Тынышлық ушын Нобель сыйлығының лауреаты, Финляндияның бурынғы президенти тәрепинен шөлкемлестирилген Мартти Ахтисаари атындағы Тынышлық қоры Европа тынышлық орнатыўшы дипломатиясы системасында өзине тән орынға ийе. 100 ден аслам халықаралық экспертлер ҳәм 300 стратегиялық шериклерди қамтып алған Қор Жақын Шығыстан Евроазияға шекемги регионлардағы 50 ден аслам тынышлық процесслерине белсене жәрдемлеспекте.
Илажға ҳәр қыйлы мәмлекетлерден 120 дан аслам жоқары мәртебели ўәкиллер, соның ишинде, Европа сыртқы байланыслар хызмети басшылары, ЕА арнаўлы ўәкиллери, Евроаўқамға ағза мәмлекетлердиң сыртқы ислер министрлери, БМШ, Африка аўқамы, Европаның жетекши таллаў орайлары ҳәм изертлеў институтларының ўәкиллери қатнасты.
Тийкарғы қатнасыўшылар арасында БМШтың саўда ҳәм раўажланыў бойынша конференциясының бас хаткери Ребека Гринспан, Европа Аўқамының Сахел бойынша арнаўлы ўәкили Жоау Кравинью, Африка аўқамының Данышпанлар топарының ағзасы Пумзиле Мламбо-Нгкук ҳәм басқалар бар.
Европа Аўқамы сиясий сүреннен сыртқы сиясаттың операциялық логикасына айландырмақшы болған "принципиаллық прагматизм" концепциясын додалаў тийкарғы темаға айланды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Арипов "Тынышлыққа ерисиў ушын принципиаллық прагматизмнен пайдаланыў" темасындағы панель сессиясында шығып сөйледи.
Сөйлесиў қатнасыўшыларының Орайлық Азия ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң кең көлемли тынышлық орнатыў бағдарламасы айрықша қызығыўшылық оятты. Европа экспертлери Президент Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азиядағы избе-из ҳәм системалы сиясатына айрықша баҳа берип, оның регионаллық қәўипсизлик архитектурасы ҳәм глобаллық келиспеўшиликлерди шешиў процесслерине трансформациялық тәсирин атап өтти.
Өзбекстан алдыннан шәрт қоймастан, барлық мәпдар тәреплерди тартыўға тийкарланған "инклюзив дипломатия"ның өзине тән моделин ислеп шыққаны айрықша атап өтилди.
Регион мәмлекетлериниң жедел сиясаты Орайлық Азияны геосиясий бәсеки объектинен регионаллық қәўип-қәтерлерге өзиниң шешимлерин жарата алатуғын халықаралық қатнасықлардың субъектине айландырыў имканиятын берди.
Э.Арипов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде буннан он жыл алдын Орайлық Азия шешилмеген шегара мәселелери, суўды бөлистириў бойынша келиспеўшиликлер, жабық шегаралар ҳәм адамлар арасындағы байланыслардың шекленгени сыяқлы үлкен қәўип-қәтерлерге дус келгенин атап өтти. Бүгин жағдай пүткиллей өзгерди.
Барлық әҳмийетли тартыслар сапластырылды, шегаралар ашық ҳәм функционаллық болып, өз-ара исеним дәрежеси сезилерли дәрежеде артты. Регионаллық саўда бес есеге артты, өз-ара инвестициялар көлеми еки есеге көбейди, Орайлық Азия мәмлекетлери пандемия дәўиринде де турмыслық әҳмийетке ийе товарларды жеткерип бериў ушын өз шегараларын ашық сақлап қалды.
География емес, сиясий ой-пикир өзгерди", - деп атап өтти ол.
СМТИ директоры унамлы динамиканы тәмийинлеген бир қатар тийкарғы факторларды көрсетип өтти. Олардың арасында жоқары дәрежедеги сиясий ерк-ықрар - турақлылық ҳәм раўажланыў пайдасына регион жетекшилерин саналы таңлаў; шегараларды делимитациялаўдан баслап суў ресурсларын басқарыўға шекемги қурамалы мәселелерди шешиўге прагматикалық қатнас жасаў; регион мәмлекетлериниң улыўма тарийхы ҳәм өз-ара байланыслылығын аңлаў; халықлар арасындағы байланыслар, трансшегаралық саўда ҳәм туризм арқалы тынышлық беккемленген жергиликли жәмийетшиликлердиң белсенди роли бар.
"Тынышлық абстракт мақсет емес, ал раўажланыў ушын әмелий зәрүрлик сыпатында қабыл етилди", деп атап өтти ИСМИ директоры.
Сыртқы шериклер менен бирге ислесиў ҳаққында сөз етип, Элдор Арипов Өзбекстанның Аўғанстанға байланыслы сиясатына айрықша тоқтап өтти. Оның сөзлерине бола, Ташкент изоляция турақластырыў қуралы бола алмайды, деген исенимнен келип шықпақта.
Изоляция модернизацияға да, турақлылыққа да үлес қоспайды - керисинше, экстремизм ҳәм терроризм ушын тийкар жаратады", - деди ол.
Өзбекстан экономикалық интеграцияға Аўғанстанда ҳәм пүткил регионда турақлы тынышлықтың тийкарғы факторы сыпатында қарайды. Термиз қаласындағы халықаралық саўда орайы мысал сыпатында келтирилип, бул жерде аўған ҳәм пакистанлы исбилерменлер бизнесин визасыз алып барыўы мүмкин екени атап өтилди. Бүгинги күнде бул жерде 200 ден аслам аўған кәрханасы жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, Аўғанстан аймағында санаат кластерин шөлкемлестириў режелестирилген.
СМТИ директоры сөзиниң жуўмағында Орайлық Азияның регионның сыртында дүнья қурылысына қосып атырған үлеси таяр шешимлерди экспорт етиў емес, ал прагматикалық қатнастың нәтийжелилигин көрсетиўден ибарат екенин атап өтти.
Регионаллық жуўапкершилик, экономикалық интеграция ҳәм прагматикалық бирге ислесиў дипломатиялық ҳәм қәўипсизлик илажларын толықтырыўға, олардың нәтийжесин күшейтиўге уқыплы", - деп жуўмақлады ол.
Брюсселдеги сапары шеңберинде Елдор Арипов Европа ҳәм халықаралық изертлеў орайлары, соның ишинде, Халықаралық кризис топары (ICG), Европа қәўипсизлик институты (EUISS), Марти Ахтисаари атындағы тынышлық қоры, Европа сиясаты орайы (EPC) ҳәм Европадағы Карнеги фондының ўәкиллери менен бир қатар мазмунлы ушырасыўлар өткерди. Буннан тысқары, Европа сыртқы байланыслар хызмети (EEAS) ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерилди.
Сөйлесиўлерде европалы шериклер менен көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыў жоллары додаланды. ИРМның ЕА мәмлекетлериниң илимий-академиялық ҳәм аналитикалық орайлары менен экспертлик қарым-қатнасын ҳәм бирге ислесиўин жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды. Еки ҳәм көп тәреплеме шерикликти беккемлеўге қаратылған жаңа идея ҳәм усыныслар көрип шығылды.