Сенат баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Канада Жәмийетшилик палатасындағы "Канада - Өзбекстан" дослық топарының баслығы Зиёд Абуолтаиф пенен видеоконференсбайланыс түринде ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан ҳәм Канада арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери додаланды. Тәреплер бул бағдарда өз-ара мәпдар екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан парламенти делегациясының 2025-жыл 26-27-ноябрь күнлери Канадаға сапары ҳәм Канада парламентинде Өзбекстан күниниң табыслы өткерилгени жоқары баҳаланды.

Ушырасыўда "Өзбекстан - Канада" биринши парламентлераралық форумын 2026-жылы Самарқанд қаласында өткериў мәселеси додаланды. Канада делегациясының мәмлекетимизге сапары шеңберинде саўда-инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, атап айтқанда, әҳмийетли минераллар, аўыл хожалығы, таза энергетика, билимлендириў ҳәм инновациялар тараўларында биргеликтеги "Өзбекстан - Канада" бизнес форумын шөлкемлестириў усынысы да көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық сөйлесиўди және де тереңлестириўге таяр екенин тастыйықлады.