Үшинши ренессанс байшешеклери

    Ташкент қаласындағы Президент мектеби Шайх Зоид Ол Наҳаён атындағы турақлы раўажланыў тараўындағы жетискенликлер ушын сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз деп табылды.

    Президентимиз Шавкат Мирзиёев мектеп ўәкиллери менен ушырасып, оларды жеңис пенен қызғын қутлықлады.

    Бул хабарды еситип елимиздиң кеўли қуўанышқа толды! Бир-бирин Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен қутлықлап атырған ўатанласларымыздың байрам кейпияты және де көтериңки түс алды. Енди олар жаңа Өзбекстанның және бир табысы себепли мақтаныш сезимин билдире баслады.

    Буларды бақлап турып, халқымыздың әжайып бир әдети ядыма келди. Әзелден ата-бабаларымыз бәҳәр елшиси болған байшешекти көзге сүртеди. Бәҳәрге келгенине шүкиршилик айтып: "Аманлық, ҳеш қашан жаманлық көрмейик", дейди. Усы арқалы халқымыз байшешекти көзине сүртеди, қәдирлейди. Себеби, музды жарып шыққан байшешек бәҳәрдиң, жақты күнлердиң хабардары екенин жақсы биледи.

    Дүнья сахнасында өзин мүнәсип көрсетип, жоқары сыйлыққа ылайық көрилген жасларымызды да жаңа Өзбекстанның байшешеги, десек, қәте болмайды.

    Жедел басланған реформалардың дәслепки ўақытларынан-ақ билимлендириў ҳәм тәрбияға үлкен итибар берилди. Жаңа Өзбекстан - мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады, деген идея алға қойылды. Бул өз-өзинен Үшинши Ренессанс тырнағын қойыўдай уллы мақсетке қарай дәслепки қәдемлер еди. Мине бүгин, усы уллы мақсет жолындағы дәслепки әмелий нәтийже, керек болса, Үшинши Ояныў дәўириниң дәслепки байшешеклери бой көрсетип баслады деп айта аламыз.

    Дүньяда экологиялық мәселелер барған сайын әҳмийетли болып бармақта. Ташкенттеги Президент мектебиниң оқыўшылары Паҳлавон Ғуломов, Асылбек Ашрапов ҳәм олардың устазы Соҳибхон Азизов болса, сол глобал машқалаға шешим болатуғын жойбары менен таңлаўда қатнасты. Олар жаўын суўын жыйнаў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў бойынша жойбар ислеп шықты. Соның өзи-ақ, жасларымыз алған билимлери, тәлим-тәрбиясы себепли келешектеги қәўипти алдыннан сезинип, оған мүнәсип таярлық көрип атырғанын билдиреди.

    Олар тек ғана мәселениң мазмунын түсинип қоймастан, оны шешиў ушын мүнәсип шешимди де усыныс етпекте. Бағманлар жақсы биледи, нәлди өнимдарлы жерге отырғызыў менен жумыс жуўмақланбайды. Оны егиўден алдын қуяш нурының түсиўин дурыс есаплаў, соң ўақтында тәрбиялаў керек. Елимиз еки мәрте Ояныў дәўирине тийкар салған ата-бабаларымыз бесиги есапланады. Оны сол өнимдар топыраққа теңлестириў мүмкин. Жаңа Өзбекстанда билимлендириўге қаратылып атырған итибар себепли жасларымыздың илимий потенциалы артып бармақта. Бул нәллер бир күн келип, дүнья сахнасындағы үлкен бағқа айланыўы тәбийий.

    Тарийхый ҳақыйқат сонда, мәмлекетте социаллық-экономикалық мәселелер шешимин таўып барса, жәмийетте өз-өзинен раўажланыў, илимге болған қызығыўшылық та артып барады. Жаңа Өзбекстанда барлық тараўлардағы кең көлемли реформалар себепли бүгин жәмийетимизде, әсиресе, жасларда билим алыўға, дәўир менен үнлес болыўға умтылыў күшли. Бул Халықаралық IQ реестриң жақында жәрияланған есабатында да өз тастыйығын тапты. Усы есабатқа бола, Өзбекстан өткен жылға салыстырғанда 2,17 баллға көтерилип, бул рейтингтеги көрсеткишин жақсылаўға ерискен. Бир қарағанда бул киши парық болып көриниўи мүмкин. Бирақ, жәмийет мине усындай киши, бирақ әҳмийетли санлар арқалы раўажланып барады.

    Жоқарыда, жасларымыз бүгинги мәселелердиң мазмунын терең түсинип атырғанын айтқан едик. Мине, сол себепли олар экологиялық мәселеге ақылға уғрас шешимди усынды. Бул болса, жаңа Өзбекстан алға қойып атырған ийгиликли басламаларға үнлес екени менен де қәдирли. Атап айтқанда, Президентимиз «Абу-Даби Турақлы раўажланыў ҳәптелиги" саммитинде шығып сөйлеп, онда төмендеги пикирлерди айтты: "Орайлық Азияны "жасыл" экономикалық раўажланыў ҳәм "таза энергия" орайларынан бирине айландырыў нийетиндемиз.

    Әййемги Уллы жипек жолын өз-ара энергетикалық байланыс арқалы тиклеў жолында да дәслепки қәдемлерди тасладық. Жақында “COP-29” шеңберинде қазақстанлы ҳәм әзербайжанлы шериклеримиз бенен қол қойылған көп тәреплеме келисим Европаға "жасыл" энергияны экспорт етиў имканиятын береди».

    Көз алдыңызға келтириң, бир ўақытлары ата-бабаларымыз тийкар салған, экономиканың, мәмлекет раўажланыўының қан тамыры болған кәрўан жолы және жанланса... Бул тек ғана ата-бабаларымыздың мийрасын даўам еттириў емес, заманға сәйкес тәризде, дәўирдиң қурамалы мәселесине шешим дегени. Ақыры еки рет Ояныў дәўирине тийкар салған ата-бабаларымыз кәрўан жолы арқалы дүньяға илим-ағартыўшылық тарқатқан. Бүгин болса, биз "жасыл" экономика арқалы жақсылықты бөлисиў нийетиндемиз. Әне усындай үлкен шеклерди билим ҳәм ой-пикири менен басқалардан бир қәдем алдында болған жаслар менен ерисиў мүмкин. Бүгинги жетискенлик мине усындай үмит бағышлайтуғын сезимлерди береди.

    Және бир тәрепи, мақала басында бул қуўанышлы хабар Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен айтылып атырған қутлықлаўларға үнлес болып кеткенин атап өттик. Мениңше, бунда да бахытлы уқсаслық, тәғдирдиң нәзик белгиси бар. Ўатанды тек жоқары билимли ҳәм ағартыўшы шахслар ғана қорғай алады. Сонлықтан, Қураллы Күшлеримизди заманагөй техника менен тәмийинлеў менен бирге, олардың руўхый потенциалын арттырыўға да үлкен итибар қаратылмақта.

    Бүгин илим-ағартыўшылық пенен жоқары шеклерди ийелеп, Үшинши Ренессанстың дәслепки белгиси екенин дәлиллеген жаслар, ертең шын мәнисинде Ўатан қорғаўшыларына айланады!

    Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы