Миллий контент үзликсиз талқылаў ҳәм жетилистириўди талап ететуғын әҳмийетли ҳәм стратегиялық тема. Себеби, заман тезлиги ҳәм информация ағымының тез өзгериўи оған қайта-қайта жүзлениўди талап етеди. Бүгин интернет, социаллық тармақлар, улыўма, глобал медиа платформалар ҳәр күни мыңлаған жаңа мәлимлеме берип барады. Егер миллий контент турақлы түрде жаңаланбаса, заман талапларына бейимлеспесе, жаслардың санасында басқа мәдений тәсирлер үстин ямаса жеңип шығыўы сөзсиз.
Усы жылдың 9-сентябрь күни Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалардың орынланыўы және келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул темаға және бир мәрте итибар қаратылды. Бул бағдарда келешектеги жумыслар, режелер додаланды. Атап айтқанда, Балалар контентин раўажландырыў орайы, Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтының жәмәәтине қызықлы видеороликлер жаратып, "Миллий тәрбия" платформасына жайластырып барыў ўазыйпасы қойылған. Институт директоры, академик Холбой ИБРАГИМОВ пенен сәўбетимиз мине усы ўазыйпаларға бағышланды.
- Институттың мойнына тәрбия тараўын заман талапларына сәйкес түрде жетилистириўге қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар жүкленген, - дейди Холбой Ибрагимов. - Соннан келип шығып, Балалар контентин раўажландырыў орайы менен биргеликте жаңа контент сценарийлери ислеп шығылып, таярланып атырған ҳәр бир өнимниң мазмуны ҳәм тәрбиялық бағдарын таллап атырмыз. Бунда миллий мақтаныш ҳәм миллий қәдириятларды балалардың санасына унамлы тәризде сиңдириўге ҳәрекет етип атырмыз. Себеби, бул арқалы жас әўлад жат идеялар тәсиринен қорғалады, руўхый иммунитети беккемленеди.
Контентлерде өзбек халқының ертек ҳәм фольклоры, қаҳарманлары, уллы ойшыллардың өмири, миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлери илимий-методикалық тийкарда қайта исленбекте. Балалардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, саламат турмыс тәризи көнликпеси, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў, миллий қәдириятларға ҳүрмет сезимин қәлиплестириўге итибар қаратылмақта. Олар тек ғана қызықлы емес, ал балаларда социаллық белсендилик, жақсылық, ўатансүйиўшилик ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлерин де тәрбиялайды.
Ең әҳмийетлиси, миллий тәрбия мазмуны тек ғана шаңарақ ҳәм мектеп пенен шекленип қалмайды. Ол кең жәмийетшилик - мәҳәлле, ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда да жедел ҳәм кеңнен тарқатылғанда, миллий идеялар балалардың санасында үзликсиз беккемленип барады.
Балалар контентлери - келешек әўладтың дүньяқарасы, тәрбиясы ҳәм жеке қәдириятларын қәлиплестириўши ең тәсиршең қурал. Бүгинги қурамалы ҳәм тыныш емес дүнья унамлы және унамсыз сыпатлары менен барған сайын глобалласып бармақта. Мәлимлеме-коммуникация қураллары ҳәм олардан пайдаланыўшылар саны күн сайын артып бармақта. Тарқалып атырған мәлимлеме ағымын болса тосып қойыў ямаса жылаўлаўдың имканияты жоқ.
Ҳәзирги шараятта идеологиялық бәсекиден шетте қалыў мүмкин емес. Егер миллий контентимиз санлы майданда күшли, тартымлы ҳәм ғалаба түрде көрсетилмесе, жаслардың басқа мәдений тәсирлер астында қалыў итималы жоқары. Демек, бүгинги таярлық дәрежеси миллий контент ислеп шығыў ҳәм оны глобал үгит-нәсиятлаўға қандай күш, идея ҳәм технологияларды бағдарлай алыўымызға тиккелей байланыслы.
Дүнья тәжирийбесинде балалар медиасы ушын руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық стандартлары, ҳәр бир контенттиң идеялық мақсети, балалар ушын қорғалған қәўипсиз мәлимлеме орталығын жаратыў сыяқлы анық талаплар қойылады.
Дүнда миллий контентти баҳалаўдың тән алынған усыл ҳәм стандартлары бар. Яғный ол миллий қәдириятларды сақлаўы, үгит-нәсиятлаўы, тарийхый ҳақыйқатлық ҳәм миллий мәплерге хызмет етиўи, жас әўлад санасына унамлы тәсир көрсетиўи, идеялық ғәрезсизлик ҳәм мәдений суверенитетти тәмийинлеўи тийкарында баҳаланады. Мәселен, Европа Аўқамы ҳәм ЮНЕСКО халықаралық балалар медиасын баҳалаў нормаларын ислеп шыққан. Балалар ушын мөлшерленген контентти баҳалаў, таллаў, санасына тәсир дәрежесин үйрениў, қәнигелескен экспертлер топарын қәлиплестириў бойынша тийисли жумыслар исленбекте.
Ҳәзир Қубла Корея, Түркия, Қытай, Франция сыяқлы мәмлекетлер миллий контентти мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қоллап-қуўатлап, оны ишки ҳәм сыртқы базарда алға қойыў, идеялық турақлылықты тәмийинлеўде нәтийжели пайдаланбақта. Бизде де бул бағдарда соңғы жылларда исенимли ҳәрекетлер бақланып атыр. Бирақ глобал бәсеки оғада кескин. Жәҳән медиа майданында идеялық тәсир ҳәм мәлимлеме урысы даўам етпекте. Соның ушын миллий контенттиң сапасын арттырыў, идеялық анықлық ҳәм тәсиршеңликти тәмийинлеў, жасларға қаратылған нәтийжели медиа жойбарларды көбейтиў жолында исленетуғын жумысларымыз көп. Ҳәзирги ўақытта халықаралық бәсекиге толық ҳәм қатаң таярмыз, деп болмайды. Бул - әҳмийетли ўазыйпа.
- Туўылған ҳәр бир баланы турмыс, жәмийет өзиниң руўхый талаплары менен күтип алады. Жәмийет өсип атырған бала менен өз ара қурамалы мүнәсибетлерге кирисе баслайды. Бала үлкейгенинде қойылатуғын талаплар, мүтәжликлердиң қурамалы шынжырын ата-ана, педагоглар жақсы билиўи керек. Солай емес пе?
- Кимдур "Тәрбия ҳәммеге мәлим нәрсе ғой. Ўақты келип, үлкейип, өз-өзинен зор адам болып кетеди", дейди. Бирақ бирде-бир жақсы истиң өзинен-өзи болып қалғанын ҳеш ким көрмеген. Әпиўайы мысал: таярланбаған жигит тест бетин қалай толтырыўы керек? Үйренбеген қыз инглис тилинде қалай сөйлесин? Ақыбет не екени түсиндирилмеген, көрсетилмеген, үйретилмеген перзент қалайынша ақыбетли болсын? Ақыбетли болмаса, бала айыплы ма? Ямаса оған ақыбетти үйретпей, талап етип атырған ата-ана ма?
Тәрбия - баланы бахытлы болыўға үйретиў. "Не ексең, соны орасаң", дейди халқымыз. Бул нақылды "Не орайын десең, соны ек", деп айтып көрейик. Әне сонда пазыйлеттиң мәниси айқынласады.
XXI әсир - интеллектуал әсир. Билимсизлик денсаўлыққа қәўиплерден бири сыпатында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң стандартына киргизилген. Буннан келип шығатуғын болсақ, балалардың кесел болыўына тийкарғы себеплерден бири ата-аналарда медициналық билимлердиң жетиспеўшилиги. Демек, қайсы ата-ана өзи, балалары саў болсын десе, медициналық билимге ийе болыўы шәрт. Тап сол сыяқлы, өмир жолларында сүринбеў ушын экономикалық, ҳуқықый билимлер де оғада зәрүр.
Медициналық билимсизлик денсаўлыққа қәўип болса, педагогикалық билимсизлик бәркамал әўлад тәрбиясына қәўип, десек дурыс болады. Педагогика тәрбия ҳаққындағы бирден-бир пән. Нәрестени бахытлы инсанға айландырыў илими. Балалар бар екен, ол да болады. Муғаллимлер миллет балаларын оқытады, тәрбиялайды, ислейди. Бирақ педагогиканы қолланыў ушын үйрениў талап етиледи.
Бала мәнаўияты - зүрәәтли топырақ. Оған не егилсе, өсип шығады, зүрәәт береди. Қаншелли ерте егилсе, соншелли ерте өнимге киреди. Гүл де, тилекке қарсы, ажырық та. Жас балаңыз әлпайым болса, шайды шырайлы етип демлеп қуйып берсе, сизге, туўысқан ҳәм мәҳәллелеслериңизге меҳрибан болса. Бир сөзли, қатаң, руўхый және материаллық байлыққа ийе болса. Қандай жақсы, қандай қызық?! Солай емес пе? Бундай пазыйлетти қәлиплестириў ҳәр биримизден педагогикалық билимди талап етеди.
- Тәрбияның ең тәсиршең методы не?
- Тәрбияның анықламалары көп. Ҳәр бириниң өз орны бар. Бир нәрсе анық, тәрбия тап бизнес, медицина, қурылыс сыяқлы анық нәтийжеге қаратылған әмелий жумыс.
Айырымлар тәрбия ҳаққында "баланы қасына отырғызып ибратлы нәсиятлар бериў керек", дейди. Бул да пайдалы. Наўқасқа денсаўлықты сақлаў жолларын жақсылап түсиндириў сыяқлы тәсир етиўи мүмкин. Бирақ нәсият теориялық түсиник береди. Тәрбия мине усы теориялық түсиниклерге тийкарланған пазыйлетлерди жаратады. Балада қандайда бир пазыйлет көриўди қәлесек, дәслеп оған бул пазыйлетти әстелик пенен түсиндиремиз. Оннан соң усы пазыйлеттиң ең жетик тәризин көрсетип, үйретип, шынықтырып, тәкирарлатып, әдетке айландырып барыў керек болады.
Абу Насыр Фарабий өзиниң уллы шығармасына "Пазыл адамлар қаласы" деп ат берген. Бул пазыйлетли адамлар, яғный пазыйлетлилер жасайтуғын жер, жақсы тәрбияланған, жоқары мәнаўиятлы адамлар жасайтуғын қала дегени.
Ата-ана перзентине ат излеп атырғанда өз арзыўларына сай келетуғынын таңлайды. Егер талқыланса, ҳәр бир өзбекше ат бир пазыйлет екени көринеди. Мысал ушын, Алым, Әмил, Фазилат, Фазыл деген өзбек исмлерин алайық. Алым - билимли, Әмил - билимине әмел етиўши, Фазыл - пазыйлетли адам дегени.
Мийрим-шәпәәт, мәртлик, ўатансүйиўшилик, тийислилик - пазыйлетлер. Олар адамлардың түрли жағдайларда ислеген ис-ҳәрекетлеринде көринеди, айтқан сөзлеринде еситиледи, сезиледи. Демек, тәрбия адамлардың пазыйлетлерин ҳәм пазыйлетлер жыйындысы - минез-қулқын жаратады. Соның ушын болса керек, Әлийшер Наўайы бабамыз: "Ақыл менен әлем жүзин абат ет, минез-қулық пенен адам елин шад ет", деген.
Сизден бир адам "Илтимас, өзиңиз көрмеген ис-ҳәрекетти ислеп көрсетиң" десе не қыласыз? "Бул не дегениңиз", дейсиз таңланып. Ҳеш нәрсени көрсете алмайсыз. Себеби сиз көрсетпекши болған ҳәр қандай минез-қулықты сиз я реал, я виртуал турмыста қашанлардур, кимдендур көрген болып шығасыз. Ямаса сиз көрсеткен ис-ҳәрекет жасалма, турмыслық мазмуны жоқ ис-ҳәрекеттен басқаны анлатпайды. Себеби сиз бул ҳәрекетти көрмегенсиз. Бала да сондай. Көргенин ислейди. Көрмеген нәрсесин ислей алмайды.
Пазыйлет адамға қайта-қайта көриў, еситиў арқалы сиңеди. Бала кимде, қандай ис-ҳәрекетлерди көп көрген ҳәм тәкирарлаған болса, мине усылар оның минез-қулқында терең из қалдырады. Оның ис-ҳәрекетлеринде "бетке қайтып шығады".
Тәрбия - үзликсиз процесс, тоқтамайды, даўам етеди. Тәрбияның еки бағыты бар. Бири - педагогикалық мәкемелер - мектеп, колледжлерде педагоглар алып баратуғын анық мақсетли, режели, анық нәтийжеге ерисиўге қаратылған тәрбия. Екиншиси - режелестирилмеген, турмыс тәрбиясы. Буны баланың социалласыўы, социаллық тәжирийбе, қәдириятлардың интериоризасиясы процеси, деп те айтыў мүмкин.
- Бул нени анлатады?
- Мәселен, балаңыз үйден мектепке 30 минутлық жолды басып барады. Қайтыўда да солай. Демек, ол ҳәр күни 60 минут даўамында бийтаныс адамларды, жағдай ҳәм көринислерди көреди. Ҳәр қыйлы жақсы-жаман ўақыялар, пикирлер, гәплер, үлгилер тәсирине ушырайды. Ертең мектепке киятырып, баламыз кимлерди, нелерди көретуғынын билмеймиз. Демек, ҳәр күни баламызды 60 минутлық шөлкемлестирилмеген тәрбия (интериоризация) процеси күтип турады.
Баламыз ҳәр қыйлы жастағы адамлардың қалай кийингенин, бир-бирине мүнәсибетин, дурыслы-дурыс емес қылықларын көреди. Жазып алады. Соның ушын биз, үлкенлер көшеде, той-мерекеде, транспортта кетип баратырғанымызда әне усы нәзик процессти бәрқулла сезинип турыўымыз керек. "Балалар, жаслар меннен үлги алмақта. Ҳәзир маған көзи түсип атырған барлық - мәҳәлле, аўыл, көшедеги таныс-таныс емес балаларға өрнек болып атырман", деген жуўапкершилик ҳәмийше ядымызда болыўы зәрүр.
- Халқымызда "Жүз мәрте еситкеннен бир мәрте көрген жақсы" деген нақыл бар. Буның тәрбияға қатнасы бар ма?
- Болғанда қандай! Бул балаңызда қандай минез-қулықты көргиңиз келсе, дәслеп оған өзиңиз үлги болың, дегени. Бир неше мәртебе. Балаңыз да сизге бир неше мәрте тәкирарлап көрсетсин. Әне сонда бул пазыйлет балаңыздың әдетине айланады. Яғный бәрқулла таяр турады. Көринеди.
Қулласы, балаға не айтқан болсаңыз, сол нәрселерди еситесиз. Не нәрселерди ислеп көрсетип, шынықтырған болсаңыз, сол нәрселерди көресиз. Себеби көрсетиў, шынықтырыў тәрбияның тийкарғы методлары.
- Шаңарақ тәрбиясында қандай кемшиликлер ушыраспақта?
- Балалардың минези - айна. Бул бизиң педагогикалық компетентлигимизди көрсетип турады. Соның ушын айнадан уялтатуғын, адамды ренжитетуғын нәрселерди көрсек, балаларымыздан ренжимейик. Себеби себепкер өзимиз. Солай екен, балалар минез-қулқындағы кемшиликлердиң себеплерин билиў тап жетискенликлердиң себебин билиўдей пайдалы.
Тийкарғы себеп - педагогикалық бийпәрўалық. Яғный өз баласының тәрбиясына итибарсызлық. Баласы аязласа, жуўырып-жуўырып шыпакер мәсләҳәти, рецепт, дәри-дәрмақларын таўып емлеймиз. Бирақ минез-қулық, руўхый кеселликти көрсек те педагог мәсләҳәти, усыныслары, методларын табыўға асықпаймыз. Баламыз бир шатақ шығарғаннан соң оның менен "сөйлесип қоямыз". Қайтып бундай етпеўди айтамыз.
Усы жерде "Қус уясында көргенин ислейди", деген нақыл еске түседи. Бул нақыл тәрбияның "көрсетиў-көриў" механизмин атап өтиў ушын жаратылған болса керек. Себеби "көргенин ислейди", деген жуўмақ берилмекте.
Буннан 100-50 жыл алдын өспиримлер ҳәр күни ата-анасын, қонсыларын, туўысқанларын көрген. Олардың гәплерин еситкен, еликлеген. Оларға усап кеткен. Бүгинги балалар болса реал досларынан гөре "виртуал досларын" көбирек көрип атыр. Қолларындағы телефонлар қайта-қайта сырт елли минез-қулық үлгилерин усынып атырғаны сыр емес. Булардың барлығы миллий тәрбия бағдарында қунт, қәдиримизди арттырыўды талап етпекте.
Сиз күн даўамында үйиңизде балаларыңызға өзиңизди ериксиз "таныстырасыз". Балаңыз зийрек. Жүзиңиздеги, даўысыңыздағы ҳәр бир өзгеристи сезеди. Әне сонда сиз оны өзиңиз билмеген ҳалда ериксиз тәрбиялап атырсыз. Балаңыз мине усы жағдайларды бақлайды, көзи менен "видеоға түсиреди". Минез-қулық ядына "жүклеп алады".
Усыған уқсас әжайып мысалды шахмат бойынша жәҳән чемпионлары Ислам ҳәм Жавоҳир Синдоровлардың атасы профессор Комилжон Синдоровтан еситтим.
"Мен алдын бул нәрсеге итибар бермеген екенмен. Ақлықларымды машинаға отырғызып, шынығыўларға алып жүргенимде үш айға шамалас "Бозургони" қосығын қойып, барып қайтатуғын едим. Кейин не болды да, сол диск жоғалып қалды. Радиодан басқа қосықларды қойып жүрдим. Бир күни шынығыўдан қайтып киятырганымызда, Исламжан "Ата, "Неге "Манга көргузиб"ди қоя қоймайсыз? Сол жақсы ғой. Соны қойың", деди. Ҳайран қалдым. Ериксиз түрде "Не ексең, соны орасаң", деген ҳикметти еследим.
Баланың қулағына, көзине нени синдирип барсаңыз, сол нәрсеге мүтәжлик пайда болып, өсип барады екен. Бул руўхый мүтәжлик екен. 9 жасар балада классикалық, аўыр қосыққа мүтәжлик қалай пайда болғанын өз өмиримде көрдим. Өзим классикалық қосықларға ықласбентпен. Демек, бул арқалы ақлығымда "классикалық қосыққа зәрүрлик"ти қәлиплестирип атырған екенмен. Буны маған ақлығымның қәлбиндеги өзбек классикалық қосығына руўхый мүтәжлик айқын көрсетти.
Ҳәзир өзбек классикалық ҳәм дәстүрий қосықларын тыңлатып, таныс етип атырман. Жасырын ғана бақлайман. Олар классикалық қосықларымызды таң қалып тыңлап бармақта. Өзимниң қызығыўшылығым және де артып кетти", деди.
Бүгинги балалар кешеги әўладтан өзгеше, олар санлы дүньяда өспекте. Соның ушын миллий контент гейде дәстүрий түрде, гейде болса мультимедиа, мобил қосымшалар, компьютер ойынлары ҳәм интерактив шынығыўлар арқалы усынылса, нәтийже бериўи гүмансыз. Буның негизинде бир әҳмийетли идея - миллет келешегин сақлап қалыў, миллий идеологиялық суверенитетти тәмийинлеў жатыр.
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы
Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.
