-Пайтахтымызда жайласқан 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қарақалпақ класында тәлим алдым,-дейди Рамуза сол жылларды еске алып.-Мектептеги барлық устазларымыз терең билимге ийе инсанлар еди. Әсиресе, класс басшымыз Сулыўхан апа, ҳуқықтаныў пәни муғаллими Улбосын апа, анам Шүкиржан Сметуллаевалар жүдә талапшаң болды. Олардың бизге берген тәлим-тәрбиясының арқасында, оқыўшылық дәўиримизде-ақ, ҳәр қыйлы пән олимпиадалары, таңлаў ҳәм жарысларға қатнасып, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминде жеңимпазлықты қолға киргиздик.
-Сизиң юридика тараўына қызығыўыңызға не себепши болды,-деп сорадық оннан гәп арасында.
-Шама менен 3-4-класс ўақытлары телевизордан адвокат қыз туўралы кино көрип қалдым ҳәм ондағы қаҳарман қыздың ислеген ислери менде адвокатлық кәсипке деген қызығыўшылығымды оятты. Әне, соннан баслап мениң кеўлимде юрист болыў әрманы пайда болды. 2016-жылы мектептиң 9-класын тамамлағаннан соң, 3 жыл даўамында Нөкис социал-экономикалық колледжинде мәлимлеме-технологиялары қәнигелиги бойынша оқып, билим алдым. Бул оқыў дәргайында да «Жас ҳуқықтаныўшы» таңлаўына қатнасып, онда командамыз бенен Өзбекстан көлеминде жеңимпаз болдық. Қолға киргизилген бундай жетискенликлер мениң юрист болыўға деген умтылысымды және де жоқарылатты ҳәм усы талпынысларымның нәтийжесинде, 2019-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға кирдим.
Тынып-тыншымас Рамуза Байжанова оқыўға киргеннен соң да сабақтан бос ўақытлары өз үстинде излениўди ҳасла тоқтатпады. Факультеттеги устазы юридика илимлериниң кандидаты, доцент Фархад Қутлымуратовтың басшылығында жаслардың ҳуқық ҳәм еркинликлери бойынша бир қатар илимий мақалалар жазып, оны мәмлекетимиз ҳәм Россия, Испания, Германия, Индонезия, АҚШ, Чехия ҳәм басқа да сырт еллерде басылып шығатуғын бир қатар абырайлы журналларда бастырып шығарыўға еристи. Усындай талапшаңлығы ҳәм қызығыўшылығының арқасында университет басшыларының нәзерине түскен ол, 2021-жылы Бердақ атындағы стипендия, 2022-жылы Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендияның жеңимпазы болды.
2023-жылы стипендия жеңимпазына берилетуғын жеңиллик тийкарында, магистратураға оқыўға қабылланған Рамуза бул басқышта да илимге деген умтылысын даўам еттирди. Әсиресе, оның инглис тилин жетик билиўи өзиниң билимин жетилистириў ҳәм илимий мақалалар жазыўда оғада қол келди.
Атап айтқанда, Рамузаның сырт еллердиң илимий журналларында 16, мәмлекетимиз көлеминде 5 илимий мақалалары жәрияланды.
Усы арада қәнигелиги бойынша банк хызметкери болған Султанбек Қудияров пенен турмыс қурып, бир уллы болды.
-Ең дәслеп университетте, соңынан өткен жылдың 2-декабрь күни Ташкент қаласында Президент стипендиясына талабанлар арасында Өзбекстан тарийхы, инглис тили ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнинен тест тапсырдым ҳәм онда жоқары балл топлаўға миясар болдым,-дейди Рамуза оннан стипендия жеңимпазы болыўға шекемги басқышлар туўралы сорағанымызда.-Соңынан 4-декабрь күни мәмлекетлик комиссия ағзалары менен сәўбетлесиў өткерилди. Ал, күни кеше болса, мениң мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болғанлығым туўралы ғалаба хабар қуралларында жәрияланды. Бул мениң ҳәм шаңарақ ағзаларым ушын оғада қуўанышлы ўақыя болды. Әсиресе, бул хош хабардан аўылдағы әжем ҳәм әке-шешем қатты қуўанды. Мен олардың үмитин ақлағанымнан қуўанышлыман. Мени тәрбиялап усындай дәрежеге жеткерген ата-анам Кеңесбай Есимов ҳәм Шүкиржан Сметуллаева, устазым Фархад Қутлымуратов, өз ўақтында қоллап-қуўатлаған өмирлик жолдасыма үлкен миннетдаршылық билдиремен. Алдағы ўақытлары докторантурада оқып, юридика тараўы бойынша илимий изленислеримди даўам еттирип, халқымызға ҳадал хызмет етсем деймен.
Ҳақыйқатында да, кишкене бала гезлериндеги әрманы шынлыққа айланған Рамузаның келешекте ойлаған нийетлери әмелге асып, республикамызға белгили алым болып шығыўына тилеклеслик билдиремиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.