Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы Сырдәрья ўәлаятындағы кең көлемли өзгерислер "Инсан қәдири ушын" деген ийгиликли принцип тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси екенин айрықша атап өтти.

- Бурын бул жер аўыл хожалығына байланыслы еди, соңғы жыллары бул жерде санаат, хызмет көрсетиў, туризм сыяқлы тараўлар "нолден" қәлиплести. Исбилерменлик орталығы түп-тийкарынан өзгерди, алдынғы исбилерменлер қатары қәлиплести, -деди Президент.

Сегиз жылда Сырдәьря ўәлаятына 4 миллиард доллар инвестиция тартылған. Усы дәўирде 187 ири өндирис қуўатлылығы иске қосылып, 120 мың жаңа жумыс орны жаратылды. 50 ге шамалас түрдеги жаңа өнимлерди ислеп шығарыў өзлестирилди.

Бурын дотация алып келген Гүлистан ҳәм Янгиер қалалары, Боёвут, Мырзабад, Сайхунабад, Сырдәрья ҳәм Ховос районлары бүгин өзин-өзи қаржыландырыў дәрежесине өткени атап өтилди.

Келеси жылы Сырдәрья районында қытайлы бирге ислесиўшилер менен 122 миллион долларлық автомобиль ислеп шығарыў жойбары басланады. Жақында Қазақстан менен биргеликте бул аймақта Орайлық Азия халықаралық санаат кооперациясы орайының жумысына старт берилди. Оның аймағында келеси жылдың биринши шерегиниң ақырына шекем улыўма баҳасы 300 миллион долларлық 14 санаат кәрханасы жумыс баслайды, 2026-жылы және 720 миллион долларлық 40 жаңа жойбарды жайластырыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Сырдәрьяда бақша, мектеп ҳәм медицина мәкемелеринде орынларды көбейтиў, электр энергиясы, суў, канализация ҳәм жол инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылған жумысларға да тоқтап өтти.

Усы жылдың өзинде халықтың турмыс шараятын жақсылаўға 100 миллион доллар қаратылды. Нәтийжеде 47 мектеп, 45 бақша, 31 медицина мәкемеси, 5 спорт ҳәм мәденият объекти капитал оңланып, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Бул жумыслар избе-из даўам еттирилип, келеси жылы усы мақсетлер ушын қосымша түрде және 100 миллион доллар ажыратылатуғыны мәлим етилди.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Президент Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына ҳәким ўазыйпасын атқарып киятырған Эркин Турдимовтың кандидатурасын усыныс етти. Ўәлаят белсендилериниң қатнасыўындағы додалаўдан соң талабан даўысқа қойылды. Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Эркин Турдимов Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттың жаңа басшысына Сырдәрьяны буннан былай да раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар қойды. Атап айтқанда, келеси жыллары ўәлаятқа жәми 3 миллиард доллар инвестиция тартылыўын тәмийинлеў, экспорт көлемин 500 миллион долларға жеткериў ҳәм 185 мың жаңа жумыс орнын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте ўәлаятта санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў мәселелери көрип шығылды.

Кейинги жыллары ўәлаятта қытайлы инвесторлар менен биргеликте улыўма баҳасы 500 миллион доллар болған 31 кәрхана иске қосылып, 5 мың халық жоқары дәраматлы жумыс орынларында мийнет етпекте. Қытайлы шериклер менен биргеликте және 700 миллион долларлық 40 жойбар бойынша жумыслар жедел даўам еттирилмекте.

Янгиер, Гүлистан ҳәм Ширин қалалары, Сырдәрья, Боёвут, Гүлистан, Мырзабад, Ақалтын ҳәм Ховос районларының аймақларын қосыў есабынан "Сырдәрья" еркин санаат зонасының майданы 1 мың 80 гектарға кеңейтилди. Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине жаңа майданларда улыўма баҳасы кеминде 4 миллиард долларлық жойбарларды баслаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте жойбарлардың нәтийжелилигин ҳәр тәреплеме есап-санақ етиў ҳәм инвесторлар ушын презентация таярлаў, Қытай Халық Республикасына Сырдәрья, Боёвут, Гүлистан, Мырзабад, Ақалтын, Ховос, Янгиер, Гүлистан ҳәм Ширин қалаларының ҳәкимлеринен ибарат делегация жибериў бойынша тапсырмалар берилди.

Қытайдың Цзянсу, Шаньдун ҳәм Гуандун провинциялары менен қурылыс материаллары, Тяньцзинь қаласы менен химия санааты, Фуцзянь провинциясы ҳәм Гонконг арнаўлы ҳәкимшилик районы менен электротехника, Шаньдун ҳәм Синьцзян аймақлары менен жеңил санаат, Шанхай қаласы ҳәм Цзянси провинциясы менен фармацевтика тармағы бойынша тиккелей бирге ислесиўди жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, Гүлистан қаласында кеминде 5 мың жумыс орнына ие "Өзбекстан - Шанхай бирге ислесиў шөлкеми" саўда-санаат зонасын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Бул аймақтағы объектлер исбилерменлерге таяр жойбар сыпатында, санаат ипотекасы ямаса лизинг тийкарында усыныс етиледи.

Санаат кәрханаларын Ташкент қаласынан басқышпа-басқыш шетке алып шығыў процесинде "Сырдәрья" еркин экономикалық зонасының бос жерлери бар қуўатлықларды жайластырыў ушын үлкен имканиятлар жарататуғыны атап өтилди. Соның ушын өз кәрханасын пайтахтымыздан Сырдәрья ўәлаятына көшириў нийетиндеги исбилерменлерге санаат зонасынан жерлер әпиўайыластырылған тәртипте ҳәм жеңиллетилген шәртлерде бериледи, оларға 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады, шийки затты темир жол арқалы тасыўда арзанластырылған тарифлер қолланылады.

Мәжилисте исбилерменлик ҳәм сервис инфраструктурасын раўажландырыў мәселелери де додаланды.

2026-жылы ўәлаяттың инфраструктурасын жақсылаўға 1,5 триллион сум, исбилерменлик жойбарларына 10 триллион сум қаратыў режелестирилген. Соннан мәҳәллелердеги шараятларды жақсылаў ушын биринши мәрте Сырдәря ўәлаяты ҳәм районларының бюджетине 753 миллиард сум ажыратылады.

Президентимиз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў тараўында жаңаша қатнаслар ҳәм нәтийжели шешимлерди енгизиў ушын бәрқулла әмелий тәжирийбени үйрениў ҳәм өзлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы мақсетте 11 район ҳәкиминиң биринши орынбасарларын Пекиндеги Халықаралық кәмбағаллыққа қарсы гүресиў орайында стажировкадан өткериў, 50 сырдәрьялы жасты Пекин қаласындағы автомобиллерге техникалық хызмет көрсетиў курсларына оқыўға жибериў бойынша тапсырмалар берилди.

Буннан тысқары, Гүлистан университети жанында Қытайдың "Лу Бан устаханасы" бағдарламасы тийкарында кәсип-өнерге оқытыў орайын шөлкемлестириў, Сырдәрья районындағы медицина техникумы негизинде Қытай менен биргеликте фармацевтика технологиялары бойынша жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылды.

Келеси жылы Боёвут районында 100 миллион куб метр сыйымлылықтағы "Султонҳовуз" суў сақлағышының қурылысы басланады. Оның есабынан Боёвут, Гүлистан, Сайхунабад, Сырдәрья ҳәм Мырзабад районларындағы 110 мың гектар жерден жылына еки мәрте зүрәәт алыў имканияты жаратылады.

Мәжилисте халықтың турмыс сапасын арттырыў, бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаўға қаратылған басламаларға да айрықша итибар қаратылды.

А-373 автомобиль жолының Сайхунабад ҳәм Гүлистан районларынан өтетуғын 37 километр бөлегин 6 қатарға шекем кеңейтип, реконструкциялаўға кирисиў бойынша тапсырма берилди. Боёвут, Гүлистан, Ховос, Мирзаабад, Сырдәрья ҳәм Сайхунабад районларындағы 18 мәҳәлледеги 67 километр жолға цемент-бетон төсеў режелестирилген.

Буннан еки күн алдын Гүлистан қаласы "Тараққиёт" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы буйым базары аймағында жайласқан улыўма аўқатланыў объектлериниң биринде газ баллонының жарылыўы ақыбетинде 29 адам жарақатланған еди.

Тилекке қарсы, бул бахытсыз ҳәдийсе адамлардың өлимине себепши болды. Президентимиз қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына терең кеўил билдирди. Оларға үш күн мүддетте 100 миллион сум материаллық жәрдем көрсетиў бойынша тапсырма берилди.

- Бүгин сизлер менен ўәлаятты буннан былай да раўажландырыў, халықтың турмыс сапасын арттырыў, исбилерменлерге шараятларды жақсылаў бойынша үлкен реже ҳәм ўазыйпаларды белгилеп алдық. Ҳеш гүмансыз, биз сырдәрьялылардың дөретиўшилиги, интакерлиги ҳәм пидайылығына сүйенип, бул мақсетлеримизге әлбетте жетемиз, - деди Президент ушырасыў жуўмағында.

Мәжилис даўамында жуўапкерлердиң есабатлары, қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланды.

Соның менен мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.