Бухарада заманагөй халықаралық аэропорт қурылады
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Бухара районында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 226 миллион долларлық жойбар шеңберинде жәҳән стандартларына сай аэропорт қурылады.
Хызметкер штат қысқарыўы ямаса маманлығы жетерли болмағаны ушын жумыстан босатылып атырғанда, жумыс бериўши хызметкерге оның қәнигелиги ҳәм маманлығына муўапық басқа жумысқа өткериўди, бундай жумыс болмаған жағдайда болса жумыс бериўшиде бар болған ҳәр қандай басқа жумысты усыныўы шәрт.
Елимизде 183,7 мың километрден аслам суўғарыў тармағы болып, олардың 13,1 проценти бетон қапламалы, 76,3 проценти топырақ өзекли ҳәм 10,6 проценти бетон салмалар (лоток) дан ибарат. Ҳәзирги күнде кластер ҳәм фермер хожалықлары қарамағындағы суўғарыў системалары тийкарғы қуралларының 25-30 проценти оңлаўға мүтәж жағдайға келген. Орташа гидрологиялық суў тәмийнатында суўғарыў системасының бир гектар майдандағы егинге суў жеткерип бериўиниң исенимлилик жағдайы 30-35 процентти қурайды.