Жаңа редакциядағы Конституцияда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарындағы ең әҳмийетли кепилликлерден бири сыпатында ҳуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықларын нызам менен қорғаў, жәбирленгенлерге жеткерилген зыянның орны қапланыўы ушын мәмлекет шараятлар жаратыўы белгиленди.
Депутатлардың атап өтиўинше, жынаят ислеген шахсларға қамаққа алыў илажы қолланылмаған жағдайларда, бул шахслар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын таслап шығып сорастырыў, тергеў ямаса судтан жасырыныў жағдайлары бақланбақта. Нәтийжеде, жынаяттан жәбирленген шахслардың ҳуқықларын тиклеў, оларға жеткерилген зыянларды қаплаў имканияты төменлемекте.
Усы нызам жойбары менен айырым нызам ҳүжжетлерине гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшыға қамаққа алыў илажы қолланылмаған, бирақ Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын таслап шығып сорастырыў, дәслепки тергеў ямаса судтан кеширимли себеплерсиз бас тартыўы мүмкин екенлигине жетерли тийкарлар бар болғанда сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд тәрепинен олардың Өзбекстан Республикасынан шығып кетиў ҳуқықын ўақтынша шеклеп қойыў тәртиби белгиленбекте.