Мәмлекетлик бағдарламада сәўлеленген раўажланыў жигери

    ямаса мәмлекетти социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда мәмлекетлик бағдарламаның орны қандай?

    Ҳәр қандай табыс, раўажланыў жолы анық мақсет ҳәм ўазыйпалар және оларды нәтийжели әмелге асырыў, яғный қатаң тәртип-интизам, режели мийнетке таянады. Айтайық, сиз бир тараўдың шын мәнисинде жетик қәнигеси сыпатында жәмийетте өз орныңызға, жәмәәтиңизде ҳүрмет-иззетке ерисиўди қәлейсиз. Бул сизиң қәлеўиңиз, басқаша айтқанда - қәлеў. Бирақ мақсет емес. Қашан қәлеўди әмелге асырыў жолларын дүзип, әмелге кириссеңиз, бул мақсетке айланады.

    Жәмәәт, жәмийет ямаса мәмлекет көлеминде де раўажланыўға ерисиў жолы дерлик усындай. Тийкарғы айырмашылығы, буларда улыўмалық бар, яғный бир мақсет жолында көпшиликтиң биргеликте, аўызбиршиликте нәтийжели мийнет етиўи. Усы көзқарастан, соңғы ўақытларда мәмлекетимизде стратегиялық әҳмийетке ийе қабыл етилип атырған ҳүжжетлер, бәринен бурын, улыўмахалықлық додалаўға қойылып, ўатанласларымыздың тилек-өтинишлери тийкарында жетилистирилип атырғаны жаңа Өзбекстанды қурыў жолында гөзленген үлкен ҳәм уллы мақсетлеримизге ерисиўде қол келмекте.

    Президентимиздиң 2025-жыл 7-февральдағы пәрманы менен тастыйықланған "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында да усындай пикирди билдириў мүмкин. Онда 2025-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси, ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары дизими, мақсетли көрсеткишлер, аймақларда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қуўатлықларын енгизиў, бәҳәр-гүз мәўсимлеринде "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде мәҳәллелерде тереклер егиў бойынша реже сыяқлы әҳмийетли илажлар өз көринисин тапқан.

    Мәмлекетлик бағдарлама жәмийетимиздиң талап ҳәм тилеклерин есапқа алған ҳалда дүзилген болып, бәринен бурын, халқымыздың турмыс сапасын арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Оның тийкарғы бағдарлары қандай ҳәм бағдарламаны әмелге асырыўда пуқаралық жәмийетиниң роли нелерден ибарат? "Юксалиш" ҳәрекетиниң баслығы Бобур Бекмуродов пенен сәўбетимиз усы темаға бағышланды.

    - Өзбекстанда ҳәр бир жыл белгили бир атама менен аталып, усы тийкарда мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылыўы дәстүрге айланған, - дейди Б.Бекмуродов. - Бул қатнас мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын белгилеў ҳәм халықты әҳмийетли мәселелерге тартыўда үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын, бундай әҳмийетли ҳүжжетлерди ислеп шығыўда миллий әмелиятымыз бенен бирге, сырт ел тәжирийбесин де үйренемиз.

    Бул бағдарда раўажланған мәмлекетлерде көбирек узақ мүддетли стратегиялық режелер қабыл етиледи. Мәселен, Германияда "Жасыл келешек" бағдарламасы экологиялық машқалаларға қаратылған болса, Қубла Кореяда бес жыллық миллий раўажланыў режелерине тийкарланған система әмел етеди.

    Өзбекстан тәжирийбесиниң олардан тийкарғы айырмашылығы - узақ мүддетли стратегия (ҳәзир "Өзбекстан - 2030") шеңберинде ҳәр жылы өз алдына темалар тийкарында раўажланыў бағдарламасын кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында қәлиплестириў ҳәм оны жәмийет пенен биргеликте әмелге асырыў болып есапланады.

    - Мәмлекетлик бағдарламаларды халықшыл ҳүжжет деп айта аласыз ба? Оның халықшыллығы анық нелерде көринеди?

    - Бәринен бурын, халықшыл ҳүжжет қайсы талапларға жуўап береди, деген сораўға анықлық киргизсек. Демек:

    - бағдарлама жойбары экспертлер, тараў қәнигелери тәрепинен таярланып, кең жәмийетшиликтиң додалаўына усынылады ҳәм халықтың усыныслары тийкарында ислеп шығылады;

    - пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында әҳмийетли машқалаларға шешим изленеди;

    - бағдарламалардың орынланыўын бақлап барыў ушын арнаўлы платформа ҳәм мониторинг системалары енгизиледи.

    Кейинги жыллары Өзбекстанда қабыл етилип атырған әҳмийетли ҳүжжетлер, әсиресе, раўажланыўға тиккелей байланыслы болған стратегиялық ҳүжжет жойбарларын таярлаўда кең жәмийетшилик, сондай-ақ, сырт елли экспертлер ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң пикир-усынысларын үйрениўге айрықша әҳмийет қаратылып атырғаны сыр емес. Жәмийетлик додалаў ҳүжжетлердиң халық талабынан келип шыққан ҳалда турмыслық ҳәм халықаралық талапларға сәйкес болыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

    5 әҳмийетли бағдардан ибарат мәмлекетлик бағдарламаның мазмуны, онда белгиленген тийкарғы мақсетлер тийкарынан халқымыздың абадан турмысы, қәўипсиз ҳәм саламат жасаўын нәзерде тутады. "Жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы ықлымның өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў, "жасыл транспорт"ты енгизиўге қаратылған мақсетлер бүгинги экологиялық жағдайда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    - Мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда пуқаралық жәмийетиниң роли қандай болмақта?

    - Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўде пуқаралық жәмийети институтлары да белсене қатнасады. Бул бағдарда мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўы жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алған ҳалда сын көзқарастан үйренип барылады.

    "Юксалиш" ҳәрекети өткен жылы мәмлекетлик бағдарлама ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық комплексли раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы бойынша ҳәр айда барлық жуўапкер уйымлар ҳәм министрликлерден мағлыўматлар алып, оларда белгиленген ўазыйпалар, атап айтқанда, ҳәр бир бәнттиң өз мүддетинде ҳәм зәрүр дәрежеде орынланыўы бойынша мониторинг өткерди. Мониторинг таллаўларында 1000 нан аслам түрли объект үйренилип, нәтийжеси бойынша Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңеси ҳәм Президент Администрациясына анық усыныслар киргизилген. Министрлик ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларына 120 дан аслам мағлыўмат ҳәм усыныслар жиберилди.

    Соған муўапық, 54 жәмийетлик тыңлаў шөлкемлестирилди, олардан 6 ўы Олий Мажлис Сенаты менен биргеликте өткерилди.

    Жыл даўамында халық депутатлары районлық кеңеслерине 21, ўәлаятлық кеңеслерге 25 мәселе киргизилип, орынланыўы унамлы тәмийинлениўине ерисилди. Тап усындай, жәмийетлик жойбарлар (резонанслы темалар) алға қойылып, 61 машқала шешилди.

    - Усы жылғы мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў процесинде халық ҳәм экспертлер тәрепинен қайсы бағдарлар көбирек додаланды?

    - Быйылғы мәмлекетлик бағдарлама мәмлекетимиз турмысы ушын үлкен әҳмийетке ийе болған ең әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, "жасыл раўажланыў" бағдарында Өзбекстанның өзине тән раўажланыў жолын белгилеп беретуғын ҳүжжет болды, десек асыра айтқан болмаймыз. 5 тийкарғы бағдарды қамтып алған бул бағдарламада халықтың саламатлығын беккемлеў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў, республикамыз энергетика балансында қайта тиклениўши энергия үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ири "жасыл" электр станцияларын қурыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Додалаўларда да әне усы бағдарда пикир-таласлар көбирек болды.

    Экспертлер ҳәм халық тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар есапқа алынған ҳалда быйыл "жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы ықлымның өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў нәзерде тутылмақта. Республика энергобалансында қайта тиклениўши энергия үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ири "жасыл энергия" станцияларын қурыў, аймақларда киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын кеңейтиў, халықтың үйлеринде қуяш панеллерин орнатыўды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылады.

    Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда заманагөй энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў арқалы экономикада "углерод изи"н азайтыў және экологиялық турақлылыққа бағдарланған аймақлар ҳәм тармақлараралық муўапықластырыўды тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар да кеңейеди.

    Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў кең көлемли мәселе. Бул бағдарда гөзленген мақсетке ерисиў ушын пүткил жәмийеттиң аўызбиршилиги ҳәм тилеклеслиги талап етиледи. Әсиресе, халықтың белсене қатнасыўысыз белгили бир нәтийжеге ерисиў қыйын. Мине, усы тәреплер итибарға алынып, мәмлекетлик бағдарламада экологиялық машқалаларды шешиўде ўатанласларымыздың белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылғаны әйне пайдалы болды.

    Атап айтқанда, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экологиялық жойбарларға үнлес тәризде енди және бир қатар жаңа жойбарларға қол урылады. "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўма миллий ҳәрекети солардан бири.

    Экологиялық принциплерди өзиниң күнделикли турмысына енгизиўде жоқары көрсеткишлерге ерискенлерге "Экобелсенди пуқара" статусы бериледи ҳәм олар ушын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда 10 процент шегирме ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған банклерде тутыныў кредитин алыўда шегирме усыныс етиледи. Шаңарақтың барлық ер жеткен ағзалары "Экобелсенди пуқара" статусын алғанда, бул шаңараққа "жасыл шаңарақ" статусы бериледи. Бундай шаңарақларға ҳәр жылы ашық таңлаў арқалы 14 электромобиль бериў нәзерде тутылмақта.

    Халқының ярымы "жасыл шаңарақ" статусын алған мәҳәллелерде "Ең таза мәҳәлле" ҳәм "Ең жасыл мәҳәлле" таңлаўлары өткериледи. Жеңимпаз мәҳәллелер қорына сол аймақта жасайтуғын халықтың усынысларын үйренген ҳалда мәҳәллениң ишки инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажларын қаржыландырыўға жәрдемлесиледи.

    Атап айтқанда, жолларды оңлаў, энергияны үнемлейтуғын жақтыландырыў үскенелерин орнатыў, балалар майданшасын қурыў, "жасыл бағ" жаратыў ҳәм отырғышлар орнатыў, шығынды жыйнаў майданшасын қурыў, шығынды қутыларын ҳәм контейнерлерди орнатыўға 500 миллион сум ажыратыў нәзерде тутылмақта.

    Мәҳәллелердиң экологиялық көринисин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын жаратыўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттириледи. Усы мақсетте халық ушын қурылып атырған пиядалар ҳәм өз алдына велосипед жолларының бойында тереклер ҳәм басқа да өсимликлерди егиў арқалы "Саялы сейил көшелери" тармағы жаратылады. Жағалық ҳәм дәрья бойларында 80 инфраструктура объекти ҳәм 110 километрден аслам саламатландырыў жолы қурылады. Жаўын ҳәм ақаба суўдан нәтийжели пайдаланыў, мәҳәллелердеги тереклерди заманагөй суўды үнемлейтуғын технологиялар арқалы суўғарыў системасын енгизиў нәтийжесинде жасыллық дәрежесиниң арттырылыўына ерисиледи.

    "Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәм "Мениң бағым" жойбарлары шеңберинде 200 миллион түп терек ҳәм пута егилиўи, "жасыл бағлар" ҳәм "жасыл жәмийетлик парклер"де қуяш панеллери жәрдеминде қуўатландырылатуғын жақтыландырғышлардан пайдаланыў да экологиялық орталықты жақсылаўда өз нәтийжесин береди.

    Шаң-тозаңларға қарсы гүресиў бүгинги күнге келип пүткил дүньяда глобал машқалаға айланды. Бундай қолайсыз экологиялық жағдайдың унамсыз тәсирин биз де қатты сезип атырмыз. Сонлықтан, бул мәселелерге қатаң қатнас жасалып, бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

    Атап айтқанда, атмосфера ҳаўасының патасланыўының алдын алыў, санаат кәрханалары ҳәм ыссыханаларда шаң-газ ҳәм жергиликли суў тазалаў үскенелерин басқышпа-басқыш орнатыў бойынша бағдарлама ислеп шығып, орынланыўын тәмийинлеў белгиленди. Буның ушын экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге үлес қосқан ислеп шығарыўшыларды хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-сентябрьден баслап исбилерменлик субъектлерин "жасыл исбилермен" сыпатында тән алыў нәзерде тутылмақта. Бундай статусқа ерискен исбилерменлер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланады.

    Сондай-ақ, экономиканы декарбонизациялаў ҳәм ықлымның өзгериўине бейимлесиўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў мақсетинде "жасыл қаржыландырыў" системасын қәлиплестириў бойынша миллий бағдарлама ислеп шығылатуғыны белгиленди. Бундай ийгиликли жумыслар жәмийетимиздеги реформаларда халқымыздың белсендилигин арттырыўда, елдиң тәғдирине байланыслылық сезимин күшейтиўде өз нәтийжесин береди.

    - Нызам үстин болған демократиялық мәмлекет, ашық-айдын, әдил жәмийет қурыў елимиздеги реформалардың әҳмийетли бағдарына айланған. Бул процессте пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик басқарыў, экономикалық ҳәм сиясий процесслердеги қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетлик бағдарламада бул мәселелерди шешиў бойынша анық илажлар нәзерде тутылған ба? "Юксалиш" ҳәрекети бул бағдарда қандай жумыслар ислемекте?

    - 2024-жылы да халықаралық шөлкемлер менен жедел бирге ислесиўди даўам еттирдик. Жыл даўамында Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы, Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлиги, UNICEF, Евроазия фонды, KOICA, Латвия Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Германия Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў министрлиги (BMZ), "Регионаллық қарым-қатнас" халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкеми сыяқлылардан елимиздиң раўажланыўы ушын 1,5 миллион доллардан аслам қаржы тартыўға ерисилди.

    Атап айтқанда, "Халықаралық ҳуқықты Өзбекстанда қолланыў сапасын арттырыў" (ЕQUAL) үш жыллық жойбары жуўмақланды. Жойбар шеңберинде бир қатар жәмийетлик додалаўлар ҳәм конференциялар өткерилип, БМШтың Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын әмелге асырыў, пуқаралық жәмийетиниң роли, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды зорлықтан қорғаў илажлары, сондай-ақ, көркем дөретиўшилик еркинлиги ҳәм басқа да мәдений ҳуқықларды қорғаўға байланыслы мәселелер додаланды.

    Улыўма алғанда, 20 дан аслам халықаралық шөлкем менен бирге ислеспекте. Олар менен бирге ислесиў шеңберинде 3 қалаға балалар ҳәм жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын 30 мың доллардан қаржы ажыратылды. 5 жойбар ушын 15 мың доллар баҳасында киши грантлар усыныс етилди.

    2 МКШ ҳәм Жәмийетлик сиясат мектеби шөлкемлестирилди. Аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм майыплығы болған 650 ден аслам жасқа бийпул ҳуқықый ҳәм психологиялық мәсләҳәтлер берилди, 460 тан аслам жас кәсипке оқытылды.

    Алпысқа шамалас изертлеў ҳәм сораўнама, тренинг ҳәм мәсләҳәт ушырасыўы өткерилип, мыңнан аслам пуқара қамтып алынды. Төрт жүзге шамалас жәмийетлик мониторинг шөлкемлестирилди. 100 ден аслам жәмийетлик додалаў ҳәм тыңлаў өткерилди.

    Президент Администрациясы, Олий Мажлис, Министрлер Кабинети ҳәм басқа да орайлық уйымларға 15 аналитикалық мағлыўматнама және 359 аналитикалық материал жергиликли мәмлекетлик уйымларға киргизилди.

    Жәмийетлик мониторинглердиң нәтийжелилигине айрықша итибар қаратылды. Анықланған қәте-кемшиликлердиң мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен сапластырылыўы тәмийинленди.

    Халықтың социаллық кейпиятына тәсир көрсететуғын бир неше мәселелер бойынша мәмлекетимиз басшысына жеке мағлыўмат ҳәм усыныслар киргизилди. Жаңадан қурылып атырған имаратлардың сейсмикалық қәўипсизлигин баҳалаў системасын үйрениў нәтийжелери, жәмийетлик транспорттағы машқалалар, "Басламалы бюджет" процесин үйрениў нәтийжелери бойынша усыныслар усылар қатарына киреди. Нәтийжеде Бас прокуратура ҳәм тийисли қадағалаў уйымларына тапсырмалар түсирилди.

    - 2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламадағы илажларды турмысқа енгизиў, бул процесстеги алдынғы тәжирийбелерди елимизде ҳәм сырт елде кеңнен ен жайдырыў бағдарында "Юксалиш" тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылады?

    - "Юксалиш" ҳәрекети жумысын жеделлестирип, жаңа ўазыйпаларды әмелге асырыўды режелестирмекте. Президентимиздиң 2024-жыл 26-августтағы "Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, енди ҳәр жылы жәмийетлик кеңеслердиң жумыс нәтийжелилиги баҳаланады. Бул изертлеўлердиң нәтийжелери "Юксалиш" ҳәрекетиниң рәсмий дәреклеринде жәрияланады.

    Сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша және жәмийетте әҳмийетли болып турған темаларда Олий Мажлис Сенаты менен биргеликте жәмийетлик тыңлаўлар, жәмийетлик мониторинг өткерилиўи нәзерде тутылған.

    Өзбекстанда социаллық исбилерменликти раўажландырыў ҳәм социаллық исбилерменлерге жәрдемлесиў мақсетинде 25 социаллық исбилерменлик жойбарын әмелге асырып атырған исбилерменге қәнигелерди тартқан ҳалда тренинглер өткериў, "Ҳаёт улаш" акциясы шеңберинде 2 ўәлаяттың шетки аймақларында халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў ушын қудықлар қазыў, республика бойлап 2000 нан аслам халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў сыяқлылар режелестирилген.

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    Баҳор ХИДИРОВА сәўбетлести.