Абу Райхан Беруний былай деп жазады: "Ҳәр бир инсанның қәдири өз жумысын қалай орынлап атырғаны менен өлшенеди". Сондай-ақ, Юсуф Хас Ҳажибтиң "Қутадғу билиг" шығармасында мийнетке дурыс ҳақы төлеў, басқалардың мийнетин әдил баҳалаў, қәдирине жетиў, материаллық мәпдарлық, кәсип-өнер ийелеў, күшли социаллық қорғаў мәселелерине үлкен итибар қаратылған. Автор бөлистириў қатнасықларына, олардың хошаметлеўши әҳмийетине итибар қаратады. Себеби, хошаметлеўши күшке ийе бөлистириў қатнасы өндирис процесин күшейтеди, жәмийет ҳәм халыққа пайдалы болады.
Юсуф Хас Ҳажибтиң атап өтиўинше, "Хызмет адамлары өз мийнетлериниң нәтийжесинен үмитте турады. Үмитин таппайтуғын хызметкер қыйналды. Бирақ, хызметкерлердиң барлығы да бирдей емес. Олар ҳәр түрли категорияларға бөлинеди. Хызметкерлердиң пайда келтиретуғынлары бар, сондай-ақ пайдасызлары да көп. Пайда келтиретуғын адамға хызметине мүнәсип түрде саўғалар бериў керек. Хызметине мүнәсип сыйлық алған хызметкер қуўанады. Адам деген нәрсе ҳайўанға тең емес ғой. Мине соны билип, оған әмел қылса, барлық жумыслар кеўилдегидей болады".
Регионымызда мийнет қатнасы түсиниги әсирлер даўамында қәлиплескен, халқымыз мийнет ҳуқықына әзелден инсанның пәк инсан ҳуқықы сыпатында қарап келген. Онда хызметкердиң мийнет ҳақысына қыянет етпеў, орынлаған жумысына мүнәсип ҳақы төлеў сыяқлы принциплер үстин болған. Ҳәтте мийнет ҳуқықы мәселесинде KPI, яғный орынлаған жумысына қарап үстеме төлеў системасы бизде бурыннан бар.
1995-жылы Өзбекстан Республикасы Мийнет кодекси қабыл етилди. Бундай ҳүжжет Уллы Британияда XIX әсирде, Японияда 1911-жылы, Канадада 1900-жылы, Францияда 1910-жылы қабыл етилгенин есапқа алсақ, мәмлекетимиз мийнет нызамшылығы бираз жас екенлиги анық болады. Мийнет кодексимиз 2022-жылы қайта редакцияда қабыл етилди. Оған шекем де көп мәртебе өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.
Мийнет кодексин бетлер екенбиз, ондағы көп тәртип-қағыйдаларға әмел етилмей атырғанын көрип билемиз. Олар арасында мийнет шәртнамаларының дүзилиўи, қадағалаўы жетерли дәрежеде тәмийинленбегени оғада әҳмийетли болып есапланады. Әсиресе, бул мәселе бойынша жеке меншик мийнет базары терең реформаға мүтәж.
Мақаланы жазыў ўақтында жеке меншик мийнет базарында жумыс пенен бәнт жаслар менен сәўбетлестик. Жуўмағымызға бола, жеке меншик мийнет базарындағы келисимлерде нызамшылық араласыўы оғада аз, ҳәттеки жоқ дәрежесинде.
Мәселен, көпшилик жеке исбилерменлердиң хызметкерлерди жумысқа алыў тәртиби оғада "әпиўайы". Бирде-бир талабан жумыс сораса, ҳеш қандай хат-ҳүжжетсиз, мағлыўматсыз жумысқа қабыл етиледи. Кәрхана басшысы қәлеген ўақытқа шекем сынаў мүддетин белгилейди. Негизинде бул сынақ мүддети де ҳеш қандай ҳуқықый тийкарға ийе емес. Хызметкер көрсетилген мүддет даўамында бийпул ислеп бериўи керек. Белгиленген мүддетте талабан үйренилип, жуўапкершилик бар-жоқлығына қарап, жумысқа алыныўы ямаса алынбаўы мүмкин.
- Хабарландырыўдан таўып, логистика менен шуғылланатуғын кәрханаға жумыс сорап бардым, - дейди Анвар атлы студент. - Компания басшысы мениң менен сәўбетлесип, жумыс бойынша билимимди сынап көргеннен соң, ҳақыйқатында да жумыс орны бар екенлигин, бирақ сынақ мүддетисиз жумысқа қабыл етилмейтуғынын айтты. Маған 1-2 ай сынақ мүддетин өтиўим кереклиги айтылды. Илажсыз болғанлығым себепли усынысты қабыл еттим. Тәжирийбем болғаны ушын жумысқа тез кирисип кеттим, 2-3 күннен кейин өз бетимше ислей басладым. Инсан бәри бир өзи қалай ислеп атырғанын жақсы биледи. Бир айға шамалас кемшиликке жол қоймаўға, тәртип-интизамға бойсыныўға ҳәрекет еттим. Ўақтында жумысқа келип, жумыстан кейин де өзимди раўажландырыў ушын қалып иследим. Бир айдан кейин басшыға жумысқа алыў мәселеси ҳаққында айтым. Сонда ол мен еле талапларына жуўап бере алатуғын хызметкер болып қәлиплескеним жоқ екенлигимди, қәлесем басқа компаниялардан жумыс излеп көриўим мүмкинлигин айтты. Енди мениң жағдайымды көз алдыңызға келтириң. Ол жерден кетиўиме туўра келди. Кейин еситкенимде, кәрхана басшысы ушын бул әдетке айланған екен. Яғный, оның турақлы ислейтуғын 2-3 хызметкери болып, маған уқсас жумыс сорап келгенлерди тек ғана сынаў мүддети бәнеси менен жумысқа алып, ислетип-ислетип болып, ҳәр қыйлы бәне менен компаниядан узақластырып жиберетуғын еди.
Ўақыяны айтып болғаннан кейин, "Буларды да қадағалаўшы шөлкем бар ма?" - дейди Анвар.
Жеке меншик сектордағы жумыс бериўшилердиң әдетлерин еситип, шынында да ҳайран қаласаң. Олардың көпшилиги жаслардың мийнетинен бийпул пайдаланыў ушын ҳәр қыйлы бәнелер ойлап тапқан. Бир жигит айтып береди:
- Пайтахттағы көзге көринген өндирис кәрханаларынан бирине жумысқа жайластым. Маған ҳәмме қатары айлық тайынланды. Жумысым қыйын емес, соның ушын оны толық орынлаўға ҳәрекет етемен. Буны көрген кәрхана басшылары қосымша тапсырмалар бере баслады. Әлбетте, бул ўазыйпаларды орынлаў ушын жумыстан кейин де қалыўыма туўра келетуғын еди. Кәрхананы аға-инилер ашқан. Иниси ис басқарыўшы еди. Ўақыт өтип, ол маған өзи орынлаўы керек болған ўазыйпаларды да жүклей баслады. Кеўлимде азырақ наразылық сезсе, "Айлығыңды арттырамыз, разрядыңды көтеремиз, усы ҳаққында мәсләҳәтлесип атырмыз", деп сөз баслайды. Солай етип арадан 2 жыл өтти, бирақ елеге шекем бир адамның айлығын алып, үш адамның жумысын ислейтуғын едим. Енди сабырым толып кеткен еди. Бир күни басшыларға жумыстан босап атырғанымды айттым. Соннан кейин бул мәселе туўралы ойланса керек, деген пикирде едим. Яқ, айтылмады. Бир мәрте де "жумыста қал, берилген ўәделерди орынлаймыз" дегени жоқ. Айлық ҳәм лаўазымды арттырыў ҳаққында бир аўыз да сөз болмады. Сонша мийнетим, жумсалған ўақтым, деп жумыстан боса кеттим. Соннан кейин менде жеке меншик кәрханаларда әдиллик жоқ, деген түсиник пайда болды.
Бүгин жеке меншик мийнет базарындағы хызметкерлердиң ҳуқықларын қорғайтуғын структураның жумысы улыўма сезилмейди. Бирақ, мийнет шәртнамасы дүзилген ўақытта тәреплердиң ҳуқықлары қорғалыўы керек.
Тәжирийбемизден келип шығып бир ўақыяны айтып өтпекшимен. Буннан алты ай бурын өндирис пенен шуғылланатуғын жуўапкершилиги шекленген жәмийетти ашқан едик. Ондағы финанслық мәселелерди шешиў ушын есапшыны жумысқа алғанбыз. Есапшы 4 хызметкердиң мағлыўматларын электрон бағдарламаға киргизип, рәсмий түрде жумысқа қабыл еткен. Яғный, төрт жумыссыз рәсмий жумыс орнына ийе болған, оларға турақлы мийнет ҳақысы белгиленген. Бирақ, арадан сонша ўақыт өткен болса да, кәсиплик аўқамлары да, басқа да шөлкемлер де бул хызметкерлер менен байланысып, ЖШЖның кадрларға қандай мүнәсибетте екенине қызығып көрмеген. Кәрхана басшысына кадрлар мәселесинде қандай қатнас жасаў ҳаққында түсиник берилмеген. Бирақ, жуўапкершилиги шекленген жәмийетти шөлкемлестириў де, оған хызметкерлерди жумысқа алыў да толық электрон әмелге асырылады, яғный буннан хабарсызр қалыў имканияты жүдә аз. Әйне усы мәселе бойынша юрист пенен сәўбетлескенимизде ҳәр бир кәрхана кәсиплик аўқамларына ағза болыўы ушын өзи мүрәжат етиўи керек, деп жуўап берген еди. Жумысы көзге тасланбай, барған сайын жас әўладтың қулағына жат болып баратырған кәсиплик аўқамлары, сондай-ақ, өзи баслама менен шықпай ма екен, деп таң қалар едим. Ҳәр бир инсан - мәмлекетлик шөлкемде болсын ямаса жеке меншик мәкемеде ислеп атырған болсын - қәўипсиз мийнет етиў ҳуқықына ийе болыўы керек.
Илимпазлардың атап өтиўинше, жақын келешекте мәмлекетлик шөлкемлерде ислейтуғын хызметкерлердиң үлеси азайып барады. Себеби мәмлекетлик хызметлерди санластырыў барған сайын ғалаба ен жаймақта. Бул өз-өзинен адамлардың жеке меншик мийнет базарындағы үлеси артып барады, дегени.
Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытта раўажланған мәмлекетлерде халықтың 80 проценттен асламы жеке меншик секторда жумыс алып бармақта. Бул процесс регионымызда да барған сайын жеделлесип бармақта. Мәселен, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында экономикада жеке меншик сектордың үлесин арттырыў белгиленген. Оған тийкарланып мәмлекетлик емес сектордың үлесин 85 процентке жеткериў, мәмлекетлик үлеси бар 2,3 мың кәрхана санын 6 есеге азайтыў нәзерде тутылған. Бул дегени келешекте басқа тараўларда да мәмлекеттиң үлеси барған сайын азайып барады.
Келешекте мийнет базарында мәмлекеттиң қатнасы кемейип, жеке меншик сектордың үлеси артып барар екен, демек, оның тийкарғы драйвери болған хызметкерлердиң ҳуқықларына да усындай мүнәсибетти даўам еттириў өзин ақламайды.
Жонибек АЛИЖОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы