Ташкент қаласында 27-август күни усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Мәмлекетимиз басшысы бәршени, бәринен бурын, Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады. Мәмлекетимизде ерисилип атырған нәтийжелердиң тийкары, ҳәрекетлердиң мәнисине айрықша тоқтап өтти.
- Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын түрге енген реформаларымыз қандай үлкен нәтийжелер берип атырғанын бәршемиз көрип турмыз. Өткен сегиз жылда жалпы ишки өнимимиз жедел пәт пенен өсип, 115 миллиард долларға жетти. Бүгин бир санды биринши мәрте айтпақшыман: Халықаралық валюта қорының прогнозына бола, быйыл экономикамыздың көлеми 130 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Яғный, алдын бундай өсиў, бундай жоқары тән алыў ҳеш қашан болмаған, - деди Шавкат Мирзиёев.
Бундай нәтийжелерге исбилерменлик кеңнен қоллап-қуўатланып атырғаны, заманагөй санаат комплекслериниң қурылып атырғаны, "жасыл" ҳәм инновациялық экономикаға өтип, алтернатив энергия дәреклериниң жаратылып атырғаны, мәлимлеме технологиялары, туризм ҳәм қаржы технологиялары сыяқлы хызмет көрсетиў тармақларының раўажландырылып атырғаны тийкар болмақта.
Елимизде заманагөй қалалар бой тиклемекте, аўыл ҳәм мәҳәллелер абат болмақта. Өткен сегиз жылда халық ушын 500 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Бул ғәрезсизликтиң дәслепки 25 жылына салыстырғанда төрт есе көп. Мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў, аўылларды, жолларды абат етиў ушын 60 триллион сум қаржы жумсалды. Ямаса, 155 миллиард доллар инвестиция есабынан 100 мыңнан аслам инвестициялық жойбарлар иске қосылды, 7 миллионнан аслам халық дәраматлы болды.
- Бундай үлкен тарийхый жетискенликлеримиз - өз ўақтында терең ойлап алып барған кең көлемли реформаларымыз, ең әҳмийетлиси, адамларымыздың ой-пикири, дүньяға көзқарасы өзгергени нәтийжеси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Қурып атырған имаратларымыз, заманагөй комплекслер, қолайлы турақ жайлар, мектеп ҳәм бақшалар, медицина, мәденият ҳәм спорт орынлары мысалында Жаңа Өзбекстанның экономикалық қүдирети ҳәм үлкен дөретиўшилик потенциалы айқын көринбекте. Тийкарғысы, қайсы тараўда болмасын, ҳәр бир жетискенлик ҳәм нәтийже, бәринен бурын, инсан қәдирин улығлаў, оның ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге хызмет етпекте, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Соңғы сегиз жылда социаллық инфраструктураға алдынғы жылларға салыстырғанда алты есе көп қаржы қаратылды. Нәтийжеде бақша орынлары 720 мыңнан 2,5 миллионға жеткерилди. 466 жаңа мектеп қурылып, 1 миллионға шамалас оқыўшы орны жаратылды. Студентлер саны 279 мыңнан 1,5 миллионға шекем арттырылып, жоқары билимлендириўде қамтып алыў 40 процентке алып шығылды.
Өткен ҳәптеде Исбилерменлер күни мүнәсибети менен 168 ең алдыңғы бизнес ўәкиллери, мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлер мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланғаны атап өтилди.
- Бундай пидайы ўатанласларымыз, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўден шаршамайман. Әлбетте, бул бийкарға емес. Бәршеңиз жақсы билесиз, буннан он жыл алдын биз тийкарынан шийки зат экспорт ететуғын едик. Ҳәзирги күнде болса, санаат өнимлериниң көлемин 2016-жылғы 28 миллиардтан 62 миллиард долларға жеткердик. Егер өз ўақтында исбилерменлик ушын қолайлы шараятлар жаратып бермесек, бундай жетискенликлерге ерисе алар ма едик? Жоқ, әлбетте, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Атап өтилгениндей, бүгин бизнес ўәкиллери экономикамыздың ҳақыйқый таянышына айланды. Бир ғана қурылыс тараўын алатуғын болсақ, бул бағдар алдын ҳеш қашан ҳәзиргидей жедел раўажланбаған. Бурын қурылыслар тек ғана мәмлекетлик буйыртпа тийкарында болатуғын еди. Бүгин жеке меншик қурылыс компанияларының саны 30 мыңнан асты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлеми 6 миллиард долларға шамаласты. Ҳәзирги күнде Өзбекстан шын мәнисинде үлкен қурылыслар майданына айланды.
Тек ғана өткен жылдың өзинде 23 миллиард долларлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Бул 2016-жылға салыстырғанда 4 есеге көп.
Бундай үлкен өзгерислерди аўыл хожалығы, тоқымашылық, электротехника, машина қурылысы, фармацевтика сыяқлы бағдарларда да көриў мүмкин.
Мәмлекетимизде тек ғана санаат пенен шекленип қалмастан, хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
- Бурын 500 миллион долларға жетпеген туризм экспорты ҳәзир 3 миллиард долларлық шегарадан асты. Жети-сегиз жыл алдын IТ экспорты 1 миллиард долларға жетеди, десе, оған ким исенер еди? Ең әҳмийетлиси, барлық тармақларға жаңа илим, заманагөй технологиялар кирип келди. Оларда жүз мыңлаған жумыс орынлары ҳәм жоқары маман кадрлар армиясы пайда болды. Ҳәр бир тараўда Жаңа Өзбекстанның өз стратегиясы, тәжирийбе мектеби қәлиплести.
Мәмлекетимиздиң мине усындай жаңа тарийхын, жаңа келбетин жаратыўда пүткил халқымыз қатарында сиз, әзизлердиң де мүнәсип үлесиңиз бар ҳәм буның ушын бәршеңизге терең миннетдаршылық билдиремен, - деди Шавкат Мирзиёев.
Президент орынларда мәмлекетлик сыйлықларды қабыл етип атырған ўатанласларымызды да қутлықлады.
Буннан соң, сыйлықланғанларға ҳүрметли атақ, орден ҳәм медаллар салтанатлы түрде тапсырылды.
- Миллий ғәрезсизлигимиздиң ең уллы мақсети инсанға итибар, оның қәдирин, мийнетин улығлаў, уллы халқымыздың иззет-ҳүрметин орнына қойыўдан ибарат. Буны усы минутларда бәршемиз және де терең сезинбектемиз. Өз мийнетиңиз бенен мине усындай қәдир табыў, ел-журт итибарында болыўдай уллы бахыт сизлерди ҳеш қашан тәрк етпесин, - деди Президент.
Сыйлықланғанлар жоқары итибар ушын миннетдаршылық билдирип, халқымызға жақсы тилеклер билдирди.






