Жоқары экономикалық қүдирети, инновациялық потенциалы және сыртқы сиясаттағы турақлы ҳәм прагматикалық қатнасы мәмлекетти халықаралық қатнасықлар системасында тәсиршең субъект сыпатында көрсетпекте. Қалаберди, ол халықаралық майданда тынышлықты сүйиўши және турақлылық ҳәм раўажланыўды қоллап-қуўатлаўға қаратылған сыртқы сиясат жүргизиўши мәмлекет сыпатында тән алынған.
Күншығыс мәмлекети БМШ, "Үлкен жетилик" (G7), Жәҳән саўда шөлкеми, Азия раўажланыў банки сыяқлы халықаралық ҳәм регионаллық структураларда белсене қатнасады. Оның сыртқы сиясаты халықаралық ҳуқық нормаларына қатаң әмел етиў, келиспеўшиликлерди дипломатиялық жол менен шешиў ҳәм экономикалық бирге ислесиў арқалы турақлы раўажланыўды хошаметлеўге қаратылған. Азия-Тыныш океаны регионында Япония қәўипсизлик, саўда ҳәм инвестиция процесслеринде әҳмийетли орын ийелеп, АҚШ, Европа Аўқамы, Қубла Корея ҳәм басқа да Азия мәмлекетлери менен стратегиялық шериклик қатнасықларын жолға қойған. Соның менен бирге, Орайлық Азия менен байланысларды кеңейтиў мәмлекет сыртқы сиясатының перспективалы бағдарларынан бирине айланып бармақта.
Япония жәҳәндеги ең ири экономикалардан бири болып, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелескен. Мәмлекет экономикасы санаат, машина қурылысы, электроника, робототехника, автомобиль қурылысы, химия ҳәм энергетика тараўларына таянады. Оның компаниялары дүнья базарында сапа, исенимлилик ҳәм инновация тымсалы сыпатында кеңнен тән алынған. Илимий изертлеўлер, санлы технологиялар, жасалма интеллект, "жасыл" энергетика ҳәм экологиялық таза өндирис тараўларындағы жетекшилик Японияның турақлы экономикалық раўажланыўын тәмийинлеп атырған әҳмийетли факторлардан. Мәмлекет тәрепинен инновацияларды қоллап-қуўатлаў, илим ҳәм өндирис арасындағы тығыз интеграция мәмлекет экономикалық турақлылығының тийкарғы таянышы болып есапланады.
Өзбекстан ҳәм Япония арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жылы орнатылған болып, сол дәўирден берли еки мәмлекет арасындағы байланыслар избе-из раўажланып келмекте. Еки тәреплеме қатнасықлар сиясий сөйлесиў, саўда-экономикалық бирге ислесиў, инвестициялар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўларын қамтып алған ҳалда кеңейип барды. Күншығыс мәмлекети тәрепинен көрсетилип атырған раўажланыўға рәсмий жәрдем шеңберинде Өзбекстанда бир қатар ири социаллық-экономикалық жойбарлар әмелге асырылды.
Кейинги жылларда еллеримиз арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа, мазмун жағынан болса және де тереңлескен басқышқа көтерилди. Бул процесс, бәринен бурын, елимиздеги кең көлемли реформалар, ашық-айдын сыртқы сиясат ҳәм инвестициялық орталықты либералластырыў сиясаты менен тығыз байланыслы. Япония бул реформаларды избе-из қоллап-қуўатлап, Өзбекстанды Орайлық Азиядағы исенимли ҳәм перспективалы стратегиялық шерик сыпатында көрмекте.
Еки мәмлекет арасындағы жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер соңғы жылларда турақлы түрге айланды. Мәмлекет басшылары дәрежесинде ерисилген келисимлер сиясий сөйлесиўди беккемлеў менен бирге, әмелий бирге ислесиў ушын анық "жол карталары"н белгилеп берди. Сиясий исеним ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған қатнасықлар экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы биргеликтеги жойбарлар санының артыўына хызмет етпекте.
Экономикалық бирге ислесиўде Япония тәрепиниң жеңиллетилген кредитлери, грантлары ҳәм финанслық жәрдеми әҳмийетли орын ийелейди. Бул қаржылар энергетика, транспорт инфраструктурасы, суў хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм қала қурылысы тараўларында ири жойбарларды әмелге асырыўға қаратылмақта. Әсиресе, энергия нәтийжелилигин арттырыў, электр энергетикасы системасын модернизациялаў ҳәм альтернатив энергия дәреклерин енгизиў тараўларындағы бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта.
Усы көзқарастан, "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўи шеңберинде өткерилген мәмлекет басшылары дәрежесиндеги саммит регион ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди. Бул саммитте Президентимиз алға қойған усыныс ҳәм басламалар бирге ислесиўди узақ мүддетли, системалы ҳәм нәтийжеге бағдарланған түрде раўажландырыўға қаратылған. Әсиресе, 2040-жылға шекем мөлшерленген бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығыў идеясы Орайлық Азия ҳәм Япония арасындағы қатнасықларды стратегиялық режелестириў тийкарында алып барыў имканиятын жаратады.
Мәмлекет басшылары дәрежесинде саммитлерди турақлы өткериў басламасы бул форматтың сиясий абырайын арттырыў, қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет етеди. Гезектеги саммитлерден бирин қабыл етиўге таяр екенин билдириўи Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиўде белсенди ҳәм интакер субъект сыпатындағы орнын және де беккемледи. Экспертлер форумын шөлкемлестириў усынысы болса қарарлар қабыл етиў процесин илимий-аналитикалық тийкарлар менен байытып, жаңа идея ҳәм әмелий механизмлерди ислеп шығыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Экономикалық бағдарда алға қойылған басламалар айрықша стратегиялық әҳмийетке ийе. Орайлық Азия инфраструктурасы ҳәм санаатын раўажландырыў инвестициялық қорын шөлкемлестириў, "Сапалы инфраструктура" бағдарламасын жолға қойыў ҳәм Япония технопарклериниң регионаллық тармағын қурыў идеялары регион экономикасын модернизациялаў, санаат кооперациясын тереңлестириў ҳәм технологиялар трансферин жеделлестириўге хызмет етеди. Бул басламалар Орайлық Азияны глобал өндирис ҳәм логистика шынжырларына интеграциялаў имканиятын кеңейтеди.
Санлы трансформация тараўында усыныс етилген "Орайлық Азия - Япония" санлы хабы басламасы регионның келешектеги экономикалық өсиўи ушын әҳмийетли фактор болып есапланады. Жасалма интеллект, "буйымлар интернети", киберқәўипсизлик ҳәм инновациялық экономика бағдарларында биргеликтеги платформа жаратыў санлы теңсизликти азайтыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыўда үлкен әҳмийетке ийе. Бул болса регионның бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда Япония тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.
Транспорт, "жасыл" энергетика ҳәм экология тараўларындағы басламалар турақлы раўажланыў концепциясына толық сәйкес келеди. Тез жүрер поездлар, логистика орайлары, санластырылған транспорт коридорлары, қайта тикленетуғын энергетика, когенерация ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша биргеликтеги бағдарламалар регион мәмлекетлериниң экономикалық өсиўи менен бирге экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған. Сейсмикалық қәўипсизлик тараўында Япония тәжирийбесин енгизиў болса халықтың қәўипсизлигин арттырыў ҳәм қала қурылысында турақлылықты тәмийинлеў көзқарасынан айрықша әҳмийетке ийе.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша алға қойылған басламалар - билимлендириў министрлериниң мәжилиси, университет ректорларының форумы ҳәм жаслар тармақлық бағдарламалары - узақ мүддетли бирге ислесиўдиң беккем социаллық тийкарын жаратыўға хызмет етеди. Саммитте халықаралық сиясат ҳәм регионаллық қәўипсизлик, соның ишинде, Аўғанстан мәселеси бойынша бирдей позиция билдирилгени "Орайлық Азия + Япония" форматының тек ғана экономикалық емес, ал сиясий турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли платформаға айланып атырғанын көрсетти.
Улыўма алғанда, "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўи шеңберинде өткен мәмлекет басшылары дәрежесиндеги биринши саммитте алға қойылған басламалар бирге ислесиўди стратегиялық, комплексли ҳәм узақ мүддетли шериклик дәрежесине алып шығыўға қаратылғанын айқын көрсетти. Саммит жуўмағында қабыл етилген Токио декларациясы Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Японияның бул бағдардағы улыўма сиясий ерк-ықрарын беккемлеп, бирге ислесиўди институционаллық тийкарда раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратты. Өзбекстан ушын саммит нәтийжелери мәмлекеттиң регионаллық бирге ислесиўдеги белсенди ҳәм интакерлик позициясы және де күшейгенин, Орайлық Азия көлеминде болса бул формат турақлы раўажланыў ҳәм глобал экономикалық процесслерге интеграцияны тереңлестириўге хызмет етип атырғанын тастыйықлады.
Одилжон МАМАТКАРИМОВ,
Олий Мажлис Сенатының халықаралық қатнасықлар,
сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм
туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары



