Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан-2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Пәрман жойбарында экономиканы декарбонизациялаў ҳәм ықлым өзгериўине бейимлесиўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылады:
Соның ишинде, 2025-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасында "жасыл қаржыландырыў" системасын қәлиплестириў бойынша миллий бағдарлама ислеп шығылады ҳәм "жасыл экономика" фондын шөлкемлестириў илажлары көриледи.
2025-жылдан баслап:
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкинен - басқышпа-басқыш 200 миллион евро;
Жәҳән банкинен - энергетика секторында метан эмиссиясын азайтыў ушын 10 миллион доллар;
Глобал жасыл өсиў институты арқалы Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң техникалық жәрдеми шеңберинде - Өзбекстан-Корея арасындағы жасыл бирге ислесиўди күшейтиў ушын 6,5 миллион доллар;
Жәҳән банкиниң “iCRAFT” жойбары шеңберинде - 500 мың тонна қысқартылған ыссыхана газлерин сатыў есабынан 7,5 миллион доллар;
Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетинен - санаатты жасылландырыў ҳәм азот кислотасы ислеп шығарыўшы кәрханалар атмосфераға шығарып атырған зыянлы газлерин қысқартыў ушын 20 миллион евро муғдарында жеңиллетилген кредит ҳәм грант қаржыларын жасыл ҳәм аз углеродлы раўажланыў жойбарларын қоллап-қуўатлаўға тартыў илажлары көриледи.
Сондай-ақ, 2025-жыл сентябрьге шекем "жасыл экономика" жойбарларын әмелге асырыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған миллий "жасыл экономика" жойбарларын баҳалаў тәртиби енгизиледи.
2025-жыл ноябрьге шекем баҳасы 10 миллион доллардан жоқары болған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа жойбарларды “Source” халықаралық платформасы ҳәм “PIERS” системасы менен интеграциялаў арқалы жойбарлардың "жасыл компонентлери" ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине сәйкеслигин баҳалаў әмелиятын жолға қойыў нәзерде тутылмақта.
Жойбарға бола, 2025-жылдың ақырына шекем миллий ашық-айдынлық системасы шеңберинде ыссыхана газлерин еркин тексериў шөлкеми (валидация ҳәм верификация компаниясы) өз жумысын баслаўы мүмкин.
Европа Аўқамының техникалық жәрдеминде Бухара, Наманган, Нөкис, Үргенш қалалары ҳәм Ғузор районында аз углеродлы раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер режелери ислеп шығылып, 10 социаллық объекттиң энергия нәтийжелилигин арттырыўды тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.
Бул бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары - Ж.Қўчқоров белгиленбекте.