Ескирген ҳәм энергияны көп талап ететуғын насос агрегатларын заманагөй ҳәм энергияны үнемлейтуғынларына алмастырыў режелери көрип шығылды.
Мәселен, Қарақалпақстан Республикасында 274 насос станциясы болып, олар арқалы 185 мың гектардан аслам жер суўғарылады. Станциялардағы насос агрегатларының ярымынан көби 1979-жылдан кейин ислеп шығарылған үскенелерден ибарат болып, олардың энергия жумсалыўы заманагөй насосларға салыстырғанда 2-3 есеге жоқары.
Кегейли районындағы ескирген агрегатлардан бири заманагөй энергия үнемлеўши үскенеге алмастырылғаннан соң, электр энергиясынан пайдаланыў 2 есеге азайған.
Бул унамлы тәжирийбеден келип шығып, Қарақалпақстандағы 276 насосты басқышпа-басқыш заманагөй энергия үнемлеўши агрегатларға алмастырыў режелестирилген. Нәтийжеде жылына 25 миллиард сум муғдарында электр энергиясы үнемлениўи, жойбардың өзин-өзи қаплаў мүддети 14 ай болыўы күтилмекте.
Бул процессте жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Ташкент ирригация институтында ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде университетте 8 мың 682 студент билим алмақта, 571 профессор-оқытыўшы жумыс ислемекте, илимий потенциал дәрежеси болса 73,5 процентти қурамақта.
университет халықаралық рейтинглерде жоқары нәтийжелерге ерисип, “THE World University Rankings 2026” рейтингинде дүньяда 501-орынды, Орайлық Азия ҳәм Кавказ арты мәмлекетлери арасында 2-орынды ҳәм Өзбекстанда 1-орынды ийеледи, сондай-ақ, “QS World University Rankings 2026” жуўмақлары бойынша 469-орынға көтерилди.
Өткен жылы университет аймағында 200 орынлық заманагөй IТ орайы қурылып, санлы китапхана ҳәм дизимге алыўшы офиси иске қосылды. Университет 5 жыллық мүддетке халықаралық аккредитациядан өткен. Оқыў процесине дүньяның топ-300 университетлерин питкерген жерлеслеримиз ҳәм сырт елли профессор-оқытыўшылар тартылған.
Келешекте климат өзгериўин таллаў бойынша санлы технологиялар тийкарында миллий платформа жаратыў, университет аймағында космослық бақлаў станцияларын қурыў ҳәм космослық мағлыўматларды қабыл етиў инфраструктурасын раўажландырыў режелестирилген.
Буннан тысқары, университетте "Суў дипломатиясы" магистрлик бағдарламасы ашылып, бул қәнигеликке халықаралық статус берилиўи нәзерде тутылмақта. Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ирригация университетин дүньяның ең жақсы 300 университетиниң қатарына киргизиў бойынша анық илажлар ислеп шығыўға көрсетпе берди.
Презентацияда халықаралық бирге ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, өткен айларда Ташкентте ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлерине бағышланған биринши Орайлық Азия конференциясы, сондай-ақ, Суў кодексиниң күшке кириўи мүнәсибети менен халықаралық конференция болып өтти.
Бул илажлардың логикалық даўамы сыпатында келеси жылы март айында Ташкент халықаралық суў ҳәптелигин өткериў режелестирилгени атап өтилди. Форум халықаралық институтлар ҳәм регион мәмлекетлери менен бирге ислесиўди беккемлеў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм "жасыл" технологияларды енгизиў мәселелеринде сөйлесиў майданына айланады.
Бул илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, келеси жылы Аралбойы регионында суўды үнемлеў технологияларына бағышланған халықаралық форумға пуқта таярлық көриў бойынша көрсетпелер берилди.