Алдын Наўайы ўәлаятының санааты ҳаққында сөз болғанда, тийкарынан, Наўайы кән-металлургия комбинаты, "Наўайыуран", "Наўайыазот", "Қызылқумцемент" сыяқлы ири тармақ кәрханалары нәзерде тутылған. Инвестициялар да, жумыс орынлары да, экономикалық өсиў де усы кәрханалардың жумысына тиккелей байланыслы еди.

Аймақларды комплексли раўажландырыў, экономиканы диверсификациялаў ҳәм жаңа өсиў ноқатларын анықлаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесинде ири тармақ кәрханаларының жумысына байланыслы болмаған аймақлық инвестициялар көлеми 2025-жылы 1,4 миллиард долларға жетти. Бул көрсеткишти 2026-жылы 2 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Соның менен бирге, өткен жылы ўәлаятта макроэкономикалық турақлылық тәмийинленди. Жалпы аймақлық өним 7,7 процентке өсип, 168 триллион сумды қурады. Санаат өнимлерин ислеп шығарыў 8,3 процентке, аўыл хожалығы 4,7 процентке, хызмет көрсетиў 13,7 процентке өскени атап өтилди. 161 мың жаңа жумыс орны жаратылып, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежеси 4,2 процентке азайған.

Президентимиз ҳәр бир район ҳәм қаланың салыстырмалы үстинлигинен келип шығып раўажландырыў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Атап айтқанда, Нурат ҳәм Ғазғанда - безек таслары ҳәм туризм, Тамды ҳәм Үшқудықта - таў-кән санааты, Нәўбәҳәрде - тоқымашылық ҳәм бағшылық, Кенимехта - жайлаў шарўашылығы, Зарафшанда - зергерлик ҳәм ИТ, Карманада - химия санааты ҳәм мәдений туризм, Наўайы қаласында - машина қурылысы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында үлкен потенциал бар.

Соның менен бирге, районлар кесиминде санааттың раўажланыўы бир тегис емеслиги атап өтилди. Ўәлаят бойынша халықтың жан басына санаат өниминиң көлеми 177 миллион сум болса да, Тамды, Нурата, Хатирчи, Нәўбәҳәр ҳәм Қызылтепа районларында бул көрсеткиш мәмлекет бойынша орташа көрсеткиштен төмен. Тамды ҳәм Нурата қалалары болса мрамор, кварц, базальт сыяқлы тәбийғый байлықларға бай.

Соның ушын Нурата районында 50 гектар майданда гранит санаат паркин, гранитти қайта ислеў кластери ҳәм безеў таслары базарын шөлкемлестириў, Хатирчи районында 50 гектар майданда киши санаат зонасын шөлкемлестирип, онда 100 миллион долларлық жоқары дәраматлы жойбарларды жайластырыў бойынша усыныслар мақулланды. Сондай-ақ, безеў тасларын ислеп шығарыўды бир неше есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Бул қуўатлықларды маман кадрлар менен тәмийинлеў ушын Наўайы санлы технологиялар техникумында кәншилик ҳәм химия санааты ушын қәнигелер таярлаў орайы шөлкемлестириледи.

Усы жылы ўәлаятқа 4,2 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартып, экспорт көлемин 1,5 миллиард долларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте ўәлаяттағы киши ҳәм орта кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, локализациялаў процесслеринде олардың қатнасын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығындағы имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны, ўәлаяттағы 9 миллион гектар жайлаў майданы қойшылық, түйешилик ҳәм жылқышылықты экономиканың драйверине айландырыў ушын жетерли екени көрсетип өтилди. Шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде 2026-жылы қарамал, нәсилли түйе ҳәм атлар алып келинеди, жайлаўларда қудық қазыўға 150 миллиард сум ажыратылады.

Улыўма етип айтқанда, ўәлаятта 3,3 миллион гектар жайлаў жойбар тийкарында аўыл хожалығы айланысына киргизиледи. Қытайдың бул бағдардағы тәжирийбеси тийкарында шөллениўге қарсы гүресиў илажларын әмелге асырыў бойынша тапсырма берилди.

Наўайы ўәлаяты елимизде билимлендириў тараўында жетекши аймақлардан бири болып есапланады. Жоқары билимлендириўге қамтып алыў 71 процентти қурап, өткен жылы 10 мектептиң питкериўшилери жоқары оқыў орынларына кириў бойынша 100 процент нәтийжеге ерискен.

Жаңа оқыў жылынан Наўайы ҳәм Зарафшан қалаларында "Бир мектеп - бир ИТ класс" принципи тийкарында қәнигелескен класслар ашыў усыныс етилди. Оның ушын ўәлаяттың 100 оқытыўшысы пайтахтымызда ҳәм сырт еллерде ИТ ҳәм жасалма интеллект бойынша қәнигелигин арттырады, Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Зарафшан филиалында жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлик бойынша күндизги билимлендириў бағдарламасы жолға қойылады.

Мәжилисте туризм тараўына да тоқтап өтилди. 2026-жылы Наўайы ўәлаятына 600 мың сырт ел ҳәм 3 миллион жергиликли туристлерди тартыў, 72 жаңа орналасыў орны ҳәм 500 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Буның ушын район ҳәм қала орайларында жайласқан 65 мәҳәллени өз-ара байланыстыратуғын көшелерде, жағалық ҳәм жол бойларында саўда, кеўилашар ҳәм дем алыў орынлары қурылады. Буннан тысқары, туризм потенциалы жоқары болған 18 мәҳәлледе мийман үйлери шөлкемлестириледи. Халықаралық жоллар бойындағы 15 мәҳәлледе де саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң жумысы жолға қойылады.

Нурота районында миллий кестешилик орайын ашыў, Хатирчи районында туризмге қолайлы Лангар ҳәм Ангидон мәҳәллелерин раўажландырыў, Нурота ҳәм Конимех районларында 4 туристлик аўылға айландырыў режелестирилген.

Шараяты аўыр районлар қатарына киретуғын Нәўбәҳәрде Сармысай әтирапында дем алыў зонасын шөлкемлестириў бойынша мастер-реже ислеп шығып, туристлердиң ағымын 3 есеге арттырыў, 200 ден аслам жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Наўайы қаласындағы Әлийшер Наўайы бағы, Жаслық көли ҳәм оларға тутас аймақлар заман талапларына толық жуўап бермей атырғаны атап өтилди. Бул орынларды бирден-бир концепция тийкарында раўажландырыў арқалы халықтың дем алыўы ушын қолайлы ҳәм заманагөй инфраструктура жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Кармана қаласында туризмди раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар. Кармана әййемги заманларда Уллы жипек жолы бойында жайласқаны себепли бул жерде Самарқандтан Бухараға келетуғын туристлердиң итибарын тартыў ҳәм олардың бул жерде болыў мүддетин және бир күнге созыў имканияты бар. Усы мүнәсибет пенен Қасымшайх ханақасы ҳәм Мырсаид Баҳром мақбарасы, Ески қала базары ҳәм "Жаңа әў" бағы негизинде "Әййемги Кармана" мәдений-туризм орайын шөлкемлестириў усынысы қоллап-қуўатланды.

Саудия Арабстаны, Қатар ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбесин есапқа алып, Наўайы ўәлаятының үлкен бөлегин ийелеген шөл ҳәм жайлаўларда туризмди раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Социаллық ҳәм инженерлик инфраструктураны жақсылаў жумысларын даўам еттириў бойынша тапсырмалар берилди. Атап айтқанда, 2026-2028-жылларда Наўайы, Зарафшан, Үшқудық ҳәм Зафарабад қалаларында 312 километр ишимлик суўы ҳәм 124 километр ақаба суў қубырларын басқышпа-басқыш жаңа қубырларға алмастырыў режелестирилген. Сондай-ақ, аймақтағы барлық мектеп, бақша ҳәм медицина мәкемелеринде заманагөй санитариялық шараятлар жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы билдирилген реже ҳәм усынысларды мақуллап, олардың орынланыўы халық турмысына анық өзгерислер алып келиўи керек екенлигин атап өтти ҳәм жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.