Бирақ, оның мәмлекеттиң раўажланыўы, халықтың турмыс абаданлығын, ҳуқықларын тәмийинлеўдеги орнын ҳеш нәрсе менен салыстырып болмайды.
2023-жылы улыўмахалықлық референдум тийкарында жаңа редакциядағы Конституция қабыл етилген еди. Өткен қысқа ўақыт мәмлекет ушын әҳмийетли өзгерислер дәўирине айланды. Сиясий, экономикалық ҳәм социаллық жаңаланыўларға тийкар болған бул ҳүжжет Өзбекстанның демократиялық реформалардан ҳеш қашан артқа қайтпайтуғынын, нызам үстинлиги ҳәм турақлы раўажланыўға турақлы умтылыўын тастыйықлайды.
Конституцияның 1-статьясында "Өзбекстан - басқарыўдың республика формасына ийе болған суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет" деген норма беккемленди. Жаңадан киргизилген өзгерислерге бола, Өзбекстанда ҳуқықый мәмлекет принципи беккемленди, енди барлық процесслер нызамлы тийкарлар негизине қурылады, мәмлекетлик хызметкерлерден ҳуқық шеңберинде пикирлеў, барлық мәселелерге ҳуқықый көзқарас пенен қараў талап етиледи. Қалаберсе, ҳуқықый мәмлекетте барлық пуқаралар нызам алдында тең болады, мәмлекет ҳәкимиятының жоқарғы уйымлары да нызамларға бойсынады ҳәм нызамлардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлейди.
Өзбекстан өзин социаллық мәмлекет деп жәриялаў менен ҳәр бир пуқарасына мүнәсип турмыс кешириўи ушын шараят жаратыў миннетлемесин алды. Бул бар ресурсларды социаллық әдиллик принциплери тийкарында бөлистириў, жәмийетте күшли дифференциялаўдың ҳәўиж алыўына жол қоймаў, ең әззи қатламлар ушын да сапалы билимлендириў ҳәм медицина кепиллиги, нәтийжели социаллық қорғаў бағдарламаларының ислеўи, имканияты шекленген пуқараларды қоллап-қуўатлаў, әдил мийнет нызамшылығы ҳәм тартымлы пенсия системасы сыяқлыларды аңлатады. Әпиўайы етип айтқанда, ең кәмбағал шаңарақтың перзентлеринде де саламат өсип-өнип, жақсы билим алып, абаданлыққа ерисиў имканияты болыўы керек.
Жаңа редакциядағы Конституцияның 154-статьясы менен 1-статьядағы қағыйдаларды қайта көрип шығыў мүмкин емес екенлиги белгиленди. 154-статьяның өзиндеги тап усы қағыйдадан ибарат болған бәнти де қайта көрип шығылыўы мүмкин емес. Басқаша айтқанда, бул норма Өзбекстан ҳеш қашан демократиядан ўаз кешпеўин, ҳуқықый мәмлекетшиликке садықлығын кепиллейди.
Халық Конституциясы деп тән алынған Бас нызамымызда Өзбекстан социаллық мәмлекет екени қатаң белгиленгени бийкарға емес. Кейинги жыллары бул бағдардағы нызам ҳүжжетлери, социаллық бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў қәрежетлери сезилерли дәрежеде артып, напақа алатуғын шаңарақларды қамтып алыў 5 есеге көбейди. Ҳәр бир мүтәж инсанға оның реал мүтәжлигинен келип шығып жәрдем көрсетиў имканияты жаратылды ҳәм бул бағдарда пүткиллей жаңа ҳәм өзине тән система иске түсти.
Соның ишинде, "Темир дәптер", "Ҳаял-қызлар дәптери", "Жаслар дәптери", "мәҳәлле кесиминде" ҳәм "хана кесиминде" ислеў усыллары әйне усы мақсетлер ушын енгизилген, ҳаял-қызлар, жаслар, улыўма, социаллық жәрдемге мүтәжлердиң машқала ҳәм кемшиликлери мәнзилли үйренилип, оларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели шешиў илажлары көрилмекте.
Кекселер ҳәм мүтәжлерге, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем, мийрим-шәпәәт көрсетиў халқымыздың мәңги қәдирияты болып есапланады ҳәм бундай ийгиликли ҳәрекетлер бүгин жаңаша мазмун-мәниске ийе болып, әмелий ҳәрекетлер және де жетилистирилмекте. "Бес әҳмийетли баслама", "Ҳәр бир шаңарақ - исбилермен", "Абат мәҳәлле", "Абат аўыл", "Жаслар - келешегимиз" сыяқлы бағдарламалар усы мақсетлерге хызмет етип атырғанын айрықша атап өтиў керек.
Жоқарыдағы пикирлердиң дәлилин төмендеги санларда да көриў мүмкин: 2016-жылдан 2022-жылға шекем социаллық напақаларға ажыратылып атырған қаржы 10 есеге арттырылды. Нәтийжеде социаллық напақа алыўшы шаңарақлардың саны 5,1 есеге артып, 1,2 миллионнан аслам шаңараққа напақалар төлеп келинбекте. Сондай-ақ, 2021-жылдан баслап "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" арқалы бундай напақаларды автоматикалық тәризде тайынлаў системасы жолға қойылды. Бул, өз гезегинде, ашық-айдынлықты тәмийинлеў имканиятын жаратты.
Социаллық қорғаўға байланыслы процесслер мәҳәлле көлеминде шешилмекте. Атап айтқанда, "мәҳәлле жетилиги" шаңарақлардағы социаллық машқалалардың себеби, оларға тәсир етиўши факторларды анықлап, бар имканиятларды баҳалап, оларды аўыр жағдайдан алып шығыў бойынша социаллық хызметлерди мобилизациялап атыр. "Сақаўат ҳәм көмек" қорынан жәрдемлерди шаңарақтың социаллық жағдайын индивидуал баҳалаў тийкарында көрсетиў жолға қойылды. Бул бағдарда бирден-бир сораўнама енгизилди.
Және бир әҳмийетли тәрепи, мәҳәлледеги барлық социаллық хызметлерди басқышпа-басқыш социаллық хызмет көрсетиў шәртнамасы арқалы усыныў жолға қойылмақта. Бул процессте хызмет көрсетиўши де, жәрдем алыўшы да өзине миннетлеме алады. Енди напақа алыўшылар дизимине, биринши гезекте, майыплығы бар, ата-анасы жоқ, бағыўшысын жоғалтқан, кеселлиги ҳәм басқа да себеплерге бола узақ мүддет ислей алмайтуғынлардың шаңарақлары киргизиледи. Халыққа көрсетилетуғын барлық социаллық жәрдемлер "социаллық карта" арқалы қаржыландырылады.
Бундай статистикалық санлар, жаңаланыўларды және көплеп келтириў мүмкин. Әҳмийетлиси, социаллық мәмлекет қурыўдың ҳуқықый тийкары жаратылған Өзбекстанда мәмлекеттиң социаллық миннетлемелерине байланыслы нормалар дерлик үш есеге артты ҳәм "Жаңа Өзбекстан - социаллық мәмлекет" принципи әмелде өз дәлилин таппақта.
Мәҳәллениң статусы Конституция дәрежесинде беккемленди
Биз узақ жыллар даўамында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын пуқаралық жәмийети институты сыпатында тән алып келдик. Бирақ негизинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары түсиниги де, оның жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмеўи де Конституцияда беккемленбеген еди. Жаңа редакциядағы Бас нызамымызда мәҳәлле институтына жаңаша тәрийип берилди. Яғный, оны халықтың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасап атырған шын мәнисинде ири пуқаралық жәмийети институты сыпатында реформалардың белсенди қатнасыўшысына айландырыў мақсетинде оның статусы Конституция дәрежесинде тән алынды. Бас нызамның жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият тийкарларына бағышланған ХХI бабына пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққындағы түсиникте киргизилди. Соған муўапық, 127-статьяда былай делинген:
"Посёлкалар, аўыллар, сондай-ақ, қалалардағы мәҳәллелерде пуқаралардың жыйынлары өзин-өзи басқарыў уйымлары болып, олар баслықты өзлери сайлайды.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмейди ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди пуқаралардың мәплеринен, раўажланыўдың тарийхый өзине тән өзгешеликлеринен, сондай-ақ, миллий қәдириятлардан, жергиликли үрп-әдет ҳәм дәстүрлерден келип шыққан ҳалда, нызамға муўапық ғәрезсиз рәўиште шешиўге ҳақылы.
Мәмлекет пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын әмелге асырыўы ушын зәрүр шараятлар жаратады, оларға нызамда белгиленген ўәкилликлерин әмелге асырыўда жәрдемлеседи.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын сайлаў тәртиби, олардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм ўәкилликлери нызам менен белгиленеди."
Мәҳәлле институтының статусын Конституцияда беккемлеўдиң тийкарғы мазмун-мәниси сонда, бүгинги күнде барлық тараў ҳәм бағдарлар бойынша "мәҳәлле кесиминде" ислеў системасы кеңнен енгизилип, мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер, салық ҳәм профилактика инспекторларынан ибарат тәсиршең структура хызмети жолға қойылғаны мәмлекеттиң социаллық сиясаты район ямаса қаладан емес, мәҳәлледен турып әмелге асырылыўын тәмийинлемекте. Өйткени, жаңаланған Конституцияда Өзбекстан социаллық мәмлекет екени белгиленгенин есапқа алып, оның бул бағдардағы сиясаты мине усы мәҳәлледен басланыўы логикалық жақтан туўры.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, соңғы сегиз жылда мәҳәлле институтын жетилистириўге қаратылған 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген болып, бул ҳүжжетлердиң мақсети мәҳәллени ҳақыйқый социаллық институтқа айландырыў ҳәм жәмийетти басқарыў системасында оның айрықша орнын беккемлеўге қаратылған. Мәҳәлле - ҳәммемизди бирлестиретуғын, мийрим-шәпәәтти, адамгершиликти үйрететуғын, әсирлер асып миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди биймәлел сақлап киятырған орын. Тараўдағы реформалар нәтийжесинде ол турмысымызға байланыслы барлық мәселелерди шешиўде халық ҳәм мәмлекетти бир-бирине жақынластырып, қатнасықларды тәртипке салыўшы әҳмийетли структураға айланды.
Атап айтқанда, аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды орнында шешиў мақсетинде мәҳәллелердиң ўәкилликлери кеңейтилди, олардың финанслық еркинлиги күшейтилди. Пуқаралардың өз мәҳәллесиниң турмысындағы қатнасын және мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәҳәллелер арасында тиккелей байланысты тәмийинлеў, мәҳәллелерде халық пенен ислесиўге қаратылған процесслер санластырылды. Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм оның халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының жумысы жолға қойылды. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 9 452 мәҳәлле жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Бүгинги күнде барлық жумыс мәҳәлледе, халқымыз бенен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Бул система басқышпа-басқыш раўажландырылмақта, оған қосымша күш, имканиятлар берилмекте. Бул - әлбетте ҳәм ўәкиллик, ҳәм жуўапкершилик дегени. Мәҳәллелер - мәмлекетимиздиң ең үлкен тийкары".
Бул бағдарда усы жылдың өткен он айы даўамында исленген жумысларды есапласақ, мәмлекеттиң мәҳәллеге итибары, ҳәр қандай мәселе мәҳәлле дәрежесинде шешип атырғаны бийкарға емес екенлиги анық болады. Санларға итибар бериң: жыл басында 25 бағдар ҳәм 401 көрсеткиш тийкарында 9 452 мәҳәлле, 208 район (қала), 14 аймақ ҳәм республикалық баланс қәлиплестирилди. Баланс тийкарында халықтың машқалаларын сапластырыў бойынша "жол картасы" ҳәм мәҳәллелердиң "сақлаў китабы" ислеп шығылды. "Мәҳәлле жетилиги" ағзаларының үйме-үй жүрип үйрениўлери нәтийжесинде инфраструктура менен байланыслы анықланған 278 мыңнан аслам машқаладан дерлик 260 мыңы (93 процент) және халықтың социаллық мәселелерине байланыслы анықланған 201,5 мыңға шамалас машқаладан 95 проценти шешилди.
Мәҳәллелерди жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырыўда "мәҳәлле жетилиги" менен банклер арасында бирге ислесиў системасы жолға қойылды. Бәнтлик бағдарламалары қәлиплестирилип, барлық мәҳәллелерге 16 банк жуўапкерлери бириктирилди. Усы бирге ислесиў нәтийжесинде бүгинги күнде дерлик 703 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Әйне усы мәҳәллелердиң жәрдеминде Сайхунабад, Зарбдор, Ғиждувон ҳәм Уйчи районларының тәжирийбелери тийкарында 4 миллион 713 мың шаңарақта қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўға өтилди. "Бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында 3 миллионға шамалас шаңарақта қосымша дәрамат алыў имканияты жаратылды.
Халықты кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында да мәҳәллелерде системалы жумыслар исленбекте. Өткен дәўир ишинде 208 мың 442 шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды. Нәтийжеде кәмбағаллық дәрежеси 2,4 процентке қысқартылып, 8,6 процентке түсирилди.
Кәмбағал шаңарақлардың 6,5 мыңнан аслам ағзасы турақлы жумысқа орналастырылды, дерлик еки мыңы ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамтылды. 6,5 мыңнан аслам шаңараққа 11,8 миллиард сумлық материаллық жәрдемлер көрсетилди, 16 мың 600 ге шамаласына напақалар белгиленди. Бундай категориядағы шаңарақ ағзаларына 25,1 миллиард сум субсидия, 40,3 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.
Бас нызамымызда "Мәмлекет пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын әмелге асырыўы ушын зәрүр шараятлар жаратады, оларға нызамда белгиленген ўәкилликлерин әмелге асырыўда жәрдемлеседи", делинген. Усыған бола, өткен дәўир даўамында "мәҳәлле жетилиги"не қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде барлық мәҳәллелердиң материаллық-техникалық тәмийнаты хатлаўдан өткерилди. 250 мәҳәллеге жаңа имарат қурылды, 392 и әмелдеги, 79 ы капитал оңланды, 59 ы реконструкцияланды. Ҳәзирги ўақытта және 211 мәҳәллеге жаңа имарат қурылмақта, 83 и әмелдеги, 34 и капитал оңланып, 42 и реконструкцияланбақта.
Мәҳәллелерге көплеген ўәкилликлер берилген болса да, оған финанслық еркинлик берилмесе, шешимин күтип атырған мәселелердиң шешилиўи қыйын болады. Дурыс, дәслеп ҳәр қандай системаның ислеўи ушын биринши орында мәмлекеттиң өзи басқарып, барлық шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм финанслық инвестицияларды киргизеди. Бирақ, бул система ислеп кеткеннен кейин мәмлекет оған өзин-өзи қаржыландырыў ушын да шәраятлар жаратып бериўи керек.
Усы мәнисте "Мәҳәлле бюджети" системасы жолға қойылды. Өткен ўақыт даўамында Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қорына 307,8 миллиард сум түсирилди. Бүгинги күнде қорға түскен 126,6 миллиард сум мәнзилли ҳәм мақсетли жумсалды. Соның ишинде, усы қаржы есабынан мәҳәлле имараты, спорт, балалар майданшасы, китапхана қурылды, аймақлар инфраструктурасы жақсыланды, кәмбағал шаңарақларға материаллық жәрдем берилип, турақ жайлары оңланды.
Халықтың машқалалары менен ислесиў ҳәм "жетилик" жумысын системалы жолға қойыў бойынша 24 саат ислейтуғын " Call орай" жумысы жолға қойылды (12-76 қысқа сан), 3 мыңнан аслам мүрәжат шешилди.
Сондай-ақ, мәҳәллелерге халықтан келип түскен 2,5 миллионнан аслам мүрәжаттың 85 проценти мәҳәллениң өзинде шешилди. Нәтийжеде 38,5 процент мәҳәлле жынаятшылықтан, 16,4 проценти шаңарақлық ажырасыўлардан, 20 проценти жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырылды.
Жылдың ақырына шекем жоқарыда санап өтилген жумыслар системалы ҳәм мәнзилли түрде даўам еттириледи. Усы тийкарда 7 563 мәҳәлледе 151,5 мыңға шамалас жумыссыз халық ҳәм мийнет базарына кирип келген 171,5 мыңнан аслам питкериўши жаслардың бәнтлиги тәмийинленеди. "Сайхунабад тәжирийбеси" тийкарында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў арқалы кем дәраматлы 147 мыңнан аслам шаңарақта қосымша дәрамат дәреги жаратылады.
"Мәҳәлле жетилиги" ағзаларының жәрдеминде 106,5 мыңға шамалас шаңарақ ҳәм олардағы 503 мыңнан аслам халық кәмбағаллықтан шығарылады. Кем тәмийинленген шаңарақлардың үлеси жоқары, социаллық-экономикалық раўажланыўы ҳәм инфраструктура менен тәмийинлениў дәрежеси төмен болған мың мәҳәлледе машқалаларды шешиў бойынша жәмийетлик қадағалаў орнатылады. Жылдың ақырына шекем халықтың машқалалары мәҳәллениң өзинде шешилетуғын система жаратылады ҳәм "мәҳәлле жетилиги" ағзалары еркин жумыс алып баратуғын уйымға айландырылады.
Улыўма алғанда, мәҳәлле институтының статусы Конституция дәрежесинде беккемлениўи пуқаралар жыйынларына халықтың машқалаларын орынларда шешиў, жәрдемге мүтәжлерге жәрдем көрсетиў, кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, мәмлекеттиң социаллық сиясатын төменги системада алып барыў имканиятын бермекте.
Қалаберди, мәҳәлле тек ғана басқарыўдың ҳақыйқый биринши буўынына айландырылып қоймастан, оған атқарыўшы ҳәкимият тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыў ўәкиллиги де берилди.
Жоқарыда Конституция белгилеп берген ҳуқық ҳәм ўәкилликлер шеңберинде мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған жумысларға бир нәзер тасладық. Бул теңизден тамшы ғана. Мәҳәлле дәрежесинде исленип атырған жумысларды улыўмаластырсақ, оларды жуўмағына жетиў қыйын. Соған қарамастан, қысқа санлар, анық бағдардағы жумысларды көрсетиў арқалы мәҳәллеге билдирилген исеним, берилген имканиятлар қайсы бир мәнисте өзин толық ақлап атыр, деп айтыўға тийкарларымыз жетерли. Бул бағдардағы ҳәрекетлер, умтылыс ҳәм излениўлер ҳеш қашан тоқтап қалмайды. Керисинше, жеделлик пенен, мәҳәллениң абырайы және де артады, халықтың машқалаларын шешиўдеги орны беккемленеди. Өйткени, Конституция бизге усындай имканият береди.
Қаҳрамон ҚУРОНБОЕВ,
Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы баслығы,
сиясий илимлер докторы, профессор