Өзим буны мақтаныш пенен айта аламан, тил билгеним, бул мен ушын еки имканият деп айта аламан. Себеби, бир тил билген инсан бир инсан, еки тил билген инсан еки инсан деп айтады ғой. Соның ушын бүгинги күнде сырт елли туристлер менен, сырт елли инвесторлар менен көп жумыслар алып барып атырман. Сырт елден келген туристлер менен сәўбетлесиў, олардың пикирин билиў, олардан тәжирийбе алып, бизлерде де өзимиздиң халқымызды раўажландырсақ деген пикир келди.
Оқыўды тамамлағаннан кейин, ең биринши болып Арал теңизине экотуризмди раўажландырыў ушын машиналарды ижараға алып, транспорт хызметин аштым. Туристлер менен бирге гид болып ислегенмен. Биринши бизнесимди баслағаным, бул 2007-жылы еди. Соннан кейин өзим жүдә қызыққаным ушын Нөкис қаласындағы "Қызылқум" мийманханасында директор болып иследим. Соң "Жипек жолы" мийманханасында бес жыл администратор болдым. Жыллар өтип усы бизнеске болған уқыбымды көрдим.
"Мен не ушын биреўдиң қолында ислеўим керек? Бул исбилерменлик түрин "суўдай ишип алған болсам". Барлығын билип турып, өзим ушын бес номер болса да, мийманхана ашыў идеясы келди. Идеямды анама айттым. "Анам жүдә жақсы, бирақ бизлерде инвестиция жоқ ғой, оны қалай ислейсең?" дегенинде, сырт елли достымның мәсләҳәтин айттым.
Мениң анамның үйи музейге жақын жерде, сол көшеде жайласқан еди. "Апа маған үйиңизди бериң, маған исениң. Мийманхана қурамыз, кейин усы бизнестиң арқасында ҳәммеңизде де жай болады, машина болады" деп айтқанман. Анам маған исенди. Ең дәслепки бизнесим, яғный мийманхана бизнесин 2014-жылы сегиз бөлмели 16 адам қабыллайтуғын кишигирим мийманханадан басладық. Сонда туўысқанларымның ҳәммеси бар пулларын мениң мийманханама инвестиция қылған.
Бирақ солай болса да бул ақша тек имаратты көтериўге зорға жетти. Мийманхананың ишинде инвентарь жумысларына қаржы болмағаны ушын банктен кредит алыўдан басқа жол жоқ еди. 2014-жылы кредит алыў ушын сегиз ай ўақыт кеткен. Таяр болған ҳүжжетиме, таяр жайға мебель инвентарь алыў ушын, ҳәр күни банкке қатнайтуғын едим. Ҳәтте сол кредитти алалмай банктиң алдында кешки саат тоғыз-онға шекем отырған күнлерим болған.
Енди сол күнлерди еслесем, улыўма, ҳәзирги процесс пенен салыстырып болмайды. Ҳәзир ҳүрметли Президентимиз исбилерменлерге барлық имканиятларды, жеңилликлерди жаратып қойыпты. Бизлердиң ўазыйпамыз тек ғана усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, бизнести раўажландырыў керек. Айтады ғой, шайнап бергнен асты, тек жутыў керек.
Аллаға мың қәтле шүкир деп айтаман, бул бизнесимди өз орнына қойып алдым. 2017-жылы сегиз бөлмеге туристлерим сыймай қалды. Кеңейтиўим керек, және қурыўым керек деп, мийманхананың үшинши қабатын көтердим. Сонда ҳәмме ҳәр жылы бир қабат қосасаң деп, күлген еди. Соның менен сол сегиз бөлмели мийманхананы ҳәзирги күнде қырық бес орынлық мийманханаға айландырдым.
Билесиз, туристлер арзан ямаса қымбат мийманхана таңлайды. Бизлерге келген турист кетип қалмаўы ушын 2020-жылы өзлеримиз жасап атырған жайымызды үй мийманханасына айландырдық. Қараң, туризмди раўажландырыў ушын ҳәттеки өзиниң жасап атырған үйин де үй мийманханаға айландырыўға имканият жаратып берди. Исбилермен адам ҳеш қашан тоқтап қалмайды. Себеби бүгинги күнде жаратылып берилип атырған имканиятлар тоқтаўға жол қоймайды-дә. Бүгинги күнде шығып атырған қарарлар, жеңилликлер бизлерди алға умтылыўға ийтермелейди. Бурынлары күшим жетпеген, ақшам жетпеген болса, енди бир жақсылап жәҳән стандартларына жуўап беретуғын мийманхана қурыўды мақсет етип қойдым.
Мине усы мақсетлеримди 2025-жылы жойбарымды мәмлекетлик жойбарға қосып 3,5 миллиард сум кредит алғанман. Биз исбилерменлерге берилип атырған жеңилликтен пайдаланып, ең төмен ставкадағы 14 проценттен кредит алып, өзимниң әрман еткен 80 орынлық мийманхананы қурыўға еристим. Келип атырған туристлер, қарыйдарларымыздың барлығы рахмет айтып кетеди. Демек, буның ҳәммеси бизлерди бүгинги күнде мәмлекетимизди раўажландырыў ушын, тоқтап қалмаў ушын шығып атырған қарарлардың пайдасы деп ойлайман. Мен ҳеш қашан тоқтап қалғым келмейди.
Бүгинги күнде бизлер тек ғана Өзбекстан Республикасындағы туризмге барып қалмастан, туризм комитети арқалы сырт мәмлекетлерге, ярмаркаларға барып, өзимиздиң елимизди таныстырып келмектемиз. Арал теңизи қурып кеткенине қарамастан оның гөззаллығын дүньяға көрсетиў, Үстирт платосының үстинде ҳеш бир мәмлекетте жоқ каньюнларды тамаша еттириў инсанға эстетикалық заўық бағышлайды.
Бүгинги күнде мен баслаған исбилерменлик себепли 30 дан аслам адам жумыс пенен тәмийинленген. Қосымша және бир турагентликти жолға қойдық. Өзимиздиң жергиликли халықты сырт мәмлекетлерге алып барыў хызметлери бар.
Мине жақында Ҳиндстанға өмирлик жолдасымның денсаўлығы ушын барып едим. Исбилермен адам сонша пулды сарыплап барғаннан кейин бир идея излейди. Не қылса болар екен дегенде, бизлерде де сонша наўқас адамлар бар, жәрдемге мүтәж адамлар бар, медицинасы раўажланған Ҳиндстанда жүрип медициналық туризм ашамен дегенмен. Өзимиздиң халқымызға жәрдем берейик, оларға азғана болса да пайдамыз тийсин деп, екинши мәрте және Ҳиндстанға барып, алты ең үлкен клиникалар менен шәртнама дүздик. Ҳәзирги күнде мүтәж адамлардың емлениўи ушын Ҳиндстанға топар етип, өзим гид болып барып қайттым.
Енди медициналық туризмди де раўажландырмақшымыз. Жақында еки мийманханамның ортасындағы жерди кредитке сатып алдым. Қуда қәлесе елимизге келген туристлер ушын әжайып ресторан қурмақшымыз.
Бир сөз бенен айтқанда, бизлерге берилген имканият ҳәм жеңилликлерден ақылға уғрас пайдаланыў, елимиздиң раўажланыўына үлес қосыўды мақсет еткенбиз. Биздеги абаданластырыў, дөретиўшилик ҳәм қурылыс жумысларын тамашаламақшы болсаңыз, онда мийманханамызға хош келипсиз!
Дильфуза ЖИЕНБЕКОВА,
"MASSAGET NUKUS SERVICE"
кәрханасы директоры