2025-жылы жеке меншик мектеплердиң саны 700 ге жеткериледи

    2025-жылы жаңа баҳалаў системасы енгизилген улыўма билим бериў мектеплери саны 1 мың 500 ден 3 мыңға жеткериледи, 257 атамадағы жаңа сабақлықлар топламлары жаратылады. Жеке меншик мектеплердиң саны болса 700 ге жеткериледи.

    ӨзАның хабар бериўинше, бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитети тәрепинен өткерилген тыңлаўда айтып өтилди.

    Екинши шет тили оқытылатуғын мектеплердиң саны 420 ға, кәсип-өнерге үйретилетуғын мектеплердиң саны 400 ге жеткериледи. Жеке меншик мектеплердиң саны 700 ге ҳәм олардағы оқыўшылар қамтып алыныўы 150 мыңға жеткериледи.

    Сондай-ақ, Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 26 жаңа улыўма билим бериў мектебиниң қурылысы ҳәм 320 сы реконструкциялаў арқалы 120 мың 943 оқыўшы орны, сондай-ақ, 54 педагогикалық колледж имаратын улыўма билим бериў мектебине айландырыў арқалы 32 мың 905 оқыўшы орны жаратылады.

    Республикамыздың 4 аймағында жаңа қәнигелестирилген мектеп, 9 аймағында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп, Ташкент ўәлаятының Чиназ районында Абу Али ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектеп ҳәм шет тиллерге қәнигелестирилген мектеплердиң жумысы жолға қойылады.

    Еситтириўде атап өтилгениндей, "Билимлендириў ҳәмме ушын тең" принципи тийкарында инклюзив билимлендириў системасы енгизилген улыўма билим бериў мектеплериниң саны 1 мың 900 ге жеткериледи. Сондай-ақ, бул система 208 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде енгизиледи. Улыўма билим бериў мектеплерине педагог кадрларды арнаўлы платформа арқалы таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиў системасы жолға қойылады. Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 78 процентке жеткериледи.