Өзбекстанда медицина тараўын трансформациялаўда түркиялы қәнигелер жақыннан жәрдем береди

    Ҳәзир сырт елли экспертлер елимиз ўәкиллери менен биргеликте барлық буўындағы медицина мәкемелеринде үйрениўлер алып бармақта. Усы мақсетте дүзилген жумысшы топарлар тастыйықланған реже тийкарында аймақларда болмақта.

    Ҳәзир Өзбекстан медицинасында кең көлемли трансформация процесслери даўам етпекте. Президентимиз бул бағдарда денсаўлықты сақлаў системасы жуўапкерлериниң алдына тийисли ўазыйпаларды қойған.

    Атап айтқанда, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын жәҳән стандартлары дәрежесине алып шығыў - ең тийкарғы талаплардан бири. Буның ушын болса, биринши гезекте, халықаралық тәжирийбени терең үйрениў ҳәм әмелиятқа нәтийжели енгизиў талап етиледи.

    Мине, усы зәрүрликтен келип шығып, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына бола, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен түркиялы қәнигелердиң топары тартылды.

    Ҳәзир сырт елли экспертлер елимиз ўәкиллери менен биргеликте барлық буўындағы медицина мәкемелеринде үйрениўлер алып бармақта. Усы мақсетте дүзилген жумысшы топарлар тастыйықланған реже тийкарында аймақларда болмақта.

    Түркиялы қәнигелер жети бағдар - басланғыш медициналық-санитариялық жәрдемди жетилистириў, медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў ҳәм системаны санластырыў, емлеўханаларда медициналық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў, медициналық хызметлерди режелестириў, фармацевтиканы раўажландырыў ҳәм дәри-дәрмақлар тәмийнаты, медициналық үскенелердиң нәтийжелилигин

    Түркиядан мирәт етилген қәнигелердиң саны да жети. Олар жоқарыдағы жети бағдар бойынша үлкен халықаралық тәжирийбе ҳәм маманлыққа ие экспертлер. Ҳәр бири тийисли бағдар бойынша жуўапкер етип белгиленген.

    Соның ишинде, топар басшысы - Ҳасан Чагил 1986-жылы Стамбул университетин тамамлаған. 2003-2013-жыллары Түркия медицинасы трансформациясында тиккелей қатнасып, тийкарғы бағдарларға басшылық еткен. Нәтийжеде қысқа мүддетте мәмлекет медицинасы 2000-жыллардың басындағы аўыр жағдайдан раўажланған системаға айланды.

    Қалаберди, бул қәниге халықаралық дәрежедеги экспертлик жумысын 2016-жылдан беккемлеген. Азия ҳәм Европаның бир қатар Денсаўлықты сақлаў министрликлеринде медицинаның бир қатар бағдарлары бойынша мәсләҳәт етиў жумысын даўам еттирген.

    Ҳәзирги ўақытта доктор Ҳасан Чагил Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасын трансформациялаўға жәрдемлесиў мақсетинде медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў бағдарында жумыс алып бармақта.

    Соның менен бирге, түркиялы экспертлер қатарында медицина тараўында үлкен илимий потенциал ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе Меҳмет Угурлу, Талган Кючюк, Муҳаммет Ёрнек, Меҳмет Ерсой, Ҳасан Багджи ҳәм Меҳмут Авджи де бар.

    Ҳәзир олар орынларда болып, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң жумысын терең үйренген ҳалда, оны буннан былай да раўажландырыў бойынша өз усынысларын бермекте.

    Келешекте мине усы таллаў, усыныс ҳәм усыныслар улыўмаластырылып, денсаўлықты сақлаў системасын басқышпа-басқыш реформалаўға байланыслы қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли "Жол карталары" ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы режелестирилген.