Кувейт тәрепине денсаўлықты сақлаў, транспорт инфраструктурасы, фармацевтика, қурылыс материалларын ислеп шығарыў сыяқлы тараўлардағы жойбар басламалары усынылды.
Өзбекстан мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бағдарламасы қатнасыўшылары ушын ашылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз болды. Бағдарлама түрли тараўларға улыўма баҳасы 30 миллиард доллардан аслам узақ мүддетли инвестицияларды тартыўды нәзерде тутады.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша Кувейт делегациясы министрлик тәрепинен арнаўлы бириктирилген жойбар менеджерлериниң жәрдеминде додаланған жойбарлар үстинде ислесиў бойынша келешекте әмелий қәдемлерди қойыўға таяр екенин билдирди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.
Мағлыўмат ушын: «Fouad Al-Ghanim and Sons Group of Companies» машина қурылысы, қурылыс, энергетика, автомобиль қурылысы, саўда, кемесазлық, авиация, телекоммуникациялар, мийманхана бизнеси ҳәм көшпес мүлк тараўларындағы ең ири корпорациялардан бири болып есапланады.