Жас өспирим ўақтымызда үлкен жастағылардың ис-ҳәрекетине ашыўланатуғынымыз да бар гәп. Кемпир-ғаррыларымыздың шаңарақ шырақларын өширип жүриўи, краннан сорғалап турған суўды тоқтатыўы ямаса пәсейтиўи, дастурхандағы нан қалдығын ҳәм теректен төгилип атырған мийўелерди бир шетке жыйнап, олардан шырылдаўық ҳәм қурытылған гөш таярлаўын мисли зиқналық деп қабыл ететуғын едик. Мине енди олар ислеген исти өзимиз тәкирарлаў менен бәнтпиз.
Бул жасларда, нәресте жүреклерде үнемлилик мәденияты қәлиплеспегенинен, үнемлилик пенен қызғаншақлық бир-биринен парықлы түсиник екенин аңламағанлығынан дерек береди. Усы жерде үнемлеўге болған мүнәсибетиңиз қандай екенине айырым тармақ ҳәм бағдарлар бойынша нәзер тасласак.
Усы жылдың февраль айында мәмлекетимиз басшысы энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысыў даўамында Япония тәжирийбеси тийкарында тутыныўшылардың энергияны үнемлеў мәдениятын арттырыў мәселесине итибар қаратқан еди. Буны балаларға мектеп жасынан-ақ сиңдириў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилген еди.
Усы мақсетте Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Өзбекстан - Япония жаслар инновация орайы менен биргеликте энергия жумсалыўы саўатлылығы жойбарын әмелге асырмақта. Ҳәзирги ўақытта бул процесс ушын өз алдына қолланба ислеп шығылған. Пайтахт мектеплеринде енгизиле баслаған жойбар басқышпа-басқыш мәмлекетимиздиң басқа аймағында да ғалаба ен жайдырылады.
Ҳақыйқатында да, дәслептен үнемлеўге үйретиў арқалы балаларда жуўапкершилик ҳәм саналы тутыныў мәдениятын қәлиплестириў мүмкин. Басқаша айтқанда, жәмийеттеги ҳәр бир пуқараның үнемлеўши болыўы мәмлекет экономикасына унамлы тәсир көрсетеди. Энергия, суў, азық-аўқат ҳәм басқа да ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы турақлы раўажланыў тәмийинленеди.
Үнемлеў мәденияты - келешек әўлад алдындағы жуўапкершилик, ертеңги күн ушын тийкар. Оны ҳәр бир пуқараның турмысына енгизсе, тек ғана жеке турмысы емес, ал пүткил жәмийеттиң раўажланыўына үлкен үлес қосады.
Усы жыл 26-мартта энергия ресурсларын үнемлеў, тутыныў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў илажлары бойынша өткерилген мәжилисте ири санаат кәрханаларында энергия үнемлеўши қурылмалар орнатыў ҳәм энергия шығынларын азайтыў бойынша анық илажлар көриў ҳәм 2025-жылы 1,1 миллиард куб метр газ, сондай-ақ, 2,6 миллиард киловатт саат электр энергиясын үнемлеўге байланыслы ўазыйпалар белгиленди. Демек, үнемлилик тек халық ямаса физикалық шахслар емес, юридикалық шахс түриндеги субъектлер ҳәм өндирис кәрханалары алдына қойылып атырған талап.
Ишимлик суў мәселесинде де тап усындай әҳмийетлилик бақланады. Таллаўларға бола, елимизде ишимлик суўды ысырап етиў жағдайларының көпшилиги есаплағыш орнатылмаған тутыныўшылардың үлесине туўра келеди. Нызамшылыққа тийкарланып, суўды есапқа алыў үскенеси болмаған жағдайларда суў тәмийнаты хызметлери ушын халыққа белгиленген тарифке 1,5 арттырыўшы коэффициентти қолланыў жолы менен есап-санақ етиледи. Усындай жағдайлардың алдын алыў ушын да халықтың үйлерин толық электрон есаплағыш пенен тәмийинлеў белгиленген. 2021-жылы бул көрсеткиш 52 процентти қураған болса, бүгин 80 процентке жетти.
Бүгин көпшилик ўатанласларымыз ресурсларды пайдаланғаны ушын төлем баҳасының артып баратырғанын түрлише талқыламақта. Егер үнемлеў мәдениятын өз денемизде қәлиплестирмесе, ой-пикиримизди реформалап, ҳәр бир қәрежетке ақылға уғрас қатнаста болмасақ, баҳа өсиўде даўам ете береди. Бизден талап етилип атырған үнемлеў мәдениятын өзлестириў болса ўақыт келип төлемлердиң муғдарын азайтыў имканиятын береди.
Себеби жақынға шекем қала ҳәм районларда суў тамтарыслығы, көп қабатлы турақ жайларда суўық суў бир неше саат берилиўи, шетки аймақларда болса адамлар узақ аралықтан суў тасып келиўи жағдайлары бақланатуғын еди. Ямаса электр, газ тәмийнатындағы үзилислер көпшиликти қыйнап киятырған машқала болған ғой! Көплеген мәмлекетлерде миллионлап адамлар таза ишимлик суўға шөллеп, бир шелек суў ушын жәнжеллер болып атырған бир ўақытта биз таза ишимлик суўды кранлардан ағызып қояр едик. Себебин сорасаңыз, "Суўықта тоңып қалады", деп сылтаў табылар еди. Ямаса таза ишимлик суўы менен егинлеримизди суўғарыў, машиналарымызды жуўыў, ҳәўлилеримизди, көшелеримизди салқынлатыў ушын себиў әдеттеги жағдай болған. Ғарбыз-қаўын, ишимликлерди салқынлатыў ушын олардың үстинен саатлап ишимлик суўын ағызып қоятуғынлар бар. Буны ысырапгершиликтен басқа не деў мүмкин?
Бүгин санлар физикалық ҳәм юридикалық тәреп статусындағы тутыныўшылар тәбийғый ресурсларға бурынғыға қарағанда әдеўир үнемли қатнаста болып атырғанын көрсетпекте. Бирақ инсан ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы ушын тек ғана энергия ресурслары менен ишимлик суўды үнемлеўдиң өзи жетерли емес ғой. Бул бағдарда қәлиплесетуғын мәдениятымыз бенен мақтанатуғын пурсатты жақынластырыў ушын бизден және пул, ўақыт, азық-аўқат жумсалыўы ҳәм тутыныўына да инсаплы қатнас жасаў талап етиледи.
Тийкарында үнемлиликтиң формуласы онша қурамалы емес. Үнемлеў - ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыў, ысырап етпеў, келешек ушын жыйнаў, мақсетке муўапық сарплаў процеси. Ол өз ишине тек ғана жеке финанслық үнемлеўди емес, ал миллий экономика, орталық ҳәм жәмийет алдындағы жуўапкершиликти де қамтып алады.
Ысырапгершилик - ырысқаға қыянет
Биз гейде үнемлиликти кәмбағаллық пенен алжастырамыз. Негизинде бул екеўи пүткиллей басқа түсиниклер. Үнемлеў тек ғана пулды сақлаў емес, ал тәбиятты, орталықты, инсан мийнетин қәдирлеў демек. Артықша жанған ҳәр бир шыра, ҳәр бир шығынды, бийкар өткерилген ҳәр бир минут ысырап болып есапланады. Тәртипли адам тек өзи ушын емес, ал пүткил жәмийет, келешек әўлад ушын да жасайды. Оның ҳәр бир ақылға уғрас ҳәрекети артында тыныш, абадан ҳәм турақлы турмыс кешириў тилеги жәмленген.
Шайх Мухаммед Садық Мухаммед Юсуптиң "Исырап" китабынан алынған мынаў үлкен бир мақаланың мазмуны жәмленген, нәзеримизде.
"Исроф" сөзи араб тилинде "ҳаддан асыў" мәнисин билдиреди. Аллаҳ таала Қураны кәримде былай деген: "Ишиңлер, жеңлер ҳәм ысырап етпеңлер. Себеби, ол ысырап етиўшилерди сүймес" (Әроф сүреси, 31-аят). Демек, жеп-ишиўде де ысырап етиўге болмайды екен.
Жеп-ишиўде ысырап етпеў керек екен, демек, басқа ҳәр бир исте де ысырап етиўге жол қоймаў керек болады. Биз жеп-ишиўде ысырап етпеў дегенде нени түсинемиз? Көпшилигимиз жеп-ишип, тойынғаннан кейин артып қалған нәрсени таслап жибериўди ысырапгершилик деп түсинемиз.
Негизинде бундай емес. Шәрият бойынша, керегинен артық жеў де ысырап болады. Расулуллаҳ (алайҳиссалам) жеўде, ишиўде инсан қарнының үштен бири азықлық ушын, үштен бири суйықлық, суў ушын ҳәм үштен бири ҳаўа ушын болыўы кереклигин буйырған. Буннан артығы ысырап болады. Бул исти ислегенлер Аллаҳ жақпаған исти ислегени ушын Оның муҳаббатынан айырылады...
Ысырапшылықты турмыстың барлық тараўында көриўге болады. Мысалы, электр лампаларын алайық. Итибар берсек, жасларымыз бир бөлмеге кирип, шыраны жағып, жумысын питкереди, бирақ шығып кетерде оны өширип қойыўды умытады. Жағылған шыра үш-төрт күнге шекем өшпей турады. Және бир мысал: ҳәзир автомобиллер оғада көбейген, бирақ олардың қәдирине жетиў жоқ. Автомобиллерден пайдаланыўда, оларды сақлаўда да көп ысырапгершиликке жол қойылады. Басқа жағдайларда да усы жағдай.
Бир тамшы суўды да ысырап етпеў, электр қуўатлылығын үнемлеў, оны бир дем де бийкарға жумсамаў, ысырап етпеў жәмийетте жасайтуғын ҳәр бир пуқараның миннети болып есапланады. Кийим кийиўде, жүрис-турыста, улыўма, ҳәр бир тараўда үнемли болыў керек".
Бул китап басып шығарылғанына ҳәм оқыўшылардың қолына жетип барғанына бир неше жыл болды. Тилекке қарсы, онда көтерилген машқала елеге шекем әҳмийетли.
Соңғы ўақытлары той-мерекелерде жол қойылып атырған артықша дәбдебе ҳәм қәрежетлер жәмийетшилик тәрепинен сынға алынып атыр. Тилекке қарсы, бул ҳәрекет тек ғана сынға алыў менен шекленип қалмақта. Ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар артықша салтанатлардан жырақ өткен той ҳәм шаңарақлық мәресимлерди үгит-нәсиятлаўға дәлил, үлги излеў нәтийже бермей атырғаны да ҳақыйқат. Не ушын "мине, биз усындай аз қәрежетли мәресимлерди баслап бердик", деген шаңарақларды табыў, ҳәммеге көрсетип, үлги етиў мәселеси елеге шекем ашық тур?
Ҳәр биримиз турмыс тәризимизди қайта көрип шығайық. Себеби келешекте перзентлеримиз таза ишимлик суўы ушын гезекте турыўын ямаса электрден айырылып, әпиўайыласып қалыўын қәлемеймиз. Бүгин үнемлеўши, ақыллы, жуўапкершиликли болсақ, ертеңги күнимиз абадан болады.
Ўақыт - өмир, оны қуры ысырап етпейик
Қандай да бир жумысларыңызға үлгере алмай атырған ўақытларыңызда ҳеш қашан өзиңизге "не ушын бир күн ушын белгиленген 24 саат ўақыт маған жетпей атыр?" деген сораўды берип көргенбисиз? Ақыры ўақыт ҳәммеге тең бөлистирилген ғой. Не ушын тап сондай ўақытқа ийе басқа бир адам ҳәммесине үлгереди, ал сиз үлгермейсиз! Демек, гәп ўақытта емес, ал оның менен қалай қарым-қатнаста болыўда екен.
Ҳәр бир саат, ҳәр бир минут - өмирдиң бир бөлеги. Ўақытты үнемлеў - бул өмирди үнемлеў, оны сапалы, нәтийжели өткериў дегени. Күнделикли жумыс, оқыў, тәшўишлер процесинде ўақтымызды көбинесе өзимиз билмеген (бәлким билген ҳалда) ҳалда зая етемиз. Айтайық, күн бойы телефонда социаллық тармақларды тамашалаймыз, ҳәр қыйлы вайнларды тамаша көремиз, мәниссиз жазыспалар менен шуғылланамыз, айтыўға арзыйтуғын бир пайдалы жумыс ислемей, кеш түскенде "ўақыт тез өтип кетти-аў", деп налынамыз. Негизинде ўақыт тез өтпейди, оннан дурыс пайдаланбай атырмыз, болғаны.
Ўақытты үнемлейтуғын инсан өзин қәдирлейди, басқалардың да ўақтын зая етпеўге умтылады. Жумысқа, ўәде етилген жерге өз ўақтында барады, ўәде берсе, орынлайды. Бундай адамларға исеним де, ҳүрмет те жоқары болады. Ўақыт жемисин артқа қайтарып та, орнын толтырып та болмайды.
Қәнигелер күн тәртибин бәрқулла реже тийкарында басқаратуғынлардың жумысында басқаларға қарағанда он есе нәтийже болыўын атап өтеди. Социаллық тармақ ҳәм телеэкран алдында көп ўақыт сарыплаўдан өзин шеклеген адам ўақтын билимлендириўге, шаңарағы ямаса басқа пайдалы жумысларға сарыплайды. Ўақытты үнемлеў - бул әпиўайы, бирақ жүдә нәтийжели турмыс тәризи. Ол тек ғана жеке нәтийжелиликти арттырып қоймастан, ал шаңарақлық орталықты да беккемлейди.
Ҳәр биримиз ысырапгершиликке шек қойыўға ҳәрекет етиўимиз, өсип киятырған жас әўладты суў, электр энергиясы, зүрәәт ҳәм ўақытты ысырап етпеў, олардан үнемли пайдаланыў руўхында тәрбиялап барыўымыз, буның есесине абаданлық есигиниң алтын гилтин перзентлеримиздиң қолына исеним менен тапсырыўымыз ең мақул жол болып табылады.
Нодир МАҲМУДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы