатар шәкиртлердиң устазы, миллий қосықшылығымыздың мақтанышы, меҳрибан ана. Қысқасы, көркем өнеримиздиң пидайы үгит-нәсиятлаўшысы. Ол сыяқлы пидайылар бар екен, көркем өнеримиздиң даңқы дүньяға тарала береди.
Ҳүрмет-иззет бахты
2018-жылы ҳүкимет қарары менен "Мўътабар аёл" көкирек белгиси шөлкемлестирилген еди. Бүгинги күнге шекем 1476 ҳаял усы сыйлық пенен сыйлықланды. Быйыл 331 талабанның шаңарағына байрам қуўанышы қосарланып кирип келди. Оларға сыйлықты Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова тапсырды. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсендилиги, нәтийжели мийнети, үлгили минез-қулқы менен миллий қәдириятларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаўда ибратлы жумыс көрсеткени ушын сыйлықланғанлар арасында Өзбекстан халық артисти, сүйикли көркем өнер шебери Замира Суюнова, белгили шайырлар Қутлибека Раҳимбоева, Мунаввара Усмонова, өнермент Саодат Юлибоева, Ташкент метрополитени хызметкери Гулчеҳра Исфандиёрова, "Өзтемиржол" машинисти Гулчеҳра Ҳамидова, белгили пиллекеш Маҳфуза Толипова, әскерий бөлим хызметкери Ойдиннисо Иннатуллаева да бар еди. Олардың жүрек сөзлеринен реформаларға байланыслылығы, елге садықлық билдириўлерин аңлаў мүмкин. Ҳайран қаларлық тәрепи сонда, ҳәр бир апа-қарындасымыздың ибратлы өмир жолында аналардың айрықша орны бар.
Өзбекстан тарийхы музейиниң директоры, тарийх илимлериниң докторы Жаннатхон Исмоилова "Мўътабар аёл" көкирек белгисин мақтаныш пенен атап өтип, анасын еследи, өмир жолын айтып берди. "Ташкенттиң Себзор мәҳәллесинде зыялы шаңарақта дүньяға келдим. Әкем Ҳамид Зиёевтың ХIХ-XX әсир жәҳән тарийхы бағдарындағы изертлеўлери, Сибирдеги өзбеклердиң турмысы ҳаққындағы таллаўларын көпшилик жақсы биледи. Оның жетик илимпаз болыўында анамыз - Саодат апаның хызмети шексиз. Анамыздың қолында бәрқулла китап көретуғын едик. Ол жүдә көп китап оқыйтуғын еди. Соннан болса керек, иним Азамат Зиёев, сиңлим Донохон Зиёева ҳәм мен - үшеўимиз де илим докторы, профессор дәрежесине жеттик. Ата-анамыздың пәтиясында тек ғана бир нур - китапқа, китап оқыўға меҳир көрдик. Мен өзим 30 жылға шамалас қалалар тарийхы, атап айтқанда, Ташкент қаласы тарийхы, халық мәденияты, әмелий көркем өнери, музейтаныў тараўы бойынша бир қатар шәкиртлерге басшылық етип келмектемен. Өзбек музейтаныўшылық мектебин жаратыў ҳәм илимий изертлеў нәтийжесин дүнья музейтаныўшылық изертлеўлерине қосыў нийетинде жумыс алып барып атырман. Бес перзентим - Нигора, Малика, Азиза, Чарос ҳәм Исмайылжанды анам айтқанындай ел-журтқа пидайы етип тәрбияладым, бирден-бир нийетим анама уқсамақшыман", дейди Жаннатхон Исмоилова.
- Улым Вячаслав Макаров мәмлекетимиз шегараларын қорғап атырып қайтыс болған. Бүгин улымның дослары мени “Мўътабар аёл” сыйлығы менен қутлықламақта. Перзентим қәдирли Ўатан, әзиз Өзбекстан тынышлығы жолында жанын пидә етти, сондай батырды тәрбиялағанымнан мақтанаман, - дейди сыйлықланған ана Татьяна Макарова.
Елимиздиң және бир палўан баласы - Баҳадыр Жалаловтың анасы Саҳобат Жалалова кеўил сезимлерин былайынша билдирди:
- Уйқысыз аналардың пәтиясы сақласын, әзиз ўатанымызды. Балаларымыз усы елдиң абырай-мәртебесин дүньяға танытпақта. Ҳәр сапар Баҳадырым елимизге үлкен жеңислер менен қайтқан ўақытлары Өзбекстанның абырайын жәҳән ареналарында қорғаўға мүнәсип перзент жетистиргенимнен басым аспанға жетеди.
Бул ананың мақтаныштан көзи жайнайды. Аналарын қәдирлеген Баҳадырлар көбейе берсин, деп нийет етесиз. Усындай ойлар менен өзбектиң әпсана қаҳарманы Диёра Келдиярованың анасы Дилором Келдияроваға жүзленемиз.
- Ана қашан мақтанышқа бөленеди? Қашан перзенти ел-журт ишинде ата-анасына рахмет алып келсе, - дейди Дилором Келдиёрова. - Диёра қызымды қоллап-қуўатлаған, жеке қутлықлаған Президентимизге, әзиз халқымызға рахмет айтыўға имканият болды. Диёра қызым балалығынан спортқа қызықты. Жеңиске қарай жол баслаған дәслепки қәдемлеринен-ақ табысларынан қуўандым, сынақлы күнлеринде таўдай сүйениши болыўға ҳәрекет еттим. Шүкир, сонша мийнети, ҳәрекетлери босқа кетпеди. Балам Өзбекстан байрағын дүньяға және бир мәрте танытты.
Шақмақ сөзли шайыр, белгили дөретиўши Қутлибека Раҳимбоеваның көзинде қуўаныш. "Түркменстанда туўылдым, Ферғанада жоқары билим алдым, қырық жыл бурын устазым Зульфияханымның мирәт етиўи менен "Саодат" журналына жумысқа келдим. Өзбекстанның алыс-жақын аймағында хызмет етип атырған ҳүрметли апа-сиңлилеримиз ҳаққында жүзлеген мақалалар жаздым, еки қанатым - қызым Арзыўдың, улым Нажаттың табысларынан бахтиярман. Өзбек әдебиятының жанкүйериниң хызметиндемен. Бүгинги сыйлық Президентимиздиң исеними, халқымның сыйлығы болып табылады".
Ҳәр бир сыйлықланған апа-сиңлимиздиң жақсы тилеклери, айдын нийетлери бар. Мәмлекетлик басқарыўда еркеклер менен теңдей хызмет етип атырған, перзентлерин ел-журт хызметине бағышлап қойған аналарды, сыйлығын сүўретке түсирип перзентлерине көрсетип қуўанып атырған сыйланғанларды көрип, дүньяда баласынан әзиз, мийнетинен әзиз, руўзыгершилигинен әзиз жемис жоқ екенине шүкирлик етип атырған ҳаял-қызларымызға "Байрам мүбәрек, ҳүрмет-иззет мүбәрек", дегиң келеди.
Анамның ҳикметлери
Биз бүгин ел-халық ҳүрмет еткен апаларымыз ҳаққында меҳир менен сөз еттик. Ҳәр бир белгили, талантлы, ел таныған инсанның арқасында кишкене ийнинде дүньяларды көтерип жүрген анажанлары тәрийпин келтирдик, Сөзимиздиң жуўмақланар бөлиминде азғана және айтарымыз бар.
Бурыннан бир жақсы гәп бар: бизге жақсы аналарды бериң, сонда биз жақсы адамлар болып жетилисемиз. Миллеттиң биринши тәрбияшысы, биринши устазы аналар болған. Ана - қорған, шаңараққа пайыз-берекет, деймиз. Мен де "Мўътабар аёл" сыйлығы менен сыйлықланғанлар қатарында дерлик қырқ жыллық жумысымда анамның даналығы менен өстим. Әпиўайы ғана меҳир ҳәм жақсы мүнәсибет, адамларға жақсылық қылыў ушын ўақыт табыў анамның өмириниң мазмуны еди.
"Балам, - дейтуғын еди анам, - мудамы кийимиң, шаңарағың, балаларыңның кийими таза, кеўлиң таза болсын. Барлық берекет әне сонда. Ҳеш қашан үйиңдеги гәпти бизге әкелме. Қәйин енеңди маған жақсы көрсет. Сонда тыныш жасайман. Апа-сиңлилериң, аға-иниң менен татыў бол. Сонда балаларың алыслап кетпейди. Бир қыйтақ жериң болса да гүл, терек егиң.
Шайыр балам, не жазсаң, жүректен жаз, кеўилдиң гәпи кеўилди абат қылады, өтирикти жазба, есиңнен шықпасын.
Қыз узатсаң, күйеўдиң ҳүрметин көрсет. Келин алсаң, қызыңдай көр. Биреўдиң баласы үйиңде көгерсин, өзинен көбейсин. Қандай жумысың болса да наўқастың, мүтәждиң, кеўли аўырғанның кеўлин алыўға асық. Билесең, әкеңниң гәпи гәп болған. Өмирлик жолдасыңның сөзин еки етпе, туўысқанларының ҳүрметин орнына қой. Саған айтып атырған нәсиятларымның ҳәммесине өмиримше әмел етип жасадым. Шүкиршилигим ушын жақсы күнлер көрдим. Шүкиршилик өмириңниң мазмуны болсын, жан балам".
Қаншадан-қанша китаплар, қосық ҳәм дәстанлар жаздым, илимий изертлеўлер жүргизиў ушын қаншадан-қанша шығармалар оқыдым, бирақ анамның шүкиршилик ҳаққындағы еки аўыз ҳикмети барлық оқып жазғанларымнан ағла болды, теңсиз болды.
Сөзимиздиң соңында айтарымыз: меҳир менен бесикти, дуўалары менен дүньяны тербеткен, жаңа Өзбекстандағы реформаларды жүреги менен өткерип атырған, руўзыгершилиги, перзентлери, шаңарағы, жәмийеттиң аўыр, жеңил тәшўишлеринен тек жақсылық излеп атырған әзиз ҳаял-қызларымыз, байрам мүбәрек болсын!
Сайёра ТЎЙЧИЕВА,
"Мўътабар аёл" көкирек белгисиниң лауреаты,
Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты профессоры








