Өзбекстанда халықтың үлкен бөлеги аўыл хожалығы жумыслары менен бәнт. Бундай шараятта, суў ҳәм азық-аўқат балансына итибар бериў, ҳәр бир егин түрине сай тәрбиялаў тек ғана өнимди сақлап қалыў емес, ал экономикалық турақлылық ушын да әҳмийетли.
Усындай қыйын жағдайда қәнигелер фермер ҳәм дийқанларға бир қатар усыныслар бермекте. Биринши гезекте, атыздағы жумысларды азанғы саат 10:00 ге шекем орынлаў, 10:00 - 16:00 аралығында болса жумысларды тоқтатыў керек екенлиги айтылмақта. Буннан тысқары дала шараятында жумыс ислеп атырғанларға температура жоқары дәрежеге көтерилген ўақытта қуяш нуры астында қалған пластик ыдыслардан суў ишпеў, тез бузылатуғын азық-аўқат өнимлерин пайдаланбаў атап өтилмекте.
Аўыл хожалығынан хабардар адам пахта жетистириў тек ғана жерге шигит егиўден ибарат емеслигин, ҳәр бир процесс үлкен жуўапкершиликти талап ететуғынын жақсы биледи. Әсиресе, ыссыда бул жуўапкершилик және де артады. Бақланып атырған ҳаўа-райы шараятында дийқан ҳәм фермерлердиң илимий тийкарланған илажлары, ўақытты нәтийжели бөлистириўи ҳәм зәрүр агротехникалық илажларды көриўи зүрәәттиң сапасы ҳәм муғдарын сақлаўда үлкен жәрдем береди.
- Ғаўашаның ыссыға ҳәм суў жетиспеўшилигине шыдамлылығын арттырыў ушын биостимуляторлар, суспензиялар, аммиаклы селитра менен азықландырыў, тамшылатып суўғарыў ҳәм қатар араларын жергиликли төгин менен азықландырыў усыныс етиледи, - дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң глобал климат өзгерислери шараятында биодийқаншылықты раўажландырыў бөлиминиң баслығы Баҳром Юсупов. -Биостимуляторлар ҳәм суйық төгинлер (бор, молибден, цинк, мыс, темир, марганец, кобальт, азот, фосфор) менен жапырақ арқалы азықландырыў, сондай-ақ, зыянкеслерге қарсы арнаўлы препаратлар қолланыў зәрүр. Суў себиў арқалы атыз әтирапында микроклимат жаратыў ҳәм зыянлы жәнликлердиң көшиўиниң алдын алыў да әҳмийетли. Түнде суўғарыў топырақ ығаллығын сақлап, суўдың бийкарға пуўланыўын азайтады. Интенсив технология тийкарында тәрбияланып атырған пахта майданлары 3-4 саат даўамында гектарына 100-120 метр куб муғдарында тез-тез тамшылатып суўғарылыўы керек.
Бийдай жетистириў аўыл хожалығының стратегиялық тармақларынан бири. Ғәллешилик азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде де үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, ҳүкиметимиз тәрепинен ҳәр жылы ғәллешиликти қоллап-қуўатлаў, алдынғы агротехнологияларды енгизиў, жетистирилген зүрәәтти кепилликли сатып алыў бойынша анық илажлар көрилмекте.
Қәнигелер ыссы ҳаўа райы шараятында ғәллениң орта писер ҳәм кеш писер сортлары егилген майданларды түнде шербет усылында суўғарыўды усыныс етпекте. Бул усыл топырақ ығаллығын нәтийжели сақлап, ыссылық стрессин азайтыўда үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, суўда үнемленеди.
Таў ҳәм таў алды аймақларында болса ҳаўа температурасы 30 градустан аспаған ўақытларда азанда саат 10:00 ге шекем ямаса кеште 17:00 ден кейин биостимуляторлар арқалы жапырақтан суспензия усылында азықландырыў зәрүр. Бул қураллар егинниң стресске шыдамлылығын арттырады, өсиўин хошаметлейди ҳәм өнимдарлыққа унамлы тәсир көрсетеди.
Бийдайдың экономикалық әҳмийетин, ишки ҳәм сыртқы базардағы талапты есапқа алған ҳалда ҳәр бир фермер ҳәм қәниге процесске айрықша итибар қаратыўы зәрүр. Заманагөй агротехникалық илажлар ҳәм илимий усынысларға әмел етиў арқалы жоқары зүрәәт алыў мүмкин. Бул болса, өз гезегинде, тек ғана фермер дәраматын емес, ал улыўма миллий экономиканы да жоқарылатыўға хызмет етеди.
- Овощлардың өсиўи ҳәм раўажланыўы ҳаўа-топырақ температурасына, фотосинтез интенсивлигине байланыслы. Температура 25-35 градусқа шекем көтерилгенде фотосинтез процеси күшейеди, 40-50 градусқа жеткенде болса пүткиллей тоқтайды, - деп сөзин даўам етеди Баҳром Юсупов. - Помидор, бурыш, баклажан, қыяр сыяқлы ыссы сүйиўши өсимликлер ушын 20-30 градус температура ең қолайлы, бирақ олар ҳәдден тыс ыссыға шыдамлы емес. Қаўын, ғарбыз, асқабақ, мәкке, лобия сыяқлы егинлер болса 30 дәрежеде жоқары ассимиляцияға ериседи, бирақ 40-45 дәреже олар ушын қолайсыз температура.
Қәнигелердиң пикиринше, овощ егинлерин ыссыдан сақлаў ушын бир қатар агротехникалық илажларды көриў зәрүр. Бул жерде де, бәринен бурын, оларды түнде суўғарыў усыныс етиледи. Себеби бул дәўирде ҳаўа температурасы төмен болып, ығаллықты өсимлик жақсы өзлестиреди. Сондай-ақ, өсимликлерди тиккелей қуяш нурынан қорғаў, зәрүр болса, жасалма салқынлық пайда етиў оғада әҳмийетли. Қалаберсе, күнниң ең ыссы ўақытларында атызда шүдигарлаў, шөплерден тазалаў сыяқлы жумыслар исленбеўи керек.
Ыссы шараятта өсимликлердиң азықлық затлар менен толық тәмийинлениўи үлкен әҳмийетке ийе. Калий, фосфор ҳәм азот сыяқлы элементлер менен жапырақ арқалы азықландырыў өсимликтиң саламат, турақлы ҳәм тез өсиўине жәрдем береди. Соның менен бирге, узақ даўам ететуғын жоқары температура мийўе, жүзим ҳәм басқа да палыз өнимлериниң өсиўи және зүрәәтлилигине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Бундай жағдайда тамшылатып суўғарыў ең мақул шешим. Бул усыл суўды тиккелей тамырға жеткерип бериў арқалы ығаллық балансын сақлап турыў ҳәм суўдың жумсалыўын минималластырыў имканиятын жаратады. Мийўелерди ерте таңдағы салқын мәҳәлде жыйнап-терип алған мақул.
Ыссыдағы агротехникалық қәделер тек ғана зүрәәтти сақлап қалыў емес, ал дийқан ҳәм фермерлердиң турақлы жумысында шешиўши әҳмийетке ийе. Температура тәсирин азайтыў, агротехникалық илажларды дурыс ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпа болып табылады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы